📅 2023-yil 25-iyul · Boshqa hujjatlar
Rasmiy matn. Rasmiy hujjat. Tahririy izohlar kiritilmagan.
📅 2023-yil 25-iyul · Boshqa hujjatlar
Rasmiy matn. Rasmiy hujjat. Tahririy izohlar kiritilmagan.
📅 2023 йил 25 июль · Бошқа ҳужжатлар
Расмий матн. Расмий ҳужжат. Таҳририй изоҳлар киритилмаган.
📅 25 июля 2023 г. · Другие документы
Официальный текст. Официальный документ. Редакционные примечания не включены.
📅 25 July 2023 · Other documents
Official text. Official document. Editorial notes are not included.
Қарақалпақстан Республикасының Нызамы
Қыйтақ жер хожалығы ҳаққында
1-статья. Усы Нызамның мақсети ҳәм қолланылыўы тараўы
Усы Нызамның мақсети қыйтақ жер хожалықларын жүргизиўди шөлкемлестириў ҳәм оларды раўажландырыў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.
Усы Нызамның әмел етиўи белгиленген тәртипте меншиклестирилген, Өзбекстан Республикасы пуқараларына жеке тәртипте турақ-жай қурыў ҳәм турақ-жайды абаданластырыў ушын берилген жер участкалары, соның менен бирге мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықы тийкарында дийқан хожалығын жүргизиў ушын берилген жер участкалары менен байланыслы қатнасықларға қолланылмайды.
2-статья. Қыйтақ жер хожалығы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери
Қыйтақ жер хожалығы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери усы Нызам ҳәм басқада нызамшылық ҳүжжетлеринен ибарат.
3-статья. Қыйтақ жер хожалығы
Қыйтақ жер хожалығы жеке қыйтақ жер участкаларында аўыл хожалығы өнимлерин еркин саўда ушын ҳәм шаңарақ мүтәжликлери ушын жетистириў (қайта ислеў) менен байланыслы мийнет искерлиги болып табылады.
Қыйтақ жер хожалығы исбилерменлик ҳәрекети есапланбайды ҳәм қыйтақ жер хожалығын мәмлекетлик дизимнен өткериў талап етилмейди. Қыйтақ жер хожалығында аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў (қайта ислеў) бойынша жеке мийнети менен қатнасыўға тийкарланған искерликти ғәрезсиз рәўиште әмелге асырыўшы шахс халықтың бәнтлиги ҳаққындағы нызамшылықта белгиленген тәртипте өзин өзи бәнт еткен шахс статусын алыўы мүмкин.
Қыйтақ жер хожалығын жүргизиў ушын ажыратылған жеке қыйтақ жер участкасында жетистирилген (қайта исленген) аўыл хожалығы өнимлери жеке меншик мүлк болып табылады.
4-статья. Қыйтақ жер участкасы
Жеке қыйтақ жер жер участкасы қыйтақ жер хожалығын жүргизиў ушын аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў яки жеке тәртипте турақ-жай қурыў ҳәм турақ-жайды абаданластырыў мақсетинде ажыратылған жер участкасы болып есапланады.
Қыйтақ жер хожалығын жүргизиў ушын:
еркин саўда ҳәм шаңарақ зәрүрликлери ушын аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў мақсетинде усы Нызам күшке киргенге шекем мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықы тийкарында аўыл хожалығы ушын мөлшерленген жерлер, тоғай қоры жерлери ҳәм де елатлы пунктлер жерлеринен берилген жер участкаларынан;
мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықы тийкарында жеке тәртипте турақ-жай қурыў ҳәм турақ-жайды абаданластырыў ушын берилген жер участкаларынан пайдаланылыўы мүмкин.
Мийрас етип қалдаралатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықы тийкарында берилген жеке қыйтақ жер участкалары яки олардың бир бөлеги мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықы сақлап қалынған ҳалда физикалық ҳәм юридикалық шахсларға ўақытша пайдаланыў ушын тапсырылыўы мүмкин.
Жер участкаларын қыйтақ жер хожалығын жүргизиў ушын бериў нызамшылықта белгиленген тәртипте әмелге асырылады.
5-статья. Жеке қыйтақ жер участкаларынан қыйтақ жер хожалығын жүргизиў ушын пайдаланыўшы шахслардың ҳуқықлары
Жеке қыйтақ жер участкаларынан қыйтақ жер хожалығын жүргизиў ушын пайдаланыўшы шахслар төмендеги ҳуқықларға ийе:
қыйтақ жер хожалықларын еркин ҳәм ғәрезсиз рәўиште басқарыў, сондай-ақ, жетистирилген ҳәм де ғәрезсиз тәризде қайта исленген аўыл хожалығы өнимлерин еркин реализациялаў, ғәрезсиз түрде баҳа белгилеў ҳәм алынған дәраматларға бийлик етиў;
өзи жетистирген яки қайта ислеген аўыл хожалығы өнимлерин базарларда, саўда шақапшаларында еркин түрде яки өзиниң ўәкиллери арқалы тосқынлықсыз ҳәм еркин реализациялаў;
агрокластерлер менен бирге ислесиў, сондай-ақ аўыл хожалығы кооперативлерине ықтыярлы рәўиште ағза болыў;
ыссыхана шөлкемлестириў, дәнли туқымлықлар, нәллер, шарўа маллары ҳәм де қуслар, аўыл хожалығы әсбап-үскенелери ҳәм буйымлары, суўғарыў қурылмалары (насослар, артезиан қудықлары ҳәм басқаларды) сатып алыў ушын нызамшылықта нәзерде тутылған жеңилликлерден, сондай-ақ, жеңилликли кредитлерден, субсидиялардан ҳәм басқа преференциялардан пайдаланыў;
Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесине ықтыярлы рәўиште ағза болыў;
жерге тийисли мәкемелердиң ҳәм де хызмет көрсетиўши басқа мәкемелердиң аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм реализациялаўға байланыслы хызметлеринен пайдаланыў;
жеке қыйтақ жер участкаларында мәмлекетлик уйымларының, сондай-ақ, архитектура-қурылыс, экология, санитария-гигиена уйымларының ҳәм де өрт қәўипсизлигин тәмийинлеўши уйымлардың рухсатнамасын алыў зәрүрлигисиз жеңил конструкциялардан теплицалар қурыў;
суў ресурсларынан пайдаланыў.
Жеке қыйтақ жер участкаларынан қыйтақ жер хожалығын жүргизиў ушын пайдаланыўшы шахслар нызамшылықта муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин.
6-статья. Жеке қыйтақ жер участкаларынан қыйтақ жер хожалығын жүргизиў ушын пайдаланыўшы шахслардың миннетлемелери
Жеке қыйтақ жер участкаларынан қыйтақ жер хожалығын жүргизиў ушын пайдаланыўшы шахслар:
жер участкаларынан мақсетли ҳәм ақылға муўапық пайдаланыўды тәмийинлеўи, сондай-ақ, жер участкаларында аўыл хожалығы егинлерин егиў ямаса абаданластырыўды әмелге асырыўы;
топырақ өнимдарлығын сақлаў ҳәм арттырыў илажларын көриўи;
суў ресурсларынан ақылға муўапық ҳәм үнемли пайдаланыўы;
турақ-жай қурыў ҳуқықысыз ажыратылған жер участкаларында имаратлар ҳәм қурылыслар қурмаўы;
аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде экология ҳәм де санитария талаплары ҳәм нормаларына әмел етиўи шәрт.
7-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қыйтақ жер хожалықларын жүргизиўди шөлкемлестириў ҳәм оларды раўажландырыў тараўындағы ўәкилликлери
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси:
қыйтақ жер хожалықларын раўажландырыў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўын тәмийинлейди;
қыйтақ жер хожалықларын раўажландырыў тараўындағы аймақлық бағдарламаларды қабыл етеди;
қыйтақ жер хожалықларын раўажландырыў тараўындағы аймақлық бағдарламаларды ҳәм басқа бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм де әмелге асырыўда қатнасады;
жеке қыйтақ жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў тәртибин белгилеўде қатнасады;
жеке қыйтақ жер участкаларында аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ушын зәрүр болған дәнли туқымлықлар, нәллер, минерал төгинлер ҳәм жанармай ҳәм майлаў материаллары менен тәмийинлеў механизмин тастыйықлайды;
жеке қыйтақ жер участкаларында жоқары зүрәәтли, экспорт ушын мөлшерленген аўыл хожалығы егинлерин жетистириўди шөлкемлестириўге, материаллық-техникалық ресурслары менен тәмийинлеўге ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин сатып алыўды шөлкемлестириўге байланыслы илажлар бағдарламаларын тастыйықлайды;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси нызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин.
8-статья. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қыйтақ жер хожалықларын жүргизиўди шөлкемлестириў ҳәм оларды раўажландырыў тараўындағы ўәкилликлери
Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары:
қыйтақ жер хожалықларын раўажландырыў тараўындағы мәмлекетлик бағдарламаларды ҳәм басқа бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм де әмелге асырыўда қатнасады;
қыйтақ жер хожалықларын раўажландырыў тараўындағы аймақлық бағдарламаларды ислеп шығады, тастыйықлайды ҳәм әмелге асырады;
тийисли аймақта қыйтақ жер хожалықларын раўажландырыўға байланыслы тийкарғы көрсеткишлерди қәлиплестиреди;
қыйтақ жер хожалықларының материаллық-техникалық тәмийинлениўин жақсылаўға, оларды суў ресурслары, зәрүр дәнли туқымлықлар, нәллер, минерал төгинлер менен тәмийинлеўге байланыслы илажларды, сондай-ақ қыйтақ жер хожалықларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажларды белгилейди.
9-статья. Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң қыйтақ жер хожалықларын жүргизиўди шөлкемлестириў ҳәм оларды раўажландырыў тараўындағы жумысы
Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси:
жеке қыйтақ жер участкаларының ийелерине аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, қайта ислеў, сақлаў ҳәм реализациялаўда, сондай-ақ агротехникалық илажларды орынлаўда ҳәм де шәртнамалар дүзиўде, өнимлерди сыртқы базарларға экспортқа шығарыўда ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетеди;
жеке қыйтақ жер участкалары ийелериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, сондай-ақ мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, таярлаўшы, тәмийинлеўши ҳәм хызмет көрсетиўши мәмкемелери менен өз-ара қатнасықларды қорғайды, сондай-ақ судта олардың мәплерин қорғайды;
пуқаралардың өзин өзи басқарыў уйымлары менен биргеликте қыйтақ жер хожалықларын раўажландырыўды хошаметлеў бойынша илажлар көреди;
ресурсларды үнемлеўши агротехнологияларды, альтернатив энергия дереклерин енгизиўге көмеклеседи;
жеке қыйтақ жер участкаларында дийқаншылық мәдениятын арттырыўға көмеклеседи, сондай-ақ олардан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланылыўын тәмийинлеўге байланыслы түсиндириў жумысларын әмелге асырады.
Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси жер участкаларынан жеке жер ийелери тәрепинен пайдаланылыўы мәселеси бойынша өз ўәкилликлери шеңберинде:
ишки ҳәм сыртқы базарларда аўыл хожалығы өнимлерине болған талапты есапқа алған ҳалда оларды жетистириў (қайта ислеў) мәселелерине байланыслы усынысларды ислеп шығады ҳәм де бийпул ҳәм пуллы тийкарда қыйтақ жер хожалықларына усынады;
аўыл хожалығы өнимлерин сыртқы базарға жеткерип бериў системасын жәнеде жетилистириў бойынша усыныслар таярлайды.
10-статья. Пуқаралар өзин-өзи басқарыў уйымларының қыйтақ жер хожалықларын раўажландырыў тараўында қатнасыўы
Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары:
жеке қыйтақ жер участкалары ийелериниң жумысын раўажландырыўға көмеклеседи;
қыйтақ жер хожалықларын еркин ҳәм ғәрезсиз рәўиште басқарыўда, сондай-ақ жетистирилген (қайта исленген) аўыл хожалығы өнимлерин еркин пайдаланыўда, еркин түрде баҳа белгилеўде ҳәм дәраматларына бийлик етиўинде жеке қыйтақ жер участкалары ийелерине көмеклеседи;
қыйтақ жер хожалығы менен шуғылланыўшы халық арасында жеке қыйтақ жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыў мәселелерине байланыслы түсиндириў жумысларын алып барады;
жеке қыйтақ жер участкаларынан мақсетли ҳәм ақылға муўапық пайдаланыў үстинен мониторинг алып барады.
11-статья. Қыйтақ жер хожалығындағы мийнет етиў жумысы
Қыйтақ жер хожалығындағы мийнет етиў жумысы жеке қыйтақ жер участкасы ийесиниң ҳәм шаңарақ ағзаларының жеке мийнетине тийкарланады.
Майданы кеминде 0,04 гектар болған жеке қыйтақ жер участкасында бәнт болған яки усы майданда қарамал яки кеминде елиў бас таўық бағып атырған жеке қыйтақ жер участкасының ийеси яки оның шаңарақ ағзалары социаллық салық төлеўи мүмкин. Бунда жеке қыйтақ жер участкасының ийеси яки оның шаңарақ ағзалары социаллық салықты ықтыярлы тийкарында төлейди. Социаллық салықтың белгиленген муғдарын төлеў мийнет стажын есаплап шығарыў ўақтында бир календарьлық жыл деп есапқа алынады. Социаллық салықты төлеў тәртиби Өзбекстан Республикасының салық кодексинде белгиленеди.
12-статья. Қыйтақ жер хожалығын жүргизиўде пайдаланылатуғын мал-мүлк
Қыйтақ жер хожалығын жүргизиўде мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықы тийкарында берилген жеке қыйтақ жер участкасында жайласқан турақ жай, ислеп шығарыў имаратларынан, турмыслық ҳәм басқа имаратлардан, сондай-ақ транспорт қураллары ҳәм аўыл хожалығы техникасынан, буйымлар, әспаб-үскенелер, аўыл хожалығы ҳайўанлары, пал ҳәррелер, таўықлар, пилле қурты ҳәм басқа мал-мүлктен пайдаланылыўы мүмкин.
13-статья. Қыйтақ жер хожалықларының есабын жүргизиў
Қыйтақ жер хожалықларының есабы жеке қыйтақ жер участкаларынан қыйтақ жер хожалығын жүргизиў ушын пайдаланатуғын шахслар тәрепинен ықтыярлы рәўиште усынылатуғын мағлыўматлар тийкарында пуқаралардың өзин өзи басқарыў уйымлары тәрепинен қыйтақ жер хожалықларын есапқа алыў реестрин қәлиплестириў арқалы жүритиледи.
Қыйтақ жер хожалықларын есапқа алыў реестринде төмендеги мәлимлеме сәўлелендириледи:
жеке қыйтақ жер участкасы ийесиниң, сондай-ақ оның менен бирге жасаўшы яки қыйтақ жер хожалығын жүргизиўди биргеликте әмелге асырыўшы басқа шахслардың фамилиясы, аты, әкесиниң аты, туўылған сәнеси;
жеке қыйтақ жер участкасының дән егинлери, мийўели ҳәм декоратив тереклер егилген, сондай-ақ басқа аўыл хожалығы өнимлери жетистирилетуғын (қайта исленетуғын) майданы;
аўыл хожалығы ҳайўанларының, пал ҳәррелердиң, таўықлардың ҳәм пилле қурты қутыларының саны;
аўыл хожалығы техникасының, үскенелериниң, транспорт қуралларының саны ҳаққындағы мәлимлеме.
Қыйтақ жер хожалықларын есапқа алыў реестринде сәўлелендирилген мағлыўматлардан нызамшылықта белгиленген тәртипте қыйтақ жер хожалықларын раўажландырыўға байланыслы тийкарғы көрсеткишлерди қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў, оларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў мақсетинде пайдаланылады.
14-статья. Тартысларды шешиў
Жеке қыйтақ жер участкаларында қыйтақ жер хожалықларын жүргизиўди шөлкемлестириў ҳәм оларды раўажландырыў тараўында пайда болған тартыслар нызамшылықта белгиленген тәртипте шешиледи.
15-статья. Қыйтақ жер хожалығы ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ушын жуўапкершилик
Қыйтақ жер хожалығы ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықта айыпкер шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.
16-статья. Усы Нызамның орынланыўын, жеткерилиўин, мәниси ҳәм әҳмийети түсиндирилиўин тәмийинлеў
Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм де басқа мәпдар шөлкемлер усы Нызамның орынланыўын, орынлаўшыларға жеткерилиўин ҳәм де мәниси ҳәм әҳмийети халық арасында түсиндирилиўин тәмийинлесин.
17-статья. Нызамшылықты усы Нызамға муўапықластырыў
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси:
ҳүкимет қарарларын усы Нызамға муўапықластырсын;
мәмлекетлик басқарыў уйымлары усы Нызамға қайшы болған өзиниң нормативлик ҳуқықый актлерин қайта көрип шығыўы ҳәм бийкар етилиўин тәмийинлесин.
18-статья. Усы Нызамның күшке кириўи
Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. ОРЫНБАЕВ
Нөкис қаласы,
25-июль 2023-жыл,
№ 334/XLIV