Boshqa hujjatlar · Qaraqalpaqstan Respublikasiniң
Rasmiy matn. Rasmiy hujjat. Tahririy izohlar kiritilmagan.
Boshqa hujjatlar · Qaraqalpaqstan Respublikasiniң
Rasmiy matn. Rasmiy hujjat. Tahririy izohlar kiritilmagan.
Бошқа ҳужжатлар · Қарақалпақстан Республикасының
Расмий матн. Расмий ҳужжат. Таҳририй изоҳлар киритилмаган.
Другие документы · Қарақалпақстан Республикасының
Официальный текст. Официальный документ. Редакционные примечания не включены.
Other documents · Qaraqalpaqstan Respublikasiniң
Official text. Official document. Editorial notes are not included.
Қарақалпақстан Республикасының
Нызамы
ЖӘМИЙЕТЛИК ҚАДАҒАЛАЎ ҲАҚҚЫНДА
1-статья. Усы Нызамның мақсети
Усы Нызамның мақсети мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелер (буннан былай текстте мәмлекетлик уйымлар деп жүргизиледи) жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды шөлкемлестириў ҳәмде әмелге асырыў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.
2-статья. Жәмийетлик қадағалаў ҳаққындағы нызамшылық
Жәмийетлик қадағалаў ҳаққындағы нызамшылық усы Нызам ҳәм басқа да нызамшылық актлеринен ибарат.
Нызамшылықта кәсиплик аўқамлары тәрепинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўдың өзине тән өзгешеликлери белгилениўи мүмкин.
Референдумларға, сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў, сондай-ақ, қорғаныў, жәмийет қәўипсизлиги ҳәм ҳуқық қорғаў, оператив-излеў жумысы, сорастырыў, дәслепки тергеў, суд ислерин жүргизиў, жазаларды өтеў тараўында жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў айрықша нызамшылық пенен тәртипке салынады.
3-статья. Жәмийетлик қадағалаў субъектлери
Өзбекстан Республикасы пуқаралары (буннан былай текстте пуқаралар деп жүргизиледи), пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, сондай-ақ, нызамшылықта белгиленген тәртипте дизимге алынған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары жәмийетлик қадағалаўдың субъектлери болып табылады.
Жәмийетлик қадағалаў жәмийетлик кеңеслер, комиссиялар ҳәм басқа да жәмийетлик шөлкемлестириўшилик структуралары тәрепинен де нызамшылыққа муўапық әмелге асырылыўы мүмкин.
4-статья. Жәмийетлик қадағалаў объекти
Мәмлекетлик уйымлардың ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының:
қабыл етилип атырған нормативлик ҳуқықый актлерде, қарарларда, сондай-ақ, раўажланыў мәмлекетлик, тармақлық ҳәм аймақлық бағдарламаларында жәмийетлик мәплерди, жәмийетлик пикирди есапқа алыўға;
пуқаралардың, юридикалық шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин, жәмийет мәплерин қорғаў тараўындағы нызамшылық талапларының орынланыўын тәмийинлеўге;
өзине жүклетилген, социаллық ҳәм жәмийетлик мәплерге байланыслы болған ўазыйпалар ҳәм функцияларды орынлаўға;
мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўге;
социаллық шериклик шеңберинде әмелге асырылатуғын питимлер, шәртнамалар, жойбарлар ҳәм бағдарламаларды орынлаўға байланыслы жумысы жәмийетлик қадағалаўдың объекти болып есапланады.
5-статья. Жәмийетлик қадағалаўдың тийкарғы принциплери
Жәмийетлик қадағалаўдың тийкарғы принциплери төмендегилерден ибарат:
нызамлылық;
пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң үстинлиги;
жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўда қатнасыўдың ықтыярлылығы;
жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўдың ғалабалығы ҳәм ашық-айдынлығы;
жәмийетлик қадағалаў субъектлериниң қалыслығы ҳәм бийғәрезлиги;
жәмийетлик қадағалаў нәтийжелериниң исенимлилиги;
жәмийетлик қадағалаў субъектлериниң мәмлекетлик уйымлар, олардың лаўазымлы шахсларының жумысына тийкарсыз араласыўына ҳәм оларға нызамға қарсы тәсир көрсетиўине жол қойылмаўы.
6-статья. Жәмийетлик қадағалаўдың формалары
Жәмийетлик қадағалаўдың формалары төмендегилерден ибарат:
мәмлекетлик уйымларға мүрәжатлар ҳәм сораўлар;
мәмлекетлик уйымлардың ашық коллегия мәжилислеринде қатнасыў;
жәмийетлик додалаў;
жәмийетлик тыңлаў;
жәмийетлик мониторинг;
жәмийетлик экспертиза;
жәмийетлик пикирди үйрениў;
пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен мәмлекетлик уйымлар лаўазымлы шахсларының есабатлары ҳәм мәлимлемесин тыңлаў.
Жәмийетлик қадағалаў нызамшылыққа муўапық басқа да түрлерде әмелге асырылыўы мүмкин.
7-статья. Мәмлекетлик уйымларға мүрәжатлар ҳәм сораўлар
Жәмийетлик қадағалаў субъектлери мәмлекетлик уйымларға арзалар, шағымлар ҳәм усыныслар менен мүрәжат етиўге, сондай-ақ, нызамшылықта белгиленген тәртипте оларға сораўлар жибериўге ҳақылы.
Жәмийетлик қадағалаў субъектлериниң мүрәжатлары ҳәм сораўлары нызамшылықта белгиленген тәртипте мәмлекетлик уйымлар тәрепинен көрип шығылады.
Жәмийетлик қадағалаў субъектлериниң мәлимлеме алыўға болған ҳуқықы, егер бул мәлимлеме шахсқа тийисли мағлыўматлар ямаса мәмлекетлик сырларды яки нызам менен қорғалатуғын басқа да сырды билдиретуғын мағлыўматлар қатарына киргизилген болса, шеклениўи мүмкин.
8-статья. Мәмлекетлик уйымлардың ашық коллегия мәжилислеринде қатнасыў
Жәмийетлик қадағалаў субъектлери нызамшылықта белгиленген тәртипте мәмлекетлик уйымлардың ашық коллегия мәжилислеринде қатнасыў ҳуқықына ийе.
Мәмлекетлик уйымлар өзиниң ашық коллегия мәжилислеринде жәмийетлик қадағалаў субъектлериниң қатнасыўы ушын шараятлар жаратады.
9-статья. Жәмийетлик додалаў
Социаллық әҳмийетке ийе мәселелерди, сондай-ақ, нормативлик ҳуқықый актлер, мәмлекетлик уйымлардың басқа да қарарларының жойбарларын ғалабалық додалаў жәмийетлик додалаў болып табылады.
Жәмийетлик додалаўды мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм ғалаба хабар қураллары өткериўи мүмкин.
Жәмийетлик додалаў ҳәр қыйлы социаллық топарлардың ўәкиллери, соның ишинде, додаланып атырған мәселе өз ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине байланыслы болған ямаса байланыслы болыўы мүмкин болған шахслардың қатнасыўында өткерилиўи мүмкин.
Жәмийетлик додалаў ғалаба ҳәм ашық өткериледи.
Жәмийетлик додалаўдың қатнасыўшылары жәмийетлик додалаўға киргизилген мәселелер бойынша өз пикирин еркин билдириўге ҳәм усыныслар киргизиўге ҳақылы. Жәмийетлик додалаў ғалаба хабар қураллары арқалы ҳәм мәлимлеме коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда да өткерилиўи мүмкин.
Жәмийетлик додалаўдың шөлкемлестириўшиси жәмийетлик додалаўға киргизилип атырған мәселелер, додалаўды өткериў мүддети ҳәм тәртиби ҳаққындағы мәлимлемени алдыннан жәриялайды. Бунда, шөлкемлестириўши өзиниң ықтыярындағы, жәмийетлик додалаўға киргизилип атырған мәселелерге байланыслы болған материаллардан жәмийетлик додалаўдың барлық қатнасыўшыларының еркин пайдаланыўын тәмийинлейди.
10-статья. Жәмийетлик тыңлаў
Мәмлекетлик уйымлардың, олардың лаўазымлы шахсларының жумысына байланыслы болған ҳәм социаллық әҳмийетке ийе болған ямаса пуқаралардың, юридикалық шахслардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерине, жәмийет мәплерине тийисли болған мәселелерди додалаў ушын шөлкемлестирилетуғын мәжилис жәмийетлик тыңлаў болып табылады.
Жәмийетлик тыңлаўды мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм ғалаба хабар қураллары өткериўи мүмкин.
Жәмийетлик тыңлаў ҳәр қыйлы социаллық топарлардың ўәкиллери, соның ишинде, додаланып атырған мәселе өз ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине байланыслы болған ямаса байланыслы болыўы мүмкин болған шахслардың қатнасыўында өткерилиўи мүмкин.
Жәмийетлик тыңлаў ғалаба ҳәм ашық өткериледи. Жәмийетлик тыңлаўдың қатнасыўшылары жәмийетлик тыңлаўға киргизилген мәселелер бойынша өз пикирин еркин билдириўге ҳәм усыныслар киргизиўге ҳақылы.
Жәмийетлик тыңлаўдың шөлкемлестириўшиси жәмийетлик тыңлаўға киргизилип атырған мәселелер, тыңлаўды өткериў мүддети ҳәм тәртиби ҳаққындағы мәлимлемени алдыннан жәриялайды. Бунда шөлкемлестириўши өз ықтыярындағы, жәмийетлик тыңлаўға усынылып атырған мәселелерге байланыслы болған материаллардан жәмийетлик тыңлаўдың барлық қатнасыўшыларының еркин пайдаланыўын тәмийинлейди.
11-статья. Жәмийетлик мониторинг
Мәмлекетлик уйымлардың ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының жумысын жәмийет мәпине байланыслы мәлимлемени жыйнаў, улыўмаластырыў ҳәм талқылаў арқалы бақлаў жәмийетлик мониторинг болып табылады.
Жәмийетлик мониторингти мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм жәмийетлик қадағалаўдың басқа да субъектлери нызамшылықта нәзерде тутылған жағдайларда өткериўи мүмкин.
Жәмийетлик мониторинг ғалаба ҳәм ашық өткериледи. Жәмийетлик мониторинг мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда да өткерилиўи мүмкин.
Жәмийетлик мониторингтиң шөлкемлестириўшиси жәмийетлик мониторингтиң объекти, оны өткериў мүддети ҳәм тәртиби ҳаққындағы мәлимлемени алдыннан жәриялайды.
12-статья. Жәмийетлик экспертиза
Жәмийетлик экспертиза нормативлик ҳуқықый актлер ҳәм мәмлекетлик уйымлардың басқа да қарарларының жойбарлары пуқаралардың, юридикалық шахслардың ҳуқықлары ҳəм нызамлы мәплерине, жәмийет мәплерине муўапықлығын анықлаў ушын оларды үйрениў ҳәмде баҳалаўдан ибарат.
Жәмийетлик экспертизаны мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм ғалаба хабар қураллары нызамшылықта нәзерде тутылған жағдайларда өткериўи мүмкин.
Жәмийетлик экспертизаның шөлкемлестириўшиси тийисли тараўда зәрүр билим ҳәм тәжирийбеге ийе болған қәнигелерди жәмийетлик тийкарда тартыўы да мүмкин.
13-статья. Жәмийетлик пикирди үйрениў
Жәмийетлик пикирди үйрениў ҳәр қыйлы социаллық топарлардың нормативлик ҳуқықый актлердиң жойбарлары ҳаққындағы, мәмлекетлик уйымлардың, олардың лаўазымлы шахсларының нызамшылық талапларына әмел етиўине, пуқаралардың, юридикалық шахслардың ҳуқықлары ҳəм нызамлы мәплерин, жәмийет мәплерин тәмийинлеўге байланыслы жумысы ҳаққындағы пикирин баҳалаў мақсетинде мәлимлемени жыйнаў, улыўмаластырыў ҳәм талқылаўдан ибарат.
Жәмийетлик пикирди үйрениўди мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм ғалаба хабар қураллары нызамшылыққа муўапық өткериўи мүмкин.
14-статья. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен мәмлекетлик уйымлардыӊ лаўазымлы шахсларының есабатлары ҳәм мәлимлемесин тыңлаў
Пуқаралар жыйыны:
Қарақалпақстан Республикасы, районлар ҳәм қалалар атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшыларының пуқаралар жыйынлары жумысы тараўына кириўши мәселелер бойынша есабатларын;
ишки ислер уйымлары профилактика инспекторларының, орынлардағы билимлендириў мәкемелери басшыларының есабатларын;
тийисли шаңарақлық поликлиникалар ҳәм аўыллық шыпакерлик пунктлери басшыларының мәлимлемесин;
тийисли аймақта жайласқан шөлкемлер басшыларының қоршаған орталықты қорғаў, аймақтың санитариялық жағдайы, оны абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў мәселелерине байланыслы есабатларын тыңлайды.
15-статья. Жәмийетлик қадағалаў субъектлериниң ҳуқық ҳәм миннетлери
Жәмийетлик қадағалаў субъектлери:
жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўда илажлар өткериў басламасы менен шығыўға, оларды шөлкемлестириўге, сондай-ақ, оларда қатнасыўға;
жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў ушын зәрүр болған мәлимлемени нызамшылыққа муўапық мәмлекетлик уйымлардан сорап алыўға;
жәмийетлик қадағалаў нәтийжелери бойынша пикир ҳəм усыныслар таярлаўға ҳәмде оларды тийисли мәмлекетлик уйымларға көрип шығыў ушын жибериўге;
пуқаралардың, юридикалық шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери, жәмийет мәплериниң бузылыў фактлери анықланған жағдайда, материалларды ҳуқық қорғаў уйымларына жибериўге;
мәмлекетлик уйымлардың нызамға қайшы қарарлары, олардың лаўазымлы шахсларының ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен бойсыныў тәртибинде жоқары турыўшы уйымға ямаса лаўазымлы шахсқа яки нызамда белгиленген тәртипте судқа шағым етиўге;
жәмийетлик қадағалаў нәтийжелерин жәриялаўға ҳақылы.
Жәмийетлик қадағалаў субъектлери нызамшылыққа муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин.
Жәмийетлик қадағалаў субъектлери:
жәмийетлик қадағалаў ҳаққындағы нызамшылық талапларына әмел етиўи;
нызамда белгиленген, мәмлекетлик уйымлардың жумысы менен байланыслы болған шеклеўлерге әмел етиўи;
мәмлекетлик уйымлардың, олардың лаўазымлы шахсларының өз ўәкилликлери шеңберинде әмелге асыратуғын жумысына араласпаўы;
мәмлекетлик уйымлардың жумысы, сондай-ақ олардың лаўазымлы шахсларының жумысы ушын тосқынлықлар жаратпаўы;
пуқаралардың ар-намысы ҳәм қәдир-қымбаты кемситилиўине, олардың жеке турмысына араласыўына жол қоймаўы;
жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў ўақтында алынған мәлимлемениң тарқатылыўы нызам менен шекленген болса, оның сырлылығына әмел етиўи шәрт.
Жәмийетлик қадағалаў субъектлериниң жуўапкершилигинде нызамшылыққа муўапық басқа да миннетлер болыўы мүмкин.
16-статья. Мәмлекетлик уйымлардың жәмийетлик қадағалаў тараўындағы ҳуқық ҳәм миннетлери
Мәмлекетлик уйымлар:
жәмийетлик қадағалаў субъектлеринен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў ҳаққында ҳәм оның нәтийжелери туўралы мәлимлеме алыўға;
жәмийетлик қадағалаў нәтийжелери бойынша таярланған жуўмақлаўшы ҳүжжетлерде көрсетилген пикир ҳəм усынысларға бола тийкарланған наразылықларын жәмийетлик қадағалаў субъектлерине жибериўге;
өзи әмелге асырып атырған жумыс үстинен жәмийетлик қадағалаў мәселелерине байланыслы мәлимлемени өзиниң рәсмий веб-сайтларында, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларында жайластырыўға;
жәмийетлик қадағалаў өткериў басламасы менен шығыўға ҳақылы.
Мәмлекетлик уйымлар нызамшылыққа муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин.
Мәмлекетлик уйымлар:
жәмийетлик қадағалаў субъектлерине жәмийетлик мәпке байланыслы болған өз жумысы ҳаққындағы мәлимлемени нызамшылықта белгиленген жағдайларда ҳәм тәртипте усыныўы;
өзине жәмийетлик қадағалаў субъектлери тәрепинен жиберилген мүрәжатлар ҳәм сораўларды нызамшылықта белгиленген тәртипте ҳәм мүддетлерде көрип шығыўы, мүрәжатларға ҳәм соралып атырған мәлимлемеге жуўаплар усыныўы, буған мәмлекетлик сырларды ямаса нызам менен қорғалатуғын басқа да сырдан ибарат мағлыўматлар ямаса тапсырылыўы жәмийетлик тәртипке ҳәм пуқаралардың өмирине қәўип салыўы мүмкин болған мағлыўматлар кирмейди;
жәмийетлик қадағалаў субъектлери тәрепинен жиберилген пикир ҳəм усынысларды, сондай-ақ, жуўмақлаўшы ҳүжжетлер ҳәм материалларды көрип шығыўы шәрт.
Мәмлекетлик уйымлардың жуўапкершилигинде нызамшылыққа муўапық басқа да миннетлер болыўы мүмкин.
17-статья. Жәмийетлик қадағалаў нәтийжелери
Жәмийетлик қадағалаўдың нәтийжелери бойынша баянлама, жуўмақ, мағлыўматнама түринде ямаса нызамшылықта нәзерде тутылған басқа формада жуўмақлаўшы ҳүжжет таярланыўы мүмкин.
Жуўмақлаўшы ҳүжжет мәлимлеме ҳәм усыныс қәсийетине ийе болады.
Жуўмақлаўшы ҳүжжетте баян етилген мәлимлеме, пикир ҳәм усыныслар мәмлекетлик уйымлар тәрепинен мәжбүрий тәртипте көрип шығылады ҳәмде олар бойынша нызамлы қарарлар қабыл етиледи.
Жуўмақлаўшы ҳүжжет мәмлекетлик уйымға келип түскен күннен баслап бир айға шекемги мүддетте көрип шығылады, буған қосымша үйрениўди талап ететуғын жуўмақлаўшы ҳүжжетлер кирмейди, бул ҳаққында жуўмақлаўшы ҳүжжетти киргизген жәмийетлик қадағалаў субъектине он күнлик мүддетте жазба түрде хабар етиледи.
18-статья. Жәмийетлик қадағалаў ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ушын жуўапкершилик
Жәмийетлик қадағалаў ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.
19-статья. Усы Нызамның орынланыўын, жеткерилиўин, мəниси ҳәм әҳмийети түсиндирилиўин тәмийинлеў
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер усы Нызамның орынланыўын, орынлаўшыларға жеткерилиўин ҳәмде мәниси ҳәм әҳмийетин халықтың арасында түсиндирилиўин тәмийинлесин.
20-статья. Нызамшылықты усы Нызамға муўапықластырыў
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси:
ҳүкимет қарарларын усы Нызамға муўапықластырсын;
мәмлекетлик басқарыў уйымлары усы Нызамға қайшы келетуғын өз нормативлик ҳуқықый актлерин қайта көрип шығыўын ҳәм бийкар етиўин тәмийинлесин.
21-статья. Усы Нызамның күшке кириўи
Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. ОРЫНБАЕВ
Нөкис қаласы,
2026-жыл 15-июнь,
№ 119/XII