Boshqa hujjatlar · Qaraqalpaqstan Respublikasiniң Nizami
Rasmiy matn. Rasmiy hujjat. Tahririy izohlar kiritilmagan.
Boshqa hujjatlar · Qaraqalpaqstan Respublikasiniң Nizami
Rasmiy matn. Rasmiy hujjat. Tahririy izohlar kiritilmagan.
Бошқа ҳужжатлар · Қарақалпақстан Республикасының Нызамы
Расмий матн. Расмий ҳужжат. Таҳририй изоҳлар киритилмаган.
Другие документы · Қарақалпақстан Республикасының Нызамы
Официальный текст. Официальный документ. Редакционные примечания не включены.
Other documents · Qaraqalpaqstan Respublikasiniң Nizami
Official text. Official document. Editorial notes are not included.
Қарақалпақстан Республикасының Нызамы
Баспа жумысы ҳаққында
Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген 29.12.2025-ж. 91/IX-санлы ҚР Нызамы
1-бап. Улыўма қағыйдалар
1-статья. Усы Нызамныӊ мақсети
Усы Нызамныӊ мақсети баспа жумысы тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.
2-статья. Баспа жумысы ҳаққындағы нызамшылық
Баспа жумысы ҳаққындағы нызамшылық усы Нызам ҳәм басқа да нызамшылық актлеринен ибарат.
Егер Өзбекстан Республикасыныӊ халықаралық шәртнамаларында Қарақалпақстан Республикасыныӊ баспа жумысы ҳаққындағы нызамшылығында нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шәртнама қағыйдалары қолланылады.
3-статья. Тийкарғы түсиниклер
Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады:
тираж — баспа өниминиӊ таярланған нусқалары саны;
басылым — материаллық затта текст ҳәм (ямаса) сүўрет түринде көрсетилген, баспа-полиграфиялық жақтан қайта исленген, баспа өнимин таярлаў ушын мөлшерленген мәлимлеме;
баспа өними — басып шығарыў полиграфиялық технологияларды ҳәм (ямаса) визуалластырыўшы бағдарламалық-технологиялық қуралларды қолланыў арқалы баспаға муўапық таярланған өним;
баспа жумысы — басылымларды таярлаўға ҳәм шығарыўға қаратылған шөлкемлестириўшилик, дөретиўшилик, ислеп шығарыў илажлары ҳәмде басқа да илажлар комплекси.
4-статья. Баспа жумысыныӊ тийкарғы принциплери
Баспа жумысыныӊ тийкарғы принциплери төмендегилерден ибарат:
баспа жумысыныӊ еркинлиги;
китапқумарлық мәдениятын ғалабаластырыў ҳәм арттырыў;
авторлық ҳуқықларын қорғаў;
баспа жумысы еркинлигинен өз мәпине пайдаланыўға жол қоймаў.
5-статья. Баспа жумысыныӊ еркинлиги принципи
Баспа жумысы субъектлери өз жумысында, соныӊ ишинде теманы, қәнигелесиўин, ислеп шығарыў кооперациясын анықлаўда, авторларды таӊлаўда, тиражды, баспа өниминиӊ баҳаларын белгилеўде, өз-ара байланыслардыӊ, ислеп шығарыўшылар ҳәм жеткерип бериўшилер, сондай-ақ басқа да шөлкемлер менен байланыслардыӊ формаларын белгилеўде ғәрезсиз болып табылады.
Егер мәмлекетлик уйымлардыӊ ҳәм жәмийетлик бирлеспелердиӊ лаўазымлы шахслары басылымныӊ авторлары болмаса, усы лаўазымлы шахслар тәрепинен баспалардан материаллардыӊ алдыннан келисип алыныўын, текстти алып таслаўды ямаса оныӊ айырым бөлимлерин дүзетиўди талап етиўге жол қойылмайды.
Баспаға таярланған қолжазбаларды ҳәм материалларды цензурадан өткериўге жол қойылмайды.
6-статья. Китапқумарлық мәдениятын ғалабаластырыў ҳәм арттырыў принципи
Мәмлекет, баспалар, баспа өнимин таярлаўшылар ҳәмде тарқатыўшылар китапқумарлық мәдениятын ғалабаластырыўға ҳәм арттырыўға көмеклеседи.
Китапқумарлық мәдениятын ғалабаластырыў ҳәм арттырыў төмендегилер арқалы әмелге асырылады:
китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў ушын қолайлы мәлимлеме орталығын қәлиплестириўге көмеклесиў ҳәм социаллық әҳмийетке ийе әдебияттан пайдаланыўды тәмийинлеў;
миллий ҳәм жәҳән әдебияты классиклериниӊ еӊ жақсы шығармаларын басып шығарыў, тарқатыў ҳәм ғалабаластырыў, сондай-ақ олардан китапқумарлардыӊ пайдаланыўын тәмийинлеў;
жәмийетшилик санасында китаптыӊ бийбаҳалығы ҳәм әҳмийети ҳаққында турақлы түсиниклерди қәлиплестириў;
халықтыӊ барлық қатламларын, еӊ дәслеп жасларды китапқумарлыққа тартыў.
7-статья. Авторлық ҳуқықларын қорғаў принципи
Баспа жумысында авторлық ҳуқықларын қорғаўдыӊ тийкарғы ўазыйпалары авторлық ҳуқықларына әмел етилиўин тәмийинлеўден, сондай-ақ контрафакт өнимди ислеп шығарыў ҳәм тарқатыўға қарсы гүресиўден ибарат болып табылады.
8-статья. Баспа жумысы еркинлигинен өз мәпине пайдаланыўға жол қоймаў принципи
Төмендегилерди өз ишине алған басылымларды ҳәм баспа өнимин таярлаў ҳәм (ямаса) тарқатыўға жол қойылмайды:
Өзбекстан Республикасыныӊ ҳәм Қарақалпақстан Республикасының ҳәзирги конституциялық дүзилисин, аймақлық пүтинлигин зорлық пенен өзгертиўге байланыслы шақырықты;
ғалабалық тәртипсизликлерге, сондай-ақ белгиленген тәртипти бузған ҳалда өткерилетуғын мәжилислер, митинглерде, көше жүрислеринде ҳәм бас көтериўлерде қатнасыўға шақырықты;
жәмийетлик тәртипке ямаса қәўипсизликке қәўип салыўшы жалған мәлимлемени;
урыс, зорлық ҳәм терроризм, сондай-ақ диний экстремизм, сепаратизм ҳәм фундаментализм идеяларын үгит-нәсиятлаўды;
мәмлекет сырларын ямаса нызам менен қорғалатуғын басқа да сырды өз ишине алған мағлыўматларды;
миллий, расалық, этникалық ямаса диний келиспеўшиликти қозғатыўшы мәлимлемени;
жәмийетке, мәмлекетке, мәмлекетлик нышанларға ҳүрметсизликти билдириўши, соныӊ ишинде әдепсизлик пенен сәўлеленген мәлимлемени;
нәшебентлик өнимлер, психотроп затлар ҳәм прекурсорларды үгит-нәсиятлаўды;
порнографияны үгит-нәсиятлаўды ҳәм өз жанына қаст етиўге шақырыўды;
пуқараларды, соныӊ ишинде ер жетпегенлерди олардыӊ өмири ҳәм (ямаса) денсаўлығына ямаса басқа да шахслардыӊ өмири ҳәм (ямаса) денсаўлығына қәўип салыўшы ҳәрекетлерди ислеўге исендириўге ямаса басқаша түрде тартыўға қаратылған мәлимлемени;
таярланыўы ямаса тарқатылыўы нызамға муўапық жынайый ҳәм басқа да жуўапкершиликке себеп болатуғын басқа да мәлимлемени.
Пуқаралардыӊ ар-намысы ҳәм қәдир-қымбатына ямаса исшеӊлик абыройына зыян келтириўши, мазмуны бойынша олардыӊ жеке өмирине араласыў деп қаралыўы мүмкин болған басылымларды ҳәмде баспа өнимин шығарыў ҳәм тарқатыў қадаған етиледи.
2-бап. Баспа жумысы тараўын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў ҳәм баспа жумысын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў
9-статья. Баспа жумысы тараўындағы мәмлекетлик сиясаттыӊ тийкарғы бағдарлары
Баспа жумысы тараўындағы мәмлекетлик сиясаттыӊ тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат:
нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў;
усы тараўда мәмлекетлик-жеке шерикликти раўажландырыў;
илимий изертлеўлерди шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў;
кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардыӊ маманлығын арттырыў;
баспа тараўына инвестицияларды тартыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў;
баспа жумысын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўды әмелге асырыў;
баспа хызметлери базарында исбилерменлик субъектлери ушын теӊ имканиятлар жаратыў;
баспа жумысын әмелге асырыўдыӊ талаплары ҳәм шәртлерине әмел етилиўин нызамшылыққа муўапық қадағалаў;
халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў.
10-статья. Баспа жумысы тараўын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў
Баспа жумысы тараўын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳәм баспа жумысы тараўындағы ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен әмелге асырылады.
11-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ баспа жумысы тараўындағы ўәкилликлери
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси:
баспа жумысы тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларын әмелге асырады;
баспа жумысын раўажландырыў тараўындағы мәмлекетлик бағдарламаларды ҳәм аймақлық бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳәмде әмелге асырыўда қатнасады;
баспа жумысы тараўындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда қатнасады;
баспа жумысын әмелге асырыўдыӊ талаплары ҳәм шәртлерине баспаханалар тәрепинен әмел етилиўин қадағалаўды тәмийинлейди;
баспа жумысы тараўында кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардыӊ маманлығын арттырыўға көмеклеседи;
баспа өнимлериниӊ мәжбүрий нусқаларының белгиленген тәртипте усынылыўын тәмийинлейди;
баспа жумысы тараўында халықаралық бирге ислесиўди әмелге асырыўда қатнасады.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси нызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин.
12-статья. Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасының баспа жумысы тараўындағы ўәкилликлери
Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги баспа жумысы тараўындағы ўәкилликли мәмлекетлик уйым болып (буннан кейин текстте ўәкилликли мәмлекетлик уйым деп жүргизиледи), Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы оған бойсынады ҳәм есабат береди.
Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы:
баспа-полиграфия тараўының раўажланыў дәрежесин системалы анализлейди ҳәм ушырасып атырған машқалаларды анықлайды;
баспа-полиграфия тараўы субъектлериниң потенциалын жетилистиреди, китап оқыў мәдениятын арттырады;
баспа-полиграфия тараўының субъектлерине анықланған нызамшылық талапларының бузылыўы бойынша, сондай-ақ мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлерге өз жумысының ашықлығын тәмийинлеў бойынша ескертиў, жуўмақ ҳәм көрсетпелер бериў ушын усыныслар киргизеди;
баспа-полиграфиялық кәрханаларды дизимге алыў мәселеси бойынша көмеклеседи;
баспа-полиграфия тараўы хызметкерлерин таярлаў, тәжирийбесин арттырыў ҳәмде олардың социаллық ҳәм ҳуқықый жақтан қорғалыўын тәмийинлеў бойынша илажларды ислеп шығады.
Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы нызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин.
13-статья. Баспа жумысын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў
Баспа жумысын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў:
баспа жумысын әмелге асырыўда салық жеӊилликлери ҳәм преференциялар бериў;
баспа жумысы субъектлериниӊ финанслық ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў;
социаллық әҳмийетке ийе болған әдебиятлар шығарылыўын қоллап-қуўатлаў;
нызамшылықты, мәмлекетлик ҳәм тармақлық бағдарламаларды орынлаў мақсетинде, сондай-ақ мәлимлеме-китапхана мәкемелери фондларын толықтырыўға мөлшерленген баспа өнимин шығарыў ушын мәмлекетлик грантлар, субсидиялар ҳәм социаллық буйыртпаларды усыныў;
миллий ҳәм жәҳән әдебиятыныӊ еӊ жақсы үлгидеги аўдармаларын шөлкемлестириў ҳәмде сапалы түрде басып шығарыўды қаржыландырыў системасын жолға қойыў;
таӊлаўлар өткериў арқалы баспа жумысы субъектлерин материаллық хошаметлеў;
мәлимлеме-китапхана жумысын раўажландырыўға инвестицияларды тартыў арқалы әмелге асырылады.
Баспа жумысын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў нызамшылыққа муўапық басқа да усыллар менен әмелге асырылыўы мүмкин.
3-бап. Баспа жумысыныӊ субъектлери ҳәм олардыӊ ҳуқық ҳәмде миннетлери
14-статья. Баспа жумысыныӊ субъектлери
Баспа жумысыныӊ субъектлери төмендегилерден ибарат:
баспахана;
таярлаўшы;
буйыртпашы;
тарқатыўшы.
15-статья. Баспахана
Баспахана басылымларды таярлаў ҳәм шығарыўды әмелге асырыўшы юридикалық шахс ямаса юридикалық шахстыӊ структуралық бөлими болып табылады.
Баспахана:
баспа өнимин шығарыў бағдарламасын дүзиў ҳәм тастыйықлаўға;
талап етилген темалар бойынша көркем, көркем-публицистикалық, жәмийетлик-сиясий, оқыў ҳәм илимий түрдеги шығармаларды дөретиў менен байланыслы буйыртпаларды алыўға;
авторлар ҳәм баспа жумысы субъектлери менен шәртнамалар дүзиўге;
автордыӊ мүлкке болған ҳуқықларын, соныӊ ишинде оныӊ шығармаларынан басқа мәмлекетлерде пайдаланыў ҳуқықларын алыўға;
авторлардыӊ шығармаларынан олардыӊ рухсаты менен басқа мәмлекетлерде ҳәм сырт елли авторлардыӊ шығармаларынан Қарақалпақстан Республикасында пайдаланыў ушын сырт елли физикалық ҳәм юридикалық шахслар менен шәртнамалар дүзиўде дәлдалшы сыпатында қатнасыўға;
баспа жумысы тараўындағы миллий ҳәм халықаралық таӊлаўларда, көргизбелерде, ярмаркаларда қатнасыўға;
баспа өнимин таярлаўшы ҳәм тарқатыўшы сыпатында ис жүргизиўге ҳақылы.
Баспахана нызамшылыққа муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин.
Баспахана:
басылымларды баспа жумысы тараўындағы техникалық регламентлерге (миллий стандартларға) муўапық безеўи;
авторлық ҳуқық ҳаққындағы нызамшылық талапларына, баспа жумысы тараўындағы техникалық регламентлер (миллий стандартлар), баспа жумысын тәртипке салыўшы нормативлик-ҳуқықый актлер талапларына әмел етиўи;
басып шығарылған басылымлар ҳаққындағы мәлимлемени ўәкилликли мәмлекетлик уйымға усыныўы шәрт.
Баспахананыӊ жуўапкершилигинде нызамшылыққа муўапық басқа да миннетлер болыўы мүмкин.
16-статья. Таярлаўшы
Таярлаўшы баспа өнимин шығарыў ҳәм көбейтиўди әмелге асырыўшы юридикалық шахс ямаса юридикалық шахстыӊ структуралық бөлими ямаса жеке тәртиптеги исбилермен болып табылады.
Таярлаўшы:
баспа өнимин таярлаўға тийисли шәртнамалар дүзиўге;
өз баспа өнимин таярлаўға, сондай-ақ реализациялаў ушын баспа жумысы субъектлеринен буйыртпалар қабыл етиўге ҳақылы.
Таярлаўшы нызамшылыққа муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин.
Таярлаўшы:
авторлық ҳуқық ҳаққындағы нызамшылыққа әмел етилиўин тәмийинлеўи;
баспа өниминиӊ баспаға муўапық түрде таярланыўын тәмийинлеўи;
баспа өниминиӊ сапасы бойынша белгиленген талапларға әмел етиўи шәрт.
Таярлаўшыныӊ жуўапкершилигинде нызамшылыққа муўапық басқа да миннетлер болыўы мүмкин.
17-статья. Буйыртпашы
Буйыртпашы басылым ҳәм (ямаса) баспа өними ушын буйыртпаны усыныўшы физикалық ямаса юридикалық шахс болып табылады.
Буйыртпашы баспаханаға ямаса таярлаўшыға басылымларды баспа-полиграфиялық жақтан қайта ислеў, баспа өнимин таярлаў ҳәм шығарыў бойынша хызметлерди орынлаў ушын төмендеги материалларды усыныўы мүмкин:
беллетристика, жәмийетлик-сиясий, реклама, мәлимлеме, оқыў, илимий ҳәм техникалық өзгешеликке ийе шығармаларды;
шығыўлар, лекциялар, шығып сөйлеўлер, баянатларды;
текстли ҳәм текстсиз музыкалы шығармаларды;
драмалық, музыкалы-драмалық шығармаларды;
әмелий көркем-өнер шығармаларын;
фотосүўретлер, сүўретлер, карталар, жойбарлар, эскизлерди;
аўдармалар, аннотациялар, шолыўлар, қысқаша шолыўлар, шығармалардыӊ түп нусқасы мазмунына зыян келтирмейтуғын басқа да қолланбаларды, еркин шығармалардың жаратылыўына тийкар болатуғын фольклорлық қолланбаларды;
альманахлар, антологиялар, энциклопедиялар, мағлыўматларды ҳәм басқа да топламларды;
басқа да шығармаларды.
Буйыртпашы баспа өниминиӊ тили, көлеми, тиражы, сондай-ақ оны реализациялаў ҳәм тарқатыў тәртибин белгилеў ҳуқықына ийе.
Буйыртпаларды орынлаў шәртлери, тәреплердиӊ ҳуқық ҳәм миннетлери нызамшылыққа муўапық автор (биргеликтеги автор) ямаса буйыртпа объектиниӊ ийеси болған шахс, буйыртпашы, баспахана, баспа өнимин таярлаўшы ҳәм тарқатыўшы арасында дүзилген шәртнамада белгиленеди.
Буйыртпашы нызамшылыққа муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы ҳәм оныӊ жуўапкершилигинде басқа да миннетлер болыўы мүмкин.
18-статья. Тарқатыўшы
Тарқатыўшы баспа өнимин тарқатыўды, атап айтқанда сатыўды әмелге асырыўшы физикалық ямаса юридикалық шахс болып табылады.
Тарқатыўшы:
еркин түрде өз жобаларын қәлиплестириўге, өз жумысыныӊ дәрежелерин белгилеўге, баспа өнимин темалар бағдары бойынша таӊлаўға;
юридикалық ҳәм физикалық шахслардан баспа өнимин тарқатыў ушын буйыртпалар қабыл етиўге;
баспа өнимин алып кириў ямаса алып шығыў мақсетинде сырт ел баспаханалары, баспа өнимин таярлаўшылар ямаса тарқатыўшылар менен қатнасықлар орнатыўға ҳақылы.
Тарқатыўшы нызамшылыққа муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин.
Тарқатыўшы:
усы Нызамда белгиленген баспа жумысы талапларына әмел етиўи;
баспа өними материалларын усынған шахс ҳаққындағы мағлыўматларды оныӊ келисимисиз жәрияламаўы;
өз жумысын нызамшылық талапларына муўапық әмелге асырыўы шәрт.
Тарқатыўшыныӊ жуўапкершилигинде нызамшылыққа муўапық басқа да миннетлер болыўы мүмкин.
4-бап. Баспа жумысын шөлкемлестириў
19-статья. Баспа жумысын әмелге асырыў басланғанлығы ҳаққында хабардар етиў
Баспа жумысы нызамшылыққа муўапық хабардар етиў тәртибинде әмелге асырылады.
Төмендеги жағдайларда хабардар етиў тәртип-қағыйдаларынан өтиў талап етилмейди:
мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, орайлық мәкемелер, судлар, прокуратура уйымлары тәрепинен рәсмий материаллар, нормативлик-ҳуқықый актлер топламларын ҳәм басқа да ҳүжжетлерди басып шығарыўда;
республикалық әҳмийетке ийе болған мәмлекетлик емес ҳәм коммерциялық емес шөлкемлер, сондай-ақ шөлкемлер, билимлендириў ҳәм илимий мәкемелер тәрепинен өз жумысы ушын зәрүр болған, ғалабалық түрде тарқатыў ямаса қолжазба ҳуқықы тийкарында көбейтиў ушын мөлшерленген материалларды басып шығарыўда;
ғалаба хабар қураллары усы ғалаба хабар қуралларыныӊ редакциялары тәрепинен басып шығарылғанда.
20-статья. Баспа жумысын әмелге асырыў талаплары ҳәм шәртлери
Баспа жумысын әмелге асырыў талаплары ҳәм шәртлери төмендегилерден ибарат:
баспа жумысы ҳаққындағы нызамшылыққа, усы тараўдағы техникалық ҳәм басқа да талапларға әмел етиў;
басылымларды таярлаўды ҳәм шығарыўды белгиленген қәнигелесиў бойынша әмелге асырыў;
шығарылып атырған басылымлардыӊ баспа-полиграфиялық сапасы белгиленген талаплар ҳәм стандартларға муўапық болыўын тәмийинлеў;
авторлық ҳуқықына әмел етиў;
таярланған басылымлар (соныӊ ишинде усы өним қурамына киргизилген шығармалар) есабын олардыӊ атамасын, нусқалар санын, сондай-ақ баспахананыӊ ямаса буйыртпашыныӊ усы басылымға болған ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди көрсеткен ҳалда жүргизиў.
21-статья. Баспа жумысын әмелге асырыў талаплары ҳәм шәртлерине әмел етилиўи үстинен қадағалаў
Баспа жумысын әмелге асырыў талаплары ҳәм шәртлерине әмел етилиўи үстинен қадағалаў ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен әмелге асырылады.
Ўәкилликли мәмлекетлик уйым физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен хабарнама жиберместен баспа жумысы менен шуғылланыў жағдайларын анықлаў ушын белгиленген тәртипте қадағалаў илажларын өткереди.
Ўәкилликли мәмлекетлик уйым:
тексериўлер нәтийжелери тийкарында, соныӊ ишинде орнына шыққан ҳалда, физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен баспа жумысын әмелге асырыў менен байланыслы белгиленген талаплар ҳәм шәртлердиӊ бузылыўын көрсеткен ҳалда актлер дүзиўге, анықланған қағыйдабузарлықларды сапластырыў миннетин физикалық ҳәм юридикалық шахслар жуўапкершилигине жүклеўши қарарлар қабыл етиўге, сондай-ақ усы қағыйдабузарлықларды сапластырыў мүддетлерин белгилеўге;
баспа жумысын әмелге асырыў менен байланыслы талаплар ҳәм шәртлер бузылғанлығы анықланған жағдайда, баспахананыӊ жумысын он жумыс күнинен аспайтуғын мүддетке тоқтатып турыўға ҳәм анықланған қағыйдабузарлықлар белгиленген мүддетте сапластырылмаған жағдайда баспахана жумысын тоқтатыў ҳаққында белгиленген тәртипте судқа даўа арзасын бериўге ҳақылы.
5-бап. Баспа өнимин басып шығарыў ҳәм тарқатыўдыӊ өзине тән өзгешеликлери
22-статья. Баспа өнимин тарқатыў
Баспа өнимин тарқатыў тарқатыўшы тәрепинен басқа да физикалық ҳәм юридикалық шахслар менен дүзилген шәртнамалар тийкарында әмелге асырылады.
Баспа өнимин тарқатыўға тек ғана буйыртпашы ямаса баспахана яки олар ўәкиллик берген шахс усы өнимниӊ шығарылыўына рухсат бергенинен кейин жол қойылады.
23-статья. Авторлық басылымлар
Юридикалық ҳәм физикалық шахслар өз қолжазбаларын ҳәмде басқа да материалларын, егер олар нызамшылықта белгиленген талапларға қайшы келмесе, өз қаржылары есабынан шығарыўға, тарқатыўға ҳақылы.
24-сататья. Басылымныӊ шығарылыўына байланыслы мағлыўматлар
Басылымныӊ шығарылыўына байланыслы мағлыўматлар басылымды сыпатлаўшы ҳәм оны рәсмийлестириў, тутыныўшыларды хабардар етиў, оны библиографиялық жақтан қайта ислеў ҳәм оны статистикалық есапқа алыў ушын мөлшерленген мағлыўматлар жыйындысы болып табылады.
Шығарылатуғын барлық түрдеги баспа өниминде баспа жумысы тараўындағы халықаралық ҳәм миллий стандартларға, техникалық регламентлерге (миллий стандартларға) муўапық басылымныӊ шығарылыўына байланыслы мағлыўматлар болыўы керек.
Басылымныӊ шығарылыўына байланыслы мағлыўматлар қурамына төмендегилер киреди:
баспа өниминиӊ халықаралық стандарт номери;
автордыӊ (биргеликтеги автордыӊ, дүзиўшилердиӊ, аўдармашылардыӊ) фамилиясы, аты, әкесиниӊ аты;
басылымныӊ атамасы;
аўдарма ямаса қайта басыў қайсы басылым тийкарында әмелге асырылғанлығы ҳаққындағы мағлыўматлар;
классификациялаў индекслери;
авторлық ҳуқықты қорғаў белгиси;
басылым шығарылған орын;
баспахананыӊ атамасы;
басылым шығарылған жыл;
тиражы;
баспа табағыныӊ ҳәм есапқа алыў-баспа табағыныӊ көлеми;
басылым териўге берилген ҳәм басыўға рухсат етилген сәнелер ҳаққындағы мағлыўматлар;
қағаз форматы, табақ үлеси;
тийкарғы тексттиӊ пайдаланылған шрифт гарнитурасы;
буйыртпа номери;
баспа өнимин таярлаўшы ҳаққындағы мәлимлеме ҳәм оныӊ почта мәнзили.
25-статья. Хызметте пайдаланыў ушын мөлшерленген ямаса мәмлекетлик сырлардан ибарат мағлыўматларды өз ишине алған ҳүжжетлерди басып шығарыў
Хызметте пайдаланыў ушын мөлшерленген ямаса мәмлекетлик сырларды яки нызам менен қорғалатуғын басқа да сырларды өз ишине алған ҳүжжетлерди басып шығарыў қағыйдалары ҳәм шәртлери нызамшылыққа муўапық белгиленеди.
6-бап. Баспа жумысы тараўындағы халықаралық бирге ислесиў
26-статья. Халықаралық бирге ислесиў
Баспа жумысы тараўындағы халықаралық бирге ислесиў халықаралық шәртнамалар ҳәмде Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасыныӊ нызамшылығы тийкарында әмелге асырылады.
Баспа жумысы тараўындағы халықаралық бирге ислесиўдиӊ тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат:
жаӊа технологияларды енгизиў арқалы баспа-полиграфиялық комплексиниӊ материаллық-техникалық базасын беккемлеў, бул ушын сырт ел инвестицияларын тартыў;
баспа жумысы тараўында биргеликте кадрларды таярлаўды, қайта таярлаўды ҳәм олардыӊ маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў ҳәмде өз-ара тәжирийбе алмасыў;
баспа жумысы тараўында халықаралық конференциялар, семинарлар, симпозиумлар, ярмаркалар (көргизбелер) ҳәм басқа да илажларды өткериў.
27-статья. Сырт ел инвесторлары менен бирге ислесиў
Баспа жумысы субъектлери сырт ел инвесторлары менен биргеликте баспа-полиграфиялық кәрханаларын ҳәм китап саўдасы кәрханаларын шөлкемлестириўи мүмкин.
28-статья. Баспа өнимин алып шығыў ҳәм алып кириў
Баспа өнимин Қарақалпақстан Республикасынан сырт еллерге алып шығыў, сондай-ақ басқа мәмлекетлерден Қарақалпақстан Республикасы аймағына алып кириў Өзбекстан Республикасыныӊ халықаралық шәртнамаларына ҳәм нызамшылығына муўапық әмелге асырылады.
7-бап. Жуўмақлаўшы қағыйдалар
29-статья. Тартысларды шешиў
Баспа жумысы тараўында жүзеге келетуғын тартыслар нызамшылықта белгиленген тәртипте шешиледи.
30-статья. Баспа жумысы ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ушын жуўапкершилик
Баспа жумысы ҳаққындағы нызамшылық талапларын бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.
31-статья. Қарақалпақстан Республикасыныӊ айырым нызам актлерин өз күшин жойытқан деп табыў
Төмендегилер өз күшин жойытқан деп табылсын:
1) Қарақалпақстан Республикасының 2003-жыл 12-ноябрьде қабыл етилген «Баспа жумысы ҳаққында»ғы 217/II-санлы Нызамы;
2) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ 2003-жыл 12-ноябрьде қабыл етилген «Баспа жумысы ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамын ҳәрекетке енгизиў ҳаққындағы 218/II-санлы қарары;
3) Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2014-жыл 27-июньда қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасыныӊ айырым нызамларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 209/ХV санлы Нызамыныӊ 9-статьясы.
32-статья. Усы Нызамныӊ орынланыўын, жеткерилиўин, мазмун ҳәм әҳмийетиниӊ түсиндирилиўин тәмийинлеў
Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәмде басқа мәпдар шөлкемлер усы Нызамныӊ орынланыўын, орынлаўшыларға жеткерилиўин ҳәмде мазмуны ҳәм әҳмийетин халықтыӊ арасында түсиндирилиўин тәмийинлесин.
33-статья. Нызамшылықты усы Нызамға муўапықластырыў
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси:
ҳүкиметлик қарарларды усы Нызамға муўапықластырсын;
мәмлекетлик басқарыў уйымларыныӊ усы Нызамға қайшы болған нормативлик-ҳуқықый актлерин қайта көрип шығылыўын ҳәм бийкар етилиўин тәмийинлесин.
34-статья. Усы Нызамныӊ күшке кириўи
Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М. КАМАЛОВ
Нөкис қаласы,
2022 жыл 14 май,
№ 221/XXVIII