UzbekAI

← Qonunlar

📅 2022-yil 1-iyun · Boshqa hujjatlar · Qaraqalpaqstan Respublikasiniң

Rasmiy matn. Rasmiy hujjat. Tahririy izohlar kiritilmagan.

Yordam | Arxiv | Atamalar | Statistika | API | Havola yuborish | Sayt haqida | Shartlar

← Қонунлар

📅 2022 йил 1 июнь · Бошқа ҳужжатлар · Қарақалпақстан Республикасының

Расмий матн. Расмий ҳужжат. Таҳририй изоҳлар киритилмаган.

Ёрдам | Архив | Атамалар | Статистика | API | Ҳавола юбориш | Сайт ҳақида | Шартлар

← Законы

📅 1 июня 2022 г. · Другие документы · Қарақалпақстан Республикасының

Официальный текст. Официальный документ. Редакционные примечания не включены.

Помощь | Архив | Термины | Статистика | API | Предложить ссылку | О сайте | Условия

← Laws

📅 1 June 2022 · Other documents · Qaraqalpaqstan Respublikasiniң

Official text. Official document. Editorial notes are not included.

Help | Archive | Glossary | Stats | API | Submit | About | Terms

Қарақалпақстан Республикасының

Нызамы

«Туқымгершилик ҳаққында»

1-бап. Улыўма қағыйдалар

1-статья. Усы Нызамның мақсети

Усы Нызамның мақсети туқымгершилик тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.

2-статья. Туқымгершилик ҳаққындағы нызамшылық

Туқымгершилик ҳаққындағы нызамшылық актлери усы Нызам ҳәм басқа нызамшылық актлеринен ибарат.

Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасында Қарақалпақстан Республикасының туқымгершилик ҳаққындағы нызамшылықта нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шәртнама қағыйдалары қолланылады.

3-статья. Тийкарғы түсиниклер

Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады:

апробация — өсимликлердиң генетикалық (сортлық) жағынан тазалығын, зыянкеслер тәрепинен зыянланған-зыянланбағанлығын, кеселликлерге шатылған-шатылмағанлығын ҳәм егиў ушын нәзерде тутылған туқымлықлардың улыўма жағдайын анықлаў ушын атызда өткерилетуғын тексериў;

гибрид (қоспақ) туқымлықлар — генетикасы ҳәр түрли сортлар, түрлер ҳәм топарласларды шағылыстырыўдан алынған туқымлықлар;

оригинал туқымлықлар — сорт авторы яки ол ўәкиллик берген шахс тәрепинен жетистирилген ҳәм кейин-ала көбейтиў ушын мөлшерленген туқымлықлар;

патент ийеси (лицензиар) — селекция сортына ҳәм (яки) гибрид (қоспақ) туқымлықларға болған мүлк ҳуқықын алған юридикалық яки физикалық шахс;

популяция — бирдей топырақ-ықлым шараятында тарқалған ҳәм бир түрге тийисли болған, еркин шағылысатуғын (генетикалық жағынан бир-биринен парықланатуғын) өсимликлер жыйындысы;

репродуктивлик туқымлықлар — элита туқымлықлардан алынатуғын кейинги әўлад туқымлықлары;

туқымлықлар — егиў ушын пайдаланылатуғын туқымлар, мийўелер, өсимликтиң вегетация жолы менен көбейтилетуғын бөлеклери;

туқымлықлардың генетикалық (сортлық) сапасы — белгили бир сорт туқымлығының генетикалық жағынан тазалығын характерлеўши көрсеткишлер жыйындысы;

туқымлықлардың егислик сапасы — туқымлықлардың егиў ушын жарамлылығын характерлеўши көрсеткишлер жыйындысы;

туқымлықлар топары — келип шығыўы ҳәм сапасы бойынша бирдей болған туқымлықлардың белгили бир муғдары;

туқымгершилик — туқымлықларды жетистириў, сақлаў, реализациялаў ҳәм де олардан пайдаланыў, сондай-ақ туқымлықлардың генетикалық (сортлық) ҳәм егислик сапасын анықлаў бойынша өткерилетуғын илажлар менен байланыслы болған жумыс;

элита туқымлықлар — оригинал туқымлықларды избе-из көбейтиў жолы менен алынған туқымлықлар.

4-статья. Туқымлықлардың категориялары

Аўыл хожалығы егинлериниң сортларын тәкирарлап көбейтиў басқышларына қарап, туқымлықлардың төмендеги категориялары белгиленеди:

оригинал;

элита;

репродукциялық.

5-статья. Туқымгершилик объектлери

Туқымгершилик объектлери қатарына төмендегилер киреди:

сорт;

гибрид (қоспақ);

популяция;

туқымлықлар;

туқымлық жетистириў ушын пайдаланылатуғын туқымлық егинлер.

6-статья. Туқымгершилик субъектлери

Туқымгершилик субъектлери қатарына төмендегилер киреди:

сорттың авторы;

туқымлық жетистириўши;

туқымлықларды реализациялаўшы;

туқымлықлардың тутыныўшысы (туқымлықлардан пайдаланыўшы);

туқымлықлардың генетикалық (сортлық) ҳәм егислик сапасын анықлаў бойынша хызметлер көрсетиўши шөлкем.

7-статья. Туқымгершилик субъектлериниң ҳуқықлары

Туқымгершилик субъектлери төмендеги ҳуқықларға ийе:

туқымгершилик тараўындағы мәмлекетлик бағдарламаларды ҳәм басқа бағдарламаларды әмелге асырыўда қатнасыў;

селекция жетискенликлеринен пайдаланыў;

туқымлықлардың көргизбе-саўдаларында (кимзыят саўдаларында) қатнасыў;

өз жумысында инновациялық технологиялардан пайдаланыў ҳәм илим-пән жетискенликлерин енгизиў;

туқымлық жетистириў бойынша ресурсларды үнемлеўши технологияларды қолланыў.

8-статья. Туқымгершилик субъектлериниң миннетлери

Туқымгершилик субъектлери:

туқымлық жетистириў ушын пайдаланылатуғын майданлардың мәўсимлик апробациядан өткерилиўин тәмийинлеўи;

ўәкилликли уйым тәрепинен тастыйықланған туқымлықларды жетистириў схемаларының технологиялық талапларына, оларды сақлаў ҳәм де реализациялаў қағыйдаларына әмел етиўи, сондай-ақ туқымлықлардың сапа ҳәм муғдар жағынан сақланыўын тәмийинлеўи;

туқымлықларды реализациялаўда туқымлық топарына берилген муўапықлық сертификатын, сондай-ақ гибридлер ҳәм сортлардың түсиндирмелерин туқымлықлардың тутыныўшыларына (туқымлықлардан пайдаланыўшыларға) усыныў;

ўәкилликли уйымлар менен туқымлық жетистириў ушын пайдаланылатуғын майданларды апробациядан өткериўи шәрт.

Туқымлық жетистириўшилер, туқымлықлардың генетикалық (сортлық) ҳәм егислик сапасын анықлаў бойынша хызметлер көрсетиўши шөлкемлер ҳәр бир туқымлық топарының генетикалық (сортлық) ҳәм егислик сапалары бойынша толық есапты жүритиўи шәрт.

2-бап. Туқымгершилик тараўын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў

9-статья. Туқымгершилик тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары

Туқымгершилик тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат:

инвестицияларды енгизиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, инфраструктураны ҳәм сервис хызметлерин раўажландырыў;

илим-изертлеў жумысларын раўажландырыў ҳәм жумыстың заманагөй формаларын енгизиў;

туқымлық жетистириўде генетикалық (сортлық) сапа көрсеткишлерин сақлап қалыў;

туқымлықларды көбейтиўдиң ҳәм туқымлықлар тутыныўшыларын (туқымлықлардан пайдаланыўшыларды) туқымлықлар менен тәмийинлеўдиң нәтийжели системасын жаратыў;

туқымгершилик субъектлери жумысын хошаметлеў ҳәм туқымлық жетистириў ушын зәрүр шараятлар жаратыў;

туқымгершилик тараўында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў.

10-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң туқымгершилик тараўындағы ўәкилликлери

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси:

туқымгершилик тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўын тәмийинлейди;

туқымгершилик тараўындағы мәмлекетлик бағдарламаларды ҳәм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳәм де әмелге асырыўда қатнасады;

туқымгершилик тараўындағы аймақлық ҳәм басқа да бағдарламаларды тастыйықлайды ҳәм олардың әмелге асырылыўын тәмийинлейди;

туқымгершилик тараўындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығыўда қатнасады;

мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлары аймақлық бөлимлериниң туқымгершилик тараўында илажлар өткизиўге байланыслы жумысын муўапықластырады;

туқымлық егинлерин жайластырыў ушын туқымгершилик хожалықларын белгилеў бойынша комиссия дүзеди.

11-статья. Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң туқымгершилик тараўындағы ўәкилликлери

Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги:

аўыл хожалығы егинлери туқымгершилиги тараўындағы мәмлекетлик бағдарламаларды ҳәм басқа бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳәм де әмелге асырыўда қатнасады;

аўыл хожалығы егинлери туқымлықларын, соннан пахта шигитин ҳәм масақлы дән егинлериниң туқымлықларын таярлаў, олардан пайдаланыў ҳәм де оларды экспортқа шығарыўдың заманагөй системасын ислеп шығады;

жергиликли ҳәм сырт ел селекция сортларының, соннан биотехнологиялық сортлардың бирлемши туқымгершилигин шөлкемлестиреди ҳәм де раўажландырады;

аўыл хожалығы егинлериниң туқымлықларын жетистириў, қайта ислеў ҳәм де сақлаў бойынша нормативлик талапларды халықаралық стандартларға ҳәм техникалық регламентке муўапық ислеп шығыўда қатнасады;

туқымгершилик тараўында илим ҳәм тәжирийбе-экспериментал изертлеўлердиң баслы бағдарларын белгилейди;

туқымгершилик бойынша халықаралық ҳәм миллий шөлкемлер менен бирге ислеседи, туқымлықларға егиўден алдын ислеў бериўге ҳәм де оларды қайта ислеўге байланыслы инновациялық технологияларды тараўға енгизеди;

аўыл хожалығы егинлери туқымлықларының сортларын сынаўға байланыслы жумысларды шөлкемлестиреди;

Қарақалпақстан Республикасы аймағында егиў ушын усыныс етилген аўыл хожалығы егинлерин мәмлекетлик реестрге киргизип барады;

туқымгершилик ҳаққындағы нызамшылықты жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығады;

аўыл хожалығы егинлери туқымлықлары сортларының сынаўына байланыслы жумысларды шөлкемлестиреди;

пахта шигитин ҳәм масақлы дән егинлериниң туқымлықларын алып шығыў ушын рухсат береди;

аўыл хожалығы егинлери туқымлықларын жетистириў көлемлерине байланыслы мақсетли прогноз көрсеткишлерди белгилейди;

туқымлық егинлерди жайластырыў ушын туқымгершилик хожалықларын белгилейди;

туқымлық егинлерди апробациядан өткериўде қатнасады.

12-статья. Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитетиниң туқымгершилик тараўындағы ўәкилликлери

Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети:

тоғай хожалығы егинлери туқымгершилиги тараўында мәмлекетлик бағдарламаларды ҳәм басқа бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳәм де әмелге асырыўда қатнасады;

декоратив өсимликлердиң туқымлықларын сертификатластырыў ҳәм стандартластырыўдың бирден-бир системасын жаратыўда қатнасады;

тоғай хожалығы егинлериниң туқымлықларын жетистириў ушын пайдаланылатуғын майданларды апробациядан өткериў тәртибин ислеп шығыўда қатнасады;

тоғай хожалығы егинлери туқымлықларының сорт ҳәм егислик сапасын анықлайды;

тоғай хожалығы егинлери туқымлықларының сапасын анықлаў усылларын ислеп шығыўда қатнасады;

тоғай хожалығы егинлери туқымлықларының генетикалық (сортлық) ҳәм туқым қадағалаўын, лаборатория сынаўларын, сапасын экспертизадан өткереди;

өз ўәкилликлери шеңберинде тоғай хожалығы егинлери туқымгершилиги бойынша халықаралық бирге ислесиўди әмелге асырыўда қатнасады.

13-статья. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Туқымгершиликти раўажландырыў орайы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының туқымгершилик тараўындағы ўәкилликлери

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Туқымгершиликти раўажландырыў орайы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы:

Туқымлық жетистириўшилер ҳаққындағы мағлыўматларды реестрге киргизип барады;

туқымгершилик тараўында илимий ҳәм тәжирийбе-экспериментал изертлеўлер өткериўге, усы тараў кәрханаларының илимий потенциалын ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеўге көмеклеседи;

өзиниң рәсмий веб-сайтында жергиликли ҳәм сырт елден келтирилген туқымлықлар, олардың сортлары, гибридлери, категориялары, оларды жетистириў көлемлери ҳаққындағы, сондай-ақ туқымлықлардың баҳалары ҳаққындағы мағлыўматларды жәриялайды.

14-статья. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының туқымгершилик тараўындағы ўәкилликлери

Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары:

туқымгершилик тараўындағы мәмлекетлик бағдарламаларды ҳәм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм де әмелге асырыўда қатнасады;

туқымгершилик тараўындағы аймақлық бағдарламаларды тастыйықлайды ҳәм әмелге асырады;

мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлары аймақлық бөлимлериниң туқымгершилик тараўында илажлар өткизиўге байланыслы жумысын муўапықластырады;

туқымлық егинлерди жайластырыў ушын туқымгершилик хожалықларын анықлаў бойынша комиссия дүзеди.

15-статья. Туқымлықларды сертификатластырыў ҳәм олардың сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик уйым

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы жанындағы «Агросанаат комплексинде хызметлер көрсетиў орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасы Қарақалпақстан Республикасы филиалы туқымлықларды сертификатластырыў ҳәм олардың сапасын қадағалаў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым есапланады.

16-статья. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының туқымгершилик тараўындағы ўәкилликлери

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы төмендегилер үстинен қадағалаўды әмелге асырады:

пахта шигитиниң ҳәм масақлы дән егинлери туқымлықларының сапасы;

аўыл хожалығы егинлери сортларының генетикалық тазалығы ҳәм усы егинлер туқымлықларының сапасы тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың орынланыўы, аўыл хожалығы егинлери сортларын жайластырыў, районластырыў ҳәм де сортлық туқымлықларын таярлаў режелериниң орынланыўы;

оригинал, элита ҳәм репродукциялық туқымлықлардың жетистирилиўи, олардың техникалық сапасын тәртипке салыў тараўындағы нормативлик актлерге әмел еткен ҳалда үнемлеп сарыпланыўы;

аўыл хожалығы егинлериниң туқымлық егинлери апробациясының туўры өткерилиўи;

аўыл хожалығы егинлери туқымлықлары жергиликли ҳәм сырт ел селекция сортларының, соннан биотехнологиялық сортлардың бирлемши туқымгершилигин шөлкемлестириў ҳәм де раўажландырыў;

аўыл хожалығы егинлериниң егилетуғын туқымлықларын таярлаў, қайта ислеў ҳәм де сақлаў бойынша нормативлик талаплардың халықаралық стандартлар ҳәм техникалық регламентлерге муўапық ислеп шығылыўы;

аўыл хожалығы егинлери бойынша туқымлықлар архивиниң қурамы ҳәм туқымлықлар архивлериниң жүритилиўи.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы сертификатластырылмаған ҳәм техникалық сапасын тәртипке салыў тараўындағы нормативлик актлер талапларына жуўап бермейтуғын туқымлықлардың Қарақалпақстан Республикасы аймағында тарқатылыўын қадаған етеди.

17-статья. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм районлық бөлимлери хызметкерлериниң ҳуқықлары

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм районлық бөлимлери хызметкерлери өз ўәкилликлери шеңберинде төмендеги ҳуқықларға ийе:

туқымлықлардың сапа көрсеткишлери туўрылылығын ҳәм техникалық сапасын тәртипке салыў тараўындағы нормативлик актлерге муўапықлығын тексериў мақсетинде зәрүр таллаўлар өткизиў ушын туқымлықлардың үлгилерин таңлап алыў;

туқымлықлардың қорғалатуғын сортларынан нызамға қайшы рәўиште пайдаланылыўын қадаған етиў;

ҳәр қандай туқымлық жетистириўшиниң, туқымлықларды реализациялаўшының ҳәм туқымлықлар тутыныўшысының (туқымлықлардан пайдаланыўшының) аймағына кириў;

туқымгершилик атызларына ҳәм де туқымлықлардың топарларына тийисли зәрүр мәлимлеме, ҳүжжетлер ҳәм үлгилерди алыў;

туқымлықларды нызам актлерин бузған ҳалда жетистириўди, сақлаўды, реализациялаўды тоқтатып қойыў яки қадаған етиў;

муўапықлық сертификаты ҳәм фитосанитария сертификаты яки карантин рухсатнамасы болмаған туқымлықлар топарларының тасылыўын қадаған етиў;

муўапықлық сертификаты, фитосанитария сертификаты яки карантин рухсатнамасы болмаған туқымлықлардың Қарақалпақстан Республикасы аймағына алып кирилиўине жол қоймаў;

аўыл хожалығы егинлериниң сортларын жаңалаў ҳәм жайластырыў тәртибин бузғанлық ушын хожалықлар басшылары ҳәм де басқа жуўапкер шахсларға шаралар белгилеў.

3-бап. Туқымгершилик тараўындағы жумысты шөлкемлестириў

18-статья. Туқымлықлардың генетикалық (сортлық) сапасын анықлаў

Туқымлықлардың генетикалық (сортлық) сапасы туқымлық жетистириў ушын пайдаланылатуғын туқымлық егинлердиң апробациясы, туқымлық егинлердиң сортларын топыраққа егип баҳалаў, туқымлықлардың лабораторияда өткизилетуғын сорт сынаўлары нәтийжелери бойынша анықланады.

19-статья. Туқымлық жетистириў ушын пайдаланылатуғын туқымлық егинлердиң апробациясы

Туқымлық жетистириў ушын пайдаланылатуғын туқымлық егинлердиң апробациясы Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси ҳәм оның аймақлық уйымларының, сондай-ақ тийисли таярлаў ҳәм де тәмийнатшы шөлкемлердиң, илим-изертлеў мәкемелериниң қоспа қарары менен дүзилетуғын район апробация комиссиялары тәрепинен өткизиледи.

Туқымлық жетистириў ушын пайдаланылатуғын туқымлық егинлердиң апробациясы өсимликлердиң генетикалық (сортлық) жағынан тазалығының, зыянкеслер менен зыянланған-зыянланбағанлығының, кеселликлерге шатылған-шатылмағанлығының ҳәм туқымлықлардың улыўма жағдайының атызда өткерилетуғын тексериўи арқалы әмелге асырылады.

Туқымлық жетистириў ушын пайдаланылатуғын туқымлық егинлердиң апробациясын өткизиў нәтийжелерине муўапық район апробация комиссиялары тәрепинен тийисли шөлкемлерге ҳәм физикалық шахсларға апробация акты бериледи.

Туқымлық жетистириўшилер жеке пайдаланыўдағы туқымлық егинлердиң апробациясын апробация актын рәсмийлестирген ҳалда өткизиўге ҳақылы.

20-статья. Туқымлық жетистириў ушын пайдаланылатуғын туқымлық егинлерди топырыққа егип баҳалаў

Туқымлық жетистириў ушын пайдаланылатуғын туқымлық егинлерди топыраққа егип баҳалаў туқымлықларды арнаўлы участкаларда егиў ҳәм алдағы ўақытларда олардың генетикалық (сортлық) сапасын тексериў арқалы туқымлықлардың белгили бир түрге, сортқа тийислилигин ҳәм де сорт жағынан тазалығын белгилейди.

Туқымлық жетистириў ушын пайдаланылатуғын туқымлық егинлерди топыраққа егип баҳалаў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен өткизиледи.

Туқымлық жетистириў ушын пайдаланылатуғын туқымлық егинлерди топыраққа егип баҳалаўды өткизиў нәтийжелерине муўапық тийисли шөлкемлерге ҳәм физикалық шахсларға туқымлықлардың генетикалық (сортлық) сапасы ҳаққында жуўмақ бериледи.

21-статья. Туқымлықлардың лабораторияда өткерилетуғын сорт сынаўы

Туқымлықлардың лабораторияда өткерилетуғын сорт сынаўы лаборатория анализин өткизиў арқалы олардың белгили бир сортқа тийислилигин белгилейди ҳәм генетикалық (сортлық) сапасын анықлайды.

Туқымлықлардың лабораторияда өткерилетуғын сорт сынаўы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен әмелге асырылады.

Туқымлықлардың лабораторияда өткерилген сорт сынаўы нәтийжелерине муўапық тийисли шөлкемлер ҳәм физикалық шахсларға туқымлықлардың генетикалық (сортлық) сапасы ҳаққында жуўмақ бериледи.

22-статья. Туқымлықлардың егислик сапасын анықлаў

Туқымлықлардың егислик сапасын туқымлықлар топарларынан ажыратып алынған үлгилерден туқымлықлар анализин өткизиў арқалы анықланады.

Туқымлықлар топарларынан үлгилер ажыратып алыў, олардың анализин өткизиў ҳәм туқымлықлардың егислик сапасын анықлаў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен әмелге асырылады.

Туқымлықлардың егислик сапасын анықлаў нәтийжелерине муўапық стандарт туқымлықларға туқымлықлардың егислик сапасы көрсетилген ҳалда муўапықлық сертификаты ҳәм сынаў протоколы, стандарт талапларына жуўап бермейтуғын туқымлықлар болса туқымлықлардың егислик сапасын тастыйықлаўшы туқымлықлар анализи нәтийжеси бериледи.

23-статья. Туқымлықларды сертификатластырыў

Егиў ушын пайдаланылатуғын туқымлықлар сертификатластырылыўы тийис.

Егиў ушын пайдаланылатуғын туқымлықларды сертификатластырыў төмендегилерди өз ишине алады:

сертификатластырыў ушын талапнама бериў ҳәм оны көрип шығыў;

бир түрдеги үлгилерди ажыратып алыў ҳәм лабораторияға жеткериў;

лабораторияда үлгилер сынаўын өткизиў;

алынған нәтийжелерди анализлеў, муўапықлық сертификатын бериў яки оны бериўди тоқтатыў;

муўапықлық сертификатларын Өзбекстан Республикасы миллий сертификатластырыў системасының мәмлекетлик реестринен дизимнен өткизиў.

Туқымлықларды сертификатластырыў техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик актлер тийкарында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы тәрепинен әмелге асырылады.

Тоғай хожалығы егинлериниң туқымлықларын сертификатластырыў Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети ҳәм де оның техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик актлерге муўапық аккредитацияланған аймақлық бөлимлери тәрепинен әмелге асырылады.

24-статья. Туқымлық жетистириўшилердиң реестри

Туқымлық жетистириўшилердиң реестри пахта шигитиниң, масақлы дән егинлери ҳәм де картошканың оригинал ҳәм элита туқымлықларын ислеп шығарыўшылар бойынша Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Туқымгершиликти раўажландырыў орайы тәрепинен жүритиледи.

Туқымлық жетистириўшилердиң реестри туқымлық жетистириўшилер ҳаққындағы, жаңаланып турылатуғын жазыўларын өз ишине алған мағлыўматлардың бирден-бир мәлимлеме базасы есапланады.

Туқымлық жетистириўшилердиң реестринде туқымлық жетистириўшилер ҳаққындағы төмендеги тийкарғы мағлыўматлар көрсетилген болыўы керек:

туқымлық ислеп шығарыўшының атамасы, почта мәнзили, телефон номери;

туқымлық жетистириўши басшысының фамилияси, аты, әкесиниң аты;

пахта шигити, масақлы дән егинлери ҳәм картошка туқымлары сортларының ҳәм гибридлериниң атамасы, сондай-ақ категориясы.

Туқымлық жетистириўшилердиң реестриндеги мәлимлеме Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Туқымгершиликти раўажландырыў орайының рәсмий веб-сайтына жайластырылады.

Туқымлық жетистириўшилердиң реестрине киритгенлиги ушын ҳақы алынбайды.

25-статья. Туқымлықларды жетистириў, таярлаў, оларға ислеў бериў, оларды сақлаў ҳәм олардан пайдаланыў

Туқымлықларды жетистириў, таярлаў, оларға ислеў бериў, оларды сақлаў ҳәм олардан пайдаланыў техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик актлерге муўапық әмелге асырылады.

Аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы егинлери туқымлықларын жетистириў, таярлаў, оларға ислеў бериў, оларды сақлаў ҳәм де олардан пайдаланыў тәртиби тийисли ўәкилликли уйымлар тәрепинен белгиленеди.

Интеллектуал мүлк объекти болған туқымлықлардан пайдаланыўға патент ийесиниң (лицензиардың) рухсаты менен жол қойылады.

26-статья. Туқымлықларды реализациялаў

Туқымлықларды реализациялаўға олардың генетикалық (сортлық) ҳәм егислик сапасы көрсетилген муўапықлық сертификаты бар болған жағдайда жол қойылады.

Химиялық яки биологиялық ислеў берилген туқымлықлар туқымлықлардың тутыныўшысына (туқымлықлардан пайдаланыўшыға) яки саўда тармағына тек ғана қапланған тәризде жеткизип бериледи. Ҳәр бир қапта ислеў бериў түри көрсетилген этикетка ҳәм қәўипсизлик илажлары ҳаққындағы көрсетпе болыўы керек.

Аўыл хожалығы егинлериниң төмендеги туқымлықларынан егиў ушын пайдаланыў ҳәм усы туқымлықларды егиў ушын реализациялаў қадаған етиледи:

елимиз аймағында егиў ушын усыныс етилген аўыл хожалығы егинлериниң мәмлекетлик реестрине киритилмеген пахта шигити сортлары ҳәм гибридлериниң, масақлы дән егинлери ҳәм де картошка сортлары ҳәм гибридлериниң туқымлықлары;

өсимликлер карантини объектлери менен зыянлаған туқымлықлар;

техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик актлер талапларына муўапық келмейтуғын туқымлықлар.

Жаңа ҳәм перспективалы сортлардың туқымлықларына болған талаптан келип шыққан ҳалда, сондай-ақ олардың сапасы бойынша муўапықлық сертификаты яки таллаў нәтийжеси бар болған жағдайда, пахта шигити, масақлы дән егинлери ҳәм картошка туқымлықлары Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң яки оның ўәкилликли уйымының рухсаты менен реализацияланыўы мүмкин.

Пайдаланыўға киритилип атырған туқымлықлар техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик актлерге муўапық мөрленген ҳәм қапланған болыўы керек.

Сырт еллерден алып келинип атырған ҳәм карантин объектлери ҳәм де жүдә қәўипли зыянкеслер, өсимликлер кеселликлери ҳәм жабайы шөплер кең тарқалған зоналарда жетистирилген туқымлықларды елимиз аймағында реализациялаў қадаған етиледи.

27-статья. Реализацияланатуғын туқымлықларға байланыслы кепилликлер

Туқымлықларды жетистириў ҳәм де реализациялаў менен шуғылланыўшы туқымгершилик субъектлери туқымлықлардың генетикалық (сортлық) ҳәм егислик сапалары муўапық болыўы ушын жуўапкер болады.

Егер туқымлықларды жетистириў ҳәм де реализациялаў менен шуғылланыўшы туқымгершилик субъектлери усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген туқымлықлардың генетикалық (сортлық) ҳәм егислик сапаларына муўапық болмағанлығы туқымлықларды жетистириў ҳәм де реализациялаў менен шуғылланыўшыларға байланыслы емеслигин дәлийиллесе, туқымлықлардың тутыныўшысы (туқымлықлардан пайдаланыўшы) зыянның орны қапланыўын талап етиўге ҳақылы емес.

Алынған туқымлықларға байланыслы кепилликлер олардың сапасы ҳаққындағы ҳүжжетте көрсетилген мүддетке шекем әмел етеди.

28-статья. Туқымлықларды алып кириў ҳәм алып шығыў

Туқымлықларды елимиз аймағына алып кириўге төмендеги шәртлер тийкарында жол қойылады, егер:

пахта шигити, масақлы дән егинлери ҳәм картошка туқымлықлары елимиз аймағында егиў ушын усыныс етилген аўыл хожалығы егинлериниң мәмлекетлик реестрине киритилген сорт ҳәм гибридлер қатарынан болса;

туқымлықлардың муўапықлық сертификаты ҳәм фитосанитария сертификаты, сондай-ақ карантин рухсатнамасы бар болса;

туқымлықлар селекция ҳәм изертлеў жумыслары, көргизбеге қойыў ушын мөлшерленген болса.

Туқымлықларды (буған пахта шигити, масақлы дән егинлери ҳәм картошка туқымлықлары кирмейди) алып кириў ўақтында аккредитация бойынша халықаралық шөлкемлер тәрепинен аккредитацияланған сырт ел лабораториялары өткерген сынаўлардың нәтийжелери сынаў ўақтында қолланылған талаплар Өзбекстан Республикасында әмелдеги соған уқсас талаплардан төмен болмаған жағдайларда тән алынады.

Илимий мақсетлерде ҳәм сортты сынаў ушын алып келинип атырған ҳәм де алып шығылып атырған туқымлықлар ушын бажыхана бажы өндирилмейди ҳәм олар квоталанбайды ҳәм де лицензияланбайды.

Пахта шигитин ҳәм масақлы дән егинлериниң туқымлықларын алып шығыў Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң шешимине муўапық әмелге асырылады. Басқа аўыл хожалығы егинлериниң туқымлықларын алып шығыў ушын арнаўлы рухсатнама талап етилмейди.

Елимиз аймағынан алып шығылыўы тийис болған туқымлықларға Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаўы агентлиги тәрепинен берилген фитосанитария сертификаты қосымша болады.

29-статья. Туқымлықларға қосымша ислеў бериў, оларды утилизациялаў ҳәм жоқ етиў

Егислик сапаларын анықлаў нәтийжелерине муўапық белгиленген мақсетте пайдаланыў ушын жарамсыз деп табылған туқымлықларға техникалық сапасын тәртипке салыў тараўындағы нормативлик актлердиң қағыйдаларына муўапық қосымша ислеў берилиўи, олар утилизацияланыўы ҳәм (яки) жоқ етилиўи тийис.

Туқымлықлар олардың егислик сапаларын анықлаўды әмелге асырыў ҳәм олардан алдағы ўақытта пайдаланыў мүмкинлиги яки оларды жоқ етиў зәрүрлиги ҳаққындағы шешим қабыллаў ушын зәрүр болған дәўирде қәўипсизликти тәмийинлейтуғын шараятларға әмел етилген ҳалда айырықша бөлмелерде сақланыўы тийис.

Белгиленген мақсетке пайдаланыў ушын жарамсыз болған туқымлықларды утилизациялаў ҳәм (яки) жоқ етиў менен байланыслы қаржылардың орны туқымлық жетистириўшилер ҳәм реализациялаўшылар тәрепинен қапланади.

30-статья. Қамсызландырыў туқымлық қоры

Тәбийий апатшылықлар жүз берген жағдайларда қайта егиў ушын сортлы туқымлықлар жеткерип берилиўин тәмийинлеў мақсетинде, сондай-ақ басқа мақсетлер ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң усынысы менен белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен қамсызландырыў туқымлық қоры шөлкемлестириледи.

Қамсызландырыў туқымлық қорын шөлкемлестириў ҳәм оннан пайдаланыў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.

31-статья. Туқымгершилик тараўындағы илимий изертлеўлер

Туқымгершилик тараўындағы илимий изертлеўлер Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими, тийисли тараў илимий-изертлеў мәкемелери ҳәм жоқарғы оқыў орынлары, сондай-ақ басқа илимий шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылады, олар:

туқымгершиликтиң, туқымтаныўдың ҳәм сорттаныўдың илимий тийкарланған системаларын;

жаңа ҳәм перспективалы сортларды енгизиўге байланыслы усынысларды;

инновациялық технологияларды ҳәм жоқары сапалы туқымлықлар жетистириў нәтийжелилигин арттырыў усылларын;

туқымгершиликти мәлимлеме жақтан тәмийинлеў системасына мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў бойынша бағдарламаларды ислеп шығады.

32-статья. Туқымгершилик тараўында интеллектуаллық мүлк

Патент ийелери, сондай-ақ лицензияға ийе болған юридикалық ҳәм физикалық шахслар патент пенен қорғалатуғын сортлар ҳәм гибридлердиң (қоспақлардың) туқымлықларын жетистириў ҳәм де олардан пайдаланыў ҳуқықына ийе.

Ҳәр қандай юридикалық ҳәм физикалық шахслар патент яки гүўалық пенен қорғалмайтуғын сортлар ҳәм гибридлердиң (қоспақлардың) туқымлықларын жетистириўи ҳәм де олардан пайдаланыўы мүмкин.

4-бап. Жуўмақлаўшы қағыйдалар

33-статья. Туқымгершилик тараўындағы жумысты қаржыландырыў

Туқымгершилик тараўындағы жумысты қаржыландырыў мәмлекетлик бюджет қаржылары ҳәм нызамшылығында қадаған етилмеген басқа дереклер есабынан әмелге асырылады.

34-статья. Тартысларды шешиў

Туқымгершилик тараўындағы даўлар нызамшылықта белгиленген тәртипте шешиледи.

35-статья. Туқымгершилик ҳаққындағы нызам актлерин бузғанлық ушын жуўапкершилик

Туқымгершилик ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықта айыплы шахслар нызамда белгиленген тәртипте жуўапкер болады.

36-статья. Қарақалпақстан Республикасының айырым нызам актлерин өз күшин жойытқан деп табыў

Төмендегилер өз күшин жойытқан деп табылсын:

«Туқымгершилик ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының 1997-жыл 25-июньда қабыл етилген 269/I-санлы Нызамы;

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң «Туқымгершилик ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамын ҳәрекетке енгизиў ҳаққында»ғы 1997-жыл 25-июньдағы 270/I-санлы қарары;

«Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының 2009-жыл 25-апрельдеги 240/III-санлы Нызамы 9-бөлими.

37-статья. Усы Нызамның орынланыўын, жеткизилиўин, мазмуны ҳәм әҳмийети түсиндирилиўин тәмийинлеў

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм басқа тийисли шөлкемлер усы Нызамның орынланыўын, орынлаўшыларға жеткизилиўин ҳәм де мазмуны ҳәм әҳмийети халық арасында түсиндирилиўин тәмийинлесин.

38-статья. Нызамшылықты усы Нызамға муўапықластырыў

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси:

ҳүкимет қарарларын усы Нызамға муўапықластырсын;

мәмлекетлик басқарыў уйымлары усы Нызамға қайшы болған өз нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерин қайта көрип шығыўы ҳәм бийкарлаўын тәмийинлесин.

39-статья. Усы Нызамның күшке кириўи

Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М. КАМАЛОВ

Нөкис қаласы,

1-июнь 2022-жыл

231/XXIX

lex.uz