📅 2022-yil 29-noyabr · Boshqa hujjatlar
Rasmiy matn. Rasmiy hujjat. Tahririy izohlar kiritilmagan.
📅 2022-yil 29-noyabr · Boshqa hujjatlar
Rasmiy matn. Rasmiy hujjat. Tahririy izohlar kiritilmagan.
📅 2022 йил 29 ноябрь · Бошқа ҳужжатлар
Расмий матн. Расмий ҳужжат. Таҳририй изоҳлар киритилмаган.
📅 29 ноября 2022 г. · Другие документы
Официальный текст. Официальный документ. Редакционные примечания не включены.
📅 29 November 2022 · Other documents
Official text. Official document. Editorial notes are not included.
Қарақалпақстан Республикасының Нызамы
«Жайлаўлар ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы
1-бап. Улыўма қағыйдалар
1-статья. Усы Нызамның мақсети
Усы Нызамның мақсети жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.
2-статья. Жайлаўлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери
Жайлаўлар ҳаққындағы нызамшылық усы Нызам ҳәм басқа нызамшылық актлеринен ибарат.
Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасында Қарақалпақстан Республикасының жайлаўлар ҳаққындағы нызамшылығында нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шәртнама қағыйдалары қолланылады.
3-статья. Жайлаўлар
Жайлаўлар шарўа маллары ушын азықлық болған өсимликлердиң тәбийий қапламына ийе жерлер есапланады.
Жайлаўлар улыўма миллий байлық болып, мәмлекет тәрепинен қорғалады.
Жайлаўлар шөлдеги, ярым шөлдеги, таў алдындағы, таўдағы ҳәм тегисликтеги, суў менен тәмийинленген ҳәмде суў менен тәмийинленбеген жайлаўларға ажыратылады.
Таўдағы жайлаўлар мәўсимлик болып, олардан жылдың тек ғана белгили бир ўақтында пайдаланылады.
2-бап. Жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў тараўын тәртипке салыў
4-статья. Жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары
Жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат:
мәмлекетлик бағдарламаларды ҳәм басқа бағдарламаларды ислеп шығыў, тастыйықлаў ҳәмде әмелге асырыў;
жайлаўларды сақлап қалыўға қаратылған қағыйдалар, нормалар ҳәм нормативлерди белгилеў;
мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў;
жайлаўлардан ақылға муўапық пайдаланыўды, оларды қорғаўды, тәкирарый көбейтиўди ҳәм тиклеўди тәмийинлеў;
илим-изертлеў жумысларын раўажландырыў;
халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў.
5-статья. Жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў тараўындағы мәмлекетлик басқарыў
Жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў тараўындағы мәмлекетлик басқарыўды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў тараўындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар әмелге асырады.
Жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў тараўындағы арнаўлы ўәкилликли уйымлар төмендегилерден ибарат:
Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги;
Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети;
Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети.
6-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў тараўындағы ўәкилликлери
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси:
жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў тараўындағы бирден-бир мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўын тәмийинлейди;
жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў бойынша мәмлекетлик бағдарламаларды ҳәмде басқа бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳәмде оларды әмелге асырыўда қатнасады;
жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў бойынша аймақлық бағдарламаларды тастыйықлайды ҳәмде әмелге асырылыўын тәмийинлейди;
жайлаўларды пайдаланыў ушын ижараға бериў тәртибин ислеп шығыўда қатнасады;
жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен юридикалық ҳәм физикалық шахсларға жайлаўларды пайдаланыўға бериў ҳаққындағы шешимлерин тастыйықлайды;
жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырады.
7-статья. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў тараўындағы ўәкилликлери
Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары өзиниң ўәкилликлери шеңберинде:
жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў бойынша мәмлекетлик бағдарламаларды ҳәмде басқа бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда қатнасады;
жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў бойынша аймақлық бағдарламаларды ислеп шығады, тастыйықлайды ҳәмде әмелге асырады;
жайлаўларда пишен орыў ҳәм шарўа малларын отлатыў нормалары ҳәмде мүддетлерин тастыйықлайды;
жайлаўлардан ақылға муўапық пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў бойынша илажлар көреди;
жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырады.
8-статья. Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң жайлаўлардан пайдаланыў ҳәмде оларды қорғаў тараўындағы ўәкилликлери
Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги:
жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў тараўындағы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда қатнасады;
жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў бойынша мәмлекетлик бағдарламаларды ҳәмде басқа бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда қатнасады;
жайлаўлардың жағдайын жақсылаў, олардан пайдаланыўды прогнозлаў ҳәм перспективалы жобаластырыў бойынша усыныслар ислеп шығады;
жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырады;
жайлаўларды инвентаризациядан өткереди;
жайлаўларды геоботаникалық жақтан тексериўди әмелге асырады;
жайлаўлардың мониторингин жүритеди.
9-статья. Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң жайлаўлардан пайдаланыў ҳәмде оларды қорғаў тараўындағы ўәкилликлери
Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети:
жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў бойынша мәмлекетлик бағдарламаларды ҳәмде басқа бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда қатнасады;
жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў тараўында мәмлекетлик экологиялық экспертизасын өткереди;
жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў үстинен мәмлекетлик экологиялық қадағалаўды әмелге асырады;
жайлаўлардағы өсимликлердиң жағдайының мониторингин өткериўде қатнасады.
10-статья. Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитетиниң жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў тараўындағы ўәкилликлери
Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети:
тоғай қоры жерлеринде жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў бойынша мәмлекетлик бағдарламаларды ҳәмде басқа бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда қатнасады;
жайлаўларда пишен орыў ҳәм шарўа малларын отлатыў нормалары ҳәмде мүддетлерин белгилеўде қатнасады;
шарўа малларын отлатыў ушын участкалар берилиўин тәмийинлейди;
тоғай қоры жерлеринде жайлаўлар мониторингин өткериўде қатнасады.
11-статья. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң ҳәмде пуқаралардың жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаўды шөлкемлестириўдеги қатнасыўы
Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ҳәм пуқаралар:
жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў бойынша мәмлекетлик бағдарламаларды, аймақлық ҳәм басқа бағдарламаларды әмелге асырыўда қатнасады;
жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў бойынша илажлар өткерилиўине көмеклеседи;
жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў үстинен жәмийетшилик қадағалаўды әмелге асырады.
12-статья. Жайлаўлардан пайдаланыўшылар бирлеспелери
Жайлаўлардан пайдаланыўшылар жайлаўлардан биргеликте пайдаланыў ҳәмде оларды қорғаў ушын жайлаўлардан пайдаланыўшылар бирлеспелерин дүзиўи мүмкин.
Жайлаўлардан пайдаланыўшылар бирлеспелери жайлаўлардан ақылға муўапық пайдаланыўға ҳәм оларды қорғаўға байланыслы жумысларды шөлкемлестиреди ҳәмде жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў үстинен жәмийетшилик қадағалаўды әмелге асырады.
3-бап. Жайлаўлардан пайдаланыў
13-статья. Жайлаўлардан пайдаланыў ҳуқықы
Юридикалық ҳәм физикалық шахслар жер участкаларын ижараға, соның ишинде екилемши ижараға алыў жолы менен жайлаўлардан пайдаланыўы мүмкин.
Жайлаўлар ижара ҳуқықы тийкарында ашық электрон таңлаў арқалы физикалық ҳәм юридикалық шахсларға берилиўи мүмкин.
Тоғай қоры жерлеринде жайлаўлардан мәмлекетлик тоғай хожалығы уйымларының рухсатнамасы бойынша пайдаланылады.
Пайдаланыўдан шығып кеткен жайлаўлар Өзбекстан Республикасы пуқараларына, аўыл хожалығы кәрханаларына, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы резидентлери болған инвесторларға инвестиция шәртнамасы яки мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында аўыл хожалығы өндириси мақсетинде үш жылдан кем болмаған ҳәм қырық тоғыз жылдан аспайтуғын мүддетке ижараға берилиўи мүмкин.
Усы статьяның төртинши бөлиминде көрсетилген юридикалық ҳәм физикалық шахслар пайдаланыўға киритилген жайлаўларды екилемши ижараға бериўи (үшинши шахсларға бериў ҳуқықысыз) мүмкин.
14-статья. Жайлаўлардан пайдаланыўшылардың ҳуқық ҳәм миннетлери
Жайлаўлардан пайдаланыўшылар:
жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаўға байланыслы илажларға муўапық шарўа малларын отлатыў ҳәм пишен орыў;
жайлаў инфраструктурасын жаратыўға байланыслы жумысларды әмелге асырыў;
жайлаўлардан пайдаланыўшылар бирлеспесин дүзиў ҳуқықына ийе.
Жайлаўлардан пайдаланыўшылар:
жайлаўлардан олардың белгиленген мақсетине қарай ақылға муўапық пайдаланыўы;
жайлаў өсимликлерин тәкирарый көбейтиўге көмеклесиўге, өсимлик қапламын тиклеўге, сондай-ақ жайлаўлардың деградацияға ушыраўына жол қоймаўға байланыслы илажларды әмелге асырыўы;
жайлаўлар алмасыўын шөлкемлестириўи ҳәм оған әмел етиўи;
жайлаўларда өртлердиң алдын алыў бойынша тийисли илажлар көриўи, өрт ошақларының өз ўақтында сапластырылыўын тәмийинлеўи;
жайлаў өсимликлери зыянкеслерине ҳәм кеселликлерине қарсы гүресиў илажларын әмелге асырыўы;
жайлаўларды сақлап қалыўға қаратылған белгиленген қағыйдалар, нормалар ҳәм нормативлерге әмел етиўи шәрт.
15-статья. Жайлаўлардан пайдаланыўға байланыслы илажлар
Жайлаўлардан пайдаланыўға байланыслы илажлар жайлаўларды инвентаризациядан өткериў ҳәм геоботаникалық жақтан тексериў мағлыўматларынан келип шыққан ҳалда дүзиледи ҳәмде төмендегилерди өз ишине алады:
жайлаўлардан пайдаланыўшылардың дизимин;
жайлаўларда отлатыў ушын мөлшерленетуғын шарўа маллары дизимин;
ҳайўанлар кеселликлериниң профилактикасын;
жайлаўлардың шегаралары ҳәм участкалары белгиленген картаны;
паданың мәўсимлик ҳәрекетлениў жөнелислериниң календарь кестесин, жайлаўлардың алмасыўын, шарўа маллары айдап алып өтилетуғын орынлар ҳәм пайдаланылатуғын отарлары схемаларын;
жайлаў инфраструктурасы объектлерин раўажландырыўды, сондай-ақ, суўатларды қайта тиклеўди;
жайлаў участкаларының жағдайы ҳәм сапасын жақсылаўды, от-шөплер деградацияға ушыраўының алдын алыўды.
16-статья. Жайлаўлардан пайдаланыў нормалары ҳәм мүддетлери
Шарўа малларын отлатыў ҳәм пишен орыў жайлаўлардың түрине, сондай-ақ жайлаўдың белгили бир участкасында отлатылатуғын шарўа малларының түри ҳәм санына қарап тастыйықланатуғын жайлаўлардан пайдаланыў нормалары ҳәмде мүддетлерине әмел еткен ҳалда әмелге асырылады.
Жайлаўлардан пайдаланыў нормалары ҳәм мүддетлери жайлаўларды инвентаризациядан өткериў ҳәмде геоботаникалық жақтан тексериў материаллары тийкарында белгиленеди.
17-статья. Жайлаўлардың алмасыўы
Жайлаўлардың алмасыўы жайлаў участкаларынан ўақытша ҳәм нәўбети менен пайдаланыў болып есапланады.
Жайлаўлардың алмасыўын тәмийинлеў ушын жайлаўлар участкаларға ажыратылады.
Жайлаўлардың алмасыў участкалары майданын белгилеўде жайлаўлар участкасы ушын ең көп жол қойылатуғын пайдаланыў нормасы инабатқа алынады.
Жайлаўлардың алмасыўы жайлаўлардан ақылға муўапық пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў ушын шөлкемлестириледи.
18-статья. Жайлаўлардан пайдаланғанлық ушын ҳақы төлеў
Жайлаўлардан пайдаланғанлық ушын ҳақы жер салығы яки ижара ҳақы тәризинде өндириледи.
19-статья. Жайлаўлардан пайдаланыў ҳуқықының тоқталыўы
Жайлаўлардан пайдаланыў ҳуқықы төмендеги жағдайларда тоқтатылады:
юридикалық шахс сапластырылғанда;
физикалық шахс қайтыс болғанда;
жайлаўлар берилген мүддети питкенде;
басқа мақсетте пайдаланылғанда;
ақылға муўапық пайдаланылмағанда;
жайлаў жерлери мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик зәрүрликлер ушын алып қойылғанда;
жайлаўлардан пайдаланыўдан ықтиярлы рәўиште ўаз кешилгенде.
20-статья. Жайлаўлардан пайдаланыў ҳуқықын шеклеў
Деградацияға ушыраған жайлаўларды тәкирарый көбейтиў ҳәм тиклеў, Өзбекстан Республикасының Қызыл китабына киргизилген сийрек ушырасатуғын ҳәмде жоқ болып баратырған өсимлик ҳәм ҳайўанлар түрлерин қорғаў мақсетинде арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен жайлаўлардан пайдаланыўға шеклеўлер ҳәмде қадаған етиўлер белгиленеди.
4-бап. Жайлаўларды қорғаў, тәкирарый көбейтиў ҳәм тиклеў
21-статья. Жайлаўларды қорғаў
Жайлаўларды қорғаў жайлаўлардан белгиленген мақсетте, ақылға муўапық пайдаланыўға, оларды тәкирарый көбейтиўге ҳәм тиклеўге қаратылған ҳуқықый, шөлкемлестириўшилик, экономикалық ҳәм басқа илажлар системасын өз ишине алады.
Жайлаўларды қорғаў:
жайлаўлардан пайдаланыў, оларды тәкирарый көбейтиў ҳәм тиклеў қағыйдалары, нормалары ҳәмде нормативлерин белгилеў;
жайлаўлардан пайдаланыўға шеклеўлер ҳәм қадаған етиўди белгилеў;
жайлаўлардан өзбасымшалық пенен пайдаланыўдың, өсимликлерди набыт етиўдиң алдын алыў ҳәм оларды тоқтатыў;
жайлаўларды инвентаризациядан өткериў;
жайлаўлардың геоботаникалық жақтан тексерилиўин әмелге асырыў;
жайлаўлардың мониторингин жүритиў;
жайлаўлардан пайдаланыў, оларды тәкирарый көбейтиў ҳәм тиклеў үстинен қадағалаўды әмелге асырыў жолы менен тәмийинленеди.
22-статья. Жайлаўларды тәкирарый көбейтиў ҳәм тиклеў
Жайлаўларды тәкирарый көбейтиў ҳәм тиклеў жайлаўларды инвентаризациядан өткериў ҳәмде геоботаникалық жақтан тексериў тийкарында әмелге асырылады.
Жайлаўларды тәкирарый көбейтиўге байланыслы илажлар топырақ өнимдарлығын, жайлаўлардағы өсимликлер қапламының муғдарын ҳәм сапасы жағдайын сақлап турыўдың тәбийий процесслерине көмеклесиўден ибарат.
Жайлаўлардағы тиклеў илажлары өсимликлердиң белгили бир түрлерин егиўди қолланыў жолы менен әмелге асырылады. Бунда тәбийий жайлаўларда өсимликлердиң жабайы түрлерин егиў қадаған етиледи.
23-статья. Жайлаўларды инвентаризациядан өткериў
Жайлаўларды инвентаризациядан өткериў жайлаўлардың жағдайының муғдар ҳәм сапа көрсеткишлерин анықлаўға ҳәмде картографикалық ҳәм басқа материалларда жайлаўлардың жағдайын сәўлелендириўге байланыслы жумыслар комплексинен ибарат.
Инвентаризация процессинде сапа ҳалаты жақсыланыўы талап етилетуғын ҳәм пайдаланыў ушын жарамсыз болған деградацияға ушыраған жайлаў участкалары, сондай-ақ суў менен тәмийинленбеген жайлаўлар анықланады.
Жайлаўларды инвентаризациядан өткериў материалларынан жайлаўларда пишен орыў ҳәм шарўа малларын отлатыў нормалары ҳәмде мүддетлерин белгилеў ушын пайдаланылады.
24-статья. Жайлаўларды геоботаникалық жақтан тексериў
Жайлаўларды геоботаникалық жақтан тексериў жайлаўлардың өнимдарлығын, көк шөплердиң дүзилиси ҳәм қурамын, олардың өнип шығыў орынларын, жайлаўлардан шарўа малларын отлатыў ушын пайдаланыў мүмкиншилигин, жайлаўлардағы өсимликлердиң сапасы ҳәм резервлерин анықлаў мақсетинде өткерилетуғын тексериў болып есапланады.
Жайлаўларды геоботаникалық жақтан тексериў материалларынан:
жер дүзиў жойбарларын ислеп шығыўда;
ажыратылған участкада жерди, өсиўши шөплердиң азықлық қәсийетлерин кадастр тәрептен баҳалаўда;
жайлаўлардан пайдаланыўды жақсылаў бойынша жумыслар әмелге асырылыўын өз ишине алатуғын жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаўға тийисли илажларды ислеп шығыўда;
жайлаўлардың геоботаникалық карталарын дүзиўде;
жерлерди рекультивациялаў, консервациялаў ҳаққында шешимлер қабыл етиўде, жерден пайдаланыўға тийисли шеклеўлер белгилеўде, жайлаўларды тәкирарый көбейтиў, тиклеў, қорғаў ҳәм олардың өнимдарлығын арттырыў бойынша илажлар өткериўде, сондай-ақ жайлаўлардан ақылға муўапық пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў бойынша илажлар ислеп шығыўда пайдаланылады.
25-статья. Жайлаўлар мониторинги
Жайлаўлар мониторинги жайлаўлар ҳаққындағы муғдар ҳәм сапа бойынша мағлыўматлар ҳаққында мәлимлеме топлаў, олардың жағдайын баҳалаў ҳәм прогнозлаў, унамсыз процесслерди анықлаў ҳәмде сапластырыў мақсетинде жайлаўлардың жағдайы, жайлаўлардан пайдаланыў нәтийжесинде жүзеге келип атырған өзгерислер бойынша бақлаўлар системасы болып табылады.
Жайлаўларды геоботаникалық жақтан тексериў ҳәм инвентаризациядан өткериў жолы менен алынған системалы бақлаў мағлыўматлары мониторингтиң тийкары есапланады.
Қарақалпақстан Республикасы районлары бойынша жайлаўлардың жағдайы ҳаққындағы мониторинг мағлыўматлары Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң веб-сайтында ўақты-ўақты менен жайластырылып барылады.
5-бап. Жуўмақлаўшы қағыйдалар
26-статья. Жайлаўларға келтирилген зыянның орнын қаплаў
Юридикалық ҳәм физикалық шахслар жайлаўларды патасландырғанлығы, олардан ақылға муўапық пайдаланбағанлығы, олардың деградацияға ушырағанлығы ҳәм жайлаўлар ҳаққындағы нызамшылықты басқаша тәризде бузғанлығы нәтийжесинде келтирилген зыянның орнын қаплаўы шәрт.
27-статья. Тартысларды шешиў
Жайлаўлардан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў тараўында жүзеге келетуғын тартыслар нызамшылықта белгиленген тәртипте шешиледи.
28-статья. Жайлаўлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкершилик
Жайлаўлар ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ушын айыплы юридикалық ҳәм физикалық шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.
29-статья. Усы Нызамның орынланыўын, жеткерилиўин, мазмуны ҳәм әҳмийети түсиндирилиўин тәмийинлеў
Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети, Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети ҳәм басқа мәпдар шөлкемлер усы Нызамның орынланыўын, орынлаўшыларға жеткерилиўин ҳәмде мазмуны ҳәм әҳмийети халық арасында түсиндирилиўин тәмийинлесин.
30-статья. Нызамшылықты усы Нызамға муўапықластырыў
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси:
ҳүкиметлик қарарларды усы Нызамға муўапықластырсын;
мәмлекетлик басқарыў уйымлары усы Нызамға қайшы болған өзиниң нормативлик-ҳуқықый актлерин қайта көрип шығыўы ҳәм бийкарлаўын тәмийинлесин.
31-статья. Усы Нызамның күшке кириўи
Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. ОРЫНБАЕВ
Нөкис қаласы,
29-ноябрь 2022-жыл
№ 285/ХХХVIII