UzbekAI

← Qonunlar

Boshqa hujjatlar · Qaraqalpaqstan Respublikasíníń

Rasmiy matn. Rasmiy hujjat. Tahririy izohlar kiritilmagan.

Yordam | Arxiv | Atamalar | Statistika | API | Havola yuborish | Sayt haqida | Shartlar

← Қонунлар

Бошқа ҳужжатлар · Qaraqalpaqstan Respublikasíníń

Расмий матн. Расмий ҳужжат. Таҳририй изоҳлар киритилмаган.

Ёрдам | Архив | Атамалар | Статистика | API | Ҳавола юбориш | Сайт ҳақида | Шартлар

← Законы

Другие документы · Qaraqalpaqstan Respublikasíníń

Официальный текст. Официальный документ. Редакционные примечания не включены.

Помощь | Архив | Термины | Статистика | API | Предложить ссылку | О сайте | Условия

← Laws

Other documents · Qaraqalpaqstan Respublikasíníń

Official text. Official document. Editorial notes are not included.

Help | Archive | Glossary | Stats | API | Submit | About | Terms

Qaraqalpaqstan Respublikasíníń

Nízamí

Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў ҳаққында

1-бап. Улыўма режелер

1-статья. Усы Нызамның мақсети

Усы Нызамның мақсети қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.

2-статья. Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў ҳаққындағы нызамшылық

Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў ҳаққындағы нызамшылық усы Нызам ҳәм басқа да нызамшылық актлеринен ибарат.

Егер, Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасында Өзбекстан Республикасының қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў ҳаққындағы нызамшылығында нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шәртнама қағыйдалары қолланылады.

3-статья. Тийкарғы түсиниклер

Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады:

локал тармақ — электр, ыссылық энергиясын ямаса биогазди тасыў (жеткерип бериў) ҳәм (ямаса) бөлистириў ушын еркин түрде ислейтуғын электр, ыссылық ҳәм (ямаса) газ тармағы;

микро ҳәм киши гидроэлектростанциялар — электр энергиясын ислеп шығарыў ушын суў ағысларының тәбийий ҳәрекети энергиясынан пайдаланыўшы, орнатылған қуўатлылығы сәйкес түрде 0,2 МВт ҳәм 30 МВтқа шекемги бөгетсиз гидроэлектростанциялар;

«жасыл энергия» сертификаты — қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланған ҳалда электр энергиясы ислеп шығарылғанлығын тастыйықлаўшы электрон ҳүжжет;

қайта тиклениўши энергия дереклери — қоршаған орталықта тәбийий түрде қайта тиклениўши қуяш, самал энергиясы, жер температурасы (геотермал), суў ағысларының тәбийий ҳәрекети, биомасса энергиясы;

қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў — илимий-изертлеў, тәжирийбе-конструкторлық, излеп табыўшылық, енгизиў, жойбарлаў, қурылыс-монтажлаў жумыслары ҳәм пайдаланыўға байланыслы жумыслар, сондай-ақ, қайта тиклениўши энергия дереклеринен энергия ислеп шығарыў, оны тасыў, топлаў, реализациялаў ҳәм тутыныў менен байланыслы жумыс;

қайта тиклениўши энергия дереклеринен энергия ислеп шығарыўшылар — қайта тиклениўши энергия дереклеринен энергия ислеп шығарыўды әмелге асырыўшы юридикалық ямаса физикалық шахслар;

қайта тиклениўши энергия дереклериниң қурылмалары — қайта тиклениўши энергия дереклеринен энергия ислеп шығарыў, энергияны қабыл етиў, өзгертиў, топлаў ҳәм (ямаса) узатыў, сондай-ақ есапқа алыў бойынша технологиялық әсбап-үскенелер комплекси, технологиялық ҳәм (ямаса) комплектлеўши әсбап-үскенелер;

қайта тиклениўши энергия дереклериниң қурылмаларын ислеп шығарыўшылар — қайта тиклениўши энергия дереклериниң қурылмаларын ислеп шығарыўға қәнигелескен юридикалық шахслар.

2-бап. Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўын тәртипке салыў

4-статья. Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары

Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат:

қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўындағы тийкарғы бағдарларды белгилеў ҳәм илажларды әмелге асырыў;

қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўындағы мәмлекетлик ҳәм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

мәмлекеттиң энергетика қәўипсизлигин беккемлеў, жанылғы-энергетика балансының қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланған ҳалда электр, ыссылық энергиясы ҳәм биогаз ислеп шығарыўға байланыслы бөлегин диверсификациялаў;

қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўына инновациялық технологияларды, илимий-техникалық қолланбаларды енгизиўди, қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмаларының энергия жағынан нәтийжелилигин арттырыўды, оларды ислеп шығарыўды кеңейтиўди ҳәм локализациялаўды хошаметлеў;

қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыўдың сыналған технологиялары тийкарында энергия ислеп шығарыў қуўатлылығын жаратыўға исбилерменлик субъектлерин тартыўдың шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлерин жетилистириў;

қайта тиклениўши энергия дереклеринен энергия ислеп шығарыўшыларды, сондай-ақ, қайта тиклениўши энергия дереклериниң қурылмаларын ислеп шығарыўшыларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў;

«жасыл энергия» сертификатлары системасын раўажландырыў;

қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў.

5-статья. Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўында мәмлекетлик басқарыў

Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўындағы мәмлекетлик басқарыў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси (буннан былай текстте Министрлер Кеңеси деп жүргизиледи) тәрепинен өз ўәкилликлери шеңберинде әмелге асырылады.

6-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўындағы ўәкилликлери

Министрлер Кеңеси:

қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўындағы мәмлекетлик ҳәм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда қатнасады;

қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўындағы аймақлық бағдарламаларды ислеп шығады, тастыйықлайды ҳәм әмелге асырады;

қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўында энергия жағынан нәтийжели, энергия үнемлеўши ҳәм инновациялық заманагөй технологияларды жаратыў ҳәм енгизиўге, қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмаларын ислеп шығарыўды шөлкемлестириўге көмеклеседи;

қайта тиклениўши энергия дереклеринен энергия ислеп шығарыўшылар ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклериниң қурылмаларын ислеп шығарыўшылар менен бирге ислеседи;

қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмаларын жайластырыў ушын жер участкаларының берилиўин тәмийинлейди.

7-статья. Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым

Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўындағы арнаўлы ўәкилликлер нызам менен белгиленген тийисли мәмлекетлик ўәкилликли уйым тәрепинен әмелге асырылады.

8-статья. Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўындағы илимий-техникалық ҳәм инновациялық тәмийнат

Қайта тиклениўши энергия дереклериниң қурылмаларын ислеп шығарыўды, сондай-ақ, қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыўды илимий-техникалық ҳәм инновациялық жақтан тәмийинлеў мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги менен биргеликте әмелге асырылады.

9-статья. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳәм пуқаралардың қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыўға байланыслы илажларда қатнасыўы

Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралар:

қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўындағы мәмлекетлик ҳәм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда қатнасыўы;

қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў бойынша илажларды әмелге асырыўға көмеклесиўи;

қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўында жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўы мүмкин.

10-статья. Қайта тиклениўши энергия дереклеринен энергия ислеп шығарыўшылардың ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмаларын ислеп шығарыўшылардың ҳуқықлары

Қайта тиклениўши энергия дереклеринен энергия ислеп шығарыўшылар ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклериниң қурылмаларын ислеп шығарыўшылар өз ўәкилликлери шеңберинде төмендеги ҳуқықларға ийе:

қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўындағы мәмлекетлик ҳәм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда қатнасыў;

қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўындағы салыққа, бажыханаға байланыслы ҳәм басқа да жеңилликлер менен преференциялардан пайдаланыў;

локал тармақты (электр, ыссылық ҳәм (ямаса) газ тармағын) жаратыў;

локал тармақ (электр, ыссылық ҳәм (ямаса) газ тармағы) арқалы жеткерип берилетуғын қайта тиклениўши энергия дереклеринен ислеп шығарылатуғын электр, ыссылық энергиясы ҳәм (ямаса) биогазди реализациялаў ушын юридикалық ҳәм физикалық шахслар менен шәртнамалар дүзиў.

11-статья. Қайта тиклениўши энергия дереклеринен энергия ислеп шығарыўшылардың ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмаларын ислеп шығарыўшылардың миннетлери

Қайта тиклениўши энергия дереклеринен энергия ислеп шығарыўшылар ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклериниң қурылмаларын ислеп шығарыўшылардың миннетлемелери төмендегилерден ибарат:

қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў ҳаққындағы нызамшылық талапларына әмел етиўи;

қайта тиклениўши энергия дереклеринен энергия ислеп шығарыў ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклериниң қурылмаларын ислеп шығарыўда қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўындағы техникалық регламентлерге, нормалар ҳәм қағыйдаларға әмел етиўи;

қайта тиклениўши энергия дереклеринен ислеп шығарылатуғын энергияның өз алдына бөлек есабын жүргизиўи шәрт.

3-бап. Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў

12-статья. Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў

Қайта тиклениўши энергия дереклеринен энергия ислеп шығарыўшылар, қайта тиклениўши энергия дереклериниң қурылмаларын ислеп шығарыўшылар, сондай-ақ, қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўында инвестициялық, илимий-изертлеў жумысын әмелге асырыўшылар ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде мәмлекет тәрепинен төмендегише қоллап-қуўатлаў әмелге асырылады:

қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўында салық, бажыханаға байланыслы ҳәм басқа да жеңилликлер менен преференцияларды белгилеў;

қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўында инновациялық технологиялар жаратыў ҳәм оларды қолланыўға көмеклесиў;

қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмаларының бирден-бир электр энергетика системасына кепилликли жалғаныўын тәмийинлеў;

электр энергиясының бирден-бир қарыйдары ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен келисилген ҳалда аймақлық электр тармақлары кәрханаларына қайта тиклениўши энергия дереклеринен энергия ислеп шығарыўшылардан электр энергиясын сатып алыў ушын шәртнамалар дүзиў ҳуқықын бериў.

Пайдаланылыўы қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў нәтийжелилигин салмақлы дәрежеде арттыратуғын қайта тиклениўши энергия дереклериниң қурылмаларын импорт етиўде юридикалық ҳәм физикалық шахсларға салықлар және бажыхана бажылары бойынша жеңилликлер берилиўи мүмкин.

13-статья. Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўындағы жеңилликлер ҳәм преференциялар

Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўындағы салық жеңилликлери салық нызамшылығы менен белгиленеди.

4-бап. Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыўдың өзине тән өзгешеликлери

14-статья. Электр энергиясын ислеп шығарыўда қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыўдың өзине тән өзгешеликлери

Қайта тиклениўши энергия дереклеринен жеке мүтәжликлер ушын электр энергиясы ислеп шығарылған жағдайда, руқсат бериўши ҳүжжетлерди алыў талап етилмейди.

Қайта тиклениўши энергия дереклеринен электр энергиясын ислеп шығарыўшылар блок-станциялар шәртлери тийкарында, сондай-ақ, ислеп шығарылып атырған электр энергиясының максимал баҳасы көрсетилген ҳалда таңлаў тийкарында бирден-бир электр энергетика системасына жалғаныўы мүмкин. Блок-станция тутыныўшылардың бирден-бир электр энергетика системасына тиккелей ямаса тутыныўшылар электр тармағы арқалы жалғанған ҳәм оператив-диспетчерлик басқарыў системасына киретуғын электр станциясы болып табылады.

Әмелдеги электр тармақларын реконструкциялаў ҳәм (ямаса) кеңейтиў ушын зәрүр болған, қайта тиклениўши энергия дереклериниң қурылмаларын жалғаў менен байланыслы қәрежетлерди олардың ийеси әмелге асырады, бирден-бир электр энергетика системасына жалғаныў ноқатына шекемги қәрежетлерди болса, қайта тиклениўши энергия дереклеринен энергия ислеп шығарыўшы әмелге асырады.

Қайта тиклениўши энергия дереклеринен электр энергиясын ислеп шығарыўшыларға қайта тиклениўши энергия дереклериниң қурылмаларын бирден-бир электр энергетика системасына өзбасымшалық пенен жалғаў қадаған етиледи.

Локал электр тармағын қурыў ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклериниң қурылмаларын оған жалғаў қайта тиклениўши энергия дереклеринен электр энергиясын ислеп шығарыўшының қаржылары есабынан әмелге асырылады.

Электр энергиясы тутыныўшыларын қайта тиклениўши энергия дереклеринен электр энергиясы ислеп шығарыўшылардың локал электр тармағына жалғаў шәртнама шәртлери тийкарында әмелге асырылады.

Қуўатлылығы 300 кВт ҳәм оннан жоқары болған қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланған ҳалда ислеп шығарылған электр энергиясын бирден-бир электр энергетика системасына жалғаў тек ғана усы дереклер арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымда дизимнен өткерилгеннен кейин әмелге асырылады.

15-статья. Ыссылық энергиясын ислеп шығарыўда қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыўдың өзине тән өзгешеликлери

Қайта тиклениўши энергия дереклеринен жеке мүтәжликлер ушын ыссылық энергиясы ислеп шығарылған жағдайда, руқсат бериўши ҳүжжетлерди алыў талап етилмейди.

Қайта тиклениўши энергия дереклеринен ыссылық энергиясын ислеп шығарыўшыларға қайта тиклениўши энергия дереклериниң қурылмаларын аймақлық ҳәм магистрал ыссылық тармақларына жалғаў қадаған етиледи.

Локал ыссылық тармағын қурыў ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклериниң қурылмаларын оған жалғаў қайта тиклениўши энергия дереклеринен ыссылық энергиясын ислеп шығарыўшылардың қаржылары есабынан әмелге асырылады.

Ыссылық энергиясы тутыныўшыларын қайта тиклениўши энергия дереклеринен ыссылық энергиясы ислеп шығарыўшылардың локал ыссылық тармағына жалғаў шәртнама шәртлери тийкарында әмелге асырылады.

16-статья. Биогазди ислеп шығарыўда қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыўдың өзине тән өзгешеликлери

Биогаз өнимлердиң, шығындылардың ҳәм келип шығыўы өсимлик ҳәм ҳайўанатқа тийисли қалдықлардың, санаат ҳәм коммуналлық-турмыслық шығындылардың биологиялық жақтан ыдырайтуғын затлардан ибарат болған биомассасынан ислеп шығарылады.

Биомассадан жеке мүтәжликлер ушын биогаз ислеп шығарылған жағдайда, руқсат бериўши ҳүжжетлерди алыў талап етилмейди.

Биомассадан биогаз ислеп шығарыўшыларға қайта тиклениўши энергия дереклериниң қурылмаларын аймақлық ҳәм магистраль газ тармақларына жалғаў қадаған етиледи.

Локал газ тармағын қурыў ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклериниң қурылмаларын оған жалғаў биомассадан биогаз ислеп шығарыўшының қаржылары есабынан әмелге асырылады.

Биогаз тутыныўшыларын биомассадан биогаз ислеп шығарыўшылардың локал газ тармағына жалғаў шәртнама шәртлери тийкарында әмелге асырылады.

5-бап. Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўындағы мәмлекетлик есабы, электр энергиясының тарифлери

17-статья. Қайта тиклениўши энергия дереклери ресурсларының мәмлекетлик есабы

Арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым халықтың ҳәм биринши гезекте орайласқан энергия тәмийнаты системаларынан узақта жайласқан аймақлардың энергетикаға байланыслы ҳәм социаллық-экономикалық машқалаларын шешиў ушын Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы қайта тиклениўши энергия дереклери ресурсларының мәмлекетлик есабын әмелге асырады.

Қайта тиклениўши энергия дереклери ресурсларының мәмлекетлик есабын жүргизиў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.

18-статья. Қайта тиклениўши энергия дереклеринен ислеп шығарылатуғын энергияның ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмаларының мәмлекетлик есабы

Қайта тиклениўши энергия дереклеринен ислеп шығарылатуғын энергияның ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмаларының мәмлекетлик есабы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен жүргизиледи.

Қайта тиклениўши энергия дереклеринен ислеп шығарылатуғын ҳәм пайдаланылатуғын энергияның барлық көлеми есапқа алыныўы шәрт.

Қайта тиклениўши энергия дереклеринен ислеп шығарылатуғын энергияның ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмаларының мәмлекетлик есабы төмендеги мақсетлерде әмелге асырылады:

қайта тиклениўши энергия дереклеринен ислеп шығарылатуғын ҳәм пайдаланылатуғын энергияның есабы ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмаларының саны анықлығын, дурыслығын тәмийинлеў;

қайта тиклениўши энергия дереклериниң энергетикалық потенциалын ҳәм олардан пайдаланыў нәтийжелилигин баҳалаў;

мәпдар шахсларды қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў перспективалары ҳаққында хабардар етиў ҳәм инвестицияларды тартыў.

Қайта тиклениўши энергия дереклеринен ислеп шығарылатуғын энергияның ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмаларының мәмлекетлик есабы қайта тиклениўши энергия дереклериниң қурылмаларын жайластырыўдың анық ҳәм болжаўлы майданлары ҳаққындағы, сондай-ақ, қайта тиклениўши энергия дереклеринен энергия ислеп шығарыўшылар, пайдаланылатуғын қайта тиклениўши энергия дереклери, қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмаларының қуўатлылығы ҳаққындағы мағлыўматларды өз ишине алады.

19-статья. Қайта тиклениўши энергия дереклеринен ислеп шығарылған электр энергиясына байланыслы тарифлер

Қайта тиклениўши энергия дереклеринен ислеп шығарылатуғын электр энергиясына байланыслы тарифлер таңлаў саўдалары тийкарында белгиленеди.

Ақырғы тутыныўшылар ушын электр энергиясына байланыслы тарифлерди қәлиплестириўде барлық өндирис дереклеринен, соның ишинде, қайта тиклениўши энергия дереклеринен электр энергиясын сатып алыў бойынша барлық қәрежетлер есапқа алынады.

6-бап. Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўында техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў, муўапықлықты баҳалаў ҳәм усы тараўдағы талаплар

20-статья. Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўында техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў ҳәм муўапықлықты баҳалаў

Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўында техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў ҳәм муўапықлықты баҳалаў нызамшылықта белгиленген тәртипте әмелге асырылады.

Қайта тиклениўши энергия дереклеринен ислеп шығарылатуғын энергия ҳәм ислеп шығарылатуғын қайта тиклениўши энергия дереклериниң қурылмалары сертификатластырылыўы тийис, жеке мүтәжликлери ушын пайдаланылатуғын усындай энергия ҳәм қурылмалар буннан тысқары.

21-статья. Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўындағы талаплар

Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўындағы жумыс усы тараўдағы техникалық регламентлер, нормалар ҳәм қағыйдаларға, экологиялық, санитариялық, қала қурылысы нормалары ҳәм қағыйдаларына, жумысларды қәўипсиз алып барыў талапларына бойсынған ҳалда әмелге асырылыўы керек.

22-статья. Мәлимлемеден пайдаланыў

Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер, техникалық регламентлер, нормалар ҳәм қағыйдалар, сондай-ақ, қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыўға байланыслы инновациялық идеялар, қолланбалар ҳәм технологиялар ҳаққындағы мағлыўматлар ғалаба хабар қуралларында ҳәм арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымның рәсмий веб-сайтында жәрияланады.

7-бап. Жуўмақлаўшы қағыйдалар

23-статья. Тартысларды шешиў

Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў тараўындағы келиспеўшиликлер нызамшылықта белгиленген тәртипте шешиледи.

24-статья. Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ушын жуўапкершилик

Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.

25-статья. Усы Нызамның орынланыўын, жеткерилиўин, мазмуны ҳәм әҳмийети түсиндирилиўин тәмийинлеў

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер усы Нызамның орынланыўын, орынлаўшыларға жеткерилиўин және мәниси менен әҳмийетиниң халық арасында түсиндирилиўин тәмийинлесин.

26-статья. Нызамшылықты усы Нызамға муўапықластырыў

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси:

ҳүкимет қарарларын ҳәм бийликлерин усы Нызамға муўапықластырсын;

мәмлекетлик басқарыў уйымлары усы Нызамға қайшы келетуғын өз нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерин қайта көрип шығыўын ҳәм бийкар етиўин тәмийинлесин.

27-статья. Усы Нызамның күшке кириўи

Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. ОРЫНБАЕВ

Нөкис қаласы,

2025 жыл 12 июль,

№ 53/V

lex.uz