UzbekAI

← Qonunlar

Boshqa hujjatlar

Rasmiy matn. Rasmiy hujjat. Tahririy izohlar kiritilmagan.

Yordam | Arxiv | Atamalar | Statistika | API | Havola yuborish | Sayt haqida | Shartlar

← Қонунлар

Бошқа ҳужжатлар

Расмий матн. Расмий ҳужжат. Таҳририй изоҳлар киритилмаган.

Ёрдам | Архив | Атамалар | Статистика | API | Ҳавола юбориш | Сайт ҳақида | Шартлар

← Законы

Другие документы

Официальный текст. Официальный документ. Редакционные примечания не включены.

Помощь | Архив | Термины | Статистика | API | Предложить ссылку | О сайте | Условия

← Laws

Other documents

Official text. Official document. Editorial notes are not included.

Help | Archive | Glossary | Stats | API | Submit | About | Terms

Qaraqalpaqstan Respublikasíníń Nízamí

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысыныӊ ашық-айдынлығы ҳаққында

Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген 29.12.2025-ж. 91/IX-санлы ҚР Нызамы

1-бап. Улыўма қағыйдалар

1-статья. Усы Нызамның мақсети ҳәм тийкарғы ўазыйпалары

Усы Нызамның мақсети мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысыныӊ ашық-айдынлығы тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.

Бул Нызамның тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат:

физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысы ҳаққындағы мәлимлемеден пайдаланыўын тәмийинлеў;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысы ҳаққында мәлимлеме алыў ҳуқықының кепилликлерин тәмийинлеў;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының ҳәм де олар лаўазымлы шахсларының қабыл етилип атырған қарарлар ушын жуўапкершилигин асырыў;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққында мәлимлемени тарқатыў тәртибин белгилеў.

2-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳаққында нызамшылық

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳаққында нызамшылық усы Нызам ҳәм басқа нызамшылық ҳүжжетлеринен ибарат.

3-статья. Усы Нызамның қолланылыў тараўы

Бул Нызам мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, олардыӊ қурамлық ҳәм аймақлық бөлимлери жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў ушын қолланылады.

Усы Нызамныӊ әмел етиўи:

физикалық шахслардыӊ шахсына тийисли мағлыўматлардан пайдаланыўды тәмийинлеў тәртибине;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен арзалар, усыныслар ҳәм де шағымларды көрип шығыў тәртибине;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары өз ўәкилликлерин әмелге асырыўы мүнәсибети менен олар тәрепинен мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыўдыӊ басқа да уйымларына өз жумысы ҳаққында мәлимлеме бериў тәртибине;

мәлимлеме усыныўдың өзине тән өзгешеликлери басқа нызамшылық ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысына тийисли болған мәлимлемениң айырым түрлерине қолланылмайды.

4-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысы ашық-айдынлығының тийкарғы принциплери

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысы ашық-айдынлығыныӊ тийкарғы принциплери төмендегилерден ибарат:

олар тәрепинен усынылатуғын мәлимлемеден ҳәммениӊ пайдаланыўы мүмкинлиги, оныӊ өз ўақтында берилиўи ҳәм исенимлилиги;

олардыӊ жумысларыныӊ жәриялылығы ҳәм анықлығы;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени излеў, алыў ҳәм тарқатыў еркинлиги;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысы ҳаққындағы мәлимлемени усыныўда пуқаралардыӊ өз абыройы ҳәм қәдир-қымбатын ҳүжимлерден, өз жеке өмирине араласыўлардан қорғаўға болған ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине, сондай-ақ, пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардыӊ өз исшеӊлик абыройын қорғаўға болған ҳуқықларына әмел етиў.

5-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының жумысы ҳаққындағы мәлимлеме

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мағлыўматлар қатарына төмендегилер киреди:

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ, олардыӊ қурамлық ҳәм аймақлық бөлимлериниӊ ҳуқықый статусын белгилеўши нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен қабыл етилген норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер, норматив ҳәм де басқа ҳүжжетлер, сондай-ақ олардыӊ орынланыў барысы ҳаққындағы мағлыўматлар;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен қабыл етилген норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерге, норматив ҳәм басқа ҳүжжетлерге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ усы ҳүжжетлерди өз күшин жойтқан деп табыў ҳаққындағы мағлыўматлар;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен ислеп шығылып атырған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиӊ, норматив ҳәм басқа ҳүжжетлердиӊ жойбарлары ҳаққындағы мағлыўматлар;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм де басқа да бағдарламалар әмелге асырылыўы ҳаққындағы мағлыўматлар;

бюджеттен ажыратылатуғын қаржылардан, бюджет шөлкемлериниӊ бюджеттен тыс қорлары қаржыларынан пайдаланылыўы ҳаққында, өткерилген таӊлаўлар (тендерлер) ҳәм алынған товарлардыӊ жеткерилип берилиўи ҳаққында, министрликлер ҳәм мәкемелердиң бюджет ҳәм бюджеттен тыс қорлары есабынан белгиленген мақсетли көрсеткишлерге ерисилиўи ҳаққында, сондай-ақ, қәрежетлер экономикалық классификациясының статьялары кесиминде қаржылардың сарпланыўы ҳаққында министрликлер, мәкемелер, мәмлекетлик мақсетли қорлар ҳәм басқа да бюджет қаржыларын бөлистириўшилер тәрепинен өз рәсмий веб-сайтларына жайластырылатуғын тийисли мәлимлеме;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен өткерилетуғын ғалабалық илажлар (мәжилислер, кеӊеслер, ушырасыўлар, ғалаба хабар қураллары конференциялары, брифинглер,семинарлар, дөӊгелек стол әтирапындағы сәўбетлесиўлер ҳәм басқалар) ҳаққындағы мағлыўматлар;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыўдыӊ басқа уйымлары, физикалық ҳәм юридикалық шахслар ҳаққындағы мағлыўматлар;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы тараўына тийисли болған тармақтыӊ (аймақтыӊ) жағдайын ҳәм оныӊ раўажланыў пәтлерин билдириўши тийкарғы көрсеткишлер ҳаққындағы, соныӊ ишинде социаллық-экономикалық раўажланыў көрсеткишлери ҳаққындағы мағлыўматлар;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен өткерилетуғын (шөлкемлестирилетуғын) ашық таӊлаўлар (тендерлер) ҳәм ким зыят саўдалары ҳаққындағы мағлыўматлар;

бос жумыс орынлары, жумысқа қабыл етиў шәртлери ҳәм бос жумыс орынларын ийелеў ушын талабанларға қойылатуғын талаплар ҳаққындағы мағлыўматлар;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен дүзилген муўапықластырыўшы ҳәм мәсләҳәт уйымлары ҳаққындағы мағлыўматлар;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ ашық коллегиаллық мәжилислерин өткериў режелери, соныӊ менен бирге мәжилислердиӊ күн тәртиби жобалары, олар өткерилетуғын сәне, орын ҳәм ўақыт, мәжилислерде қатнасыў тәртиби.

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлеме қатарына нызамшылыққа муўапық басқа мағлыўматлар да киргизилиўи мүмкин.

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары өз жумысы ҳаққындағы мәлимлеме дизимин усы статья қағыйдаларына муўапық тастыйықлайды.

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары (Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси, халық депутатлар, районлық ҳәм қалалық Кеӊеслери), олардыӊ комитетлери (турақлы комиссиялары), комиссиялары ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде өзлериниӊ жумыслары ҳаққындағы мәлимлеме, соныӊ ишинде режелестирилип атырған мәжилислер ҳәм илажлар, көрилип шығылыўы белгиленген мәселелер, қабыл етилген қарарлар ҳаққындағы мәлимлемениӊ өз ўақтында жәрияланыўын (басып шығарылыўын) тәмийинлейди.

6-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысы ҳаққындағы пайдаланылыўы шеклеп қойынған мәлимлеме

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемеден пайдаланыў, егер бул мәлимлеме нызамда белгиленген тәртипте мәмлекет сырлары ямаса нызам менен қорғалатуғын басқа сырды қурайтуғын мағлыўматлар қатарына киргизилген болса, шеклеп қойылады.

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы пайдаланылыўы шеклеп қойылған мәлимлемеге тийисли мағлыўматлардыӊ дизими, сондай-ақ мағлыўматларды бундай мәлимлеме қатарына киргизиў тәртиби нызамшылықта белгиленеди.

7-статья. Мәлимлемеден пайдаланыўшы ҳәм оның ҳуқықлары

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққында мәлимлеме излеўди әмелге асырып атырған физикалық яки юридикалық шахс мәлимлемеден пайдаланыўшы болып есапланады.

Мәлимлемеден пайдаланыўшы төмендеги ҳуқықларға ийе:

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы исенимли мәлимлемени алыў ҳәм тарқатыў;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы усы Нызамныӊ 5-статьясында нәзерде тутылған мәлимлемени алыў ушын тиккелей яки өз ўәкиллери арқалы сораў менен мүрәжат етиў;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени алыўдан бас тартыў.

Мәлимлемеден пайдаланыўшы нызамшылыққа муўапық басқа ҳуқықларға да ийе болыўы мүмкин.

8-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары басшыларыныӊ мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў тараўындағы ўәкилликлери

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары басшыларыныӊ мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў тараўындағы ўәкилликлерине төмендегилер киреди:

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары қурамлық ҳәм аймақлық бөлимлериниӊ өз жумысы ҳаққындағы мәлимлемеден пайдаланыўшылардыӊ пайдаланыўын тәмийинлеўге байланыслы жумысын муўапықластырып барыў;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққында мәлимлемени усыныў тәртибин белгилеўши ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлер, нормативлик ҳәм басқа ҳүжжетлер ислеп шығылыўы ҳәм де қабыл етилиўин шөлкемлестириў;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў бойынша өткерилетуғын илажлар мониторинг қылыныўын ҳәм де турақлы түрде комплекс баҳаланыўын шөлкемлестириў;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққында мәлимлемени усыныў ушын жуўапкер болған лаўазымлы шахсларды белгилеў;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққында олардыӊ рәсмий веб-сайтларында жайластырылатуғын мағлыўматлардыӊ дизимин тастыйықлаў;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы пайдаланылыўы нызамшылыққа муўапық шеклеп қойылған мәлимлемеге тийисли мағлыўматлардыӊ дизимин тастыйықлаў;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы жәрияланыўы (басып шығарылыўы) тийис болған мәлимлеме материалларын тастыйықлаў;

мәлимлемеден пайдаланыўшылардыӊ мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ ашық коллегиаллық мәжилислеринде қатнасыўы тәртибин белгилеў;

мәлимлемеден пайдаланыўшылардыӊ мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққында мәлимлемеден тосқынлықсыз пайдаланыўын тәмийинлеў, усы Нызамныӊ 6-статьясыныӊ биринши бөлиминде нәзерде тутылған жағдай буған кирмейди;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққында олардыӊ рәсмий веб-сайтларында жайластырылатуғын мәлимлемениң өз ўақтында берилиўин ҳәм исенимлилигин тәмийинлеў;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳаққындағы нызамшылықты бузғаны ушын мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жуўапкер шахсларына тийисли шаралар көриў.

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ басшылары мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў тараўында нызамшылыққа муўапық басқа ўәкилликлерди де әмелге асырыўы мүмкин.

9-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлеме дереклери

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының жумысы ҳаққындағы мәлимлеме дереклери төмендегилерден ибарат:

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ рәсмий басылымлары;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары басшыларыныӊ, сондай-ақ, усы уйымлар тәрепинен ўәкиллик берилген лаўазымлы шахслардыӊ шығыўлары ҳәм баянатлары;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары мәлимлеме хызметлериниӊ хабарлары;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары расмий веб-сайтларыныӊ материаллары;

ғалаба хабар қуралларыныӊ материаллары.

Нызамшылыққа муўапық басқа да дереклер мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлеме дереклери болыўы мүмкин.

10-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ мәлимлеме хызмети

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ өз жумысы ҳаққындағы мәлимлемени таярлаў ҳәм де тарқатыў ўазыйпаларын орынлаўшы, сондай-ақ ғалаба хабар қураллары ҳәм кеӊ жәмийетшилик пенен байланысларды тәмийинлеўши бөлими ямаса усы ўазыйпаларды орынлаўшы шахс мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ мәлимлеме хызмети болып есапланады (буннан былай текстте мәлимлеме хызмети деп жүргизиледи).

Мәлимлеме хызмети ғалабалық илажларды шөлкемлестириў, мәлимлеме хабарларын (пресс-релизлер, бюллетенлер ҳәм басқа) тарқатыў, сондай ақ мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ рәсмий веб-сайтында олардыӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени жайластырыў ҳәм жаӊалап барыў жолы менен мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысын ғалаба хабар қуралларында жәриялаў илажларын көреди. Мәлимлеме хызмети мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққында мәлимлеме тарқатыўдыӊ нызамшылыққа қайшы келмейтуғын басқа усылларынан да пайдаланыўы мүмкин.

Мәлимлеме хызметиниӊ жумысын шөлкемлестириў тәртиби мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен белгиленеди.

II-бап. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў тәртиби

11-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў усыллары

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысыныӊ ашық-айдынлығын тәмийинлеў усыллары төмендегилерден ибарат:

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени жәриялаў (басып шығарыў);

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени олардыӊ рәсмий веб-сайтында жайластырыў ҳәм жаӊалап барыў;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени ҳәмме кириўи мүмкин болған ханаларға ҳәм орынларға жайластырыў ҳәм де жаӊалап барыў;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени мәлимлеме-китапхана ҳәм архив фондлары арқалы усыныў;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ ашық коллегиаллық мәжилислеринде мәлимлемеден пайдаланыўшылардыӊ қатнасыўы ушын шараятлар жаратыў;

мәлимлемеден пайдаланыўшылардыӊ сораўы тийкарында оларға мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққында аўызеки ҳәм жазба түрде (электрон ҳүжжет түринде) мәлимлеме усыныў;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў нызамшлыққа муўапық басқа усыллар менен де әмелге асырылыўы мүмкин.

12-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени жәриялаў (басып шығарыў)

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени жәриялаў (басып шығарыў) мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ рәсмий басылымлары, рәсмий веб-сайтлары, сондай-ақ ғалаба хабар қураллары арқалы әмелге асырылады.

13-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ веб-сайтлары

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ веб-сайтлары Интернет жәҳән мәлимлеме тармағындағы усы уйымларға яки бойсыныў тәртибинде жоқары турыўшы уйымға тийисли болған ҳәм олардыӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени өз ишине алған рәсмий веб-сайт сыпатында идентификация етилетуғын, ҳәмме пайдаланыўы мүмкин болған ресурс болып есапланады.

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ рәсмий веб-сайтларында усы Нызамныӊ 5-статьясыныӊ биринши бөлиминде нәзерде тутылған мәлимлемеден тысқары төмендегилер жайластырылыўы мүмкин:

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ басшылары ҳаққындағы мағлыўматнама түриндеги мәлимлеме (биографиялық мағлыўматлар, пуқараларды қабыл етиў күнлери ҳәм басқа);

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ ҳәм де олардыӊ қурамлық ҳәм аймақлық бөлимлериниӊ жумыс тәртиби ҳаққындағы мағлыўматлар, олардыӊ телефон номерлери ҳәм почта мәнзиллери, элекрон почта мәнзиллери, мағлыўмат хызмети телефонларыныӊ ҳәм исеним телефонларыныӊ номерлери, жәмәәт транспортыныӊ қатнаў жоллары, тоқтаў орынларыныӊ атамалары ҳәм жөнелис номерлери;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ басшылары, сондай-ақ усы уйымлар тәрепинен ўәкиллик берилген лаўазымлы шахслардыӊ шығып сөйлеўлери ҳәм де баянатларыныӊ текстлери;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жанындағы ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин аккредитациялаў тәртиби ҳаққындағы мәлимлеме;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлердиӊ дизими;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы аналитикалық баянатлар ҳәм де мәлимлеме түриндеги шолыўлар;

арзаларды, усынысларды, шағымларды қабыл етиў тәртиби ҳаққындағы мәлимлеме;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени алыўға тийисли сораўларды қабыл етиў тәртиби ҳаққындағы мәлимлеме;

келип түскен арзаларды, усынысларды, шағымларды сондай-ақ мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени алыўға тийисли сораўларды көрип шығыўдыӊ улыўма нәтийжелери ҳаққында мәлимлеме.

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ рәсмий веб-сайтларында нызамшылыққа муўапық олардыӊ жумысы ҳаққындағы басқа мағлыўматлар да жайластырылыўы мүмкин.

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ рәсмий веб-сайтларындағы мәлимлеме мәмлекетлик тилде жайластырылыўы керек. Рәсмий веб-сайт басқа тиллердеги формаларына да ийе болыўы мүмкин.

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен өз рәсмий веб-сайтларында жайластырылатуғын мәлимлемениң сәнеси қойылған болыўы ҳамде ол ўақты-ўақты менен жаӊаланып барылыўы керек. Мәлимлемени жаӊалап барыў ўақты мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен белгиленеди, бирақ ол ҳәптесине бир мәртеден кем болмаўы керек.

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ рәсмий веб-сайтларында жайластырылған мәлимлеме исенимли болыўы керек ҳәм ол ғалаба хабар қуралларында жәрияланған мәлимлеме менен теӊ күшке ийе болады.

14-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени ҳәмме кириўи мүмкин болған ханалар ҳәм орынларға жайластырыў

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары өзлери ийелеп турған, ҳәмме кириўи мүмкин болған ханаларда ҳәм басқа ажыратылған орынларда тийисли уйымныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлеме менен мәлимлемеден пайдаланыўшылар танысыўы ушын мәлимлеме стендлери ҳәм усындай мақсет ушын мөлшерленген басқа техникалық қуралларды жайластырыўы шәрт.

Усы статьяныӊ биринши бөлиминде көрсетилген мәлимлеме стендлеринде ҳәм усындай мақсет ушын мөлшерленген басқа техникалық қуралларда төмендегилер болыўы керек:

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ ҳуқықый дәрежесин белгилеўши ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлер дизими;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумыс тәртиби ҳаққындағы мағлыўматлар, мәлимлеме хызмети телефонларыныӊ, исеним телефонларыныӊ номерлери;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ режелестирилип атырған ашық коллегиаллық мәжилислери ҳаққындағы мәлимлеме;

арзалар, усыныслар ҳәм де шағымларды қабыл етиў тәртиби ҳаққында мәлимлеме;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени алыў бойынша сораўды қабыллаў тәртиби ҳаққындағы мәлимлеме;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлердиӊ дизими.

Усы статьяныӊ биринши бөлиминде көрсетилген мәлимлеме стендлеринде ҳәм усындай мақсет ушын мөлшерленген басқа техникалық қуралларда нызамшылыққа муўапық мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы басқа мағлыўматлар да болыўы мүмкин.

15-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени мәлимлеме-китапхана ҳәм архив фондлары арқалы усыныў

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққындағы мәлимлемени мәлимлеме-китапхана ҳәм архив фондлары арқалы нызамшылықта белгиленген тәртипте усынады.

16-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ ашық коллегиаллық мәжилислеринде мәлимлемеден пайдаланыўшылардыӊ қатнасыўы ушын шараятлар жаратыў

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ коллегиаллық мәжилислери ашық тәризде өткериледи, нызамшылықта нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди.

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары өзлериниң ашық коллегиаллық мәжилислеринде мәлимлемеден пайдаланыўшылардыӊ қатнасыўы ушын шараятлар жаратады.

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ ашық коллегиаллық мәжилислеринде мәлимлемеден пайдаланыўшылардыӊ қатнасыўы тәртиби усы уйымлардыӊ тийисли нормативлик ҳүжжетлери менен белгиленеди.

17-статья. Ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниӊ мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысы ҳаққындағы мәлимлемеден пайдаланыўын тәмийинлеў

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары өз жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниӊ мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жанында аккредитация етилиўин әмелге асырыўы мүмкин.

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары ғалаба хабар қуралларыныӊ аккредитация етилген ўәкиллерин өткерилетуғын илажлар ҳаққында алдын-ала хабардар етеди, оларға өз кәсибине тийисли ўазыйпаларды орынлаўда көмеклеседи.

Ғалаба хабар қуралларыныӊ аккредитация етилген ўәкиллери төмендеги ҳуқықларға ийе:

болып өтетуғын ашық коллегиаллық мәжилислери ҳәм басқа ғалабалық илажлар ҳаққында алдын-ала хабардар болыў;

аккредитация етиўши уйымныӊ имаратларына (ханаларына) ҳәм басқа объектлерине аккредитация етиўши уйым тәрепинен белгиленген тәртипте кириў;

ашық коллегиаллық мәжилислеринде ҳәм басқа ғалабалық илажларда қатнасыў;

аккредитация етиўши уйымның жуўапкерли шахсларынан зәрүр ҳүжжетлерди ҳәм материалларды сораў ҳәм де алыў, ғалабалық илажлардыӊ жазыўлары менен танысыў ҳәм де олардан көширме нусқалар алыў;

алынған жазыўлардан ғалаба хабар қураллары материалларын таярлаўда пайдаланыў.

Ғалаба хабар қуралларыныӊ аккредитация етилген ўәкиллери нызамшылыққа муўапық басқа ҳуқықларға да ийе болыўы мүмкин.

III-бап. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққында мәлимлеме алыўға байланыслы сораўды көрип шығыў тәртиби

18-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ жумысы ҳаққында мәлимлеме алыўға байланыслы сораў

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысы ҳаққында мәлимлеме алыўға байланыслы сораў (буннан былай текстте сораў деп жүргизиледи) мәлимлемеден пайдаланыўшылардыӊ мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысы ҳаққында мәлимлеме усыныў бойынша усы уйымларларға ҳәм (яки) олардыӊ жуўапкерли шахсларына жолланатуғын аўызеки ямаса жазба түрдеги (сондай-ақ электрон ҳүжжет формасындағы) талабы болып табылады.

19-статья. Сораўды көрип шығыў ўақты ҳәм тәртиби

Мәлимлемеден пайдаланыўшыныӊ сораўы дизимнен өткерилген күннен баслап көби менен он бес күн мүддетте көрип шығылыўы керек.

Ғалаба хабар қуралларыныӊ мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысы ҳаққында мәлимлеме алыўға байланыслы, сондай-ақ жуўапкер шахслардыӊ интервьюсин шөлкемлестириў ҳаққындағы сораўы көби менен жети күн мүддетте көрип шығылады.

Егер мәлимлемеден пайдаланыўшыныӊ сораўын көрип шығыў мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларыныӊ ўазыйпасына кирмесе, сораў соралып атырған мағлыўматты бериў ўазыйпасына киретуғын уйымға дизимнен өткерилген күннен баслап үш күн ишинде жибериледи, мәлимлемеден пайдаланыўшы болса бул ҳаққында хабардар етиледи.

Рәсмий басылымларда, ғалаба хабар қуралларында жәрияланған (басып шығарылған) ямаса рәсмий веб-сайтларда жайластырылған мәлимлеме соралғанда мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары сораўға берилетуғын жуўапта соралып атырған мәлимлеме жәрияланған (басып шығарылған) рәсмий басылымныӊ, ғалаба хабар қуралыныӊ атамасы, шығарылыў сәнеси ҳәм де саны ямаса соралып атырған мәлимлеме жайластырылған рәсмий веб-сайттыӊ электрон мәнзили көрсетилген ҳалда силтеме бериўи мүмкин.

Егер мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары алынған сораў бойынша мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыўдыӊ басқа уйымлары ўәкилликлери ҳаққындағы мағлыўматларға ийе болмаса, мәлимлемеден пайдаланыўшыға сораў дизимнен өткерилген күннен баслап үш күн ишинде тийисли жуўап жибериледи.

Сораў қанаатландырылмаған жағдайда мәлимлемеден пайдаланыўшыға тийкарланған жуўап жибериледи.

20-статья. Сораўға қойылатуғын талаплар

Физикалық шахстыӊ сораўында оныӊ фамилиясы, аты, әкесиниӊ аты, жасаў орны ҳаққындағы мағлыўматлар көрсетилген ҳәм сораўдыӊ мазмуны баян етилген болыўы керек. Юридикалық шахстыӊ сораўында юридикалық шахстыӊ толық фирма атамасы, оныӊ жайласқан жери (почта мәнзили) ҳаққындағы мағлыўматлар көрсетилген, сораўдыӊ мазмун-мәниси анық баян етилген болыўы керек.

Жазба сораўлар мәлимлемеден пайдаланыўшыныӊ жеке қолы менен тастыйықланған болыўы керек. Сораўды жеке қолы менен тастыйықлаў имканияты болмаған жағдайда, ол қосымша рәўиште дүзиўшиниӊ де фамилиясы, аты, әкесиниӊ аты жазылған ҳалда оныӊ қолы менен тастыйықланған болыўы керек.

Мәлимлемеден пайдаланыўшыны идентификациялаў имканиятын беретуғын мағлыўматлар көрсетилмеген сораў аноним сораў болып есапланады ҳәм көрип шығылмайды.

Сораў онда қойылған мәселелер бойынша мәлимлеме усыныў ўәкиллигине киретуғын мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымына ямаса жуўапкер шахсқа жибериледи.

Белгиленген тәртипте жиберилген сораў көрип шығылыўы ҳәм жуўап қайтарылыўы шәрт.

IV-бап. Жуўмақлаўшы режелер

21-статья. Тартысларды шешиў

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы тараўындағы тартыслар нызамшылықта белгиленген тәртипте шешиледи.

22-статья. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ушын жуўапкершилик

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.

23-статья. Нызам ҳүжжетлерин усы Нызамға муўапықластырыў

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси:

ҳүкимет қарарларын усы Нызамға муўапықластырсын;

мәмлекетлик басқарыў уйымлары усы Нызамға қайшы келетуғын өз ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлерин қайта көрип шығыўын ҳәм бийкар етиўин тәмийинлесин.

24-статья. Усы Нызамның күшке кириўи

Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. ОРЫНБАЕВ

Нөкис қаласы,

2022 жыл 30 декабрь,

№ 298/XL

lex.uz