UzbekAI

← Qonunlar

📅 2025-yil 29-dekabr · Boshqa hujjatlar · Qaraqalpaqstan Respublikasiniң

Rasmiy matn. Rasmiy hujjat. Tahririy izohlar kiritilmagan.

Yordam | Arxiv | Atamalar | Statistika | API | Havola yuborish | Sayt haqida | Shartlar

← Қонунлар

📅 2025 йил 29 декабрь · Бошқа ҳужжатлар · Қарақалпақстан Республикасының

Расмий матн. Расмий ҳужжат. Таҳририй изоҳлар киритилмаган.

Ёрдам | Архив | Атамалар | Статистика | API | Ҳавола юбориш | Сайт ҳақида | Шартлар

← Законы

📅 29 декабря 2025 г. · Другие документы · Қарақалпақстан Республикасының

Официальный текст. Официальный документ. Редакционные примечания не включены.

Помощь | Архив | Термины | Статистика | API | Предложить ссылку | О сайте | Условия

← Laws

📅 29 December 2025 · Other documents · Qaraqalpaqstan Respublikasiniң

Official text. Official document. Editorial notes are not included.

Help | Archive | Glossary | Stats | API | Submit | About | Terms

Қарақалпақстан Республикасының

Нызамы

«Бәсекилик ҳаққында»

1-бап. Улыўма қағыйдалар

1-статья. Усы Нызамның мақсети

Усы Нызамның мақсети товар ямаса финанс базарларында бәсекиликти шеклеўге, сондай-ақ бәсекилик ямаса тәбийғый монополия шараятында тутыныўшылардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң кемситилиўине алып келетуғын ямаса алып келиўи мүмкин болған ҳәрекетлерди қадағалаўды әмелге асырыў ҳәм де оларға шек қойыў менен байланыслы болған бәсекилик тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.

2-статья. Бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық

Бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық усы Нызам ҳәм басқа да нызамшылық актлеринен ибарат.

Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамаларында Қарақалпақстан Республикасының бәсекилик ҳаққындағы нызамшылығында нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шәртнама қағыйдалары қолланылады.

3-статья. Усы Нызамның қолланылыў тараўы

Усы Нызам физикалық ҳәм юридикалық шахслардың, соның ишинде, мәмлекетлик уйымлардың Қарақалпақстан Республикасы аймағында жүз беретуғын, Қарақалпақстан Республикасы товар ямаса финанс базарында бәсекиликтиң шеклениўине, сондай-ақ бәсекилик ямаса тәбийғый монополия шараятында тутыныўшылардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң кемситилиўине алып келетуғын ямаса алып келиўи мүмкин болған ҳәрекетлерине (ҳәрекетсизлигине) қарата қолланылады.

Усы Нызам интеллектуал мүлк объектлерине болған артықмаш ҳуқықлар менен байланыслы қатнасықларға қолланылмайды.

4-статья. Тийкарғы түсиниклер

Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады:

мәмлекет қатнасыўындағы кәрхана — хожалық жумысын әмелге асыратуғын, устав фондындағы (устав капиталындағы) мәмлекет үлеси 25 проценттен артық болған юридикалық шахс, сондай-ақ, оған хожалық жумысын әмелге асырыў ҳуқықы берилген мәмлекетлик мәкеме;

мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың аффилленген шахслары — устав фондының (устав капиталының) 20 проценти ҳәм оннан артығы туўрыдан туўры ямаса жанапай мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларға тийисли болған юридикалық шахслар;

инсапсыз бәсекилик — хожалық жүритиўши субъекттиң ямаса шахслар топарының экономикалық жумысты әмелге асырыўда абзаллыққа ийе болыўға қаратылған, нызамшылыққа, ис айланысы әдетлерине қайшы болған ҳәм де басқа хожалық жүритиўши субъектлерге (бәсекилеслерге) зыян жеткеретуғын ямаса зыян жеткериўи мүмкин болған ямаса олардың искерлик абырайына зыян жеткеретуғын ямаса зыян жеткериўи мүмкин болған ҳәрекетлери;

тутыныўшы — хожалық жүритиўши субъекттен товарды алыўшы, товарға буйыртпа бериўши ямаса товарды алыў ямаса оған буйыртпа бериў нийетинде болған физикалық ямаса юридикалық шахс;

экономикалық концентрaция — хожалық жүритиўши субъекттиң ямаса шахслар топарының үстинлигине алып келетуғын, товар ямаса финанс базарында бәсекилик жағдайына тәсир көрсететуғын келисимлер дүзиў ҳәм (ямаса) басқа ҳәрекетлерди орынлаў;

кемситиўши шәртлер — товар ямаса финанс базарына кириў, товарды ислеп шығарыў, пайдаланыў, алыў, реализaциялаў ямаса басқаша тәризде басқа шахсқа өткериў шәртлери болып, олар басқа тең шәртлерде бир ямаса бир неше хожалық жүритиўши субъектти басқа хожалық жүритиўши субъектке (бәсекилеске) салыстырғанда тең болмаған жағдайға салып қояды;

финанс базары — банклер, кредит, қамсызландырыў ҳәм басқа финанс шөлкемлери тәрепинен көрсетилетуғын финанслық хызметтиң, сондай-ақ, баҳалы қағазлар базары профессионал қатнасыўшылары хызметлериниң Өзбекстан Республикасы аймақларындағы ямаса олардың бир бөлегиндеги айланысы болып, ол Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик-аймақлық дүзилисине сәйкес келмеўи мүмкин ҳәм усы айланыс шеңбериниң шегараларында бундай хызметлерди көрсетиў имканияты болады;

муўапықластырылған ҳәрекетлер — еки ямаса оннан артық хожалық жүритиўши субъектлердиң олардан ҳәр бириниң мәплерин қанаатландыратуғын, биреўиниң ҳәрекетлери басқасына белгили болған ямаса олардан ҳәр бириниң ҳәрекетлеринен келип шығып орынланатуғын, бәсекиликти шеклейтуғын ямаса шеклеўге ҳәм (ямаса) бәсекилик шараятында тутыныўшылардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери кемситилиўине алып келиўи мүмкин болған өз ара келисилмеген ҳәрекетлери;

бәсекилик — хожалық жүритиўши субъектлердиң (бәсекилеслердиң) жарысыўы болып, бунда олардың еркин ҳәрекетлери олардан ҳәр бириниң товар ямаса финанс базарындағы товар айланысының улыўма шәртлерине бир тәреплеме тәсир көрсетиў имканиятын бийкарлайды ямаса шеклейди;

санлы платформа — санлы өнимлерден Интернет дүнья жүзилик мәлимлеме тармағы арқалы ҳақы төлеў есабынан ямаса бийпул пайдаланыўды тәмийинлейтуғын мәлимлеме системасы;

тәбийғый монополия — товар базарының жағдайы болып, онда технологиялық өзине тән өзгешеликлер себепли товарлардың белгили бир түрине болған талапты қанаатландырыўдың бәсекили шараятларын жаратыў мүмкин емес ямаса экономикалық жақтан мақсетке муўапық болмайды;

тәбийғый монополия субъекти – тәбийғый монополия шараятларында товарларды ислеп шығарыў ҳәм (ямаса) реализaциялаў бойынша жумысты тийкарғы жумыс түри сыпатында әмелге асыратуғын хожалық жүритиўши субъект ямаса шахслар топары;

товар — искерликтиӊ алыў ҳәм реализациялаў ушын мөлшерленген өними, соның ишинде жумыслар ҳәм хызметлер;

товар базары — товардың, соның ишинде, бир-бириниң орнын басатуғын товардың (өзиниң белгиленген мақсети, қолланылыўы, сапасы ҳәм техникалық өзгешеликлери, баҳасы ҳәм басқа да көрсеткишлери бойынша салыстырылыўы мүмкин болған, тутыныўшы алмастырыўға таяр болған товардың) Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы ямаса оның бир бөлегиндеги айланысы шеңбери болып, ол Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик-аймақлық дүзилисине сәйкес келмеўи мүмкин ҳәм усы айланыс шеңбери шегараларында товарды алыў ямаса реализациялаў имканияты бар болады;

хожалық жүритиўши субъект — товарларды ислеп шығарыў, алыў ҳәм реализациялаў бойынша жумыс пенен шуғылланыўшы юридикалық шахс, соның ишинде, мәмлекет қатнасыўындағы кәрхана ҳәм хожалық искерлиги менен шуғылланыўшы мәкеме, юридикалық шахс дүзбеген ҳалда исбилерменлик искерлигин әмелге асырыўшы физикалық шахс.

5- статья. Бәсекилик тараўындағы тийкарғы принциплер

Бәсекилик тараўындағы тийкарғы принциплер төмендегилерден ибарат:

инсаплы бәсекилик;

нызамлылық;

тутыныўшылардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң үстинлиги;

ашық-айдынлық;

теңлик.

6-статья. Бәсекилик тараўындағы мәмлекет сиясатыныӊ тийкарғы бағдарлары

Бәсекилик тараўындағы мәмлекет сиясатыныӊ тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат:

тутыныўшылардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң үстинлигин есапқа алған ҳалда бәсекиликти қорғаў, бәсекиликке қарсы ҳәрекетлердиң алдын алыў ҳәм оларды тоқтатыў;

жәмийетте бәсекиликке қарсы ҳәр қандай ис-ҳәрекетлерге маўасасызлықты қәлиплестириў;

бәсекилик орталығын раўажландырыў ҳәм де товар ҳәм финанс базарларының нәтийжели жумыс ислеўи ушын шараятлар жаратыў;

товар ҳәм финанс базарлары қатнасыўшыларының экономикалық искерлигиниң еркинлигин ҳәм товарлардың еркин ҳәрекетлениўин тәмийинлеў;

тәбийғый монополиялар субъектлери жумысын әмелге асыратуғын тараўларда бәсекилик орталығын қәлиплестириў;

товар ҳәм финанс базарлары қатнасыўшылары ушын тең шараятларды белгилеў ҳәм де мәмлекеттиң экономикадағы қатнасыўын қысқартыў;

бәсекилик орталығын жақсылаў ҳәм раўажландырыў ушын республика атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жуўапкершилигин арттырыў.

7-статья. Бәсекилик тараўындағы ўәкилликли мәмлекетлик уйым ҳәм оның жумысын қаржыландырыў дереклери

Қарақалпақстан Республикасы Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети бәсекилик тараўындағы ўәкилликли мәмлекетлик уйым (монополияға қарсы уйым) есапланады (буннан былай текстте ўәкилликли мәмлекетлик уйым деп жүритиледи).

Ўәкилликли мәмлекетлик уйым өз жумысында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине есап береди, нызамшылықта белгиленгеннен басқа жағдайларда ол өз жумысын мәмлекетлик уйымлар, басқа да шөлкемлер ҳәм лаўазымлы шахслардан ғәрезсиз түрде әмелге асырады.

Ўәкилликли мәмлекетлик уйымның жумысын қаржыландырыў Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары ҳәм де нызам актлеринде қадаған етилмеген басқа да дереклер есабынан әмелге асырылады.

8-статья. Нормативлик ҳуқықый актлердиң ҳәм олардың жойбарларының бәсекиликке тәсирин баҳалаў

Ўәкилликли мәмлекетлик уйым нормативлик-ҳуқықый актлердиң ҳәм олар жойбарларының бәсекиликке тәсирин баҳалайды, сондай-ақ товар ямаса финанс базарында бәсекиликти туўрыдан-туўры ямаса жанапай шеклеўге алып келетуғын ямаса алып келиўи мүмкин болған нормаларды сапластырыўға қаратылған усыныслар ислеп шығады.

Бәсекиликке тәсирди баҳалаў ушын ўәкилликли мәмлекетлик уйымға төмендегилерди нәзерде тутыўшы нормативлик-ҳуқықый актлер жойбарлары киргизиледи:

хожалық жүритиўши субъектлер ушын жаңа шеклеўлер, лицензиялардың, руқсат бериў тәртип-қағыйдаларының жаңа түрлери енгизилиўин ямаса әмелдеги шеклеўлер, руқсат бериў тәртип-қағыйдалары, жумыстың лицензияланатуғын түрлери базар қатнасыўшыларының және де кеңирек шеңберине қолланылыўын;

лицензиялар ямаса руқсат етиў өзгешелигине ийе ҳүжжетлерди алыў ушын қосымша талаплар ҳәм шәртлер енгизилиўин;

юридикалық шахслардың устав фондының (устав капиталының) ең аз муғдарына болған талаплардың арттырылыўын;

хожалық жүритиўши субъектлердиң белгиленген ҳуқықларының шеклениўин (азайтылыўын) ямаса олар ушын қосымша миннетлемелер ямаса қосымша қәрежетлер енгизилиўин;

хожалық жүритиўши субъектлер ушын ҳәр қандай түрдеги жеңилликлер, кепилликлер, преференциялар белгилениўин, сондай-ақ оларға жаңа ҳуқықлар, соның ишинде, эксклюзив ҳуқықлар берилиўин.

Усы статьяның екинши бөлиминде нәзерде тутылған нормативлик ҳуқықый актлер жойбарлары тек ғана ўәкилликли мәмлекетлик уйымның олардың бәсекиликке тәсирин баҳалаў нәтийжелери бойынша жуўмақлары бар болған жағдайда, белгиленген тәртипте қабыл етиледи.

Ўәкилликли мәмлекетлик уйым нормативлик ҳуқықый актлердиң ҳәм олардың жойбарларының бәсекиликке тәсирин баҳалаў нәтийжелери бойынша ислеп шығылған есабатларды көрип шығады.

Ўәкилликли мәмлекетлик уйым әмелдеги нызамшылық актлерин ҳәм де мәмлекетлик уйым, басқа да шөлкемлер тәрепинен қабыл етилген ҳүжжетлерди олардың бәсекилик ҳаққындағы нызамшылыққа муўапықлығы бойынша үйрениўден өткереди.

Үйрениў ўәкилликли мәмлекетлик уйымның басламасы бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларына, жәмийетлик қадағалаў субъектлериниң усынысларына, сондай-ақ ғалаба хабар қуралларында жәрияланған материалларды үйрениў нәтийжелерине тийкарланып өткериледи.

Бәсекилик ҳаққындағы нызамшылыққа қайшы келетуғын нызамшылық актлери анықланған жағдайда, ўәкилликли мәмлекетлик уйым:

Қарақалпақстан Республикасының Нызамлары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарарлары хәм бийликлери бойынша — Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине белгиленген тәртипте усыныслар киритеди;

басқа мәмлекетлик уйымлар (жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары буннан тысқары) тәрепинен қабыл етилген нызамшылық актлери бойынша — бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықтың бузылыўларын белгиленген мүддетлерде сапластырыў ҳаққында оларға усыныс киритеди.

Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен қабыл етилген ҳәм бәсекилик ҳаққындағы нызамшылыққа қайшы келетуғын нызамшылық актлери анықланған жағдайда, ўәкилликли мәмлекетлик уйым бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықтың бузылыўларын белгиленген мүддетлерде сапластырыў ҳаққында оларға усыныс киргизеди.

Нормативлик ҳуқықый актлердиң ҳәм олардың жойбарларының бәсекиликке тәсирин баҳалаў тәртиби нызамшылықта белгиленеди.

9-статья. Монополияга қарсы комплаенс

Монополияға қарсы комплаенс жумыстың бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық талапларына муўапықлығын тәмийинлеў, олардың бузылыў қәўиплерин анықлаў ҳәм усы қәўиплердиң алдын алыў бойынша ишки шөлкемлестириўшилик тәртип-қағыйдалар системасынан ибарат.

Монополияға қарсы комплаенстиң тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат:

республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, соның ишинде, жумыстың айырым түрлерин лицензиялаўды, руқсат етиў өзгешелигине ийе ҳүжжетлерди бериўди әмелге асырыўшы, арнаўлы электрон система жәрдеминде хабарнамаларды қабыл етиўши, дизимнен өткериў ямаса аккредитaция қылыў ўәкилликлери берилген мәмлекетлик мәкемелер, сондай-ақ, мәмлекетлик мақсетли қорлар (буннан былай текстте республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер), хожалық жүритиўши субъектлер және юридикалық шахслар бирлеспелери жумысының бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық талапларына муўапықлығын тәмийинлеў ҳәм мониторинг етиў;

бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық талапларының бузылыў қәўиплерин басқарыў;

республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер, хожалық жүритиўши субъектлер ҳәм де юридикалық шахслар бирлеспелери тәрепинен бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық талапларының бузылыўларын анықлаў ҳәм олардың алдын алыў;

инсаплы бәсекиликти қәлиплестириў ҳәм тәртипке салыў.

Республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлерде, хожалық жүритиўши субъектлерде ҳәм юридикалық шахслар бирлеспелеринде монополияға қарсы комплаенсти енгизиў, оның жумысын тәмийинлеў ҳәм мониторинг етиў мақсетинде жуўапкер шахс тайынланады.

Монополияға қарсы комплаенс мәжбүрий тәртипте:

республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлерде;

товар ямаса финанс базарында үстем орынға ийе болған хожалық жүритиўши субъектлерде;

ақырғы үш жылда товарларды реализaциялаўдан алынған түсиминиң орташа жыллық муғдары базалық есаплаў муғдарының жүз мың есесинен асатуғын ҳәм устав фондының (устав капиталының) 50 проценти ҳәм оннан артығы мәмлекетке тийисли болған юридикалық шахсларда;

ақырғы үш жылда товарларды реализaциялаўдан алынған түсиминиң орташа жыллық муғдары базалық есаплаў муғдарының жүз мың есесинен асатуғын ҳәм устав фондының (устав капиталының) 50 проценти ҳәм оннан артығы устав фондындағы (устав капиталындағы) мәмлекетлик үлеси 50 проценти ҳәм оннан артығын қурайтуғын юридикалық шахсқа тийисли болған юридикалық шахсларда;

юридикалық шахслардың бирлеспелеринде енгизиледи.

Усы статьяның төртинши бөлиминде көрсетилмеген хожалық жүритиўши субъектлерде монополияға қарсы комплаенсти енгизиў усыныслық өзгешелигине ийе.

Монополияға қарсы комплаенсти шөлкемлестириў ҳәм енгизиў тәртиби нызамшылықта белгиленеди.

10-статья. Шахслар топары

Төмендеги шәртлерден бирине ямаса бир нешесине муўапық болған, бирден-бир (улыўма) экономикалық мәпке ийе болған шахслар жыйындысы шахслар топары деп тән алынады:

еки ҳәм оннан артық хожалық жүритиўши субъектлердиң бири туўрыдан-туўры ямаса жанапай, сондай-ақ, басқа шахслардан алынған ўәкилликлерге муўапық басқа хожалық жүритиўши субъект устав фондының (устав капиталының) 50 проценттен асламына ийелик етеди;

еки ҳәм оннан артық хожалық жүритиўши субъектте бир физикалық шахс, сондай-ақ, оның зайыбы (ҳаялы), ата-анасы (перзентликке алыўшылары), балалары (перзентликке алынған балалары), туўысқан ҳәм өгей аға-ини ҳәм апа-сиңлилери (буннан былай текстте жақын туўысқанлары деп жүритиледи) усы хожалық жүритиўши субъектлердеги өз қатнасыўы себепли туўрыдан-туўры ямаса жанапай ямаса басқа шахслардан алынған ўәкилликлерге муўапық усы хожалық жүритиўши субъектлерден ҳәр бириниң устав фондының (устав капиталының) 50 процентинен асламына ийелик етеди;

еки ҳәм оннан артық хожалық жүритиўши субъектте бирдей юридикалық шахс усы хожалық жүритиўши субъектлерде өзиниң қатнасыўы себепли туўрыдан-туўры ямаса жанапай ямаса басқа шахслардан алынған ўәкилликлерге муўапық усы хожалық жүритиўши субъектлерден ҳәр бириниң устав фондының (устав капиталының) 50 процентинен асламына ийелик етеди;

еки ҳәм оннан артық юридикалық шахстың атқарыўшы уйымы қурамына бир физикалық шахс ҳәм оның жақын туўысқанлары киреди;

еки ҳәм оннан артық юридикалық шахстың коллегиал атқарыўшы уйымы ҳәм (ямаса) бақлаў кеңеси сан қурамының 50 процентинен асламын бир физикалық шахс ҳәм оның жақын туўысқанлары қурайды;

еки ҳәм оннан артық юридикалық шахслардан бири нызамшылыққа ямаса усы юридикалық тәреплердиң шөлкемлестириў ҳүжжетлерине ямаса олар менен дүзилген шәртнамаларға тийкарланып усы юридикалық тәреплерге орынланыўы мәжбүрий болған көрсетпелер бериўге ҳақылы;

еки ҳәм оннан артық хожалық жүритиўши субъектте тап сол физикалық шахс ямаса тап сол юридикалық шахс нызамшылыққа ҳәм (ямаса) усы юридикалық шахслардың шөлкемлестириў ҳүжжетлерине ямаса олар менен дүзилген шәртнамаларға тийкарланып оларға орынланыўы мәжбүрий болған көрсетпелер бериўге ҳақылы болады.

Усы Нызамда шахслар топарына товар ямаса финанс базарының бирден- бир субъекти сыпатында қаралады.

11-статья. Товардың монопол жоқары баҳасы

Егер товарды реализациялаў баҳасы ҳәм оны ислеп шығарыў ҳәм (ямаса) реализациялаў ушын зәрүр болған қәрежетлер арасындағы айырмашылық жүдә жоқары болса ямаса товардың сапасын төменлетиў есабынан қосымша пайда алыўға қаратылған болса, товардың товар ямаса финанс базарында үстем орынға ийе болған хожалық жүритиўши субъект тәрепинен белгиленетуғын баҳасы товардың монопол жоқары баҳасы болып табылады.

Товардың баҳасы товар-шийки зат биржа саўдалары жуўмақлары бойынша қәлиплескен жағдайда, ол монопол жоқары баҳа деп тән алынбайды, буннан үстем орынға ийе болған хожалық жүритиўши субъектлердиң қатнасыўындағы ҳийлелерден ибарат ҳәрекетлер нәтийжесинде қәлиплескен баҳа буннан тысқары.

Усы статьяның талаплары экспорт баҳаларына қолланылмайды.

Товардың монопол жоқары баҳасы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте анықланады.

12-статья. Товардың монопол төмен баҳасы

Товар ямаса финанс базарында үстем орынға ийе болған хожалық жүритиўши субъект тәрепинен товардың өзине түсер баҳасынан төмен дәрежеде ҳәм усы товарды сатыўдан зыян келтиретуғын дәрежеде белгиленетуғын, нәтийжеде бәсекилик шеклениўине алып келетуғын баҳа товардың монопол төмен баҳасы болып табылады.

Усы статьяның талаплары экспорт баҳаларына қолланылмайды.

Товардың монопол төмен баҳасы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте анықланады.

13-статья. Үстем орын

Товар ямаса финанс базарындағы хожалық жүритиўши субъекттиң ямаса шахслар топарының оған өз искерлигин бәсекилесетуғын хожалық жүритиўши субъектлерге байланыслы болмаған ҳалда әмелге асырыў ҳәм бәсекилик жағдайына шешиўши тәсир көрсетиў, тийисли базарға басқа хожалық жүритиўши субъектлердиң кириўин қыйынластырыў ямаса усы басқа субъектлердиң экономикалық жумыс еркинлигин басқаша тәризде шеклеў имканиятын беретуғын жағдай үстем орын болып табылады.

Товар ямаса финанс базарында төмендегилер үстем орын деп тән алынады:

егер хожалық жүритиўши субъекттиң ямаса шахслар топарының бәсекилеслери болмаса;

егер хожалық жүритиўши субъекттиң ямаса шахслар топарының базардағы үлеси 40 процентти ҳәм оннан артығын қураса;

егер хожалық жүритиўши субъект ямаса шахслар топары тәбийғый монополия субъекти деп тән алынса;

егер хожалық жүритиўши субъектке ямаса шахслар топарына белгили товарларды ислеп шығарыў ямаса реализациялаў ямаса алыў ушын нызамшылықта белгиленген тәртипте артықмаш ҳәм (ямаса) эксклюзив ҳуқық берилген болса.

Соңғы календарь жылда товарларды реализациялаўдан алынған түсими базалық есаплаў муғдарының отыз мың есесинен азды қураған хожалық жүритиўши субъекттиң ямаса шахслар топарының (тәбийғый монополия субъектлери, өнимлериниң баҳалары мәмлекет тәрепинен тәртипке салынатуғын хожалық жүритиўши субъектлер буннан тысқары) товар ямаса қаржы базарындағы жағдайы үстем орын деп тән алынбайды.

Хожалық жүритиўши субъекттиң ямаса шахслар топарының товар ямаса финанс базарындағы үстем орын тән алынған күннен баслап үш күнлик мүддетте ўәкилликли мәмлекетлик уйым бул ҳаққында оларға хабар жибереди, усы хожалық жүритиўши субъекттиң ямаса шахслар топарының товарларына баҳалар мәмлекет тәрепинен тәртипке салынған жағдайда болса бул ҳаққында баҳаны тәртипке салыўшы уйымға да хабар береди.

Товар ямаса финанс базарында хожалық жүритиўши субъекттиң ямаса шахслар топарының, санлы платформа операторының үстем орнын анықлаў ҳәм тән алыў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.

14-статья. Үстем келисиў күши

Үстем орынға ийе болмаған хожалық жүритиўши субъект ямаса шахслар топары тәрепинен келисим шәртлерин, товарлар реализaцияланатуғын аймақты ҳәм баҳаны белгилеўге бир тәреплеме тәсир көрсетиў имканиятының бар екенлиги үстем келисиў күши деп тән алынады.

15-статья. Товардың монопол түрине қолланылатуғын баҳаларды (тарифлерди) жәриялаў

Хожалық жүритиўши субъект ҳәм шахслар топары үстем орынға ийе деп тән алынған ўақыттан баслап товардың монопол түрине қолланылатуғын жаңа баҳаларды (тарифлерди) әмелдеги баҳалар (тарифлер) өзгертилиўинен кеминде он бес күн алдын жәриялаўы шәрт.

2-бап. Тәбийғый монополия субъектлериниң жумысын тәртипке салыў

16-статья. Тәбийғый монополия субъектлери товарларының баҳаларын (тарифлерин) тәртипке салыў

Тәбийғый монополия субъектлери товарларының баҳаларын (тарифлерин) тәртипке салыў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ўәкиллик берген уйым тәрепинен әмелге асырылады.

Тәбийғый монополия субъектлери товарларының баҳаларын (тарифлерин) белгилеў ушын тәбийғый монополия субъектлери өз товарлары баҳаларының (тарифлериниң) жойбарларын ҳәм олар бойынша есап-санақларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен ўәкиллик берилген уйымға усынады.

Тәбийғый монополия субъектлери товарлары баҳаларының (тарифлериниң) жойбарлары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ўәкиллик берген уйым тәрепинен бир ай мүддетте көрип шығылады.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ўәкилликли уйымның тәбийғый монополия субъектлери товарларының баҳалары (тарифлери) бойынша қарары тәбийғый монополия субъектлери тәрепинен усы қарар күшке киргенге шекем он бес күннен кешиктирмей ғалаба хабар қуралларында және өз рәсмий веб-сайтларында жәрияланады.

Ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәбийғый монополия субъектлери товарларының баҳаларын (тарифлерин) тәртипке салыўда қатнаспайды.

17-статья. Тәбийғый монополия субъектлериниң ҳуқық ҳәм миннетлемелери

Тәбийғый монополия субъектлери төмендеги ҳуқықларға ийе:

реализация етилген товарлар ушын ҳақы төлениўин тәмийинлемей атырған тутыныўшыларға хызмет көрсетиўден нызамшылықта белгиленген тәртипте бас тартыў;

тәбийғый монополия шараятында реализацияланатуғын товарлардың баҳаларын (тарифлерин) ўәкилликли мәмлекетлик уйымды хабардар еткен ҳалда барлық тутыныўшылар ушын бир ўақытта төменлетиў.

Тәбийғый монополия субъектлери:

өз товарларының сатып алыныўында тутыныўшылар ушын теңдей шараятлар жаратып бериўи, барлық тутыныўшыларға хызмет көрсетиў ушын қуўатлықлар жетерли болмаған жағдайда, товарлар тутыныўшылар арасында әдил бөлистирилиўин Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарларына муўапық тәртипке салыўы;

өз жумысы ҳаққындағы есабатты ўәкилликли мәмлекетлик уйымға нызамшылықта белгиленген тәртипте усыныўы;

товарлардың баҳаларын (тарифлерин) белгилеў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен ўәкиллик берилген уйымға исенимли мәлимлемени усыныўы;

тәбийғый монополия шараятында әмелге асырылатуғын товарларды ислеп шығарыўға (реализациялаўға) байланыслы тиккелей қәрежетлердиң бөлек-бөлек есабын жүргитиўи шәрт.

Тәбийғый монополия субъектлери нызамшылыққа муўапық басқа ҳуқықларға да ийе болыўы ҳәм олардың жуўапкершилигинде өзге миннетлемелер болыўы мүмкин.

3-бап. Бәсекиликке қарсы ҳәрекетлерди қадаған етиў

18-статья. Үстем орын ҳәм үстем келисиў күшинен жеке мәпи ушын пайдаланыўды қадаған етиў

Үстем орынға ямаса үстем келисиў күшине ийе болған хожалық жүритиўши субъекттиң ямаса бир топар шахслардың ақыбетинде бәсекиликти шеклеўге ҳәм (ямаса) тутыныўшылардың, басқа хожалық жүритиўши субъектлердиң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин кемситиўге алып келетуғын ҳәрекетлери, соның ишинде төмендеги ҳәрекетлери үстем орнын ямаса үстем келисиў күшин жеке мәпи ушын пайдаланыў деп тән алынады ҳәм қадаған етиледи:

товарлардың айланыс көлемин товар ямаса финанс базарында жетиспеўшиликти келтирип шығарыў ямаса сақлап турыў мақсетинде баҳалардың артыўына ҳәм (ямаса) тутыныўшылардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине зыян жеткерилиўине алып келетуғын тәризде қысқартыў;

тутыныўшылардың зәрүр көлемдеги товарды ҳәм тийисли дәрежесин сапалы товарды алыўға болған ҳуқықларының кемситилиўине жол қойыў;

товардың монопол жоқары ямаса монопол төмен баҳаларын белгилеў;

шәртнама предметине байланыслы болмаған шәртлерди (нызам актлерине муўапық қатты турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын тутыныўшылардың қарыздарлығыныӊ алдын алыўға қаратылған қағыйдалар буннан тысқары), соның ишинде, финанслық қаржыларды, басқа да мүлкти, мүлклик ҳуқықларды өзге шахсқа өткериўге байланыслы тийкарсыз талапларды мәжбүрий қабыл етиў;

товарды реализациялаў ямаса алыўда кемситиўши шәртлерди белгилеў, соның ишинде товардан пайдаланыў шәртлерин мәжбүрий қабыл етиў;

шәртнама дүзиўге тек ғана контрагент тәрепинен басқа товарды алыў ямаса реализациялаў ямаса контрагенттиң товарды басқа хожалық жүритиўши субъектлерден алыўдан ямаса басқа хожалық жүритиўши субъектлерге реализациялаўдан өзин тыйыўы шәрти менен разылық бериў;

тийисли товарды ислеп шығарыў ямаса реализациялаў имканияты бола турып, шәртнама дүзиўден тийкарсыз түрде бас тартыў;

товар ямаса финанс базарына басқа хожалық жүритиўши субъектлердиң кириўи ушын тосқынлықлар жаратыў;

баҳаларды мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў қолланылатуғын товарлар ушын белгиленген баҳадан артық ҳақы алыў ямаса баҳаларды мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў тәртибин бузыў, сондай-ақ, көрсетилмеген хызметлер ямаса бийпул көрсетилиўи керек болған хызметлер ушын ҳақы алыў;

басқа хожалық жүритиўши субъектлер (бәсекилеслер) тәрепинен ислеп шығарылған товарларды алыўды ямаса реализациялаўды қадаған етиў ямаса шеклеў.

Үстем орынға ийе деп тән алынған санлы платформа операторына мағлыўматлар, технологиялар ҳәм санлы өнимлерден пайдаланыў бойынша талапларды белгилеў арқалы бәсекиликти шеклейтуғын ҳәрекетлерди орынлаў қадаған етиледи.

Үстем орынға ийе деп тән алынған санлы платформа операторының бәсекиликти шеклеўге алып келетуғын ҳәрекетлерин анықлаў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.

19-статья. Бәсекиликке қарсы келисимлерди ҳәм муўапықластырылған ҳәрекетлерди қадаған етиў

Товар ямаса финанс базарында еки ҳәм оннан артық тәрептиң бәсекиликти шеклеўге ямаса тутыныўшылардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине зыян жеткериўге алып келетуғын ямаса алып келиўи мүмкин болған, бир ямаса бир неше ҳүжжетте сәўлелендирилген жазба түрдеги шәртнамасы, сондай-ақ аўызеки түрдеги шәртнамасы бәсекиликке қарсы келисим болып табылады.

Бәсекилесетуғын хожалық жүритиўши субъектлер, соның ишинде, потенциал бәсекилеслер арасында бәсекиликти шеклеўге ҳәм (ямаса) тутыныўшылардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерине зыян жеткериўге алып келетуғын және төмендегилерге қаратылған бәсекиликке қарсы келисимлер ҳәм муўапықластырылған ҳәрекетлер қадаған етиледи және өз-өзинен ҳақыйқый емес деп табылады:

баҳаларды (тарифлерди), шегирмелерди, үстемелерди, қосымша төлемлерди ямаса үстемелерди жасалма түрде белгилеў ямаса сақлап турыў, еркин базар баҳаларының қәлиплесиўине тосқынлық етиў;

усыныс көлемин жасалма түрде өзгертиў мақсетинде өндирис көлемлерин келисип алыў, товарларды ислеп шығарыўды экономикалық ямаса технологиялық жақтан тийкарсыз түрде азайтыў ҳәм (ямаса) тоқтатыў ямаса технологиялар ҳәм инвестицияларды шеклеўди келисип алыў;

ең жақсы усынысларды таңлаўда, тендерлерде, аукционларда, биржаларда ҳәм басқа саўдаларда (буннан былай текстте саўдалар деп жүритиледи) баҳаларды көтериў, төменлетиў ямаса сақлап турыў;

товар ямаса финанс базарын аймақлық принцип бойынша, реализациялаў ямаса сатып алыў көлеми бойынша, товарлардың түрлери бойынша ямаса товарларды сатыўшылар ямаса қарыйдарлар, товар буйыртпашылар шеңбери бойынша бөлип алыў ямаса өним сатылатуғын базарлар үстинен қадағалаў орнатыў;

басқа хожалық жүритиўши субъектлердиң белгили бир товарларды сатыўшылар ямаса қарыйдарлар, буйыртпашылар сыпатында товар ямаса финанс базарына кириўин шеклеў ямаса оларды базардан шетлетиў ямаса хожалық жүритиўши субъектлерди белгили бир базарға киргизбеў;

айырым сатыўшылар ямаса алыўшылар менен шәртнамалар дүзиўде шәртнама предметине байланыслы болмаған шәртлерди, соның ишинде, финанслық қаржыларды, басқа мал-мүлкти, мүлклик ҳуқықларды өзге шахсқа өткериўге байланыслы тийкарсыз талапларды мәжбүрий қабыл етиў жолы менен шәртнамалар дүзиў.

Бәсекилес емес хожалық жүритиўши субъектлердиң, сондай-ақ хожалық жүритиўши субъектлердиң юридикалық шахслар бирлеспеси, республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер менен бәсекиликке қарсы келисимлерине ҳәм де муўапықластырылған ҳәрекетлерине, егер бундай келисимлер ҳәм ҳәрекетлер ақыр-аяғында усы статьяның екинши бөлиминде көрсетилген ақыбетлерге алып келетуғын ямаса алып келиўи мүмкин болса, соның ишинде төмендеги келисимлери ҳәм ҳәрекетлерине жол қойылмайды:

сатыўшының ямаса сатып алыўшының аймақты ямаса сатып алыўшылар шеңберин товарды кейин ала қайта сатыў мақсетинде өз бетинше белгилеўин шеклейтуғын келисимлери ҳәм ҳәрекетлерине;

товарларды қайта сатыў ушын баҳаларға шеклеўлер белгилейтуғын келисимлери ҳәм ҳәрекетлерине;

басқа хожалық жүритиўши субъектлер тәрепинен ислеп шығарылатуғын товарларды хожалық жүритиўши субъектлер тәрепинен реализациялаўды қадаған ететуғын келисимлери ҳәм ҳәрекетлерине.

Хожалық жүритиўши субъектлердиң экономикалық жумысын усы хожалық жүритиўши субъектлерге байланыслы болмаған юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен сыртқы муўапықластырыў, егер бундай муўапықластырыў усы статьяның екинши ҳәм үшинши бөлимлеринде көрсетилген ақыбетлерден бирине алып келсе, қадаған етиледи.

Егер бәсекиликке қарсы келисимлер ҳәм ҳәрекетлер өндиристи жетилистириўге, техника раўажланыўын арттырыўға, инновaцияларды енгизиўди хошаметлеўге, өндирис ҳәм товарларды реализациялаў көлемлерин көбейтиўге ямаса экономикалық өсиўди хошаметлеўге ямаса товарлардың жәҳән товар ямаса финанс базарындағы бәсекиликке шыдамлылығын арттырыўға қаратылған болса, усы статьяда нәзерде тутылған қадаған етиўлер усы келисимлер ҳәм ҳәрекетлерге қолланылмайды.

Бәсекиликке қарсы келисимлерди ҳәм муўапықластырылған ҳәрекетлерди анықлаў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.

20-статья. Бәсекиликке қарсы келисимлер ҳәм муўапықластырылған ҳәрекетлер ушын жуўапкершиликтен азат етиў

Бәсекиликке қарсы келисим ямаса муўапықластырылған ҳәрекет қатнасыўшысы болған, усы келисим ямаса ҳәрекет жүз бергенлиги ҳаққында ўәкилликли мәмлекетлик уйымға ықтыярлы түрде биринши болып арза менен мүрәжат еткен физикалық шахс, хожалық жүритиўши субъект, юридикалық шахслар бирлеспеси тийислисинше ҳәкимшилик ҳәм финанслық жуўапкершиликтен азат етиледи.

21-статья. Инсапсыз бәсекиликти қадаған етиў

Хожалық жүритиўши субъектлер ямаса олардың мәплерин гөзлеп басқа шахслар тәрепинен бәсекилеслерге қарата инсапсыз бәсекиликти әмелге асырыў, соның ишинде төмендеги ҳәрекетлерди әмелге асырыў қадаған етиледи:

бәсекиликтиң абырайын түсириў, яғный бәсекилес хожалық жүритиўши субъекттиң жумысына унамсыз тәсир етиўи ямаса оның исшеңлик абырайына зыян жеткериўи мүмкин болған, ол сатыўға усыныс етип атырған товардың сапасы ҳәм тутыныў қәсийетлери ҳаққында, усы товарды таярлаў ҳәм оннан пайдаланыў усыллары ҳәм шараятлары ҳаққында, оннан пайдаланыўдан күтилип атырған нәтийжелер ҳаққында, товардың белгили бир мақсетлерге жарамлылығы ҳаққында, товарды сатыўға усыныс етиў шәртлери, соның ишинде, оның баҳасы ҳаққында жалған, анық емес ямаса бузып көрсетилген мағлыўматларды тарқатыў;

надурыс салыстырыў, яғный бәсекилес хожалық жүритиўши субъектти ямаса оның товарын товардың үстинлиги ҳаққында түсиник пайда етиўши сөзлерден ямаса белгилерден пайдаланып товардың қалыс түрде тастыйықлаўға ийе болған сыпатламасын ямаса салыстырыў параметрлерин көрсетпеген ҳалда салыстырыў;

товардың өзгешелиги, ислеп шығарылыў усылы ҳәм орны, тутыныў қәсийетлери, баҳасы ҳәм сапасы, ислеп шығарыўшының (атқарыўшының) кепиллик миннетлемелери ҳаққында тутыныўшыларды алжастырыў;

коммерциялық сырды ямаса нызам менен қорғалатуғын басқа сырды, соның ишинде, илим-техникаға, өндириске ямаса саўдаға байланыслы мәлимлемени ийесиниң разылығысыз алыў, оннан пайдаланыў, оны жәриялаў;

товар ямаса финанс базарына бәсекилес хожалық жүритиўши субъекттиң кириўине тосқынлық етиўге ямаса оны базардан шетлетиўге алып келетуғын ҳәрекетлерди ислеў.

22-статья. Республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер, юридикалық шахслардың бирлеспелери тәрепинен бәсекиликти шеклейтуғын ҳүжжетлер қабыл етилиўин ҳәм де ҳәрекетлер әмелге асырылыўын (ҳәрекетсизликти) қадаған етиў;

Республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларына ҳәм басқа да шөлкемлерге, юридикалық шахслардың бирлеспелерине товар ямаса финанс базарында бәсекиликти шеклеўге және тутыныўшылардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин кемситиўге алып келетуғын ҳүжжетлерди қабыл етиў ҳәм ҳәрекетлерди әмелге асырыў (ҳәрекетсизлик), соның ишинде төмендегилер қадаған етиледи:

жумыстың қандай да бир тараўында жаңа хожалық жүритиўши субъектлерди шөлкемлестириўге, жумыстың айырым түрлерин әмелге асырыўға ямаса белгили бир товарларды ислеп шығарыўға шеклеўлер орнатыў;

хожалық жүритиўши субъектлердиң товар ямаса финанс базарына кириўин шеклеў ямаса оларды оннан шығарып жибериў;

шәртнамалар дүзиўде үстинлик бериў, сатып алыўшылардың белгили шеңберине товарларды биринши гезекте реализациялаў, финанслық қаржылардың дереклерин таңлаў ҳәм олардан пайдаланыў бағдарларының абзаллығы ҳаққында хожалық жүритиўши субъектке көрсетпелер бериў;

хожалық жүритиўши субъектлердиң жумысына тийкарсыз түрде тосқынлық етиў, соның ишинде, товарларға ямаса хожалық жүритиўши субъектлерге нызамшылықта нәзерде тутылмаған талапларды белгилеў жолы менен тосқынлық етиў;

товарлардың еркин ҳәрекетлениўи ҳәм реализацияланыўын нызамға қайшы түрде шеклеў, хожалық жүритиўши субъектлердиң товарларды ямаса басқа да пуқаралық ҳуқықлары объектлерин ийелеў ҳәм олардан пайдаланыў ҳуқықларына байланыслы тыйымлар ямаса шеклеўлер орнатыў;

хожалық жүритиўши субъектлерге товарларды сатып алыў ҳаққында көрсетпелер бериў ямаса товарларды сатып алыўшыларға бундай товарларды реализациялайтуғын хожалық жүритиўши субъектлерди киритиў ямаса усы субъектлерди таңлаўда шеклеўлер орнатыў;

хожалық жүритиўши субъектлерге мағлыўматлардан өз бәсекилеслериниң товар ямаса финанс базарында кемситилиўине алып келиўи мүмкин болған тәризде үстемлик пенен пайдаланыў имканиятын бериў;

айырым хожалық жүритиўши субъектлерге оларды товар ямаса финанс базарында жумыс алып барып атырған басқа хожалық жүритиўши субъектлерге салыстырғанда үстем орынға қоятуғын артықмашлықлар, преференциялар, жеңилликлер ҳәм эксклюзив ҳуқықларды тийкарсыз түрде бериў;

хожалық жүритиўши субъектлердиң устав фондындағы (устав капиталындағы) акцияларды (үлеслерди) алыў, нызамшылықта нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары;

хожалық жүритиўши субъектлердиң экономикалық искерлигине ақыбетинде бәсекилик шеклениўи мүмкин болған тәризде араласыў;

республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларының ҳәм басқа да шөлкемлердиң, юридикалық шахслар бирлеспелериниң ўазыйпаларын хожалық жүритиўши субъектлердиң ўазыйпалары менен қосып орынлаў, нызамшылықта белгиленген жағдайлар буннан тысқары;

айырым хожалық жүритиўши субъектлердиң жумысы ушын басқа кемситиўши ямаса жеңиллетилген шараятлар жаратыў.

Айрықша жағдайларда, тәбийғый апатлар, апатшылықлар ақыбетлерин сапластырыў ҳәм эпидемиялардың алдын алыў мақсетинде ҳәм де айрықша жағдайлар дәўиринде, сондай-ақ банклерди санaция тәртип-қағыйдаларын әмелге асырыўда республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм басқада шөлкемлер усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген ҳүжжетлерди қабыл етиўи ҳәм ҳәрекетлерди әмелге асырыўы мүмкин.

Республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларының ҳәм басқа да шөлкемлердиң, юридикалық шахслар бирлеспелериниң товар ямаса финанс базарында баҳаларды жасалма түрде арттырыўға, төменлетиўге, сақлап турыўға алып келетуғын ҳәрекетлерине жол қойылмайды.

4-бап. Мәмлекетлик жәрдем берилиўине ҳәм исбилерменлик искерлигинде мәмлекеттиң қатнасыўына байланыслы бәсекиликти шеклеўге қарсы талаплар

23-статья. Мәмлекет жәрдеминиң бәсекиликке тәсирин баҳалаў

Мәмлекет хожалық жүритиўши субъектлерге салық ҳәм бажыхана жеңилликлери, субсидиялар, грантлар, мәмлекетлик кепилликлер, жеңиллетилген кредитлер, эксклюзив ҳуқықлар, мәмлекетлик мүлкти жеңиллетилген баҳаларда сатыў ҳәм ижараға бериў, жер ресурсларынан ҳәм жер асты байлықларынан пайдаланыў ҳуқықларын жеңиллетилген шәртлер тийкарында бериў және басқа да преференциялар ҳәм артықмашлықлар көринисинде мәмлекетлик жәрдем берилиўи мүмкин.

Айырым хожалық жүритиўши субъектлерге саламат бәсекилик орталығына унамсыз тәсир көрсететуғын тәризде жеке тәртипте мәмлекетлик жәрдем берилиўине жол қойылмайды.

Мәмлекетлик жәрдем берилиўин нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый актлер жойбарлары олардың бәсекиликке тәсирин баҳалаў ушын ўәкилликли мәмлекетлик уйымға мәжбүрий тәртипте киритиледи.

Бәсекиликке тәсирди баҳалаў нәтийжелери бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйымның жуўмағы мәмлекетлик жәрдем көрсетилиўин нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый актлерди қабыл етиўде мәжбүрий тәртипте көрип шығылады.

Усы статьяның екинши бөлиминде көрсетилген талаплар Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарларында нәзерде тутылған жағдайларға қолланылмайды.

24-статья. Мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың бәсекиликке тәсирин шеклеў

Мәмлекеттиң исбилерменлик жумысында қатнасыўы мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды шөлкемлестириў, хожалық жүритиўши субъектлердиң устав фондында (устав капиталында) туўрыдан-туўры ямаса жанапай қатнасыў арқалы, сондай-ақ, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарында мәмлекет шериги сыпатында қатнасыў арқалы әмелге асырылады.

Төмендегилерге жол қойылмайды:

бес ҳәм оннан артық жеке исбилерменлик субъекти товар ямаса финанс базарында жумыс алып барып атырған, бәсекилик раўажланған тараўларда мәмлекет қатнасыўындағы кәрхананы ҳәм оның аффилленген шахсларын шөлкемлестириўге;

республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларына ҳәм басқа да шөлкемлерге жумыстың айырым түрлерин лицензиялаўды әмелге асырыў, руқсат етиў өзгешелигине ийе ҳүжжетлерди бериў, арнаўлы электрон система жәрдеминде хабарнамаларды қабыл етиў, сондай-ақ, дизимнен өткериў ямаса аккредитaциялаў ўәкилликлери берилген тараўларда усы уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен олардың қатнасыўында кәрханаларды шөлкемлестириўге;

бирден-бир жеткерип бериўши болған ямаса оған усы ҳуқық берилген ямаса үстем орынға ийе болған мәмлекет қатнасыўындағы кәрхана тәрепинен искерлиги шөлкемлестириўшиниң товарларынан (ресурсларынан) ямаса тармақ инфраструктурасынан пайдаланыўға байланыслы болған ҳәм жеке меншик исбилерменлик субъектлери менен бәсекилесетуғын жумыс пенен шуғылланатуғын, усы кәрханаға аффилленген шахсларды шөлкемлестириўге, буған усы аффилленген шахслардың оларды бәсекилеслер менен тең жумыс шараятлары менен тәмийинлеген ҳалда бөлип шығарыў нәтийжесинде шөлкемлестириў кирмейди;

мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың бәсекилик раўажланған тараўларда өзиниң тийкарғы жумысына байланыслы болмаған қосымша искерлик пенен шуғылланыўына;

мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың бәсекилик раўажланған тараўларда хожалық жүритиўши субъектлердиң устав фондында (устав капиталында) қатнасыўына ямаса ондағы үлести алыўына.

Усы статья екинши бөлиминиң бесинши ҳәм алтыншы абзацларында көрсетилген талаплар Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарларында нәзерде тутылған жағдайларға қолланылмайды.

Мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды ҳәм олардың аффилленген шахсларын шөлкемлестириў (қайта шөлкемлестириў) ўәкилликли мәмлекетлик уйымның алдын ала разылығы алынғаннан кейин әмелге асырылады.

Ўәкилликли мәмлекетлик уйымның алдыннан разылығын алыў төмендеги жағдайларда талап етиледи:

мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды ямаса олардың аффилленген шахсларын шөлкемлестириў ўақтында;

мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды ямаса олардың аффилленген шахсларын қайта шөлкемлестириў ўақтында (қосып жибериў ҳәм қосып алыў түринде);

хожалық жүритиўши субъектлердиң устав фондындағы (устав капиталындағы) акциялар (үлеслер) республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм басқада шөлкемлер, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар тәрепинен алынғанда;

мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың, сондай-ақ усы кәрханалар менен байланыслы болған шахслардың жумыс түри өзгергенде.

Усы статьяның бесинши бөлиминде көрсетилген талаплар Өзбекстан Республикасы нызамларында, Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарларында нәзерде тутылған жағдайларда мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды ҳәм олардың аффилленген шахсларын шөлкемлестириўге (қайта шөлкемлестириўге), олардың жумыс түрин өзгертиўге, сондай-ақ акциялар (үлеслер) алыўға қолланылмайды.

Егер мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар ямаса олардың аффилленген шахслары усы статьяның талапларын бузған ҳалда шөлкемлестирилген (қайта шөлкемлестирилген) ямаса искерлик түрин өзгерткен болса, сондай-ақ акциялар (үлеслер) алған болса, бундай жағдайда мәмлекет қатнасыўындағы усы кәрханалар ямаса олардың аффилленген шахслары ўәкилликли мәмлекетлик уйымның көрсетпесине муўапық ямаса суд тәртибинде тийислилигинше сапластырылады ямаса олардың искерлик түри өзиниң бурынғы искерлик түрине өзгертиледи ямаса акцияларды (үлеслерди) алыўға байланыслы келисимлер ҳақыйқый емес деп табылады.

25-статья. Мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды ҳәм олардың аффилленген шахсларын шөлкемлестириў (қайта шөлкемлестириў), олардың жумыс түрин өзгертиў, сондай-ақ, олар тәрепинен акциялар (үлеслер) алыныўы ушын алдыннан келисим алыў тәртиби

Мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды ямаса олардың аффилленген шахсларын шөлкемлестириўге (қайта шөлкемлестириўге) ҳәм (ямаса) олардың жумыс түрин өзгертиўге, сондай-ақ олар тәрепинен акциялар (үлеслер) алыныўына алдыннан келисим алыў ушын тийислисинше республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар ямаса олардың аффилленген шахслары ўәкилликли мәмлекетлик уйымға арза менен мүрәжат етеди.

Ўәкилликли мәмлекетлик уйым мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды ямаса олардың аффилленген шахсларын шөлкемлестириў (қайта шөлкемлестириў) ҳәм (ямаса) олардың искерлик түрин өзгертиў, сондай-ақ, олар тәрепинен акциялар (үлеслер) алыныўы мәселеси бойынша арза келип түскен күннен баслап еки ай мүддетте қарар қабыл етеди.

Егер ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен товар ямаса қаржы базарында жеке исбилерменлик субъектлериниң жоқ екенлигиниң объектив себеплери анықланбаған болса, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларға, сондай-ақ олардың аффилленген шахсларына үш жыл мүддетке усы товар ямаса қаржы базарында искерлик етиўге руқсат бериледи.

Ўәкилликли мәмлекетлик уйым мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды ҳәм (ямаса) олардың аффилленген шахсларын шөлкемлестириўди (қайта шөлкемлестириўди) ҳәм (ямаса) олардың жумыс түрин өзгертиўди, сондай-ақ олар тәрепинен акцияларды (үлеслерди) алыўды усы Нызам 24-статьясының екинши бөлиминде нәзерде тутылған жағдайларда бийкарлайды.

Мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды ямаса олардың аффилленген шахсларын шөлкемлестириў (қайта шөлкемлестириў) ҳәм (ямаса) олардың жумыс түрин өзгертиў, сондай-ақ олар тәрепинен акциялар (үлеслер) алыныўы бойынша ҳәрекетлер товар ямаса финанс базарында бәсекилик орталығына унамсыз тәсир көрсетпейтуғынын дәлиллейтуғын фактлер ҳәм (ямаса) ҳүжжетлер усынылған жағдайда, ўәкилликли мәмлекетлик уйым бул арзаны қанаатландырыўы мүмкин.

Ўәкилликли мәмлекетлик уйым мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды ямаса олардың аффилленген шахсларын шөлкемлестириў (қайта шөлкемлестириў) ҳәм (ямаса) олардың жумыс түрин өзгертиў, сондай-ақ олар тәрепинен акциялар (үлеслер) алыныўы ушын алдыннан келисим бериў ҳаққында қарарлар қабыл етиў ўақтында бәсекиликти тәмийинлеўге қаратылған талапларды белгилеўи мүмкин.

Ўәкилликли мәмлекетлик уйымның мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды ямаса олардың аффилленген шахсларын шөлкемлестириў (қайта шөлкемлестириў) ҳәм (ямаса) олардың жумыс түрин өзгертиў, сондай-ақ, олар тәрепинен акциялар (үлеслер) алыныўына алдыннан келисим бериў ҳаққындағы қарары, егер қарар бир жыл ишинде орынланбаса, өз күшин жойтады.

Дизимнен өткериўши уйымлар мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды ҳәм олардың аффилленген шахсларын, сондай-ақ шөлкемлестириў ҳүжжетлерине киргизилип атырған өзгерислерди ҳәм олар тәрепинен акцияларды алыўды дизимнен өткериў (қайта дизимнен өткериў) ўақтында ўәкилликли мәмлекетлик уйымның алдын ала разылығының бар екенлигин нызамшылықта белгиленген тәртипте тексериўи ҳәм ўәкилликли мәмлекетлик уйымның алдын ала разылық бериў ҳаққындағы қарары арза бериўши тәрепинен усынылмаған жағдайда дизимнен өткериўди бийкар етиўи шәрт, Өзбекстан Республикасы нызамларында, Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарларында нәзерде тутылған жағдайларда шөлкемлестирилген хожалық жүритиўши субъектлер буннан тысқары.

5-бап. Бәсекиликти шеклеўге жол қоймаў мақсетинде экономикалық концентрaцияны ҳәм саўдаларды тәртипке салыў

26-статья. Экономикалық концентрaция үстинен мәмлекетлик қадағалаў

Экономикалық концентрaция үстинен мәмлекетлик қадағалаў экономикалық концентрaцияға алдыннан келисим бериў арқалы ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен төмендеги жағдайларда әмелге асырылады:

хожалық жүритиўши субъектти қосып алыў ямаса қосып жибериў арқалы қайта шөлкемлестириўде;

шахс ямаса шахслар топары Өзбекстан Республикасында дизимге алынған акционерлик жәмийети даўыс бериўши акцияларының 25 проценттен асламына бийлик етиў ямаса жуўапкершилиги шекленген жәмийеттиң ямаса қосымша жуўапкершиликли жәмийеттиң устав фондындағы (устав капиталындағы) үлеслериниң үштен бир бөлегинен асламына бийлик етиў ҳуқықын алғанда.

Егер усы статьяның биринши бөлиминде нәзерде тутылған келисимлерде қатнасып атырған хожалық жүритиўши субъектлерден бириниң активлериниң баланс баҳасы ямаса ақырғы календарь жылда товарларды реализациялаўдан алынған түсими базалық есаплаў муғдарының еки жүз елиў мың есесинен артық ямаса олардың активлериниң жәми баланс баҳасы ямаса ақырғы календарь жылда товарларды реализациялаўдан алынған жәми түсими базалық есаплаў муғдарының бес жүз мың есесинен артық болса, экономикалық концентрaция үстинен мәмлекетлик қадағалаў әмелге асырылады.

Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққындағы нызамшылық экономикалық концентрaциялаўға ўәкилликли мәмлекетлик уйымның алдын ала разылығын алыў менен байланыслы қатнасықларға қолланылмайды.

Усы статьяның талаплары төмендегилерге қолланылмайды:

мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың қосып жиберилиўине ямаса қосып алыныўына ямаса олардың устав фондындағы (устав капиталындағы) акциялардың (үлеслердиң) алыныўына байланыслы келисимлер Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарына бола әмелге асырылған жағдайларға;

хожалық жүритиўши субъектти шөлкемлестириў ўақтында оның шөлкемлестириўшилерине;

хожалық жүритиўши субъект тәрепинен устав фондындағы (устав капиталындағы) өз акцияларын (үлеслерин) алыўға байланыслы келисимлерге;

акционерлик жәмийети (жуўапкершилиги шекленген жәмийети ямаса қосымша жуўапкершиликли жәмийет) өзиниң устав фондының (устав капиталының) муғдарын сақлап қалған ҳалда басқа шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый формаға өзгертилиўине;

акциялар (үлеслер) кейин ала қайта сатыў мақсетинде инвестиция дәлдалшылары тәрепинен алыныўына;

хожалық жүритиўши субъекттиң устав фондындағы (устав капиталындағы) акцияларды (үлеслерди) физикалық шахс тәрепинен алыўға байланыслы келисимлерге, егер арза менен мүрәжат етилген ўақытта бундай физикалық шахс қандай да бир хожалық жүритиўши субъекттиң устав фондындағы (устав капиталындағы) акциялардың (үлеслердиң) 25 процентинен көбирегине ийелик етпеген болса.

27-статья. Экономикалық концентрaцияға алдыннан келисим алыў

Алдыннан разылық алыў талап етилетуғын экономикалық концентрацияны әмелге асырыў ўақтында шахслар ямаса шахслар топары бул ҳәрекетлер орынланыўынан (келисимлер дүзилиўинен) алдын ўәкилликли мәмлекетлик уйымға төмендегилерди нызамшылықта белгиленген тәртипте усынады:

экономикалық концентрацияға алдыннан разылық бериў ҳаққында арзаны;

резидент болмаған физикалық шахс ушын — паспорттың нусқасы;

резидент болмаған юридикалық шахс ушын — мәмлекетлик дизимнен өткерилгени ҳаққындағы ҳүжжеттиң нусқасы ямаса оның орнын басыўшы ҳүжжетти;

келисим тәреплериниң арза берилген күннен алдынғы еки жыл даўамындағы ямаса егер жумыс еки жылдан аз мүддетти қураса, жумыс әмелге асырылған мүддет даўамындағы жумыс түрлери, ислеп шығарылған ҳәм реализация етилген товар түрлериниң атамалары ҳәм олардың көлемлери ҳаққындағы мағлыўматларды;

өткен еки календарь жыл ушын финанслық ҳәм статистикалық есабатларды;

шахслар топарының қурамы ҳаққындағы мағлыўматларды, бундай шахслардың усы шахслар топарына кириў тийкарлары көрсетилген ҳалда;

шахслар ямаса бир топар шахслардың устав фондындағы (устав капиталындағы) акцияларының (үлеслериниң) 25 проценттен асламына туўрыдан-туўры ямаса жанапай ийелик етиў арқалы ҳақыйқый қадағалайтуғын физикалық шахслар — тийкарғы бенефициар мүлк ийелери ҳаққындағы мағлыўматларды.

Экономикалық концентрацияға алдыннан келисим бериў ҳаққындағы арзаны көрип шыққаны ушын нызамшылықта белгиленген тәртипте жыйым өндириледи.

Экономикалық концентрацияға алдыннан келисим бериў ҳаққындағы арза төмендегише көрип шығылады:

егер ҳәрекет (келисим) бәсекиликке тәсир етпесе, арза ҳәм оған қосымша етилген ҳүжжетлер дизимге алынған ўақыттан баслап отыз календарь күннен кешиктирмей арза бериўши қабыл етилген қарар ҳаққында жазба түрде хабардар етиледи;

егер ҳәрекет (келисим) бәсекиликти шеклеўге алып келиўи мүмкин болса, қосымша үйрениў өткериў ушын арзаны көрип шығыў мүддети еки айдан көп болмаған мүддетке создырылыўы мүмкин.

Экономикалық концентрацияның бәсекиликке тәсирин баҳалаў ушын экспертлер ҳәм қәнигелер тартылыўы мүмкин.

Экономикалық концентрацияға алдыннан келисим бериў ҳаққындағы арзаны көрип шығыў нәтийжелери бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым төмендеги қарарлардың бирин қабыл етеди:

экономикалық концентрацияға алдыннан разылық бериў ҳаққында;

экономикалық концентрацияға алдыннан разылық бериўден бас тартыў ҳаққында.

Ўәкилликли мәмлекетлик уйым арза бериўшиге алдыннан келисим бериўди төмендеги жағдайларда бийкар етиўге ҳақылы, егер:

экономикалық концентрацияға алдыннан келисим бериў ҳаққындағы арзаның қанаатландырылыўы товар ямаса финанс базарында тийисли хожалық жүритиўши субъекттиң ямаса шахслар топарының үстем орны жүзеге келиўине ямаса күшейиўине ҳәм (ямаса) бәсекиликтиң шеклениўине алып келиўи мүмкин болса;

усынылған ҳүжжетлерде надурыс ямаса бузып көрсетилген мағлыўматлардың бар екенлиги.

Ўәкилликли мәмлекетлик уйым хожалық жүритиўши субъекттиң ямаса шахслар топарының товар ямаса финанс базарында үстем орынның жүзеге келиўине ямаса күшейиўине ҳәм бәсекиликтиң шеклениўине алып келиўи мүмкин болған жағдайда да, егер экономикалық концентрaция ҳаққында қарар қабыл етиўши юридикалық ҳәм (ямаса) физикалық тәреплер өз ҳәрекетлери (битимлери) тутыныўшыларға сезилерли дәрежеде пайда келтириўин дәлиллесе, экономикалық концентрацияға алдыннан келисим бериў ҳаққындағы арзаны қанаатландырады.

Ўәкилликли мәмлекетлик уйым экономикалық концентрацияға алдыннан келисим бериўге ҳәм оны бәсекиликти тәмийинлеўге қаратылған талапларды орынлаў менен байланыстырып қойыўға ҳақылы. Бунда усы талаплар, сондайақ оларды орынлаў мүддетлери ўәкилликли мәмлекетлик уйымның экономикалық концентрацияға алдыннан келисим бериў ҳаққындағы қарарында көрсетилиўи керек.

Товар ямаса финанс базарында тийисли хожалық жүритиўши субъекттиң ямаса шахслар топарының үстинлик дǝрежесиниң жүзеге келиўине ямаса күшейиўине ҳәм (ямаса) бәсекиликтиң шеклениўине алып келиўи мүмкин болған ҳәрекетлерди орынлаў ҳаққында қарар қабыл еткен юридикалық ҳәм (ямаса) физикалық тәреплер ўәкилликли мәмлекетлик уйымның талабы бойынша бәсекиликтиң зәрүр шараятларын тиклеў бойынша илажлар көриўи шәрт.

Ўәкилликли мәмлекетлик уйымның алдын ала берилген разылығысыз дүзилген, товар ямаса финанс базарында бәсекиликти шеклеўге алып келетуғын экономикалық концентрацияға байланыслы келисимлер суд тәрепинен ҳақыйқый емес деп табылыўы мүмкин.

Экономикалық концентрацияны әмелге асырыў ушын ўәкилликли мәмлекетлик уйымнан алдыннан келисим алыў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.

28-статья. Хожалық жүритиўши субъектлерди мәжбүрий бөлиў ямаса ажыратып шығарыў

Товар ямаса финанс базарында үстем орынға ийе болған хожалық жүритиўши субъектке бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықтың бузылыўларын сапластырыў бойынша бурын қолланылған илажлар нәтийжесиз болған жағдайда, ўәкилликли мәмлекетлик уйым хожалық жүритиўши субъектти мәжбүрий түрде бөлиў ямаса ажыратып шығарыў ҳаққындағы даўа менен судқа мүрәжат етеди, бөлиў ямаса ажыратып шығарыў усы хожалық жүритиўши субъект негизинде еки ямаса бир неше айрықша хожалық жүритиўши субъектти шөлкемлестириў арқалы әмелге асырылады.

Хожалық жүритиўши субъектти мәжбүрий бөлиў ямаса ажыратып шығарыў төмендеги шәртлердиң барлығы жәмленгенде әмелге асырылыўы мүмкин:

бөлинип атырған ямаса ажыратып шығарылып атырған структуралық бөлимшелердиң шөлкемлестириўшилик ҳәм аймақлық жақтан айрықша ажыралып шығыў имканияты болғанда;

оның структуралық бөлимлери арасында үзликсиз технологиялық байланыс болмағанда;

бөлиниў ямаса ажыратып шығарыў нәтийжесиндеги структуралық бөлимшелердиң товар ямаса финанс базарында еркин түрде жумыс алып барыў имканияты болғанда.

29-статья. Саўдаларда бәсекиликти шеклеўге қарсы талаплар

Саўдалар басланғыш баҳаны төменлетиў ямаса көтериў жолы менен шөлкемлестирилиўи мүмкин.

Саўдаларда бәсекиликти шеклеўге алып келетуғын ямаса алып келиўи мүмкин болған ҳәрекетлер, соның ишинде, төмендегилер қадаған етиледи:

саўдаларды өткериўдиң нызамшылықта белгиленген тәртибин бузыў;

саўдалар қатнасыўшыларының жумысын муўапықластырыў;

саўдалардың бир ямаса бир неше қатнасыўшысына саўдаларда қатнасыў ушын жеңиллетилген шараятлар жаратыў, соның ишинде, мәлимлемеден пайдаланыў арқалы жеңиллетилген шараятлар жаратыў;

саўдаларға байланыслы ҳүжжетлерге ҳәм қағыйдаларға, соның ишинде, дағазаның текстине қатнасыўшылар арасында бәсекиликти шеклейтуғын ямаса шеклеўге алып келиўи мүмкин болған талапларды киргизиў;

саўдалардың өткерилиў процесине ҳәм нәтийжелерине тәсир көрсетиў;

саўдаларда талаптың өзгериўине, баҳалардың жасалма түрде арттырылыўына алып келиўи мүмкин болған жалған, тийкарсыз мағлыўматларды тарқатыў;

саўдалардың операторлары ҳәм (ямаса) шөлкемлестириўшилери ҳәм (ямаса) буйыртпашылары ҳәм (ямаса) саўдалардың қатнасыўшылары тәрепинен бәсекиликке қарсы келисимлерди ҳәм де муўапықластырылған ҳәрекетлерди әмелге асырыў;

электрон тәризде өткерилетуғын саўдаларда баҳалардың жасалма түрде қәлиплесиўине алып келетуғын баҳа алгоритминен, яғный товарлар баҳасын алдыннан белгиленген параметрлерге тийкарланып мониторинг етиў, есап-санақ етиў, белгилеў ҳәм қадағалаў имканиятын беретуғын программалық тәмийнаттан пайдаланыў;

саўдаларда саўда шәртлерин бир неше мәртебе орынламаў нәтийжесинде товардың баҳаларын бәсекилик бар болғанда қәлиплескен баҳалардан (талап, усыныс ямаса жумыслар көлеминен) әдеўир арттырыў;

буйыртпашының ямаса сатыўшының саўдалар нәтийжелери бойынша шәртнама дүзиўден тийкарсыз түрде бас тартыўы.

Биржа саўдаларын өткериў ўақтында бәсекиликти шеклейтуғын ямаса шеклеўге алып келиўи мүмкин болған ҳәрекетлер, соның ишинде, төмендегилер қадаған етиледи:

биржа саўдаларын өткериў процесине тәсир көрсетиўши, соның ишинде, ҳийле болып есапланатуғын ҳәрекетлер, нызамшылықта нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары;

биржа саўдалары қатнасыўшыларының муўапықластырылған ҳәрекетлери нәтийжесинде әмелдеги биржа баҳаларының кескин артыўына ямаса қатаң белгилениўине алып келетуғын ҳәрекетлер;

биржа шәртнамасы бойынша барлық қарыйдарларға саўдаларда теңдей қатнасыў имканиятын шеклейтуғын лотларды белгилеў;

төлемниң ҳәм жеткерип бериўдиң тийкарсыз мүддетлерин, сондай-ақ, уқсас өнимди сатыўшылар тәрепинен белгиленген шәртлерден кескин парық қылатуғын айрықша шәртлерди енгизиў;

биржа шәртнамаларында қатнасыўшылар санын шеклейтуғын айрықша шәртлерди көрсетиў;

товарларды саўдаға қойыў кестелерин биржаның рәсмий веб-сайтына жайластырмаў;

жоқары ликвидли ҳәм (ямаса) монопол өнимди кестелерде нәзерде тутылған мүддетлерде биржаға шығармаў ямаса оны аз көлемде ямаса муўапық болмаған көлемде шығарыў;

биржа саўдалары даўамында биржаның белгили бир қатнасыўшысы тәрепинен басқа қатнасыўшылардың буйыртпаларына салыстырғанда баҳасы әдеттегидей емес тәризде үлкен парық қылатуғын буйыртпалар бериў, кейин ала бул буйыртпаларды саўдалар жуўмақланғанша алып таслаў ямаса дүзилген келисимди жәрийма төлеместен тийкарсыз түрде бийкарлаў;

баҳасы нызамшылық пенен тәртипке салынатуғын өнимниң басланғыш баҳасын қәлиплестириўдиң белгиленген тәртибине әмел етпеў;

биржа шәртнамасы бойынша белгили бир қарыйдар қатнасыўында бийкар етилген келисимниң баҳасы сол қарыйдар менен усы биржа шәртнамасы бойынша кейинги еки саўдада әмелге асырылған келисимниң ең төмен баҳасынан төмен болыўына алып келетуғын ҳәрекетлерди әмелге асырыў;

тек ғана биржа саўдаларына қойыў жолы менен сатылыўы керек болған жоқары ликвидли ҳәм (ямаса) монопол өнимлердиң көлемлерин биржа саўдаларына қоймастан тиккелей шәртнамалар бойынша сатыў;

биржа саўдаларында реализацияланбаған жоқары ликвидли ҳәм (ямаса) монопол өнимлердиң бир бөлегин қайта саўдаларға шығармаў;

өнимди транспорттың альтернатив түри менен жибериў имканияты болған жағдайда, оны транспорттың белгили бир түри менен тийкарсыз түрде жибериўди нәзерде тутатуғын шәртнамалар бойынша саўдаларға қойыў;

биржада дүзилген келисимлер ҳәм шәртнамаларды жәрийма санкцияларысыз тийкарсыз түрде ямаса турақлы тийкарда бийкарлаў, буған бир тәрептиң жеңип болмайтуғын күш жағдайлары мүнәсибети менен миннетлемелерин орынлаў имканияты жоқ екенлиги дәлилленген жағдайлар, яғный айрықша ҳәм алдын алып болмайтуғын (форс-мажор) жағдайлар кирмейди;

товарды жүклеп жибериў нәўбетиниң избе-излигине әмел етпеў;

биржа шәртнамаларында товарлардың сапа көрсеткишлери (түри, сорты, маркасы ҳәм басқалар) ҳаққында жеткиликли дәрежеде мағлыўматты көрсетпеў ямаса олардың көрсеткишлери ҳаққында алдын шалғытыўшы мағлыўматты киргизиў;

саўдалар шөлкемлестириўшилери тәрепинен биржа саўдалары қатнасыўшылары ушын тең болмаған шараятлар жаратыў;

саўдалар шөлкемлестириўшилери тәрепинен биржа саўдаларының нәтийжелерин тийкарсыз түрде бийкарлаў;

сатыўшы ҳәм қарыйдар арасында бирдей жеке есап бетинде келисим дүзиў;

товардың баҳасы ҳаққында алжастырыў мақсетинде баҳасы бәсекилик орталығында қәлиплескен дәрежеден айрықша парық қылатуғын бир неше келисимди бир күнде бир қатнасыўшы тәрепинен ямаса бир қатнасыўшының мәпи ушын дүзиў.

Ең жақсы усыныслардың таңлаўларында, тендерлерде, аукционларда ҳәм басқа да саўдаларда бәсекиликти шеклейтуғын ямаса шеклеўге алып келиўи мүмкин болған ҳәрекетлер, соның ишинде төмендегилер қадаған етиледи:

саўдаларда қатнасыў ушын хожалық жүритиўши субъектлерден ҳүжжетлерди қабыл етиўди тийкарсыз түрде бийкарлаў ямаса саўдаларда қатнасыў ушын ҳүжжетлерди усыныўға тосқынлық етиў;

саўда қатнасыўшыларын тийкарсыз шетлетиў ямаса олардың санын тийкарсыз шеклеў;

саўдалар предметине технологиялық ҳәм функционаллық жақтан байланыслы болмаған қосымша товарларды лотлар қурамына киргизиў;

товардың анық ислеп шығарыўшысын көрсетиў, товарлардың бир-бирине сәйкес келмеў жағдайлары ҳәм нызамшылықта нәзерде тутылған басқа жағдайлар буннан тысқары;

басқа қатнасыўшы жеңимпаз болыўы ушын шараятлар жаратыў мақсетинде саўдаларда усыныслар менен қатнасыў;

саўда қатнасыўшыларына тийкарсыз талаплар қойыў, соның ишинде, олардың маманлығына бәсекиликти шеклейтуғын ямаса шеклеўге алып келиўи мүмкин болған талаплар қойыў;

саўдалар предметиниң баҳаларын усыныслар киргизиў жолы менен, саўдалар жуўмақланғанша усы усынысларды алып таслаған ҳалда көтериў ямаса төменлетиў;

саўдаларда бир лотта тек ғана аффилленген шахслардың ямаса өз ара мәпдар шахслардың қатнасыўы;

саўдалардың операторлары ҳәм (ямаса) буйыртпашылары ҳәм (ямаса) шөлкемлестириўшилери ҳәм (ямаса) комиссия ағзалары менен өз ара мәпдар болған ямаса олар менен аффилленген шахслардың саўдаларда қатнасыўы.

Саўдаларды өткериў ўақтында бәсекиликке қарсы болған мәплердиң соқлығысыўына алып келетуғын жағдайлар, соның ишинде төмендеги жағдайлар өз ара мәпдарлық деп тән алынады:

саўдалардың еки ҳәм оннан артық өз ара аффилленбеген ямаса басқаша тәризде өз ара байланыспаған қатнасыўшыларының усыныслары бирдей нызамлы ўәкил тәрепинен берилгенде;

саўда қатнасыўшыларының бир-биринен туўрыдан-туўры ямаса жанапай субсидия ҳәм басқа да финанслық жәрдем алыў ҳаққындағы келисими бар болғанда ямаса усындай жәрдем алынғанда;

бир лотта қатнасып атырған саўда қатнасыўшыларының шөлкемлестириўшилери арасында ямаса буйыртпашының ўәкили ямаса шөлкемлестириўши ямаса оператор арасында ямаса саўда комиссиясының ағзасы арасында ҳәм усы саўда қатнасыўшысының ўәкили ямаса шөлкемлестириўшиси арасында жақын туўысқанлық қатнасықлары бар болғанда;

шахста (саўдалар қатнасыўшысында, буйыртпашысында, шөлкемлестириўшисинде, операторында, комиссиясы ағзасында) усыныслар ҳаққындағы мәлимлемени алыў ямаса усынысларға ҳәм (ямаса) басқа шахс пенен (саўдалар қатнасыўшысы, буйыртпашысы, шөлкемлестириўшиси, операторы, комиссиясы ағзасы менен) өз ара қатнасықларға ийе болған үшинши тәреп арқалы қарарлар қабыл етилиўине тәсир өткериў имканияты болғанда.

Усы статьяның екинши, үшинши ҳәм төртинши бөлимлеринде белгиленген бәсекиликти шеклеўге қарсы талаплардың бузылыўы саўдалар нәтийжелери бойынша қабыл етилген қарарларды ҳәм дүзилген шәртнамаларды ҳақыйқый емес деп табыў ушын тийкар болады.

6-бап. Ўәкилликли мәмлекетлик уйым

30-статья. Ўәкилликли мәмлекет уйымының ўәкилликлери

Ўәкилликли мәмлекетлик уйым:

1) бәсекиликликти қорғаў ҳәм раўажландырыўға қаратылған нормативлик-ҳуқықый актлерди өз ўәкилликлери шеңберинде ислеп шығады ҳәм қабыл етеди;

2) товар ямаса финанс базарындағы бәсекилик ҳәм экономикалық концентрацияның жағдайын, үстемлик орнының, соның ишинде тәбийғый монополия субъектлериниң, сондай-ақ үстемлик келисиў күшиниң бар екенлигин анықлайды;

3) хожалық жүритиўши субъектлердиң, юридикалық шахслар бирлеспелериниң бәсекилик ҳаққындағы нызам актлери талапларына әмел етиўин тексерип, бул ҳаққында қадағалаўшы уйымлардың жумысын муўапықластырыў бойынша арнаўлы ўәкилликли уйымды нызам актлеринде белгиленген тәртипте хабардар етеди;

4) бәсекилик ҳаққындағы нызам актлериниң бузылыўларын анықлайды, олар бойынша ислер қозғайды ҳәм ислерди көрип шығады, олардың нәтийжелери бойынша бәсекиликти тиклеў, бәсекилик ҳаққындағы нызам актлериниң бузылыўларын сапластырыў, соның ишинде, хожалық жүритиўши субъектлер тәрепинен тийкарсыз түрде алынған дәраматты (пайданы) ықтыярлы түрде қайтарыў ҳаққында қарар қабыл етеди;

5) республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларына ҳәм басқа да шөлкемлерге хожалық жүритиўши субъектлерге, юридикалық шахслардың бирлеспелерине, сондай-ақ олардың лаўазымлы шахсларына ҳәм физикалық шахсларға бәсекиликти тиклеў, бәсекилик ҳаққындағы нызам актлериниң бузылыўларын ҳәм де олардың ақыбетлерин сапластырыў ҳаққында орынлаў ушын мәжбүрий болған көрсетпелер ҳәм көрип шығылыўы тийис болған усыныслар береди;

6) хожалық жүритиўши субъектлерди, республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларын ҳәм басқа да шөлкемлерди, юридикалық шахслардың бирлеспелерин, олардың лаўазымлы шахсларын ҳәм басқа физикалық шахсларды бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ушын тийисли жуўапкершиликке тартады;

7) бәсекилик ҳаққындағы нызам актлериниң бузылыўы менен байланыслы жынаятлар белгилери бойынша жынаят исин қозғаў ҳаққындағы мәселени шешиў ушын материалларды тийисли уйымларға жибереди;

8) бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықтың қолланылыўы ҳәм бузылыўы менен байланыслы ислердиң судта көрип шығылыўында қатнасады;

9) судқа бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықтың бузылыўларын сапластырыў, оларға жол қоймаў ҳәм оларды сапластырыў ҳаққындағы мүрәжатларды, соның ишинде:

республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлердиң, юридикалық шахслар бирлеспелериниң бәсекилик ҳаққындағы нызамшылыққа толық ямаса белгили дәрежеде муўапық болмаған ҳүжжетлерин ҳақыйқый емес ҳәм ҳәрекетлерин нызамға қайшы деп табыў ҳаққындағы;

бәсекилик ҳаққындағы нызамшылыққа муўапық болмаған келисимлерди (шәртнамаларды) өзгертиў, оларды толық ямаса бир бөлегин ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы;

бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықтың бузылыўы ақыбетинде алынған дәраматты (пайданы) өндириў, сондай-ақ, жәрийма салыў ҳәм оны өндириў ҳаққындағы;

саўдалардың нәтийжелерин ҳәм усы саўдалардың нәтийжелери бойынша дүзилген келисимлерди (шәртнамаларды) усы Нызамның 29-статьясында нәзерде тутылған тийкарлар бойынша ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы;

хожалық жүритиўши субъектлерди мәжбүрий бөлиў ямаса ажыратып шығарыў ҳаққындағы;

бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықтың бузылыўына жол қойған шахсларға ҳуқықый тәсир көрсетиў илажларын қолланыў ҳаққында мүрәжатларды жибереди;

10) баҳалары мәмлекет тәрепинен тәртипке салыныўы лазым болған товарлар ушын баҳалардың (тарифлердиң) қолланылыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырады;

11) азық-аўқат өнимлериниң тийкарғы түрлерине, сондай-ақ, товарлардың жоқары ликвидли ҳәм (ямаса) монопол түрлерине болған баҳалардың кескин өзгериўи дәўиринде республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларына ҳәм басқа да шөлкемлерге, хожалық жүритиўши субъектлерге, юридикалық шахслардың бирлеспелерине қоймаханаларды инвентаризaциялаў ўақтында анықланған азық-аўқат өнимлериниң артықша көлемлерин реализациялаў ҳәм (ямаса) олар бәсекиликти шеклейтуғын ҳәрекетлерди әмелге асырыўы нәтийжесинде тийкарсыз түрде арттырылған баҳаларды төменлетиў бойынша орынланыўы мәжбүрий болған көрсетпелер ҳәм көрип шығылыўы тийис болған усыныслар береди;

12) республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларына ҳәм басқа да шөлкемлерге, хожалық жүритиўши субъектлерге, юридикалық шахслардың бирлеспелерине ҳәм физикалық шахсларға бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықтың бузылыўына алып келетуғын ҳәрекетлерге (ҳәрекетсизликке) жол қоймаў ҳаққында ескертиўлер береди;

13) әмелге асырылыўы ушын лицензия алыў талап етилетуғын жумыс түрлериниң ҳәм әмелге асырылыўы ушын руқсат бериў өзгешелигине ийе ҳүжжетлерди алыў талап етилетуғын жумыс (ҳәрекетлер) түрлериниң санын зәрүр ҳүжжетлер дизимин азайтыў, ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалардың мүддетлерин ҳәм баҳасын оптималластырыў, олардың бәсекилик орталығына тәсирин таллаў жолы менен қысқартыў бойынша усыныслар киргизеди;

14) нормативлик ҳуқықый актлер ҳәм олардың жойбарларының бәсекиликке тәсирин баҳалаў нәтийжелери бойынша жуўмақ береди;

15) жеңилликлер, преференциялар ҳәм жумысты әмелге асырыў ушын эксклюзив ҳуқықлар түринде көрсетилип атырған мәмлекетлик жәрдемниң нәтийжелилиги үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырады;

Ўәкилликли мәмлекетлик уйым нызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин.

31-статья. Ўәкилликли мәмлекетлик уйымның басқа мәмлекетлик уйымлар менен бирге ислесиўи

Ўәкилликли мәмлекетлик уйымның басқа мәмлекетлик уйымлар менен бирге ислесиўи бәсекиликти раўажландырыў бағдарламаларын ислеп шығыўға қаратылған өз ара жәрдем ҳаққында, бәсекиликти шеклеўши ҳәрекетлердиң алдын алыў бойынша илажлар белгилеў ҳаққында, бәсекилик тараўында мәлимлеме алмасыўды әмелге асырыў ҳаққында меморандумлар дүзиў жолы менен әмелге асырылады.

32-статья. Ўәкилликли мәмлекетлик уйымның мағлыўмат алыўға болған ҳуқықы

Ўәкилликли мәмлекетлик уйымның лаўазымлы шахслары бәсекилик ҳаққындағы нызамшылыққа әмел етилиўи үстинен қадағалаўды әмелге асырыў, бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық бузылғанлығы ҳаққындағы арзалар ҳәм ислерди көрип шығыў, сондай-ақ бәсекилик жағдайын анықлаў ушын республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларынан ҳәм басқа да шөлкемлерден, хожалық жүритиўши субъектлерден, юридикалық шахслардың бирлеспелеринен ҳәм физикалық шахслардан нызамшылықта белгиленген тәртипте олардың ҳүжжетлерин ҳәм мағлыўматын алыў және олардың аймағына кириў ҳуқықына ийе. Онда талап етип алынған ҳүжжет, мәлимлеме ҳәм мағлыўматлар ўәкилликли мәмлекетлик уйымға бийпул усынылады.

Ўәкилликли мәмлекетлик уйым мәлимлемени саўдалар өткериў ўәкиллигине ийе болған хожалық жүритиўши субъектлердиң ҳәм юридикалық шахслар бирлеспелериниң электрон мағлыўматлар базаларына интегрaцияласыў арқалы реал ўақыт режиминде алыўға ҳақылы.

Ўәкилликли мәмлекетлик уйым усы Нызамға муўапық оған берилген ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүнәсибети менен мәлим болып қалған коммерциялық сырды ямаса нызам менен қорғалатуғын басқа сырды қураўшы мағлыўматларды ҳәм шахсқа байланыслы мағлыўматларды жәриялаўға ҳақылы емес.

7-бап. Бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықты бузыў

33-статья. Бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықты бузыў ақыбетлери

Республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер, хожалық жүритиўши субъектлер, юридикалық шахслардың бирлеспелери ҳәм олардың лаўазымлы шахслары және басқа да физикалық шахслар бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықты бузған жағдайда:

ўәкилликли мәмлекетлик уйымның бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық бузылыўларын сапластырыў ҳаққындағы көрсетпесин белгиленген мүддетте орынлаўы ямаса усынысын көрип шығыўы;

жеткерилген зыянды қаплаўы;

тийкарсыз түрде алынған дәраматты қайтарыўы;

жәриймаларды төлеўи шәрт.

Бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық бузылғанлығы нәтийжесинде ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери бузылған шахслар даўа арзасы менен судқа мүрәжат етиў ҳуқықына ийе.

34-статья. Жеткерилген зыянды қаплаў

Республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер, олардың лаўазымлы шахслары тәрепинен бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықты бузыўшы ҳүжжет қабыл етилиўи нәтийжесинде хожалық жүритиўши субъектке ямаса басқа шахсқа жеткерилген зыян нызамшылықта белгиленген тәртипте қапланады.

Егер республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларының ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы шахсларының бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықты бузатуғын ҳәрекети (ҳәрекетсизлиги) себепли хожалық жүритиўши субъектке ямаса басқа шахсқа зыян жеткерилген болса, бул зыян нызамшылықта белгиленген тәртипте қапланады.

8-бап. Бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ҳаққындағы ислерди қозғаў ҳәм көрип шығыў, сондай-ақ, ўәкилликли мәмлекетлик уйымның қарарлары ҳәм көрсетпелерин орынлаў ҳәмде олар үстинен шағым етиў

35-статья. Бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ҳаққындағы ислерди қозғаў ҳәм көрип шығыў

Бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлық ҳаққындағы ислерди қозғаў ҳәм көрип шығыў ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен әмелге асырылады.

Ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен өткерилетуғын тексериўлер ҳәм үйрениўлердиң нәтийжелери, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың, республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларының, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының мүрәжатлары, тийисли уйымлардың усыныслары бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлық ҳаққындағы ислерди қозғаў ҳәм көрип шығыў ушын тийкар болады.

Республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларының ҳәм басқа да шөлкемлердиң, хожалық жүритиўши субъектлердиң және юридикалық шахслар бирлеспелериниң лаўазымлы шахслары ҳәм физикалық шахслар тәрепинен исленген бәсекилик тараўындағы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислер тийисли судларда Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине муўапық көрип шығылады.

36-статья. Бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ҳаққындағы исте қатнасыўшы шахслар

Бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ҳаққындағы исте қатнасыўшы шахслар төмендегилерден ибарат:

ўәкилликли мәмлекетлик уйым;

бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық бузылғанлығы ҳаққында өзине қарата ис жүргизилип атырған шахс;

бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ҳаққындағы ис көрип шығылыўы мүнәсибети менен ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине зыян жетип атырған мәпдар шахслар;

Бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлық ҳаққындағы иске гүўалар, экспертлер, қәнигелер, аўдармашылар, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм басқа да көмеклесетуғын шахслар қатнасыўы мүмкин.

Бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықтың бузылғанлығы ҳаққындағы иске қатнасыўшы шахслар ис қозғаў ҳаққындағы уйғарыў шығарылған күннен баслап аўызеки ҳәм жазба түсиниклер бериўге, дәлиллер усыныўға, өтинишлер киргизиўге, сондай-ақ нызамшылықта нәзерде тутылған басқа да ҳуқықлардан пайдаланыўға ҳақылы.

37-статья. Бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы туўралы ислерди көрип шығыў тәртиби

Бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы туўралы исти көрип шығыў кейинге қалдырылыўы ямаса тоқтатып турылыўы мүмкин. Ўәкилликли мәмлекетлик уйым исти көрип шығыўды кейинге қалдырыў, тоқтатып турыў ҳәм тиклеў ҳаққында тийисли уйғарыў шығарады, усы уйғарыўдың көширме нусқасы исте қатнасыўшы шахсларға жибериледи.

Бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы туўралы ислерди қозғаў ҳәм көрип шығыў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.

38-статья. Бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық бузылғанлығы ҳаққындағы ис бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйымның қарары

Ўәкилликли мәмлекетлик уйым бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық бузылғанлығы туўралы исти мазмуны бойынша көрип шығыў нәтийжелери бойынша төмендегилер ҳаққында қарар қабыл етеди:

бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық бузылғанлығы фактиниң анықланғанлығы ҳәм тийисли ҳуқықый тәсир илажларының көрилиўи туўралы;

ис жүргизиўди тоқтатыў ҳаққында.

Ўәкилликли мәмлекетлик уйым:

бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық бузылғанлығы фактлери тастыйықланбаған;

оған қарата ис жүргизилип атырған юридикалық шахс сапластырылған ямаса физикалық шахс қайтыс болған;

бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық бузылыўы оған қарсы ис қозғатылған хожалық жүритиўши субъект, республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер, юридикалық шахслардың бирлеспелери тәрепинен ықтыярлы түрде сапластырылған;

ўәкилликли мәмлекетлик уйым көрип шығып атырған бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық бузылғанлығы туўралы ис бойынша суд тәрепинен қарар қабыл етилген жағдайда, бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық бузылғанлығы туўралы ис жүргизиўди тоқтатады.

Ўәкилликли мәмлекетлик уйымның бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық бузылғанлығы туўралы ис бойынша қарары дәрҳал жәрияланыўы керек.

Оған қарата қарар қабыл етилген шахсқа ўәкилликли мәмлекетлик уйымның бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық бузылғанлығы туўралы ис бойынша қарары тийкарында көрсетпе бериледи.

39-статья. Ўәкилликли мәмлекетлик уйымның көрсетпесин орынлаў

Ўәкилликли мәмлекетлик уйымның көрсетпеси онда белгиленген мүддетте орынланыўы керек. Көрсетпени мүддетинде орынламаў нызамда нәзерде тутылған жуўапкершиликке себеп болады.

Ўәкилликли мәмлекетлик уйымның көрсетпесин орынламаў дегенде көрсетпени орынлаўдан бас тартыў ямаса көрсетпени толық орынламаў ямаса өз ўақтында орынламаў түсиниледи.

Ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен өзине көрсетпе берилген шахслар көрсетпени орынлаў мүддетин создырыў ҳаққында өтиниш хатын бериўи мүмкин. Өтиниш хатында көрсетилген жағдай ақылға уғрас деп табылған жағдайда, ўәкилликли мәмлекетлик уйым көрсетпени орынлаў мүддетин көби менен үш айға созыўға ҳақылы.

Ўәкилликли мәмлекетлик уйым өз көрсетпелериниң орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырады.

40-статья. Ўәкилликли мәмлекетлик уйымның қарары үстинен (көрсетпесине) шағым етиў

Бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық бузылғанлығы туўралы иске қатнасыўшы шахслар ўәкилликли мәмлекетлик уйымның қарары (көрсетпеси) үстинен тиккелей судқа ямаса бойсыныў тәртибинде жоқары турған уйымға ямаса лаўазымлы шахсқа шағым етиўге ҳақылы.

Ўәкилликли мәмлекетлик уйымның қарарлары (көрсетпелери) үстинен бойсыныў тәртибинде жоқары турған уйымға ямаса лаўазымлы шахсқа шағым етилиўи судқа шағым етиў ҳуқықын бийкар етпейди.

Ўәкилликли мәмлекетлик уйымның қарарлары (көрсетпелери) үстинен судқа ямаса бойсыныў тәртибинде жоқары турыўшы уйымға ямаса лаўазымлы шахсқа шағым етилиўи олардың орынланыўын тийислисинше судтың шешиўши қарары нызамлы күшке киргенге шекем, жоқары турыўшы уйымның ямаса лаўазымлы шахстың қарары қабыл етилгенге шекем тоқтатып турады, буннан тысқары айрықша жағдайлардың, эпидемиялардың ҳәм де халықтың турмысы ҳәм денсаўлығы ушын басқа да ҳақыйқый қәўип-қәтердиң алдын алыў менен байланыслы болған қарарлар (көрсетпелер) буннан тысқары.

41-статья. Бәсекилик ҳаққындағы нызамшылыққа әмел етилиўи үстинен жәмийетлик қадағалаў

Өз уставларына муўапық бәсекиликти раўажландырыўға жәрдемлесиў ҳәм де тутыныўшылардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин бәсекиликке қарсы ҳәрекетлерден қорғаў мақсетине ийе болған жәмийетлик бирлеспелер бәсекилик ҳаққындағы нызамшылыққа әмел етилиўи үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўға ҳақылы.

9-бап. Жуўмақлаўшы қағыйдалар

42-статья. Бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлық ушын финанслық санкциялар

Бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлық ушын финанслық санкциялар пул өндириў (жәриймалар) тәризинде қолланылады ҳәм нызамшылықтың бундай бузылыўлары төмендеги муғдарларда жәрийма салыўға себеп болады:

1) товар ямаса финанс базарында бәсекиликти шеклеўге алып келетуғын бәсекиликке қарсы келисимлер дүзгени, муўапықластырылған ҳәрекетлерди әмелге асырғаны, хожалық жүритиўши субъектлердиң экономикалық искерлигин шеттен муўапықластырған бул хожалық жүритиўши субъектлерге байланыслы болмаған юридикалық ямаса физикалық шахслар тәрепинен — товар ямаса финанс базарында бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық бузылған дәўирде, бирақ ақырғы үш жылдан артық болмаған дәўирде:

хожалық жүритиўши субъектлерге — бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықты бузған ҳәр бир хожалық жүритиўши субъекттиң товарды реализациялаўдан алынған түсими суммасының 5 проценти муғдарында;

юридикалық шахслардың бирлеспелерине — келип түскен ағзалық төлемлери суммасының 5 проценти муғдарында;

2) товар ямаса финанс базарындағы үстем орнын ҳәм де үстем келисиў күшин жеке мәпи ушын пайдаланыў, социаллық ҳәм стратегиялық әҳмийетке ийе болған өнимлердиң баҳаларын тийкарсыз асырғанлығы ушын-хожалық жүритиўши субъектлерге товар ямаса финанс базарында бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық бузылған дәўирде, бирақ ақырғы үш жылдан көп болмаған дәўирде товарды реализациялаўдан алынған түсим суммасының 5 проценти муғдарында;

3) хожалық жүритиўши субъектлерди қосып жибериў, қосып алыў ҳәм хожалық жүритиўши субъектлердиң устав фондындағы (устав капиталындағы) акцияларды (үлеслерди) алыў бойынша келисимлерди (ҳәрекетлерди) ўәкилликли мәмлекетлик уйымның алдын ала разылығын алмастан дүзгени ушын, хожалық жүритиўши субъектлерге бундай разылық алыў талап етилетуғын жағдайларда – базалық есаплаў муғдарының мың есеси муғдарында;

4) инсапсыз бәсекилик жүз бергенлиги ушын — хожалық жүритиўши субъектлерге товар ямаса финанс базарында бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық бузылған дәўирде, бирақ ақырғы үш жылдан көп болмаған дәўирде, бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық бузылған товар ямаса финанс базарында товарды реализациялаўдан алынған түсим суммасының 2 проценти муғдарында;

5) бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық талапларының саўдаларға байланыслы бөлегин бузғаны ушын-саўдалардың хожалық жүритиўши субъект болған қатнасыўшыларына, мәмлекетлик сатып алыўлар шеңбериндеги корпоратив буйыртпашыларға, электрон саўдалар операторларына, шөлкемлестириўшилерге — саўдалар предметиниң басланғыш баҳасының 3 проценти муғдарында;

6) ўәкилликли мәмлекетлик уйымның алдын ала разылығы алынбастан мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды ҳәм олардың аффилленген шахсларын шөлкемлестиргени (қайта шөлкемлестиргени, искерлигин өзгерткени) ушын — оларды шөлкемлестириў (қайта шөлкемлестириў, жумысын өзгертиў) басламашысы болған хожалық жүритиўши субъектке базалық есаплаў муғдарының жүз есеси муғдарында;

7) ўәкилликли мәмлекетлик уйымға мәлимлемени усынбағаны ямаса өз ўақтында усынбағаны, надурыс ямаса жалған мағлыўматлар усынғаны ушын — хожалық жүритиўши субъектлерге базалық есаплаў муғдарының елиў есеси муғдарында.

Бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықтың экономикалық жақтан тәсир дәрежеси төмен болған бузылыўын биринши мәрте ислеген хожалық жүритиўши субъектке финанслық санкциялар қолланылмайды ҳәм оған бундай ҳуқықбузарлықтың қайтадан ислениўине жол қоймаў ҳаққында ескертиў бериледи.

Усы статьяның биринши бөлиминде нәзерде тутылған жәрийма түриндеги финанслық санкциялар суд тәртибинде қолланылады, ҳуқықбузарлық исленген ҳуқықбузарлықтағы айыбын тән алған ҳәм жәрийманы ықтыярлы түрде төлеген жағдайлар буннан тысқары.

Ҳуқықбузарлықтың қайтадан жүз бериўине жол қоймаў ҳаққында ескертиў алыў, сондай-ақ, жәрийманы төлеў бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықтың бузылыўына жол қойған шахсты ўәкилликли мәмлекетлик уйымның қарарын (усынысын, көрсетпесин) орынлаў ямаса бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықта нәзерде тутылған басқа да ҳәрекетлерди әмелге асырыў миннетлемесинен азат етпейди.

Бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықтың экономикалық жақтан тәсир дәрежеси төмен болған бузылыў жағдайлары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.

43-статья. Тартысларды шешиў

Бәсекилик тараўындағы келиспеўшиликлер нызамшылықта белгиленген тәртипте шешиледи.

44-статья. Бәсекилик ҳаққындағы нызам актлерин бузғанлығы ушын жуўапкершилик

Бәсекилик ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.

45-статья. Қарақалпақстан Республикасының айырым нызам актлерин өз күшин жойтқан деп табыў.

Төмендегилер өз күшин жойтқан деп табылсын:

1) Қарақалпақстан Республикасының 2013-жыл 28-декабрьдеги қабыл етилген «Бәсекилик ҳаққында»ғы 183/ХIV-cанлы Нызамы;

2) Қарақалпақстан Республикасының 2014-жыл 30-сентябрьде қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 229/XVI-cанлы Нызамының 9-статьясы;

3) Қарақалпақстан Республикасының 2018-жыл 18-августта қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 167/XХI-cанлы Нызамының 13-статьясы.

4) Қарақалпақстан Республикасының 2019-жыл 29-июнда қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 258/ХХVI-cанлы Нызамының 16-статьясы;

5) Қарақалпақстан Республикасының 2020-жыл 18-августте қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 48/VI-cанлы Нызамының 7-статьясы.

46-статья. Усы Нызамның орынланыўын, жеткерилиўин, мәниси ҳәм әҳмийетиниң түсиндирилиўин тәмийинлеў

Қарақалпақстан Республикасы Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер усы Нызамның орынланыўын, орынлаўшыларға жеткерилиўин ҳәм де мәниси ҳәм әҳмийетиниң халық арасында түсиндирилиўин тәмийинлесин.

47-статья. Нызамшылықты усы Нызамға муўапықластырыў

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси:

ҳүкимет қарарларын усы Нызамға муўапықластырсын;

республика атқарыўшы ҳәкимият уйымлары усы Нызамға қайшы келетуғын өз нормативлик-ҳуқықый актлерин қайта көрип шығыўын ҳәм бийкар етиўин тәмийинлесин.

48-статья. Усы Нызамның күшке кириўи

Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. ОРЫНБАЕВ

Нөкис қаласы,

29-декабрь 2025-жыл

№ 89/IХ

lex.uz