UzbekAI

← Qonunlar

📅 2024-yil 26-dekabr · Boshqa hujjatlar

Rasmiy matn. Rasmiy hujjat. Tahririy izohlar kiritilmagan.

Yordam | Arxiv | Atamalar | Statistika | API | Havola yuborish | Sayt haqida | Shartlar

← Қонунлар

📅 2024 йил 26 декабрь · Бошқа ҳужжатлар

Расмий матн. Расмий ҳужжат. Таҳририй изоҳлар киритилмаган.

Ёрдам | Архив | Атамалар | Статистика | API | Ҳавола юбориш | Сайт ҳақида | Шартлар

← Законы

📅 26 декабря 2024 г. · Другие документы

Официальный текст. Официальный документ. Редакционные примечания не включены.

Помощь | Архив | Термины | Статистика | API | Предложить ссылку | О сайте | Условия

← Laws

📅 26 December 2024 · Other documents

Official text. Official document. Editorial notes are not included.

Help | Archive | Glossary | Stats | API | Submit | About | Terms

Қарақалпақстан Республикасының Нызамы

Дийқан хожалығы ҳаққында

I-бап. Улыўма қағыйдалар

1-статья. Усы Нызамның мақсети

Усы Нызамның мақсети дийқан хожалықларын шөлкемлестириў ҳәм жүргизиў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.

2-статья. Дийқан хожалығы ҳаққындағы нызамшылық

Дийқан хожалығы ҳаққындағы нызамшылық усы Нызам ҳәм басқада нызамшылық актлеринен ибарат.

3-статья. Дийқан хожалығы

Дийқан хожалығы мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ямаса ижара (екилемши ижара) ҳуқықы тийкарында дийқан хожалығы баслығына берилген жер участкасында аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди ҳәм реализациялаўды дийқан хожалығы ағзаларының жеке мийнети тийкарында әмелге асырыўшы хожалық есапланады.

Дийқан хожалығы өз жумысын бағшылық ҳәм жүзимшиликке ямаса овощ ҳәм палыз егинлерин ямаса басқа аўыл хожалығы егинлерин жетистириўге қәнигелесиў тийкарында әмелге асырады.

Дийқан хожалығының жумысы исбилерменлик жумысы қатарына киреди ҳәм дийқан хожалығы ағзаларының қәлеўи менен юридикалық шахс шөлкемлестирген жағдайда да, юридикалық шахс шөлкемлестирмеген жағдайда да әмелге асырылыўы мүмкин.

4-статья. Дийқан хожалығы баслығы

Он сегиз жасқа толған, юридикалық ҳуқықларын өзинше жүргизе алатуғын, өзине дийқан хожалығын жүргизиў ушын жер участкасы мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ямаса ижара (екилемши ижара) ҳуқықы тийкарында берилген Өзбекстан Республикасы пуқарасы ямаса Өзбекстан Республикасы аймағында турақлы жасаўшы пуқаралығы болмаған шахс дийқан хожалығы баслығы болыўы мүмкин.

Дийқан хожалығы баслығы дийқан хожалығы атынан исеним хатысыз жумыс алып барады, сондай-ақ юридикалық ҳәм физикалық шахслар менен өз-ара қатнасықларында дийқан хожалығының мәплерин жақлайды ҳәм дийқан хожалығы атынан шәртнамалар дүзеди.

Дийқан хожалығы баслығы ўақытша мийнетке жарамсыз ямаса узақ ўақыт жоқ болған (әскерий хызметке шақырылыўы, күндизги оқыў түринде билим алыў ушын жоқары оқыў орнына оқыўға кириў, сайлап қойылатуғын лаўазымларға сайланыў ҳәм басқалар) жағдайда, ол өзиниң ўазыйпаларын орынлаў ўәкиллигин ҳәм ҳуқықларын усы хожалықтың ағзаларынан бирине бериўге ҳақылы есапланады.

Дийқан хожалығы баслығы қайтыс болған жағдайда, дийқан хожалығы ағзалары арасындағы өз-ара келисиў бойынша дийқан хожалығының жаңа баслығы белгиленеди. Бунда, жер участкасына мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықы мийрас бойынша дийқан хожалығының жаңа баслығына өтеди, дийқан хожалығын жүритиў ушын ижараға (екилемши ижараға) берилген жер участкаларына қарата ижара (екилемши ижара) шәртнамасына тийисли өзгерислер киргизиледи.

Дийқан хожалығы баслығы пенсия жасына толғанда ямаса мийнет уқыплылығын толық жоғалтқанда, сондай-ақ әскерий хызметке шақырылған, күндизги оқыў түринде билим алыў ушын жоқары оқыў орнына оқыўға кирген, сайлап қойылатуғын лаўазымларға сайланған жағдайда, дийқан хожалығы баслығының усынысы ҳәм дийқан хожалығы ағзалары арасындағы өз-ара келисиў бойынша дийқан хожалығының жаңа баслығы белгилениўи мүмкин, оған жер участкасына мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықы өтеди, дийқан хожалығын жүритиў ушын ижараға (екилемши ижараға) берилген жер участкаларына болса ижара (екилемши ижара) шәртнамасына дийқан хожалығының жаңа баслығы ҳаққындағы тийисли өзгерислер киргизиледи.

Усы статьяның төртинши ҳәм бесинши бөлимлеринде нәзерде тутылған жағдайларда дийқан хожалығының жаңа баслығы ҳаққындағы қарар нызамшылықта белгиленген тәртипте дийқан хожалығы ағзалары мәжилисиниң протоколы менен рәсмийлестириледи. Дийқан хожалығы ағзалары арасында дийқан хожалығының жаңа баслығы ҳаққында өз-ара келисимге ерисилмеген жағдайда тартыс суд тәртибинде шешиледи.

Усы статьяның төртинши ҳәм бесинши бөлимлеринде нәзерде тутылған жағдайларда жер участкасына мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў, жер участкасын ижараға (екилемши ижараға) алыў ҳуқықын мәмлекетлик дизимнен өткизиў ушын зәрүр болған ҳүжжетлер нызамшылықта белгиленген тәртипте дийқан хожалығының жаңа баслығы атына рәсмийлестириледи, сондай-ақ Дийқан хожалықларының Бирден-бир мәмлекетлик реестрине тийисли өзгерислер киритиледи.

5-статья. Дийқан хожалығының ағзалары

Шаңарақ баслығы, оның ҳаялы (күйеўи), ата-анасы, перзентлери, сондай-ақ перзентликке алынғанлар, атасы, кемпир апасы, ақлықлары, мийнетке жарамлы жасына толған басқа туўысқанлары (перзентлери ҳәм ақлықларының күйеўи (ҳаялы), туўысқан ҳәм өгей аға-ини, апа-сиңлилери, олардың күйеўи (ҳаялы)) дийқан хожалығының ағзалары болыўы мүмкин.

II-бап. Дийқан хожалығын шөлкемлестириў ҳәм есапқа қойыў ямаса дийқан хожалығын юридикалық шахс сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткериў. Жер участкасынан пайдаланыў шәртлери ҳәм суў тутыныўы

6-статья. Дийқан хожалығын шөлкемлестириў

Юридикалық шахс шөлкемлестирмеген жағдайдағы дийқан хожалығы дийқан хожалығы баслығында жер участкасына болған ҳуқық жүзеге келгенинен ҳәм дийқан хожалығы есапқа қойылғаннан кейин, юридикалық шахс шөлкемлестирген жағдайдағы дийқан хожалығы болса — дийқан хожалығы баслығында жер участкасына болған ҳуқық жүзеге келгенинен ҳәм дийқан хожалығы белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилгеннен кейин шөлкемлестирилген деп есапланады.

Дийқан хожалығы:

дийқан хожалығын жүргизиў ушын усы Нызам күшке киргенге шекем мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықы тийкарында берилген жер участкаларында, сондай-ақ дийқан хожалығын жүргизиў ушын берилген жер участкасына болған мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықы мийрас бойынша ямаса усы Нызамда нәзерде тутылған басқа тийкарлар бойынша өткен шахсларға берилген жер участкаларында;

резерв жерлердиң, соннан қайта тикленген ҳәм пайдаланыўға киргизилген жерлердиң қурамынан ижараға берилген жер участкаларында;

пайдаланылмай атырған тоғай қоры жерлери ҳәм де басқа қорғалатуғын тәбийғый аймақлар жерлери қурамынан қәўипсизлик талапларына ҳәм техникалық талапларға қатаң әмел етилиўин тәмийинлеў шәрти менен ижараға берилген жер участкаларында;

суў объектлериниң жағалары бойындағы жерлер қурамынан қәўипсизлик талапларына ҳәм техникалық талапларға қатаң әмел етилиўин тәмийинлеў шәрти менен ижараға берилген жер участкаларында;

аўыл хожалығына мөлшерленген жерлердиң тийкарғы егиннен босаған бөлегин аралық егин егиў ушын бир мәўсимге екилемши ижараға берилген жер участкаларында өз жумысын әмелге асырыўы мүмкин.

Усы статьяның екинши бөлиминиң үшинши, төртинши ҳәм бесинши абзацларында көрсетилген жерлер отыз жыл мүддетке ижараға бериледи.

7-статья. Дийқан хожалығын есапқа қойыў ямаса дийқан хожалығын юридикалық шахс сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткериў

Дийқан хожалығы дийқан хожалығының баслығы мәмлекетлик хызметлер орайларына жеке өзи барыўы арқалы ямаса Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик хызметлериниң Бирден-бир интерактив порталы арқалы есапқа қойылады ямаса мәмлекетлик дизимнен өткериледи.

Дийқан хожалығын есапқа қойыў ушын дийқан хожалығының баслығы дийқан хожалығы ағзаларының қурамы ҳаққындағы мәлимлемени (туўысқанлық дәрежесин көрсеткен ҳалда) ҳәм дийқан хожалығын жүритиў ушын жер участкасы берилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетти, дийқан хожалығы юридикалық шахс шөлкемлестирген ҳалда дүзилген жағдайда болса — дийқан хожалығын жүргизиў ушын жер участкасы берилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетти ҳәм шөлкемлестириў ҳүжжетлерин усынады.

Есапқа қойылғанынан ямаса мәмлекетлик дизимнен өткерилгенинен кейин дийқан хожалығы баслығына дийқан хожалықларының Бирден-бир мәмлекетлик реестринен көширме бериледи.

дийқан хожалықларының Бирден-бир мәмлекетлик реестринен көширмеде дийқан хожалығының баслығы ҳәм ағзалары, дийқан хожалығының қәнигелесиўи, дийқан хожалығы есапқа қойылған ямаса мәмлекетлик дизимнен өткерилген сәне, дийқан хожалығының шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый (юридикалық шахс шөлкемлестирген ҳалдағы ямаса юридикалық шахс шөлкемлестирмеген ҳалдағы) формасы ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәм де дийқан хожалығын жүргизиў ушын берилген жер участкасының ижара (екилемши ижара) шәртнамасы мүддети көрсетиледи.

Мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықы тийкарында берилген (мийрас бойынша өткен) жер участкалары бойынша дийқан хожалықларының Бирден-бир мәмлекетлик реестринен көширмеде жер участкасына болған ҳуқық ҳаққындағы ҳүжжетте бар болған мәлимлеме көрсетиледи.

Дийқан хожалығын жүритиў ушын берилген жер участкасына болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткергенлиги, дийқан хожалығын есапқа қойғанлығы ямаса мәмлекетлик дизимнен өткергенлиги ҳәм де дийқан хожалықларының Бирден-бир мәмлекетлик реестринен көширме бергенлиги ушын мәмлекетлик бажы ҳәм жыйым өндирилмейди.

8-статья. Дийқан хожалығын жүритиў ушын ижараға (екилемши ижараға) берилетуғын жер участкалары майданының өлшеми

Дийқан хожалығын жүритиў ушын 0,06 гектардан 1 гектарға шекем болған өлшемде жер участкалары бериледи, буған усы статьяның екинши ҳәм үшинши бөлимлеринде нәзерде тутылған жағдайлар кирмейди.

Дийқан хожалығын жүритиў ушын шарўа азықлық егинлерин жетистириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарлары менен белгиленген айырым аймақларда 0,06 гектардан 5 гектарға шекем болған өлшемде жер участкалары бериледи.

Фермер хожалықлары ямаса басқа аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен дийқан хожалығын жүритиў ушын аўыл хожалығына мөлшерленген жерлердиң тийкарғы егиннен босаған бөлеги аралық аўыл хожалығы егинлерин егиў ушын 0,06 гектардан 10 гектарға шекем болған өлшемде бир жылға шекем болған мүддетке ижараға (үшинши шахсларға бериў ҳуқықысыз) берилиўи мүмкин.

9-статья. Дийқан хожалығын жүритиў ушын берилген жер участкасынан пайдаланыў шәртлери

Дийқан хожалығын жүритиў ушын берилген жер участкасынан дийқан хожалығының қәнигелесиўи тийкарында тек ғана аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ушын пайдаланылыўы керек.

Дийқан хожалығын жүритиў ушын берилген жер участкасынан бир ўақыттың өзинде дийқан хожалығының қәнигелесиўинде нәзерде тутылмаған басқа аўыл хожалығы егинлерин дийқан хожалығының қәнигелесиўине муўапық тийкарғы аўыл хожалығы егинлериниң қатар араларына егиў ямаса тийкарғы ҳәм басқа аўыл хожалығы егинлерин нәўбетлеп егиў жолы менен жетистириў ушын да пайдаланылыўы мүмкин.

Дийқан хожалығын жүритиў ушын берилген жер участкасынан пайдаланыў шәртлери жер участкасына болған ҳуқық ҳаққындағы ҳүжжетте көрсетиледи.

Дийқан хожалығын жүритиў ушын берилген жер участкасында имаратлар ҳәм қурылмаларды, сондай-ақ жер асты қурылмаларын қурыў қадаған етиледи, буған жеңил конструкциялы теплицаларды ҳәм басқа имаратларды, сондай-ақ суўғарыў қурылмаларын қурыў кирмейди.

Дийқан хожалығын жүритиў ушын берилген жер участкасында аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў менен бир ўақытта шәртли 10 басқа шекем шарўа малын бағыўға жол қойылады.

Дийқан хожалығы өзине бекитилген жер участкасын қорғаўы (жерлерден өзбасымшалық пенен пайдаланыўға ямаса олардың жарамсыз жағдайға келип қалыўына жол қоймаўы), оның өнимдарлығын сақлаўы ҳәм арттырыўы шәрт.

10-статья. Дийқан хожалығын жүргизиў ушын берилген жер участкасынан пайдаланыўы үстинен мәмлекетлик қадағалаў.

Дийқан хожалығын жүргизиў ушын берилген жер участкаларынан мақсетли ҳәм ақылға муўапық пайдаланыўы үстинен қадағалаў нызамшылықта белгиленген тәртипте ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен әмелге асырылады.

Дийқан хожалығы тәрепинен аўыл хожалығы егинлерин егиў қәнигелесиўи бойынша әмелге асырылмаған жағдайда, жер салығы үш есе муғдарда өндириледи, буған усы Нызам 9-статьясының екинши бөлиминде нәзерде тутылған жағдайлар кирмейди.

Дийқан хожалығы тәрепинен топырақ өнимдарлығын пәсейтиў, топырақты химиялық ҳәм радиоактив элементлер менен патасландырыў, сондай-ақ экологиялық жағдайдың жаманласыўына алып келетуғын усылларды қолланыў нызамда белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартыў ушын тийкар болады.

Дийқан хожалығын жүргизиў ушын берилген жер участкасында жеңил конструкциялы теплицалар ҳәм басқа имаратлардан, сондай-ақ суўғарыў қурылмаларынан тысқары қурылмалар, соның ишинде жер асты қурылмалары анықланған жағдайда, ўәкилликли мәмлекетлик уйымның жазба усынысы бойынша дийқан хожалығы баслығы усы қурылмалар ҳәм имаратларды ўәкилликли мәмлекетлик уйымның жазба усынысын алған күннен баслап он бес күн ишинде ықтыярлы рәўиште өз есабынан бузып таслаўы ҳәм де жер участкасын алдыңғы жағдайға келтириўи шәрт.

Ўәкилликли мәмлекетлик уйымның жазба усынысы дийқан хожалығы баслығы тәрепинен ықтыярлы рәўиште орынланбаған жағдайда, имаратлар ҳәм қурылмаларды, соның ишинде жер асты қурылмаларын бузып таслаў ҳәм де жер участкасын алдыңғы жағдайға келтириў ҳаққындағы мәселе суд тәртибинде шешиледи.

Усы статьяның екинши, үшинши ҳәм төртинши бөлимлеринде нәзерде тутылған ҳаллардан бири избе-из үш жыл даўамында тәкирарланған жағдайда, мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықы тийкарында берилген жер участкасын алып қойыў ямаса ижара (екилемши ижара) шәртнамасын мүддетинен алдын бийкарлаў ҳаққындағы мәселе суд тәртибинде шешиледи.

Дийқан хожалығының ҳәм де оның ағзаларының жер участкасынан белгиленген мақсетте ҳәм нәтийжели пайдаланбағаны ушын жуўапкершилиги нызамшылықта белгиленеди.

11-статья. Суў тутыныўы

Дийқан хожалығының суў тутыныўы оған хызмет көрсетиўши «Суў жеткизип бериў хызмети» мәмлекетлик мәкемеси тәрепинен белгиленетуғын суў объектлеринен суў алыў лимитлери тийкарында әмелге асырылады.

Дийқан хожалығына берилетуғын суўғарыў суўының сарпланыўын есапқа алыў ҳәм де суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салық төлеў тәртиби Өзбекстан Республикасының Салық кодексинде белгиленеди.

Дийқан хожалығы суў ресурсларынан ақылға муўапық ҳәм үнемли пайдаланыўы шәрт.

III-бап. Дийқан хожалығы жумысының тийкарлары

12-статья. Дийқан хожалығының өндирислик жумысы

Дийқан хожалығы өз қәнигелесиўин, сондай-ақ аўыл хожалығы егинлериниң түрлери ҳәм көлемлерин, оларды жетистириў ҳәм де агротехникалық илажларды өткизиў усылларын еркин рәўиште белгилейди.

Дийқан хожалығы аўыл хожалығы егинлерин жетистириў ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў ушын зәрүр болған туқымлық, минерал төгинлер ҳәм де жанылғы-майлаў материалларын сатып алыўда, сондай-ақ басқа материаллық ресурслар ҳәм де хызметлерден пайдаланыўда басқа аўыл хожалығы товар ислеп шығарыўшылары менен тең ҳуқықларға ийе. Усы мақсетте дийқан хожалығы баслығы тийисли шөлкемлер менен белгиленген тәртипте туўрыдан-туўры шәртнамалар дүзиўи, биржа саўдаларында қатнасыўы мүмкин.

Дийқан хожалығы өзи ислеп шығарып ҳәм реализация қылып атырған аўыл хожалығы өнимлериниң сапасына байланыслы болған, миллий стандартларда, санитария қағыйдалары ҳәм нормаларында, гигиена нормативлеринде, ветеринария, өртке қарсы қағыйдаларда ҳәм басқа нормативлик актлерде белгиленген талапларға әмел етиўи керек.

Дийқан хожалықларының хожалық жумысына, сондай-ақ олар тәрепинен жетистирилетуғын аўыл хожалығы егинлерин таңлаўға, ислеп шығарылатуғын ҳәм реализация қылынатуғын аўыл хожалығы өнимлерине баҳа белгилеўге мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы шахсларының араласыўына жол қойылмайды.

13-статья. Дийқан хожалығы өнимлерин реализациялаў

Дийқан хожалығы өзи жетистирген ямаса ислеп шығарып атырған аўыл хожалығы өнимлерине базардағы талап ҳәм усыныстан келип шығып еркин рәўиште баҳаларды белгилейди.

Дийқан хожалығы дийқан хожалықларының Бирден-бир мәмлекетлик реестринен көширме тийкарында өзиниң аўыл хожалығы өнимлерин қосымша ҳүжжетлерсиз (рухсатнамаларсыз) Өзбекстан Республикасы аймағында еркин тасыў ҳәм реализациялаў ҳуқықына ийе.

Дийқан хожалығы өзиниң аўыл хожалығы өнимлерин атызында, дийқан базарларында ҳәм саўда орайларында, сондай-ақ елатлы пунктлерде көшпели саўда шөлкемлестириў жолы менен қосымша рухсатнамаларсыз (лицензияларсыз) реализациялаў ҳуқықына ийе.

Дийқан хожалығы өзиниң аўыл хожалығы өнимлерин нақ пулға ямаса банк карталары бойынша нақ пулсыз есап-китаплар арқалы шеклеўлерсиз реализациялаў ҳуқықына ийе. Бунда дийқан хожалығы хожалық жүритиўши субъектлер ушын касса операциялары қағыйдаларында нәзерде тутылған есап жүритиўи шәрт емес.

Дийқан хожалығы өзиниң аўыл хожалығы өнимлерин реализациялаў ушын юридикалық ҳәм физикалық шахслар менен шәртнамалар дүзиў ҳуқықына ийе.

Дийқан хожалығы тәрепинен өзиниң аўыл хожалығы өнимлерин реализациялаўдан алынған дәраматларға салық салынбайды.

14-статья. Дийқан хожалығының финанслық хызметлерден пайдаланыўы

Дийқан хожалығы өз жумысын әмелге асырыў ушын кредитлер, сондай-ақ жеңиллетилген кредитлер алыўы, басқа юридикалық ҳәм физикалық шахслардың мал-мүлки ҳәм де қаржыларын еркин ҳәм шәртнама шәртлери тийкарында гиреў, кепиллик, қамсызландырыў, сондай-ақ кредит ҳәм қарыз миннетлемелериниң орынланыўын тәмийинлеўдиң басқа түрлерин қолланған жағдайда пайдаланыўы мүмкин.

Дийқан хожалығы аўыл хожалығы егинлерин жетистириў, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў, қайта ислеў ҳәм реализациялаў ушын зәрүр болған үскенелер, техника қураллары ҳәм де әсбап-үскенелерди лизинг шәртнамасы тийкарында өзиниң ийелигине алыў ҳәм олардан пайдаланыў ҳуқықына ийе.

Дийқан хожалығы өндирислик объектлерди (дийқан хожалығын жүритиў ушын берилген жер участкалары аймағынан тысқары) қурыў, тийкарғы қуралларды сатып алыў ушын узақ мүддетли ҳәм қысқа мүддетли кредитлер алыў ҳуқықына ийе.

Дийқан хожалығы кредит алыў ушын өзиниң қарамағындағы жер участкасына болған мүлкшилик ҳуқықларын (ийелик етиў, пайдаланыў), дийқан хожалығы ағзаларының жеке мүлкин, келеси ўақытларда алынатуғын зүрәәтти гиреўге қойыўға ҳақылы.

Дийқан хожалығы өзине қараслы ямаса ижараға алынған өндирис қуралларының, аўыл хожалығы егислик жерлериниң (нәлханаларының), көп жыллық тереклердиң, ислеп шығарылған өнимниң, шийки заттың, материаллардың жоқ етилиўи (набыт болыўы), кемислиги ямаса зақымланыўы қәўпин, исбилерменлик қәўпин, сондай-ақ шәртнамаларды бузғаны ушын өз жуўапкершилик қәўпин ықтыярлы тийкарда қамсызландырыўды әмелге асырады ҳәм де нызамшылықта белгиленген тәртипте ҳәм шәртлерде қамсызландырыў компенсациясын алады.

Кредитлеў, қамсызландырыў ҳәм лизинг бойынша киши бизнес ҳәм де аўыл хожалығы кәрханаларына берилетуғын жеңилликлердиң барлық түрлери дийқан хожалықларына да қолланылады.

15-статья. Дийқан хожалығында мийнет қатнасықлары

Дийқан хожалығының жумысы хожалық ағзаларының жеке мийнетине тийкарланады. Дийқан хожалығының қәнигелесиўине қарап, арнаўлы бир жумысты орынлаў ушын мийнет шәртнамасы шәртлери тийкарында басқа шахслар ўақытша (мәўсимлик) тийкарда тартылыўы мүмкин.

Дийқан хожалығының ағзалары, сондай-ақ дийқан хожалығында бәнт болған физикалық шахслар социаллық салық төлейди. Бунда, дийқан хожалығы баслығы социаллық салықты мәжбүрий тәртипте, басқа ағзалары ҳәм дийқан хожалығында бәнт болған физикалық шахслар ықтыярлы тийкарда төлейди. Социаллық салықты төлеў дийқан хожалығы ағзасының ҳәм дийқан хожалығында бәнт болған физикалық шахстың мийнет стажын есаплап шығарыўда бир календарь жыл деп есапқа алынады. Социаллық салықты төлеў тәртиби Өзбекстан Республикасының Салық кодексинде белгиленеди.

Дийқан хожалықлары ағзаларына социаллық қамсызландырыў (тәмийнат) бойынша мәмлекетлик пенсиялары напақаларын тайынлаў ҳәм де төлеў нызамшылықта белгиленген тәртипте ҳәм шәртлер тийкарында әмелге асырылады.

Дийқан хожалығының баслығы дийқан хожалығында мийнет шәртнамасы шәртлери бойынша ўақытша (мәўсимлик) тийкарда ислеп атырған физикалық шахслардың өмири ҳәм денсаўлығына олар мийнет мәжбүриятларын орынлап атырғанда келтирилген зыян ушын нызамшылықка муўапық жуўапкер болады.

16-статья. Дийқан хожалықларының биргеликтеги жумысы

Дийқан хожалықлары аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, сақлаў, қайта ислеў, реализациялаў, өз жумысы ушын материаллар ҳәм үскенелерди сатып алыў, техника тәмийнаты, суў ресурсларынан пайдаланыў, өсимликлерди (тереклерди) зыянкеслер ҳәм де кеселликлерден қорғаў, дийқан хожалықлары жумысы ушын зәрүр болған мәсләҳәт бериў ҳәм басқа хызметлер көрсетиў бойынша биргеликтеги жумысты, соның ишинде ислеп шығарыў кооперативин ықтыярлы тийкарда шөлкемлестириў арқалы әмелге асырыў ҳуқықына ийе.

17-статья. Дийқан хожалығы жумысының нәтийжелерин есапқа алыў

Дийқан хожалығы өз жумысы нәтийжелериниң есабын жүритеди.

Дийқан хожалығы жыл даўамында жер участкасында жетистирилген аўыл хожалығы егинлериниң түрлери, ислеп шығарылған ҳәм реализация етилген аўыл хожалығы өнимлериниң көлемлери, сондай-ақ теплицалар саны ҳаққындағы мәлимлемени өз ишине алған белгиленген формадағы мағлыўматты дийқан хожалығы жайласқан жердеги пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымына есабат дәўиринен кейинги жылдың 15-март күнине шекем усынады.

IV-бап. Дийқан хожалықларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў

18-статья. Дийқан хожалықларын қоллап-қуўатлаўдың тийкарғы бағдарлары

Мәмлекет дийқан хожалықларының ҳуқықларына ҳәм нызамлы мәплерине әмел етилиўине кепиллик береди.

Дийқан хожалықлары қарамағында болған жер участкалары майданларын олардың келисимисиз қолайластырыўға оптималластырыўға (қысқартыўға, өзгертиўге ҳәм басқаларға) жол қойылмайды.

Мәмлекетлик уйымлар дийқан хожалықларын раўажландырыўға ҳәм олардың жумысын беккемлеўге көмеклеседи.

Дийқан хожалықларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў төмендегилер арқалы әмелге асырылады:

дийқан хожалықларын жеңиллетилген кредитлеў механизмлерин жаратыў, сондай-ақ оларға лизинг ҳәм қамсызландырыў хызметлерин көрсетиў;

аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ушын зәрүр болатуғын органикалық ҳәм минерал төгинлер, аўыл хожалығы егинлерин зыянкеслер ҳәм кеселликлерден қорғаў қуралларын, жанылғы-майлаў материаллары, суў ҳәм басқа зәрүр ресурслар, сортлы туқымлық ҳәм нәллерди үзликсиз жеткерип бериў системасын енгизиў;

дийқан хожалығы жумысы ушын зәрүр болған жоллардан, электр, суў тәмийнатынан ҳәм де мелиорация қурылмаларынан пайдаланыў имканиятларын жаратыў;

дийқан хожалықлары жетистиретуғын аўыл хожалығы өнимлерине ишки ҳәм сыртқы базарлардағы талап ҳәм де усыныс ҳаққында исенимли мәлимлеме, сондай-ақ аўыл хожалығы егинлерин жетистириўге байланыслы илимий-әмелий усыныслар ҳәм де қолланбалар усыныў;

дийқан хожалықларында жетистирилген аўыл хожалығы өнимлерин реализациялаў ушын дийқан базарларында арнаўлы саўда қатарларын ҳәм саўда орайларында саўда орынларын ажыратыў, сондай-ақ елатлы пунктлерде көшпели саўда шөлкемлестириў ушын шараятлар жаратыў;

дийқан хожалықлары жетистирген аўыл хожалығы өнимлерин экспортқа шығарыў ушын жеңилликлер системасын енгизиў;

дийқан хожалықлары тәрепинен аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, сақлаў, қайта ислеў, сондай-ақ олардың көлемлерин көбейтиўди ҳәм де ылғаллы илимий қолланбалар ҳәм технологияларды енгизиўди хошаметлеў ҳәм де қоллап-қуўатлаў илажларын көриў.

19-статья. Қарақалпақстан Республикаси Министрлер Кеңесиниң дийқан хожалықлары жумысын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў тараўындағы ўәкилликлери

Қарақалпақстан Республикаси Министрлер Кеңеси:

дийқан хожалықлары жумысын раўажландырыў бойынша бағдарламаларды тастыйықлайды ҳәм де олардың әмелге асырылыўын тәмийинлейди;

дийқан хожалықларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў тараўында өз ўәкилликлери шеңберинде нормативлик-ҳуқықый актлер қабыллайды;

мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының дийқан хожалықларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў тараўындағы жумысларын муўапықластырады;

аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм реализациялаў тараўында дийқан хожалықларына жеңилликлер, субсидиялар ҳәм де басқа преференциялар енгизиўде қатнасады.

Қарақалпақстан Республикаси Министрлер Кеңеси нызамшылықка муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин.

20-статья. Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң дийқан хожалықларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў тараўындағы ўәкилликлери

Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги:

дийқан хожалықларының жер участкалары майданын, топырақ-климат шараятлары ҳәм суў тәмийнатын есапқа алған ҳалда агротехникалық илажларды әмелге асырыў, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў бойынша усыныслар ислеп шығады ҳәм де олардан бийпул пайдаланылыўын тәмийинлейди;

дийқан хожалықларына аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, қайта ислеў ҳәм сақлаў ушын ресурсларды үнемлеўши агротехнологияларды, альтернатив энергия дереклерин енгизиўде көмеклеседи;

дийқан хожалықлары тәрепинен жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыўға ҳәм де дийқаншылық мәдениятын арттырыўға байланыслы түсиндириў жумысларын алып барады;

мәпдар министрликлер ҳәм де мәкемелер менен биргеликте ишки ҳәм сыртқы базарларда аўыл хожалығы өнимлерине болған усыныс ҳәм талап мәселелери бойынша маркетинг изертлеўлер өткизеди;

келеси жылда талап жоқары болатуғын аўыл хожалығы өнимлери дизими ҳәм көлеми бойынша усыныслар ҳәм де қолланбаларды маркетинг изертлеўлери нәтийжелери тийкарында ислеп шығады ҳәм олардың орынларға жеткизилиўин тәмийинлейди.

Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги нызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин.

21-статья. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының дийқан хожалықларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў тараўындағы ўәкилликлери

Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары:

дийқан хожалықларының жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириўге көмеклеседи ҳәм де зәрүр шараятлар жаратады;

дийқан хожалықлары менен бирге ислесиў ушын экспорт қылыўшыларды тартады, оларға аўыл хожалығы өнимлерин экспортқа шығарыўда ҳәр тәреплеме көмеклеседи;

дийқан хожалықларын раўажландырыў бойынша мәмлекетлик бағдарламалардың әмелге асырылыўында қатнасады;

дийқан хожалықларын раўажландырыў бойынша аймақлық бағдарламаларды ислеп шығады, тастыйықлайды ҳәм әмелге асырады;

дийқан хожалықларының материаллық-техникалық тәмийнатын жақсылаўда, оларды суў ресурслары менен тәмийинлеўде, оларға зәрүр туқымлықлар, нәллер, минерал төгинлерди жеткерип бериўде әмелий жәрдем көрсетеди.

Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары нызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин.

V-бап. Дийқан хожалығы ағзаларының өз-ара мүнәсибетлери

22-статья. Дийқан хожалығы баслығының ҳуқық ҳәм миннетлери

Дийқан хожалығының баслығы төмендеги ҳуқықларға ийе:

дийқан хожалығы атынан исеним хатсыз жумыс жүритиў;

юридикалық ҳәм физикалық шахслар менен шәртнамалар дүзиў;

өзине мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиўге берилген жер участкасын ямаса усы жер участкасының бир бөлегин дийқан хожалығының қәнигелесиўине муўапық аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў мақсетинде, бул жер участкасына болған мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықын сақлап қалған ҳалда, юридикалық ҳәм физикалық шахсларға ўақытша пайдаланыўға бериў;

исеним хатлар бериў;

банкте есап бетлерин ашыў.

Дийқан хожалығына ижараға берилген аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасына болған ҳуқуқлар ҳәм миннетлерди жер участкасының тийкарғы мөлшерленген мақсетин сақлап қалған ҳалда, белгиленген тәртипте басқа шахсқа өткериў (қайта ижараға бериў).

Дийқан хожалығы баслығы дийқан хожалығының ҳәм де оның ағзаларының мәплери қорғалыўын ҳәм ҳуқықлары әмелге асырылыўын тәмийинлеўи шәрт.

Дийқан хожалығының баслығы нызамшылықка муўапық басқа ҳуқықлар ҳәм миннетлерге де ийе болыўы мүмкин.

23-статья. Дийқан хожалығы ағзаларының ҳуқық ҳәм миннетлери

Дийқан хожалығының ағзалары төмендеги ҳуқықларға ийе:

дийқан хожалығы тәрепинен жетистирилген аўыл хожалығы өнимлеринен ҳәм де оны реализациялаўдан алынған дәраматтан өз үлесин алыў;

дийқан хожалығы баслығының тапсырмасы бойынша дийқан хожалығы атынан пуқаралық-ҳуқықый мүнәсибетлерде қатнасыў;

усы Нызамның 15-статьясының екинши бөлиминде нәзерде тутылған тәртипте социаллық салықты төлеген жағдайда нызамшылыққа муўапық мәмлекетлик социаллық қамсызландырыўға ийе болыўы ҳәм социаллық тәмийнат алыў, сондай-ақ дийқан хожалығында аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ушын сарыпланған жумыс ўақтының мийнет стажына қосылыўы (басқа турақлы жумысы болмаған жағдайда).

Дийқан хожалығы ағзалары дийқан хожалығының жумысында жеке мийнети менен қатнасыўы шәрт.

Дийқан хожалығының ағзалары нызамшылықка муўапық басқа ҳуқықлар ҳәм миннетлерге де ийе болыўы мүмкин.

24-статья. Дийқан хожалығындағы мүлклик қатнасықлар

Дийқан хожалығына тийисли мал-мүлк, дийқан хожалығы ағзаларының биргеликтеги жумысы нәтийжесинде алынған өнимлер ҳәм оларды реализациялаўдан түскен дәрамат, егер олар ортасындағы келисиўге муўапық улыўма үлесли мүлк шөлкемлестириў нәзерде тутылған болмаса, олардың улыўма биргеликтеги мүлки есапланады.

Дийқан хожалығының ҳәм оның ағзаларының мүлкли ҳуқықлары мәмлекет қорғаўында болады.

VI-бап. Жуўмақлаўшы қағыйдалар

25-статья. Дийқан хожалығын сапластырыў (жумысын тоқтатыў) тийкарлары

Дийқан хожалығы дийқан хожалығын жүргизиў ушын мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықы тийкарында берилген жер участкасына болған ҳуқық тоқтатылғанда ямаса ижара (екилемши ижара) мүддети тоқтатылғанда сапластырылады (жумысы тоқтатылады).

Дийқан хожалығын сапластырыў (жумысын тоқтатыў) нызамшылықта белгиленген тәртипте әмелге асырылады.

Дийқан хожалығы қарамағындағы жер участкасына болған ҳуқық сапластырылғанда көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериўши уйым бул ҳаққында Көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықлардың мәмлекетлик реестрине тийисли жазыў киритилген күнниң өзинде мәмлекетлик хызметлер орайына электрон хабарландырыў жибереди. Дийқан хожалығының жумысы сапластырылғанлығы ҳаққында дийқан хожалықларының Бирден-бир мәмлекетлик реестрине тийисли жазыў киритиледи.

26-статья. Тартысларды шешиў

Дийқан хожалықларын шөлкемлестириў ҳәм жүргизиў тараўында жүзеге келетуғын тартыслар нызамшылықта белгиленген тәртипте шешиледи.

27-статья. Миннетлемелер бойынша жуўапкершилик

Дийқан хожалығы ағзалары дийқан хожалығын жүргизиў процессинде жүзеге келетуғын миннетлемелери бойынша өзлериниң биргеликтеги жумысы нәтийжесинде пайда болған улыўма мал-мүлк пенен жуўап береди.

Дийқан хожалығы ағзаларының улыўма мал-мүлки жетерли болмағанда олар миннетлемелер бойынша өзлерине тийисли мал-мүлк пенен нызамшылықка муўапық жуўапкер болады.

28-статья. Дийқан хожалығы ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлық ушын жуўапкершилик

Дийқан хожалығы ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.

29-статья. Қарақалпақстан Республикасының айырым нызам актлерин өз күшин жойытқан деп табыў

Төмендегилер өз күшин жойытқан деп табылсын:

1) Қарақалпақстан Республикасының 1998-жыл 28-ноябрьде қабыл етилген «Дийқан хожалығы ҳаққында»ғы 406/I-санлы Нызамы;

2) Қарақалпақстан Республикасының 2001-жыл 28-декабрьде қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 144/II-санлы Нызамының VI-бөлими;

3) Қарақалпақстан Республикасының 2004-жыл 29-майда қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 273/II-санлы Нызамының VIII-бөлими;

4) Қарақалпақстан Республикасының 2007-жыл 5-октябрьде қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 165/III-санлы Нызамының VI-бөлими;

5) Қарақалпақстан Республикасының 2009-жыл 25-апрельде қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 240/III-санлы Нызамының XII-бөлими;

6) Қарақалпақстан Республикасының 2010-жыл 22-майда қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 31/II-санлы Нызамының III-бөлими;

7) Қарақалпақстан Республикасының 2010-жыл 28-декабрьде қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 64/IV-санлы Нызамының VII-бөлими;

8) Қарақалпақстан Республикасының 2014-жыл 30-сентябрьде қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 229/XVI-санлы Нызамының 7-статьясы;

9) Қарақалпақстан Республикасының 2017-жыл 11-августта қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 153/XVII-санлы Нызамының 9-статьясы;

10) Қарақалпақстан Республикасының 2019-жыл 29-июньда қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 258/XXVI-санлы Нызамының 3-статьясы.

30-статья. Усы Нызамның орынланыўын, жеткизилиўин, мазмуны ҳәм әҳмийети түсиндирилиўин тәмийинлеў

Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Әдиллик министрлиги, Мәҳәллелер аўқамының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси ҳәм де басқа мәпдар шөлкемлер усы Нызамның орынланыўын, орынлаўшыларға жеткизилиўин ҳәм де мазмуны ҳәм әҳмийети халық арасында түсиндирилиўин тәмийинлесин.

31-статья. Нызамшылықты усы Нызамға муўапықластырыў

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси:

ҳүкиметлик қарарларды усы Нызамға муўапықластырсын;

мәмлекетлик басқарыў уйымлары усы Нызамға қайшы болған өз нормативлик-ҳуқықый актлерин қайта көрип шығыўын ҳәм бийкарлаўын тәмийинлесин.

32-статья. Усы Нызам нормаларының қолланылыўы

Дийқан хожалығын жүргизиў ушын жер участкаларын мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықы тийкарында бериў тәртиби усы Нызам күшке кирген күннен баслап бийкарланады.

Бунда усы Нызам күшке кирген күнине шекем шөлкемлестирилген дийқан хожалықларының оларға берилген жер участкаларына болған мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықы сақланып қалады.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси усы Нызам күшке кирген күнге шекем шөлкемлестирилген дийқан хожалықларының жумысы 2024-жыл 1-декабрьге шекем усы Нызам талапларына муўапықластырылыўын тәмийинлесин.

33-статья. Усы Нызамның күшке кириўи

Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. ОРЫНБАЕВ

Нөкис қаласы,

26-декабрь 2024-жыл,

№ 28/II

lex.uz