📅 2024-yil 26-dekabr · Boshqa hujjatlar
Rasmiy matn. Rasmiy hujjat. Tahririy izohlar kiritilmagan.
📅 2024-yil 26-dekabr · Boshqa hujjatlar
Rasmiy matn. Rasmiy hujjat. Tahririy izohlar kiritilmagan.
📅 2024 йил 26 декабрь · Бошқа ҳужжатлар
Расмий матн. Расмий ҳужжат. Таҳририй изоҳлар киритилмаган.
📅 26 декабря 2024 г. · Другие документы
Официальный текст. Официальный документ. Редакционные примечания не включены.
📅 26 December 2024 · Other documents
Official text. Official document. Editorial notes are not included.
Қарақалпақстан Республикасының Нызамы
Әменгерлик ҳәм қәўендерлик ҳаққында
I-бап. Улыўма қағыйдалар
1-статья. Усы Нызамныӊ мақсети
Усы Нызамның мақсети әменгерлик ҳәм қǝўендерлик тараўындағы қатнасықларды тǝртипке салыўдан ибарат.
2-статья. Әменгерлик ҳәм қǝўендерлик ҳаққындағы нызамшылық
Әменгерлик ҳәм қǝўендерлик ҳаққындағы нызамшылық усы Нызам ҳǝм басқа да нызамшылық актлеринен ибарат.
Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамасында Қарақалпақстан Республикасының әменгерлик ҳәм қǝўендерлик ҳаққындағы нызамшылығында нǝзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шǝртнама қағыйдалары қолланылады.
3-статья. Тийкарғы түсиниклер
Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады:
әменгерлик — он төрт жасқа толмаған жетим балаларды ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балаларды, сондай-ақ, суд тәрепинен ҳәрекетке укыпсыз деп табылған пуқараларды оларға тәмийнат, тәрбия ҳәм билим бериў, олардың мүлклик ҳәм жеке мүлклик емес ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў мақсетинде жайластырыўдың ҳуқықый формасы;
қǝўендерлик — он төрт жастан он сегиз жасқа шекемги болған жетим балаларды ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балаларды, сондай-ақ, суд тәрепинен ҳәрекетке уқыбы шекленген пуқараларды оларға тәмийнат, тәрбия ҳәм билим бериў, олардың мүлклик ҳәм жеке мүлклик емес ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў мақсетинде жайластырыўдың ҳуқықый формасы. Денсаўлығының жағдайына байланыслы ғәрезсиз түрде өз ҳуқықларын әмелге асыра алмайтуғын ҳәм өз миннетлерин орынлай алмайтуғын ер жеткен ҳәрекетке уқыплы пуқараларға усы шахслардың өтинишине муўапық қәўендерлик белгилениўи мүмкин;
әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахс — өзине әменгерлик ямаса қәўендерлик белгиленген шахс;
әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахслар — айрықша ғамхорлыққа, сондай-ақ өз ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң қорғалыўына мүтәж болған жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балалар, ата-аналық ҳуқықынан айырылмаған ата-анасы болған ҳәм балалардың өмири ямаса денсаўлығына тиккелей қәўип туўдырып атырған ямаса олардың тәмийнаты, тәрбия ҳәм билим алыўына байланыслы талапларға жуўап бермейтуғын шараятта жасап атырған балалар, денсаўлығының жағдайына байланыслы қәўендерликке мүтәж болған ер жеткен ҳәрекетке уқыплы пуқаралар, ҳәрекетке уқыпсыз ямаса ҳәрекет уқыбы шекленген пуқаралар.
4-статья. Әменгерлик ҳәм қǝўендерлик тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары
Әменгерлик ҳәм қǝўендерлик тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат:
әменгерлик ҳәм қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахслардың өз ўақтында анықланыўы, есапқа алыныўы ҳәм жайластырылыўын тәмийинлеў;
әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў;
әменгерлик ҳәм қәўендерлик ҳаққындағы нызамшылықтың орынланыўын тәмийинлеў;
балаларды шаңарақта тәрбиялаў формасының үстинлигин тәмийинлеў;
әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахсларға ғамхорлық көрсетип атырған шаңарақларды қоллап-қуўатлаў;
әменгерлик ҳәм қәўендерлик тараўында мәмлекетлик басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер арасындағы бирге ислесиўди тәмийинлеў;
әменгерлик ҳам қәўендерлик тараўында халықаралық бирге ислесиўди әмелге асырыў.
5-статья. Әменгерлик ҳәм қǝўендерликтиң тийкарғы принциплери
Әменгерлик ҳәм қәўендерликтиң тийкарғы принциплери төмендегилерден ибарат:
нызамлылық;
инсаныйлық ҳәм мийрим-шәпәәт;
әменгерлик ҳәм қәўендерлик мәселелеринде индивидуал қатнас;
балаларды шаңарақта тәрбиялаў түриниң үстинлиги;
әменгерлик ҳәм қәўендерликке байланыслы миннетлерди қабыл етиўдиң ҳәм бас тартыўдың ықтыярлылығы.
6-статья. Әменгерлик ҳәм қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахсларды қабыл еткен шаңарақты бақлап барыў
Әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахсларды қабыл еткен шаңарақ жайласқан жердеги әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымлары әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахслардың социаллық ҳәм психологиялық бейимлесиўин тәмийинлеў мақсетинде усы шаңарақты бақлап барыўды әмелге асырады.
Әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахсларды қабыл еткен шаңарақты бақлап барыў нызамшылықта нәзерде тутылған мәсләҳәт жәрдеми, ҳуқықый, социаллық, психологиялық-педагогикалық, медициналық жәрдем көрсетилиўи киреди.
Әменгерликке ямаса қәўендерликке мүтәж болған шахсларды қабыл еткен шаңарақты бақлап барыў бийпул әмелге асырылады.
II бап. Әменгерлик ҳәм қәўендерлик тараўындағы жумысларды әмелге асырыўшы мәмлекетлик уйымлар ҳәм олардың ўәкилликлери
7-статья. Әменгерлик ҳәм қәўендерлик тараўындағы жумысларды әмелге асырыўшы мәмлекетлик уйымлар
Әменгерлик ҳәм қәўендерлик тараўындағы жумысларды әмелге асырыўшы мәмлекетлик уйымлар қатарына төмендегилер киреди:
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси;
Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги;
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги;
жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары.
Әменгерлик ҳәм қәўендерлик бойынша жумыслар:
районлар (қалалар) ҳәкимликлериниң балаларды қорғаў секторлары тәрепинен — ер жетпегенлерге қарата;
районлық, қалалық медицина бирлеспелери тәрепинен — суд тәрепинен ҳәрекетке уқыпсыз ямаса ҳәрекет уқыбы шекленген деп табылған пуқараларға, сондай-ақ, денсаўлығының жағдайына байланыслы қәўендерликке мүтәж болған ер жеткен ҳәрекетке уқыплы пуқараларға қарата әмелге асырылады;
жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары әменгерлик ҳәм қәўендерлик тараўындағы жумысларды усы Нызамда ҳәм басқа да нызамшылық актлеринде белгиленген ўәкилликлер шеңберинде әмелге асырады.
Әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымларынан тысқары басқа юридикалық ҳәм физикалық шахслардың әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахсларды анықлаў ҳәм жайластырыў бойынша хызмет көрсетиўине жол қойылмайды.
8-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң әменгерлик ҳәм қәўендерлик тараўындағы ўәкилликлери
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси:
әменгерлик ҳәм қәўендерлик тараўындағы мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыўда қатнасады;
әменгерлик ҳәм қәўендерлик тараўындағы аймақлық бағдарламаларды ислеп шығады, тастыйықлайды ҳәмде әмелге асырады;
әменгерлик ҳәм қәўендерлик тараўындағы ўазыйпаларды орынлаўшы аймақлық мәмлекетлик басқарыў уйымлары жумысларын қадағалаўды ҳәмде муўапықластырып барыўды әмелге асырады;
әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахслардың, сондай-ақ, әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўға байланыслы илажларды ислеп шығады ҳәмде әмелге асырады;
мәлимлеме системасын жүргизеди;
социаллық қорғаўға мүтәж балаларды ҳәм олардың шаңарақларын қоллап-қуўатлаў мәселелерин шешеди;
ата-анасының қарамағынан айырылған балаларға ғамхорлық етип атырған шахсларды хошаметлеў механизмлерин ислеп шығады ҳәм жетилистиреди;
шаңараққа тәрбияға алынған (патронат) балалардың турмыс шараятларын ҳәм олардың тәрбияланыўын мониторинг етеди;
жетим балаларға ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балаларға турақ жай сатып алыў ушын нәзерде тутылған қаржылардың бөлистирилиўи ҳәмде олардың өз ийелерине берилиўи үстинен қадағалаў орнатады.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси нызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин.
9-статья. Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң ҳәмде Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң әменгерлик ҳәм қәўендерлик тараўындағы ўәкилликлери
Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәмде Денсаўлықты сақлаў министрлиги өзиниң ўәкилликлери шеңберинде:
әменгерлик ҳәм қәўендерлик тараўындағы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда қатнасады;
әменгерлик ҳәм қәўендерлик тараўында мәмлекетлик ҳәм аймақлық бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳәмде оларды әмелге асырыўда қатнасады;
балаларды шаңарақта тәрбиялаўдың үстинлигин тәмийинлейди;
әменгерлик ҳәм қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң қорғалыўын тәмийинлейди;
әменгерлик ҳәм қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахсларға мүнәсип турмыс ҳәм тәмийнат шараятларын тәмийинлейди;
әменгерлик ҳәм қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўды тәмийинлеўши мәмлекетлик мәкемелердиң жумысларын муўапықластырып барады;
социаллық жумыслар тараўында әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахсларды мәсләҳәт жәрдеми, социаллық-ҳуқықый, психологиялық-педагогикалық, медициналық жақтан комплексли қоллап-қуўатлаўды тәмийинлеўши қәнигелерди таярлайды;
шаңарақ ҳәм балаларды қоллап-қуўатлаў мәкемелери тармақларын, хызметлерин, әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахсларға ҳәмде олардың шаңарақларына мәсләҳәт жәрдеми, ҳуқықый, социаллық, психологиялық-педагогикалық, медициналық жәрдем ҳәм хызметлер көрсетиў орайларын раўажландырыў бойынша усыныслар береди;
Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәмде Денсаўлықты сақлаў министрлиги нызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин.
10-статья. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының әменгерлик ҳәм қәўендерлик тараўындағы ўәкилликлери
Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары өзиниң ўәкилликлери шеңберинде:
әменгерлик ҳәм қәўендерлик тараўындағы мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыўда қатнасады;
әменгерлик ҳәм қәўендерлик тараўындағы аймақлық бағдарламаларды ислеп шығады, тастыйықлайды ҳәмде әмелге асырады;
әменгерлик ҳәм қәўендерлик тараўындағы ўазыйпаларды орынлаўшы аймақлық мәмлекетлик басқарыў уйымлары жумысларын қадағалаўды ҳәмде муўапықластырып барыўды әмелге асырады;
әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахслардың, сондай-ақ, әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўға байланыслы илажларды ислеп шығады ҳәмде әмелге асырады;
мәлимлеме системасын жүргизеди;
социаллық қорғаўға мүтәж балаларды ҳәм олардың шаңарақларын қоллап-қуўатлаў мәселелерин шешеди;
ата-анасының қарамағынан айырылған балаларға ғамхорлық етип атырған шахсларды хошаметлеў механизмлерин ислеп шығады ҳәм жетилистиреди;
шаңараққа тәрбияға алынған (патронат) балалардың турмыс шараятларын ҳәм олардың тәрбияланыўын мониторинг етеди;
жетим балаларға ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балаларға турақ жай сатып алыў ушын нәзерде тутылған қаржылардың бөлистирилиўи ҳәмде олардың өз ийелерине берилиўи үстинен қадағалаў орнатады.
Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары нызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин.
Районлар, қалалар ҳәкимлери әменгерликти ямаса қәўендерликти белгилеў ҳәм тоқтатыў бойынша, сондай-ақ, әменгерлерди ямаса қәўендерлерди өз миннетлерин орынлаўдан азат етиў ямаса шетлестириў ҳаққында қарарлар қабыл етеди.
11-статья. Әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымларының тийкарғы ўазыйпалары
Әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымларының тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат:
әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахсларды өз ўақтында анықлаў ҳәм есапқа алыў;
әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахслардың зәрүр ҳүжжетлерин таярлаў ҳәм оларды жайластырыў;
әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги ҳәмде әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў;
әменгерлер ҳәм қәўендерлердиң миннетлериниң орынланыўын, әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахслардың тәмийнаты, оларға тәрбия ҳәм билим бериў шараятларын, сондай-ақ, мүлкиниң пүтин сақланыўын тәмийинлеў үстинен қадағалаў.
12-статья. Районлар (қалалар) ҳәкимликлери балаларды қорғаў секторларының әменгерлик ҳәм қәўендерлик тараўындағы ўәкилликлери
Районлар (қалалар) ҳәкимликлериниң балаларды қорғаў секторлары өз ўәкилликлери шеңберинде:
жетим балаларды ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балаларды анықлайды ҳәм олардың есабын жүргизеди;
жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балалар туўралы мағлыўматлардың мәлимлеме базасын жүргизеди, сондай-ақ, мәмлекетлик статистика есабатын тийисли мәмлекетлик статистика уйымына нызамшылықта белгиленген формада ҳәм мүддетлерде усынады;
жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балалар ҳаққындағы, олардың жайластырылғанлығы ҳәмде мүлки ҳаққындағы мағлыўматларды мәлимлеме системасына киргизеди;
жетим балалардың ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балалардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплери қорғалыўын тәмийинлейди;
әменгер ямаса қәўендер болыў қәлеўин билдирген ҳәмде әменгерлерге ҳәм қәўендерлерге қойылатуғын талапларға жуўап беретуғын шахсларды таңлаўды ҳәмде есапқа алыўды әмелге асырады;
жетим балаларға ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балаларға қаратылған әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилеў ушын зәрүр ҳүжжетлерди таярлайды;
жетим балалардың ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балалардың турмыс ҳәм тәмийнат шараятларын, сондай-ақ, әменгер ямаса қәўендер болыў қәлеўин билдирген шахслардың турмыс шараятларын тексериўден өткереди ҳәмде бул ҳаққында акт дүзеди;
жетим балаларға ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балаларға қаратылған әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўи зәрүрлиги, сондай-ақ әменгер ямаса қәўендер болыў қәлеўин билдирген шахстың әменгер ямаса қәўендер етип тайынланыўы мүмкинлиги ҳаққында район, қала ҳәкими ушын жуўмақ таярлайды;
әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахслардың жеке ҳүжжетлер топламын жүргизеди;
әменгерлер ҳәм қәўендерлердиң өз жуўапкершилигине жүкленген миннетлерди орынлаўы үстинен қадағалаўды әмелге асырады, оларға әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахсларды тәрбиялаўды, олардың медициналық бақлаўын шөлкемлестириўде, билимлендириў мәкемелерине ҳәмде жумысқа жайластырылыўында жәрдем көрсетеди;
жетим балаларды ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балаларды жайластырыўды, сондай-ақ олардың мүлки пүтин сақланыўын тәмийинлейди;
әменгерликти ямаса қәўендерликти тоқтатыў ҳаққында, сондай-ақ усы Нызамның 29 ҳәм 30-статьяларында нәзерде тутылған жағдайларда әменгерлерди ямаса қәўендерлерди өзиниң миннетлерин орынлаўдан азат етиў яки шетлестириў ҳаққында район, қала ҳәкимине илтимаснамалар киргизеди;
баланың өмирине ямаса денсаўлығына тиккелей қәўип туўылған жағдайларда оны ата-анасынан яки ата-анасының орнын басыўшы шахслардан алып қойыў илажларын көреди;
жас өспиримди толық ҳәрекетке уқыплы деп жәриялаў (эмансипация) ҳаққында қәўендерлердиң келисими менен қарар қабыл етеди;
әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў мәселелери бойынша белгиленген тәртипте арза менен судқа мүрәжат етеди, усы мәселелер бойынша ислерди суд мәжилислеринде көрип шығыўда қатнасады;
он төрт жастан он сегиз жасқа шекемги болған ер жетпеген шахстың өз ис ҳақысы, стипендиясы ямаса басқа дәраматларын ғәрезсиз түрде басқарыў ҳуқықын шеклеў ямаса оны бул ҳуқықтан айырыў ҳаққында судқа зәрүр жағдайларда арза менен мүрәжат етеди, ер жетпеген шахстың нызамда белгиленген тәртипте толық ҳәрекет уқыбына ийе болыўы жағдайлары буннан тысқары;
әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахсларға тийисли мәсләҳәт жәрдеми, ҳуқықый, социаллық, психологиялық-педагогикалық ҳәм медициналық жәрдем көрсетиў бағдарында ҳуқық қорғаў уйымлары, билимлендириў мәкемелери, денсаўлықты сақлаў мәкемелери, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен бирге ислеседи;
пуқараларға әменгерлик ҳәм қәўендерлик мәселелери бойынша мәсләҳәтлер береди;
пуқаралардың әменгерлик ҳәм қәўендерлик мәселелерине байланыслы мүрәжатларын көрип шығады ҳәм олар бойынша зәрүр илажларды көреди.
Районлар (қалалар) ҳәкимликлериниң балаларды қорғаў секторлары нызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин.
13-статья. Районлық, қалалық медицина бирлеспелериниң әменгерлик ҳәм қәўендерлик тараўындағы ўәкилликлери
Районлық, қалалық медицина бирлеспелери өз ўәкилликлери шеңберинде:
ҳәрекетке уқыпсыз ҳәм ҳәрекет уқыбы шекленген пуқараларды, сондай-ақ денсаўлығының жағдайына байланыслы қәўендерликке мүтәж болған шахсларды анықлайды ҳәмде олардың есабын жүргизеди;
ҳәрекетке уқыпсыз ҳәм ҳәрекет уқыбы шекленген пуқаралар, сондай-ақ денсаўлығының жағдайына байланыслы қәўендерликке мүтәж болған шахслар туўралы мағлыўматлардың мәлимлеме базасын жүргизеди, мағлыўматларды Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мағлыўматлар базасына киргизиў ушын усынады, сондай-ақ мәмлекетлик статистика есабатын тийисли мәмлекетлик статистика уйымына нызамшылықта белгиленген формада ҳәм мүддетлерде усынады;
ҳәрекетке уқыпсыз ҳәм ҳәрекет уқыбы шекленген пуқаралар, сондай-ақ денсаўлығының жағдайына байланыслы қәўендерликке мүтәж болған шахслар ҳаққындағы, олардың жайластырылғанлығы ҳәм мүлки туўралы мағлыўматларды мәлимлеме системасына киргизиў ушын район, қала ҳәкимлигине усынады;
ҳәрекетке уқыпсыз ҳәм ҳәрекет уқыбы шекленген пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң қорғалыўын тәмийинлейди;
әменгер ямаса қәўендер болыў қәлеўин билдирген ҳәмде әменгерлерге ҳәм қәўендерлерге қойылатуғын талапларға сай болған шахсларды таңлаўды ҳәмде есапқа алыўды әмелге асырады;
ҳәрекетке уқыпсыз ҳәм ҳәрекет уқыбы шекленген пуқараларға, сондай-ақ денсаўлығының жағдайына байланыслы қәўендерликке мүтәж болған шахсларға қаратылған әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилеў ушын зәрүр болған ҳүжжетлерди таярлайды;
ҳәрекетке уқыпсыз ҳәм ҳәрекет уқыбы шекленген пуқаралардың, денсаўлығының жағдайына байланыслы қәўендерликке мүтәж болған шахслардың турмыс ҳәм тәмийнат шараятларын, сондай-ақ әменгер ямаса қәўендер болыў қәлеўин билдирген шахслардың турмыс шараятларын тексериўден өткереди ҳәмде бул ҳаққында акт дүзеди;
әменгер ямаса қәўендер болыў қәлеўин билдирген шахстың әменгер ямаса қәўендер етип тайынланыўы мүмкинлиги ҳаққында район, қала ҳәкимине жуўмақ береди;
әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахслардың жеке ҳүжжетлер топламын жүргизеди;
әменгерлер ҳәм қәўендерлердиң өз жуўапкершилигине жүкленген миннетлерди орынлаўы үстинен қадағалаўды әмелге асырады, оларға әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахсларды бағыўды, тәрбиялаўды ҳәм олардың медициналық бақлаўын шөлкемлестириўде жәрдем көрсетеди;
әменгерликти ямаса қәўендерликти тоқтатыў ҳаққында, сондай-ақ, усы Нызамның 29 ҳәм 30-статьяларында нәзерде тутылған жағдайларда әменгерлерди ямаса қәўендерлерди өз миннетлерин орынлаўдан азат етиў яки шетлестириў ҳаққында район, қала ҳәкимине илтимаснамалар киргизеди;
әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў мәселелерине байланыслы арза менен белгиленген тәртипте судқа мүрәжат етеди, усы мәселелерге байланыслы ислерди суд мәжилислеринде көрип шығыўда қатнасады;
ҳуқық қорғаў уйымлары, билимлендириў мәкемелери, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахсларға тийисли мәсләҳәт жәрдеми, ҳуқықый, социаллық, психологиялық-педагогикалық ҳәм медициналық жәрдем көрсетиў бойынша бирге ислеседи;
пуқараларға әменгерлик ҳәм қәўендерлик мәселелери бойынша мәсләҳәтлер береди;
пуқаралардың әменгерлик ҳәм қәўендерлик мәселелерине байланыслы мүрәжатларын көрип шығады ҳәмде олар бойынша зәрүр илажларды көреди.
Районлық, қалалық медицина бирлеспелери нызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин.
III бап. Әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахслар ҳәм олардың мүлки ҳаққындағы мәлимлеме
14-статья. Мәлимлеме системасына киргизиў ушын мағлыўматларды усыныў
Әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымлары әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахслар ҳаққындағы, олардың жайластырылғанлығы ҳәмде мүлки ҳаққындағы мағлыўматларды ҳәр айда мәлимлеме системасына киргизеди.
Әменгерлик ҳәм қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахстың жасаў орны ҳәм оның мүлклик жағдайы өзгерген жағдайда, әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымлары усы өзгерислер ҳаққында жети жумыс күни ишинде районлар (қалалар) ҳәкимликлериниң балаларды қорғаў секторларын хабардар етиўи ҳәмде оның жеке ҳүжжетлер топламын усы шахстың жаңа жасаў орнындағы әменгерлик ҳәм қәўендерлик шөлкемине жибериўи шәрт. Бунда жеке ҳүжжетлер топламының көширме нусқасы әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымының архивинде қалыўы шәрт.
15-статья. Әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахслар анықланғанлығы ҳаққында әменгерлик ҳәм қәўендерлик шөлкемлерине мағлыўматлар усыныў
Әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахслар анықланғанда, ҳуқық қорғаў уйымлары, пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў уйымлары, билимлендириў мәкемелери ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелери, сондай-ақ пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары усы шахслар анықланған күннен баслап жети жумыс күни ишинде олар туўралы мағлыўматларды мәлимлеме системасы арқалы ямаса жазба формада әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымларына жибереди.
Әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған балалар анықланған жағдайларда, әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымы бундай мағлыўматлар алынған күннен баслап үш жумыс күни ишинде олардың турмыс ҳәм тәмийнат шараятларын нызамшылықта белгиленген тәртипте тексериўден өткериўи шәрт.
16-статья. Жасаў орны Өзбекстан Республикасының басқа ўәлаятлары, районлары, қалалары ямаса басқа мәмлекет болған әменгерлик ҳәм қәўендерлик белгилениўине мүтәж шахслар анықланғанда әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымларының миннетлери
Жасаў орны Өзбекстан Республикасының басқа ўәлаятлары, районлары, қалалары ямаса басқа мәмлекет болған әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахслар анықланған жағдайда әменгерлик ҳәм қәўендерлик шөлкемлери:
әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахслар анықланғанлығы ҳаққындағы мағлыўматларды мәлимлеме системасына киргизиў ушын олар ҳақыйқатында турған орнындағы район (қала) ҳәкимлигиниң балаларды қорғаў секторына усынады;
әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахс анықланғанлығы туўралы оның жасаў орнындағы әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымын хабардар етеди;
әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахстың жасаў орнындағы әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымынан усы шахстың ата-анасы ямаса басқа туўысқанлары, турақ жайы ҳәм басқа да мүлкиниң бар-жоқлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди алады;
оларды жасаў орнына қайтарыўға көмеклеседи.
Жасаў орны Өзбекстан Республикасының басқа ўәлаятлары, районлары, қалалары ямаса басқа мәмлекет болған әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахслар анықланғанда әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымларының жуўапкершилигинде нызамшылыққа муўапық басқа да миннетлер болыўы мүмкин.
17-статья. Мәлимлеме системасын жүргизиў
Мәлимлеме системасын районлар (қалалар) ҳәкимликлериниң балаларды қорғаў секторлары жүргизеди.
Мәлимлеме системасына әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымларынан келип түсетуғын әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахслар ҳаққындағы, олардың жайластырылғанлығы ҳәмде мүлки түўралы мағлыўматлар киргизиледи.
Мәлимлеме системасын шөлкемлестириў ҳәм жүргизиў тәртиби ҳәмде оған киргизилетуғын мағлыўматлар дизими Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.
IV бап. Әменгерлик ҳәм қәўендерликти белгилеў. Әменгер ямаса қәўендер тайынлаў
18-статья. Әменгерлик ҳәм қәўендерликти белгилеў
Әменгерлик ҳәм қәўендерлик район, қала ҳәкиминиң шешими менен белгиленеди.
Әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахстың жасаў орны бойынша, егер шахс белгили бир жасаў орнына ийе болмаса, әменгердиң ямаса қәўендердиң жасаў орны бойынша белгиленеди.
19-статья. Ата-ана жасаў орнында ўақтынша болмағанда әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилеў
Ата-ана үш айдан артық мүддетке жасаў орнынан, соның ишинде, сырт мәмлекетке ўақтынша шығып кетип баратырғанында усы Нызамның 26-статьясына муўапық өз баласына әменгер ямаса қәўендер тайынлаў илажларын көриўи шәрт.
Ата-ана үш айдан артық болмаған мүддетке жасаў орнынан, соның ишинде, сырт мәмлекетке ўақтынша шығып кетип баратырғанында өз баласын туўысқанларының ямаса басқа жақын адамларының әменгерлигинде ямаса қәўендерлигинде ҳәм бақлаўы астында қалдырыўы шәрт. Бул жағдайда әменгерлик ямаса қәўендерлик, егер баланың мәплери ушын зәрүр болса, белгиленеди.
Ата-ана үш айдан артық мүддетке жасаў орнынан, соның ишинде, сырт мәмлекетке ўақтынша шығып кетиўинен кеминде бир ай алдын өз баласына қәўендер ямаса әменгер тайынлаў ҳаққындағы арзаны өзи ўақтынша ямаса турақлы жасап атырған аймақтың әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымына бериўи керек.
20-статья. Әменгер ямаса қәўендер тайынлаў
Әменгерлик ямаса қәўендерлик бойынша миннетлерди орынлаў ушын район, қала ҳәкиминиң шешими менен әменгер ямаса қәўендер тайынланады.
Ер жеткен пуқаралар тек өзиниң келисими менен әменгер ямаса қәўендер етип тайынланыўы мүмкин.
Район, қала ҳәкими әменгер ямаса қәўендер болыў қәлеўин билдирген шахстың жазба арзасына муўапық әменгер ямаса қәўендер тайынлайды.
Әменгер ямаса қәўендер тайынлаўда оның әдеп-икрамлылық ҳәм басқа да жеке пазыйлетлери, миннетлерди орынлаў қәбилети, әменгер, қәўендер ҳәм әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахс арасындағы қатнасықлар, әменгер ямаса қәўендер шаңарағының әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахсқа мүнәсибети, сондай-ақ әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың қәлеўи инабатқа алыныўы керек.
Әменгерлик ямаса қәўендерлик тайынлаў зәрүрлиги туўралы әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымларына белгили болған күннен баслап бир айдан кешиктирмей әменгер ямаса қәўендер тайынланыўы керек.
Егер әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахсқа бир ай ишинде әменгер ямаса қәўендер тайынланбаған болса, әменгердиң ямаса қәўендердиң миннетлерин орынлаў әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахс анықланған орындағы тийисли әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымының жуўапкершилигине ўақтынша жүкленеди.
Ата-анасы болған ер жетпегенлерге қатнаслы тийисли әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымы олардың ата-анасы ямаса туўысқанлары қарамағында болмағанлығы факты анықланған күннен баслап әменгердиң ямаса қәўендердиң миннетлерин орынлайды.
Әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымы әменгер ямаса қәўендер болыў қәлеўин билдирген шахс туўралы мағлыўматларды алыў мақсетинде ҳуқық қорғаў уйымларына, пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў уйымларына, сондай-ақ денсаўлықты сақлаў мәкемелерине жазба сораў жибереди. Бунда әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымы пуқара ҳаққындағы тек әменгердиң ямаса қәўендердиң миннетлерин орынлаў қәбилетин анықлаў имканиятын беретуғын мәлимлеме усынылыўын талап етеди.
Әменгер ямаса қўендер болыў қәлеўин билдирген шахс туўралы әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымы тәрепинен алынған мағлыўматлар қупыя болып, жәрияланбайды, нызамшылықта нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары.
Жасаў орнына қарамастан, әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахстың туўысқанлары, ол жасап атырған шаңарақтың шахслары, аға-инилерди ҳәм апа-сиңлилерди олар арасындағы туўысқанлық байланысларын үзбестен әменгерликке ямаса қәўендерликке алып атырған шахслар, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы пуқаралары әменгер ямаса қәўендер етип тайынлаўында артықмашылықлы ҳуқыққа ийе.
Әменгер ҳәм қәўендер тайынлаў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.
21-статья. Әменгер ямаса қәўендер етип тайынланыўы мүмкин болмаған шахслар
Төмендегилер әменгер ямаса қәўендер етип тайынланыўы мүмкин емес:
ата-аналық ҳуқықынан айырылған ямаса ата-аналық ҳуқықлары шекленген шахслар;
суд тәрепинен ҳәрекетке уқыпсыз ямаса ҳәрекет уқыбы шекленген деп табылған шахслар;
бурын перзентликке алыўшылар, егер перзентликке алыў олардың өзиниң жуўапкершилигине жүкленген миннетлерин орынлаўдан бас тартқанлығы ямаса тийисли дәрежеде орынламағанлығы, ата-аналық ҳуқықларынан өз мәпине пайдаланғаны, перзентликке алынғанлар менен аяўсыз қатнаста болғанлығы, созылмалы алкоголизм ямаса нәшебентликке гириптар болғанлығы ақыбетинде бийкар етилген болса;
өзиниң жуўапкершилигине жүкленген миннетлерди орынламағанлығы ямаса тийисли дәрежеде орынламағанлығы яки өз ҳуқықларынан қыянет етип пайдаланғанлығы ушын әменгер яки қәўендер миннетлерин орынлаўдан шетлестирилген шахслар;
өмирге, денсаўлыққа қарсы жынаятлар, өмир ямаса денсаўлық ушын қәўипли болған жынаятлар, жынысый еркинликке, шаңараққа, жасларға ҳәм әдеп-икрамлылыққа қарсы, шахстың еркине, ар-намысы ҳәм қәдир-қымбатына қарсы (жала, кемситиў буннан тысқары), пуқаралардың конституциялық ҳуқық ҳәм еркинликлерине қарсы (физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққындағы нызамшылықты бузыў, авторлық ямаса ойлап табыўшылық ҳуқықларын бузыў буннан тысқары), тынышлыққа ҳәм инсанияттың қәўипсизлигине қарсы, Өзбекстан Республикасына қарсы жынаятлар, өзгелердиң мүлкин талан-тараж етиў менен байланыслы болған жынаятлар, жынайый жол менен табылған мүлкти алыў ямаса өткериў, бизнесте пара есесине аўдырып алыў ямаса мәмлекетлик емес коммерциялық шөлкемниң ямаса басқа да мәмлекетлик емес шөлкемниң хызметкерин пара есесине аўдырып алыў, басқарыў тәртибине, сондай-ақ әдил судлаўға қарсы жынаятлар, қыйнаўға салыў ҳәм басқа да аяўсыз, инсанға жат ямаса қәдир-қымбатын кемситиўши қарым-қатнас ҳәмде жаза түрлерин қолланыў, жәмийет қәўипсизлигине қарсы жынаятлар (ушыўшысыз ушатуғын аппаратларды нызамға қарсы түрде алып кириў, өткериў, алыў, сақлаў ямаса олардан пайдаланыў, карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа да жуқпалы кеселликлер тарқалыўы туўралы ҳақыйқатқа туўры келмейтуғын мағлыўматларды тарқатыў, ушыўшысыз ушатуғын аппаратларды сақлаў ҳәм олардан пайдаланыў тәртибин бузыў, изертлеў жумысларын әмелге асырыўда қәўипсизлик қағыйдаларын бузыў, мийнетти қорғаў қағыйдаларын бузыў, санитарияға тийисли нызамшылықты ямаса эпидемияларға қарсы гүресиў қағыйдаларын бузыў, таў-кән, қурылыс ямаса жарыў жумыслары қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў буннан тысқары), нәшебентлик затлардың ямаса психотроп затлардың нызамға қайшы айланысынан ибарат жынаятлар, жәмийетлик тәртипке қарсы жынаятлар ҳәм әскерий лаўазымлық жынаятларын ислегени ушын алдын ҳүким етилгенлер;
усы статьяның биринши бөлиминиң алтыншы абзацында көрсетилген жынаятлар қатарына кирмейтуғын аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятларды ислегенлиги ушын алдын ҳүким етилгенлер;
усы статьяның биринши бөлиминиң алтыншы ҳәм жетинши абзацларында көрсетилген жынаятларды ислегени ушын өзине қатнаслы жынаят иси айыплылық ҳаққындағы мәселе шешилмей турып тоқтатылған;
әменгер ямаса қәўендер етип тайынланыўына тосқынлық ететуғын кеселликлерге шатылған шахслар.
Шахстың әменгер ямаса қәўендер етип тайынланыўына тосқынлық ететуғын кеселликлер дизими Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланады.
22-статья. Дәслепки тәризде әменгер ямаса қәўендер тайынлаў
Егер әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахстың мәпин гөзлеп оған тезлик пенен әменгер ямаса қәўендер тайынланыўы зәрүр болса, соның ишинде балалар ата-анасынан яки олардың орнын басыўшы шахслардан алып қойылса, әменгерлик ҳәм қәўендерлик шөлкеми бир ай мүддетке дәслепки тәризде әменгер ямаса қәўендер тайынлаў ҳаққында қарар қабыл етиўге ҳақылы.
Дәслепки тәризде әменгер ямаса қәўендер тайынлаў әменгер ямаса қәўендер болыў қәлеўин билдирген шахстың арзасына муўапық, егер усы шахс тәрепинен өзиниң шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет, сондай-ақ әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымы тәрепинен оның турмыс шараятларын тексериў акты усынылса, әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымы тәрепинен әмелге асырылады.
Дәслепки тәризде тайынланған әменгерлер ямаса қәўендерлер әменгердиң ямаса қәўендердиң барлық ҳуқықлары ҳәм миннетлерине ийе болады, әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың мүлкин оның атынан басқарыў ҳуқықы буннан тысқары.
Егер әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахсқа дәслепки тәризде әменгер ямаса қәўендер тайынлаў ҳаққында қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ѳткенге шекем жайластырыўдың ол ямаса бул формасы таңланған болса яки ўақтынша тайынланған әменгер ямаса қәўендер оған әменгер ямаса қәўендер етип тайынланбаса, дәслепки тәриздеги әменгерлик ямаса қәўендерлик тоқтатылады.
23-статья. Шахсқа бир неше әменгер ямаса қәўендер тайынлаў
Әменгерлик ямаса қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахстың нызамлы мәплеринен келип шыққан ҳалда, оған район, қала ҳәкими шешими менен бир неше әменгер ямаса қәўендер тайынланыўы мүмкин.
Бир неше әменгер ямаса қәўендер тайынланғанда әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бир ўақыттың өзинде барлық әменгерлер ямаса қәўендерлер тәрепинен әмелге асырылады. Егер әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың ислерин жүргизиў әменгерлердиң ямаса қәўендерлердиң бирине тапсырылса, усы шахс қалған әменгерлерден ямаса қәўендерлерден исеним хатлар алған болыўы керек.
Бир неше әменгер ямаса қәўендер тайынланғанда, әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың күтимин тәмийинлеў ҳәм оның медициналық жәрдемди өз ўақтында алыўына көмеклесиўге байланыслы миннетлер, ал әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги ер жетпеген шахсқа қаратылғанда болса, сондай-ақ тәмийнат, тәрбия ҳәм билим бериўге байланыслы миннетлер де әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымларының оларды тайынлаў туўралы жуўмағына муўапық әменгерлер ямаса қәўендерлер арасында бөлистириледи.
Әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың ҳәм бир ўақыттың өзинде барлық әменгерлердиң ямаса қәўендерлердиң мәплери арасында, сондай-ақ әменгерлер ямаса қәўендерлер өзиниң миннетлерин орынлап атырғанда әменгерлер ямаса қәўендерлер арасында қарама-қарсылықлар жүзеге келген жағдайда, әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымы жүзеге келген қарама-қарсылықлар шешилгенге шекем әменгердиң ямаса қәўендердиң миннетлерин орынлайды.
24-статья. Бир шахсты бир неше әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахсқа әменгер ямаса қәўендер етип тайынлаў
Зәрүрлик болғанда әменгерликке ямаса қәўендерликке алынатуғынлардың нызамлы мәплеринен келип шыққан ҳалда, район, қала ҳәкиминиң шешими менен бир шахс бир неше әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахсқа әменгер ямаса қәўендер етип тайынланыўы мүмкин.
Шахсты екинши ҳәм оннан кейинги әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахсларға әменгер ямаса қәўендер етип тайынлаў ҳаққындағы район, қала ҳәкиминиң шешиминде басқа шахс әменгер ямаса қәўендер етип тайынланыўы мүмкин емеслигиниң себеплери көрсетилген болыўы шәрт.
Әйне бир әменгер ямаса қәўендер өз миннетлерин орынлап атырғанда оның әменгерлигиндеги ямаса қәўендерлигиндеги шахслардың мәплери арасында қарама-қарсылықлар жүзеге келген жағдайда, әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымы жүзеге келген қарама-қарсылықлар шешилгенге шекем әменгердиң ямаса қәўендердиң миннетлерин орынлайды.
25-статья. Ер жетпегенлерге қарата олардың ата-анасының ямаса ер жетпегенлердиң өз арзасына муўапық әменгер ямаса қәўендер тайынлаў
Район, қала ҳәкиминиң шешими менен ата-ананың кеширимли себеплерге байланыслы өзлериниң ата-аналық миннетлерин орынлай алмайтуғын дәўир ушын өзиниң ер жетпеген балаларына әменгер ямаса қәўендер тайынлаў ҳаққындағы арзасы тийкарында әменгер ямаса қәўендер тайынланыўы мүмкин, усы арзада анық шахс ҳәмде әменгер ямаса қәўендердиң ўәкилликлериниң әмел етиў мүддети көрсетиледи.
Ер жетпеген балалардың ата-анасы өз денсаўлығының жағдайына байланыслы балаларына әменгерди ямаса қәўендерди, егер оның келисими болса, белгилеўи мүмкин. Ата-ананың өз ер жетпеген балаларына әменгер ямаса қәўендер тайынлаў туўралы арзасы балалардың жасаў орнындағы әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымына бериледи.
Ата-ананың өз ер жетпеген балаларына әменгер ямаса қәўендер тайынлаў туўралы арзасы, усы арза жазылған сәне көрсетилген ҳалда олардың өз қолы менен имзаланған ҳәм нотариал тәртипте тастыйықланған болыўы керек.
Ата-ана өз ер жетпеген балаларына әменгер ямаса қәўендер тайынлаў туўралы арзасын балалардың жасаў орнындағы әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымына жаңа арза бериў жолы менен бийкарлаўға ямаса өзгертиўге ҳақылы.
Он төрт жасқа толған ер жетпегенге қәўендер ер жетпегенниң анық шахс көрсетилген арзасына муўапық район, қала ҳәкиминиң шешими менен тайынланыўы мүмкин.
Район, қала ҳәкими ер жетпегенниң әкеси (анасы) ямаса ата-анасы яки он төрт жасқа толған ер жетпегенниң өзи көрсеткен шахсты әменгер ямаса қәўендер етип тайынлаўдан бас тартыў ҳаққындағы шешимди тек бундай тайынлаў нызамшылыққа яки ер жетпегенниң нызамлы мәплерине қарсы болған жағдайда қабыл етеди.
26-статья. Ата-аналық ҳуқықынан айырылмаған ата-анасы болған ер жетпегенге әменгер ямаса қәўендер тайынлаў
Ата-аналық ҳуқықынан айырылмаған ата-анасы болған ер жетпегенге әменгер ямаса қәўендер, егер ата-анасы менен турыўы бул шахстың нызамлы мәплерине жуўап бермеўи ҳәмде оның өмири ямаса денсаўлығы ушын тиккелей қәўип бар екенлиги әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымы тәрепинен анықланса, тайынланыўы мүмкин.
Ер жетпеген әменгерликте ямаса қәўендерликте болған дәўирде әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымы оның шаңарағын социаллық-педагогикалық жақтан реабилитациялаў ҳәмде ер жетпегенди шаңарағына қайтарыў мәселелери бойынша, егер бул оның нызамлы мәплерине қайшы болмаса, ҳуқық қорғаў уйымлары, билимлендириў мәкемелери, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен бирге ислеседи.
V бап. Әменгерлик ҳәм қәўендерликти тоқтатыў. Әменгердиң ҳәм қәўендердиң өз миннетлерин орынлаўдан азат етилиўи ҳәмде шетлестирилиўи
27-статья. Әменгерликти ҳәм қәўендерликти тоқтатыў тийкарлары
Әменгерлик төмендеги жағдайларда тоқтатылады:
әменгерликтеги шахс қайтыс болғанда;
ер жетпеген он төрт жасқа толғанда;
ер жетпеген ата-анасына қайтарылғанда;
әменгерликтеги шахс перзентликке алынғанда;
пуқараның ҳәрекет уқыбы суд тәрепинен тикленгенде.
Ер жетпеген он төрт жасқа толғанлығы себепли әменгерлик тоқтатыланғаннан кейин, әменгердиң миннетлерин орынлаўшы шахс белгиленген тәртипте тайынланбаған ҳалда ер жетпегенниң қәўендери болып қалады.
Қәўендерлик төмендеги жағдайларда тоқтатылады:
қәўендерликтеги шахс қайтыс болғанда;
қәўендерликтеги шахс ер жеткенде;
қәўендерликтеги шахс ата-анасына қайтарылғанда;
қәўендерликтеги шахс перзентликке алынғанда;
пуқараның ҳәрекет уқыбын шеклеў ҳаққындағы судтың шешиўши қарары бийкар етилгенде;
ер жетпеген толық ҳәрекетке уқыплы деп табылғанда (эмансипация);
қәўендерликтеги шахс некеден өткенде;
денсаўлығының жағдайына байланыслы қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахстың денсаўлығы жақсыланғанда.
Әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахс тәрбия, денсаўлықты сақлаў, халықты социаллық қорғаў мәкемелеринде ҳәм басқа да усыған уқсас мәкемелерде ўақтынша болғанда әменгердиң ямаса қәўендердиң кеширимли себеплерге байланыслы өз миннетлерин орынлай алмаўы әменгердиң ямаса қәўендердиң әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахсқа болған ҳуқықлары ҳәм миннетлерин бийкар етпейди.
28-статья. Әменгердиң ямаса қәўендердиң өз миннетлерин орынлаўдан азат етилиўи
Әменгер ямаса қәўендер өзиниң арзасына муўапық өз миннетлерин орынлаўдан азат етилиўи мүмкин.
Қәўендер қәўендерликтеги шахстың талабына муўапық өз миннетлерин орынлаўдан азат етилиўи керек.
Әменгерди ямаса қәўендерди өз миннетлерин орынлаўдан азат етиў ҳаққындағы шешим район, қала ҳәкими тәрепинен әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымының илтимаснамасы тийкарында қабыл етиледи.
Ер жетпегенниң, ҳәрекетке уқыпсыз ямаса ҳәрекет уқыбы шекленген пуқараның әменгери ямаса қәўендери өз миннетлерин орынлаўдан азат етилген жағдайда, әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың қәлеўи есапқа алынған ҳалда оған нызамшылықта белгиленген тәртипте басқа әменгер ямаса қәўендер тайынланады ямаса жайластырыўдың басқа формасы белгиленеди.
Денсаўлығының жағдайына байланыслы қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған ер жеткен ҳәрекетке уқыплы пуқараның қәўендери өз миннетлерин орынлаўдан азат етилген жағдайда, қәўендерликтеги шахстың келисими менен қәўендер сыпатында басқа шахс тайынланады.
Әменгер ямаса қәўендер миннетлерин орынлаған шахс өз миннетлерин орынлаўдан азат етилгенлиги ҳаққында оған белгили болған күннен баслап үш жумыс күнинен кешиктирмей әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымына нызамшылықта белгиленген тәртипте есабат усыныўы шәрт.
29-статья. Әменгердиң ямаса қәўендердиң өз миннетлерин орынлаўдан шетлестирилиўи
Әменгер ямаса қәўендер өз миннетлерин орынламаған ямаса тийисли дәрежеде орынламаған яки өз ҳуқықларын жеке мәпине пайдаланған жағдайларда, оларды өз миннетлерин орынлаўдан шетлестириў ҳаққындағы қарар район, қала ҳәкими тәрепинен әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымының илтимаснамасы тийкарында қабыл етиледи.
Әменгер ямаса қәўендер өзиниң жуўапкершилигине жүкленген миннетлерден ғәрезли ямаса басқа пәс нийетлерде пайдаланғанда, әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахсты бақлаўсыз ҳәм керекли жәрдемсиз қалдырғанда, әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымлары оны белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартыў ушын зәрүр илажларды көриўи шәрт.
Ер жетпегенниң, ҳәрекетке уқыпсыз ямаса ҳәрекет уқыбы шекленген пуқараның әменгери ямаса қәўендери өз миннетлерин орынлаўдан шетлестирилген жағдайда, әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың қәлеўи инабатқа алынған ҳалда оған нызамшылықта белгиленген тәртипте басқа әменгер ямаса қәўендер тайынланады яки жайластырыўдың басқа формасы белгиленеди.
Денсаўлығының жағдайына байланыслы қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған ер жеткен ҳәрекетке уқыплы пуқараның қәўендери өз миннетлерин орынлаўдан шетлестирилген жағдайда, қәўендерликтеги шахстың келисими менен қәўендер сыпатында басқа шахс тайынланады.
Әменгер ямаса қәўендердиң миннетлерин орынлаған шахс өз миннетлерин орынлаўдан шетлестирилгенлиги оған мәлим болған күннен баслап үш жумыс күнинен кешиктирмей әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымына нызамшылықта белгиленген тәртипте есабат усыныўы шәрт.
VI бап. Әменгерлер ҳәм қәўендерлердиң ҳуқық ҳәм миннетлери. Әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахслардың ҳуқықлары
30-статья. Әменгерлер ҳәм қәўендерлердиң ҳуқықлары
Әменгерлер өз әменгерлигиндеги шахслардың нызамлы ўәкили болып, олардың атынан ямаса олардың мәплерин гөзлеп барлық зәрүр питимлерди дүзеди.
Қәўендерлер өз қәўендерлигиндеги шахслардың нызамлы ўәкили болып, қәўендерлигиндеги шахсларға өз ҳуқықларын әмелге асырыўында ҳәм миннетлерин орынлаўында көмеклеседи, сондай-ақ оларды үшинши шахслар тәрепинен болатуғын кемситиўлерден қорғайды.
Әменгерлер ҳәм қәўендерлер:
өз әменгерлигиндеги ямаса қәўендерлигиндеги шахсты оның пикирин ҳәмде әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымларының усынысларын есапқа алған ҳалда тәрбиялаў усылларын ғәрезсиз белгилеўге;
өз әменгерлигиндеги ямаса қәўендерлигиндеги шахсты нызамлы тийкарларсыз өзинде услап турған ҳәр қандай шахстан, соның ишинде, ата-анасынан ҳәмде басқа жақын туўысқанларынан оны қайтарып бериўди суд тәртибинде талап етиўге;
өзиниң әменгерлигиндеги ямаса қәўендерлигиндеги шахстың тәмийнаты, оған тәрбия, билим бериў ҳәм оның денсаўлығын сақлаў бойынша ҳуқықый, методикалық, диагностика ҳәм мәсләҳәт жәрдемин алыўға;
өзиниң әменгерлигиндеги ямаса қәўендерлигиндеги шахс ғәрезсиз түрде әмелге асырыўға ҳақылы болмаған питимлерди нызамшылықта белгиленген тәртипте әмелге асырыўға;
зәрүр социаллық жәрдем алыў ушын әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымларына, билимлендириў мәкемелерине, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге мүрәжат етиўге;
өзиниң әменгерлигиндеги ямаса қәўендерлигиндеги шахстың емлениўи ҳәм денсаўлығын тиклеў мақсетинде емлеў, санаторий-курорт мәкемелерине жолламалар алыў ушын денсаўлықты сақлаў мәкемелерине мүрәжат етиўге ҳақылы.
Әменгерлер ҳәм қәўендерлер нызамшылыққа муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин.
Әменгер ямаса қәўендер өзиниң әменгерлигиндеги ямаса қәўендерлигиндеги шахстың ата-анасы ҳәм басқа жақын туўысқанлары менен қарым-қатнаста болыўына тосқынлық етиўге ҳақылы емес, бундай қарым-қатнас әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың нызамлы мәплерине сай келмейтуғын жағдайлар буннан тысқары.
Әменгер ямаса қәўендер, оның күйеўи (ҳаялы) ҳәм жақын туўысқанлары әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахс пенен питимлер дүзиўге, сондай-ақ, әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахс пенен әменгердиң ямаса қәўендердиң күйеўи (ҳаялы), оның жақын туўысқанлары арасындағы суд ислерин жүргизиўде әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың ўәкили болыўға ҳақылы емес.
31-статья. Әменгерлер ҳәм қәўендерлердиң миннетлери
Әменгерлер ҳәм қәўендерлер:
өзиниң жасаў орны өзгергенлиги туўралы әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымын хабардар етиўи;
өзиниң әменгерлигиндеги ямаса қәўендерлигиндеги шахсты тәрбиялаўы, оның тәмийнаты, денсаўлығы, физикалық, руўхый ҳәм әдеп-икрамлылық жақтан жетилисиўине ғамхорлық етиўи, сондай-ақ, оның ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўы;
өзиниң әменгерлигиндеги шахстың мектепке шекемги билим, улыўма орта ҳәм орта арнаўлы билим алыўы ушын шараятларды тәмийинлеўи;
алиментлер, пенсиялар, напақалар ҳәмде нызамшылыққа муўапық басқа да социаллық төлемлер төлеўди талап етиў бойынша зәрүр илажларды көриўи;
өзиниң әменгерлигиндеги ямаса қәўендерлигиндеги шахстың өзлерине тапсырылған мүлкин қәстерлеп сақлаўы, мүлктиң баҳасының төменлеўине жол қоймаўы ҳәмде оннан пайда шығарыўға мүмкиншилик туўдырмаўы;
усы Нызамның 37-статьясында нәзерде тутылған жағдайларда әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахслардың мүлклик ҳуқықларына байланыслы ҳәрекетлерди әмелге асырыўда әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымларының рухсатларын алыўы;
өзиниң әменгерлигиндеги ямаса қәўендерлигиндеги шахстың мүлкин басқарыўдан түскен дәраматлардан ҳәм басқа да бар болған қаржыларынан оның тәмийнаты ушын пайдаланыўы;
өзиниң әменгерлигиндеги ямаса қәўендерлигиндеги шахстың күтимин, медициналық бақлаўын ҳәм емлеў-профилактикалық мәкемелеринде емлениўин тәмийинлеўи;
әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымларына өз миннетлериниң орынланыўы туўралы есабатлар усыныўы;
өзиниң әменгерлигиндеги ямаса қәўендерлигиндеги шахс стационарда емлениўи ушын жайластырылғанлығы туўралы әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымларын хабардар етиўи;
егер пуқараны ҳәрекетке уқыпсыз деп табыўға ямаса ҳәрекет уқыбы шекленгенлигине байланыслы тийкарлар бийкар етилген болса, өзиниң әменгерлигиндеги ямаса қәўендерлигиндеги шахсты ҳәрекетке уқыплы деп табыў ҳаққында судқа арза менен мүрәжат етиўи;
өз әменгерлигиндеги ямаса қәўендерлигиндеги ер жетпеген шахс пенен бирге жасаўы шәрт.
Өз қәўендерлигиндеги шахс пенен бирге жасап атырған қәўендердиң жасаў орнын өзгертиўи әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымының жазба рухсаты ҳәм он төрт жасқа толған ер жетпегенниң келисими менен әмелге асырылады.
Қәўендердиң өз қәўендерлигиндеги он алты жасқа толған шахстан бөлек жасаўына, бул қәўендерликтеги шахстың тәрбиясына, тәмийнатына ҳәм билим алыўына, ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплери қорғалыўына унамсыз тәсир көрсетпесе, әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымларының жазба рухсаты менен жол қойылады. Қәўендер өз қәўендерлигиндеги шахстан бөлек жасаған жағдайда, оның жасаў, билим алыў шараятларын қадағалаўы, оны әтираптағылардың унамсыз тәсиринен қорғаўы шәрт.
Әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги ер жетпеген шахстың турақ жайы болмаған жағдайда, әменгер ямаса қәўендер турақ жай ҳаққындағы нызамшылыққа муўапық оны алыў бойынша илажлар көриўи шәрт.
Ҳәрекет уқыбы шекленген пуқаралардың қәўендерлери оларды спиртли ишимликлер, нәшебентлик затлар, психотроп ямаса ақыл-санасына тәсир етиўши басқа да затларды пайдаланыўдан, шегиўден қорғаўға байланыслы зәрүр илажларды көриўи шәрт.
Әменгерлик ҳәм қәўендерлик бойынша миннетлер бийпул орынланады.
Әменгерлер ҳәм қәўендерлердиң жуўапкершилигинде нызамшылыққа муўапық басқа да миннетлер болыўы мүмкин.
32-статья. Әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахслардың ҳуқықлары
Әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахслар төмендеги ҳуқықларға ийе:
өзлерине ҳүрмет пенен ҳәм инсаныйлық қатнаста болыныўы;
өзлериниң тәмийнаты, тәрбиясы, билим алыўы ҳәм денсаўлығы туўралы ғамхорлық етилиўи;
өз ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң қорғалыўы;
өз ҳуқықлары ҳәм өзлерине көрсетилиўи мүмкин болған хызметлер ҳаққында, сондай-ақ, өз ҳуқықларын қорғаў усыллары ҳәмде қураллары туўралы әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымларынан мәлимлеме алыў;
билим алыўға, денсаўлықты сақлаўға, социаллық қорғалыўына болған ҳуқықларын, сондай-ақ, өзлериниң физикалық, ақылый ҳәм руўхый жақтан үйлесимли раўажланыўына жәрдем беретуғын басқа да ҳуқықларды әмелге асырыў ушын зәрүр жәрдем алыў ҳәмде қоллап-қуўатланыў;
егер бул әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине қайшы келмесе, ата-анасы ҳәм басқа да жақын ағайинлери менен байланыста болыў;
өзиниң жеке өмирине байланыслы мәлимлемениң қупыялығының тәмийинлениўи;
турақ жайға болған мүлк ҳуқықы ямаса турақ жайдан пайдаланыў ҳуқықы, сондай-ақ ата-анасы ҳәм басқа да туўысқанлары менен туўысқаншылық фактына тийкарланған мүлклик ҳуқықларының тәмийинлениўи;
әменгердиң ямаса қәўендердиң нызамсыз ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымына, сондай-ақ судқа мүрәжат етиў.
Ер жетпеген әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахслар әменгер ямаса қәўендер менен бирге жасаў ҳуқықына ийе.
Әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахслар нызамшылыққа муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин.
VII бап. Әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахслардың мүлклик ҳуқықларын қорғаў
33-статья. Әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахслардың мүлклик ҳуқықлары
Әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахслар әменгерлердиң ямаса қәўендерлердиң мүлкине қатнаслы, әменгерлер ямаса қәўендерлер болса, әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахслардың мүлкине, соның ишинде, алиментлер, пенсиялар, напақалар суммаларына ҳәмде басқа да социаллық төлемлерге қатнаслы мүлк ҳуқықына ийе болмайды.
Мүлк нызамда нәзерде тутылған тийкарларға қарап улыўма мүлк ҳуқықы тийкарында әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахсларға, әменгерлерге, қәўендерлерге тийисли болыўы мүмкин.
Әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахслар өз әменгерлериниң ямаса қәўендерлериниң мүлкинен олардың келисими менен пайдаланыўға ҳақылы.
Әменгерлерге ямаса қәўендерлерге әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахслардың мүлкинен өзлериниң мәплери жолында пайдаланыў қадаған етиледи.
34-статья. Әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың мүлкин басқарыў
Әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың мүлкин басқарыў мүлктиң жайласыўы бойынша белгиленеди.
Әменгерлер өзиниң әменгерлигиндеги шахстың пул қаржыларын банклерге ҳәм басқа да кредит шөлкемлерине қойыўға ҳақылы. Әменгерликтеги шахстың банклерге ҳәм басқа да кредит шөлкемлерине қойылған пул қаржыларын әменгер тәрепинен сарыплаў тек ғана әменгерликтеги шахстың тәмийнаты ушын әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымының жазба рухсаты менен әмелге асырылады.
Денсаўлығының жағдайына қарап қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахслардың қәўендерлери өз қәўендерлигиндеги шахстың келисими менен қәўендерликтеги шахстың тәмийнатына ҳәм турмыслық мүтәжликлерин қанаатландырыўға қаратылған турмыслық ямаса басқа питимлер дүзеди, сондай-ақ, нызамшылықта белгиленген тәртипте қәўендерликтеги шахстың мүлкин басқарыўды әмелге асырады.
Әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың атынан саўға шәртнамасын дүзиўге жол қойылмайды.
Судтың пуқараны бийдәрек жоғалған деп табыў ҳаққындағы ямаса оны қайтыс болған деп жәриялаў туўралы шешиўши қарары бийкар етилген жағдайда ямаса мийрас қабыл етилгенде мүлкти басқарыў бийкар етиледи.
35-статья. Әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың мүлкин қорғаў
Әменгерлер ямаса қәўендерлер өзиниң әменгерлигиндеги ямаса қәўендерлигиндеги шахстың мүлкин оны сақлаўды әмелге асырған шахслардан әменгерлик ямаса қәўендерлик белгиленген күннен баслап үш жумыс күни ишинде дизим бойынша қабыл етип алыўы шәрт.
Зәрүрлик болған жағдайда, ҳәрекет уқыбы шекленген пуқаралардың ҳәм денсаўлығының жағдайына байланыслы қәўендерликке мүтәж болған ер жеткен ҳәрекетке уқыплы пуқаралардың қәўендерлери өз қәўендерлигиндеги шахслардың мүлкин олардың өтиниши менен дизим бойынша қабыл етип алыўға ҳақылы.
Әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың мүлкиниң дизими әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымы тәрепинен әменгер ямаса қәўендер, тийисли пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымы ўәкиллери, сондай-ақ әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың қатнасыўында дүзиледи.
Әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың мүлкиниң дизимин дүзиўде басқа да мәпдар шахслар қатнасыўы мүмкин.
Әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың мүлкиниң дизими үш нусқада дүзиледи ҳәм мүлктиң дизимин дүзиўде қатнасқан шахслар тәрепинен имзаланады. Дизимниң бир нусқасы әменгерге ямаса қәўендерге тапсырылады, екинши нусқасы әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымы тәрепинен жүргизилетуғын жеке ҳүжжетлер топламында сақланады, үшинши нусқасы болса, мәлимлеме системасына тийисли мағлыўматларды киргизиў ушын район (қала) ҳәкимлигиниң балаларды қорғаў секторына жибериледи.
Зәрүрлик болғанда, егер әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың нызамлы мәплери талап етсе, әменгер ямаса қәўендер өзиниң әменгерлигиндеги ямаса қәўендерлигиндеги шахстың мүлкин өзгениң нызамға қайшы ийелигинен талап етип алыў туўралы судқа арза бериўи ямаса өзиниң әменгерлигиндеги ямаса қәўендерлигиндеги шахстың мүлклик ҳуқықларын қорғаў бойынша басқа да илажлар көриўи шәрт.
Әменгерлер ҳәм қәўендерлер өз әменгерлигиндеги ямаса қәўендерлигиндеги шахстың өзине тапсырылған мүлкин қәстерлеп сақлаўы, мүлк баҳасының пәсейиўине жол қоймаўы ҳәмде оннан пайда шығарыўға мүмкиншилик туўдырмаўы керек. Әменгер ҳәм қәўендер тәрепинен усы миннетлердиң орынланыўы өз әменгерлигиндеги ямаса қәўендерлигиндеги шахстың мүлки есабынан әмелге асырылады.
Әменгерлер өз әменгерлигиндеги шахслардың атынан дүзген питимлер бойынша белгиленген тәртипте жуўапкер болады.
36-статья. Әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахслардың мүлклик ҳуқықларына қатнаслы ҳәрекетлерди әменгер ямаса қәўендер әмелге асырғанында әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымларының рухсатлары
Әменгерлер әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымларының рухсаты менен:
әменгерликтеги шахстың атынан нотариал тәртипте тастыйықланыўы керек болған питимлер дүзиўге;
мүлкти бөлистириўге;
әменгерликтеги шахстың мүлкин бир жылдан артық болмаған мүддетке гиреўге бериўге;
әменгерликтеги шахстың турақ жайын алмастырыўға;
әменгерликтеги шахстың атынан мийрас ҳәм (ямаса) саўға алыўдан ўаз кешиўге ҳақылы.
Егер әменгердиң ямаса қәўендердиң ҳәрекетлери әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахсқа қараслы мүлктиң баҳасы төменлеўине алып келиўи мүмкин болса, барлық жағдайларда, атап айтқанда:
әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың мәплерин гөзлеп берилген даўадан ўаз кешилгенде;
суд додалаўында әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың атынан келисим питимин дүзиўде;
әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахс даўагер болған орынлаў исин жүргизиў бойынша қарыздар менен келисим питимин дүзиўде әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымларының рухсаты талап етиледи.
Әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың атынан исеним хаты берилген жағдайда да әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымының рухсаты талап етиледи.
Әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымы бас тартыў себеплерин көрсеткен ҳалда рухсат бериўден бас тартыўы мүмкин.
Әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымының рухсаты ямаса рухсат бериўден бас тартыўы бундай рухсатты бериў ҳаққындағы арза тапсырылған күннен баслап он бес күннен кешиктирместен әменгерге ямаса қәўендерге усынылыўы керек.
37-статья. Әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымының рухсатын алмай турып әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың атынан шәртнама дүзиў ақыбетлери
Әменгер ямаса қәўендер тәрепинен әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымының рухсатысыз әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың атынан шәртнама дүзилгенлиги факты анықланғанда, әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымы әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың мәплерин гөзлеп тезлик пенен судқа мүрәжат етиўи шәрт.
Әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымының рухсатысыз әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың атынан дүзилген шәртнама ҳақыйқый емес деп табылғанда, әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахсқа тийисли болған мүлк қайтарылыўы, шәртнама тәреплерине келтирилген зыянның орны болса, нызамшылықта белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте әменгер ямаса қәўендер тәрепинен қапланыўы шәрт.
38-статья. Әменгер ямаса қәўендер тәрепинен келтирилген мүлклик зыянның орнын қаплаў
Әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымлары әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахсқа нызамсыз ҳәрекетлер (ҳәрекетсизлик) себепли келтирилген мүлклик зыянның орны толық көлемде қапланыўын әменгерден ямаса қәўендерден талап етиўи шәрт, әменгерлик ямаса қәўендерлик тоқтатылғанда болса, әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги ҳәрекетке уқыплы шахс талап етиўге ҳақылы.
Әменгер ямаса қәўендер тәрепинен әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың мүлкин сақлаўға ҳәм әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың мүлкин басқарыўға байланыслы миннетлер орынланбаған ямаса жетерли дәрежеде орынланбағанда (мүлкти жарамсыз ҳалға келтириў, керекли дәрежеде сақламаў, мүлкти белгиленген мақсет ушын сарыпламаў, әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың мүлкиниң баҳасы төменлеўине себеп болған ҳәрекетлерди (ҳәрекетсизликти) әмелге асырыў ҳәм басқалар) әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымы бул ҳаққында акт дүзиўи ҳәмде әменгерге ямаса қәўендерге әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахсқа келтирилген мүлклик зыянның орнын қаплаў ҳаққында талапнама усыныўы шәрт.
39-статья. Әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахсқа напақа тайынлаў
Әменгердиң ямаса қәўендердиң өзиниң әменгерлигиндеги ямаса қәўендерлигиндеги шахстың тәмийнатына байланыслы қәрежетлериниң орны әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың қаржылары есабынан қапланады, бул қаржылар жетерли болмаған жағдайда әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың тәмийнаты ушын әменгер ямаса қәўендерге нызамшылықта белгиленген тәртипте напақа тайынланыўы мүмкин.
VIII бап. Әменгерлик ҳәм қәўендерлик тараўындағы қадағалаў
40-статья. Әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымларының жумыслары үстинен қадағалаў
Әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымларының ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының жумыслары үстинен қадағалаўды нызамшылықта ўәкиллик берилген мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслар әмелге асырады.
41-статья. Әменгерлер ҳәм қәўендерлердиң миннетлери орынланыўы үстинен қадағалаў
Әменгерлер ҳәм қәўендерлердиң миннетлери орынланыўы үстинен қадағалаў әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахслардың ямаса әменгерлердиң ямаса қәўендерлердиң жасаў орнындағы әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымлары тәрепинен әмелге асырылады.
Әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахслар әменгердиң ямаса қәўендердиң ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен тийисли әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымына ямаса судқа шағым етиўге ҳақылы.
Әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахслардың өмирине ямаса денсаўлығына тиккелей қәўип туўылғанлығы ҳаққында, олардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплери бузылғанлығы туўралы өзине мәлим болып қалған шахслар бул ҳаққында әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың ҳақыйқый турған орнындағы әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымына ямаса ҳуқық қорғаў уйымларына хабар бериўи шәрт. Бундай мағлыўматларды алған әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымлары ҳәмде ҳуқық қорғаў уйымлары әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўға байланыслы зәрүр илажларды көриўи шәрт.
42-статья. Әменгер ҳәм қәўендердиң есабаты
Әменгер ҳәм қәўендер өзиниң миннетлериниң орынланыўы ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымына есабат усыныўы шәрт.
43-статья. Әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахсқа келтирилген зыянның орнын қаплаў
Әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымларының нызамсыз қарарлары ямаса олардың лаўазымлы шахсларының нызамсыз ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) нәтийжесинде әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахсқа келтирилген зыянның орны нызамшылықта белгиленген тәртипте қапланыўы шәрт.
44-статья. Район, қала ҳәкиминиң, әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымларының шешимлери үстинен шағым етиў
Район, қала ҳәкиминиң әменгерликти ямаса қәўендерликти белгилеў ҳәм тоқтатыў, әменгерлерди ямаса қәўендерлерди өзиниң миннетлерин орынлаўдан азат етиў ямаса шетлестириў ҳаққындағы, әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымларының дәслепки тәризде әменгер ямаса қәўендер тайынлаў ҳаққындағы шешимлери үстинен мәпдар шахслар тәрепинен судқа шағым етилиўи мүмкин.
45-статья. Әменгер ҳәм қәўендердиң нызамсыз ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен шағым етиў
Әменгер ҳәм қәўендердиң нызамсыз ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахс, мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәмде әменгерликтеги ямаса қәўендерликтеги шахстың жасаў орнындағы пуқаралар тәрепинен тийисли әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымына ямаса судқа шағым етилиўи мүмкин.
IX бап. Жуўмақлаўшы қағыйдалар
46-статья. Тартысларды шешиў
Әменгерлик ҳәм қәўендерлик тараўындағы тартыслар нызамшылықта белгиленген тәртипте шешиледи.
47-статья. Әменгерлик ҳәм қәўендерлик ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ушын жуўапкершилик
Әменгерлик ҳәм қәўендерлик ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.
48-статья. Нызамшылықты усы Нызамға муўапықластырыў
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси:
ҳүкимет қарарларын усы Нызамға муўапықластырсын;
мәмлекетлик басқарыў уйымлары усы Нызамға қайшы болған өзлериниң нормативлик ҳуқықый актлерин қайта көрип шығыўын ҳәм бийкар етиўин тәмийинлесин.
49-статья. Усы Нызамның күшке кириўи
Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. ОРЫНБАЕВ
Нөкис қаласы,
26-декабрь 2024-жыл
№ 27/II