UzbekAI

← Qonunlar

Boshqa hujjatlar

Rasmiy matn. Rasmiy hujjat. Tahririy izohlar kiritilmagan.

Yordam | Arxiv | Atamalar | Statistika | API | Havola yuborish | Sayt haqida | Shartlar

← Қонунлар

Бошқа ҳужжатлар

Расмий матн. Расмий ҳужжат. Таҳририй изоҳлар киритилмаган.

Ёрдам | Архив | Атамалар | Статистика | API | Ҳавола юбориш | Сайт ҳақида | Шартлар

← Законы

Другие документы

Официальный текст. Официальный документ. Редакционные примечания не включены.

Помощь | Архив | Термины | Статистика | API | Предложить ссылку | О сайте | Условия

← Laws

Other documents

Official text. Official document. Editorial notes are not included.

Help | Archive | Glossary | Stats | API | Submit | About | Terms

Қарақалпақстан Республикасының нызамы

Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳаққында

1-бап. Улыўма режелер

1-статья. Усы Нызамның мақсети

Усы Нызамның мақсети энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.

2-статья. Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳаққындағы нызамшылық

Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳаққындағы нызамшылық усы Нызам ҳәм басқа да нызамшылық актлеринен ибарат.

Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасында Өзбекстан Республикасының энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳаққындағы нызамшылығында нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шәртнама қағыйдалары қолланылады.

3-статья. Тийкарғы түсиниклер

Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады:

бирлемши энергия ресурслары — тиккелей жанылғы сыпатында пайдаланылыўы мүмкин болған тәбийий ресурслар (нефть, тәбийий газ, көмир);

Мәмлекетлик энергетика реестри — энергия субъектлери ҳаққындағы мағлыўматлар бар болған мағлыўматлар базасы;

Мәмлекетлик энергетика реестрине киргизилген субъектлер — жылына бес жүз ҳәм оннан артық тонна шәртли жанылғыны ҳәм (ямаса) еки жүз елиў ҳәм оннан артық тонна мотор жанылғысын пайдаланатуғын юридикалық шахслар;

жанылғы — шийки нефть, ушыўшы нефть, аўыр нефть ҳәм басқа да нефть өнимлери, тәбийий газ, сондай-ақ, жанылғы сыпатында пайдаланылатуғын көмир, кокс ҳәм басқа да өнимлер;

жанылғы-энергетика ресурслары — тәбийий ҳәм басқа да дереклерден ислеп шығарылатуғын жанылғы ҳәм энергияның барлық түрлериниң жыйындысы;

жанылғы-энергетика ресурслары тутыныўшылары — жанылғы-энергетика ресурсларының бир ямаса бир неше түрлерин тутыныўшы юридикалық ҳәм физикалық шахслар;

жанылғы-энергетика ресурсларын ислеп шығарыўшылар — жанылғы-энергетика ресурсларының бир ямаса бир неше түрлерин ислеп шығарыўшы юридикалық ҳәм физикалық шахслар;

жанылғы-энергетика ресурсларының тутыныў нормасы — шәртли ямаса натурал бирликлерде өлшенетуғын, белгили бир сападағы өним (жумыслар, хызметлер) бирлигин ислеп шығарыў ушын жумсалатуғын жанылғы, ыссылық ҳәм электр энергиясының муғдары;

жанылғы-энергетика ресурсларын пайдаланыўдың жол қойылатуғын шекленген көлеми — бир жылға шекемги мүддетке талап етилетуғын жанылғы-энергетика ресурсларын пайдаланыўдың жол қойылатуғын көлеми;

жанылғы-энергетика ресурслары тутыныўының прогрессив нормалары — бир жылдан бес жылға шекемги мүддетке қәлиплестирилетуғын ҳәм жанылғы-энергетика ресурслары тутыныў нормаларын азайтыў бойынша тийкарланған усынысларға сәйкес келетуғын жанылғы-энергетика ресурслары тутыныў нормаларының азайып барыўшы баҳасы;

жанылғы-энергетика ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў — жанылғы-энергетика ресурсларының тийкарсыз жумсалыўын сапластырыўға ҳәм олардың ең оптимал түрлеринен пайдаланыўға қаратылған илажлар;

жанылғы-энергетика ресурслары тутыныўының әмелдеги нормалары — жанылғы-энергетика ресурсларының өнимин (жумысларын, хызметлерин) ислеп шығарыў ўақтындағы ресурслар тутыныўының жанылғы-энергетика ресурслары тутыныўын минималластырыўды есапқа алған ҳалда бир жылға шекемги мүддетке қәлиплестирилетуғын нормалары баҳаларының категориясы;

екилемши энергия ресурслары — бирлемши энергия ресурсларын технологиялық процесслерде өзгертиў арқалы алынатуғын жанылғы-энергетика ресурслары;

жергиликли жанылғы — энергетика ресурслары — тәбиятта бар болған ҳәм Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы аймағында барлық тәбийий ҳәм басқа да дереклерден ислеп шығарылатуғын жанылғы ҳәм энергия түрлериниң жыйындысы;

тәртипке салынатуғын жумыс түрлери — ыссы суў тәмийнаты, суўық суў тәмийнаты ҳәм (ямаса) суў тәмийнаты менен шуғылланатуғын, өзине байланыслы нызам ҳүжжетлерине муўапық баҳалар (тарифлер) тәртипке салынатуғын тәбийий монополиялар субъектлери, шөлкемлер, коммунал хожалығы кәрханалары тәрепинен әмелге асырылатуғын жумыс түрлери;

шәртли жанылғы — техникалық-экономикалық есап-санақларда қабыл етилген, нормативлик актлер ҳәм стандартлар менен тәртипке салынатуғын, ҳәр қыйлы түрдеги органикалық жанылғының жыллылық баҳасын салыстырыў ушын хызмет ететуғын бирлик;

энергия аудити — пайдаланылған жанылғы-энергетика ресурслары ҳәм энергия нәтийжелилиги көрсеткишлери ҳаққындағы исенимли мағлыўматларды топлаўға, оларды қайта ислеўге ҳәм оларды анализлеўге, сондай-ақ жуўмақ таярлаўға қаратылған жумыс;

энергия нәтийжелилиги — жанылғы-энергетика ресурсларынан пайдаланыў нәтийжесинде алынған нәтийжениң оған жумсалған жанылғы-энергетика ресурслары қәрежетлерине қатнасын сәўлелендириўши көрсеткиш;

энергияны үнемлеў ҳәм энергия нәтийжелилиги көрсеткишлери — юридикалық ҳәм физикалық шахслардың энергияны үнемлеў ҳәм энергия нәтийжелилигине байланыслы илажларды әмелге асырыў ўақтындағы жумысы нәтийжелерин характерлеўши көрсеткишлер;

энергияны үнемлеў — жанылғы-энергетика ресурсларынан пайдаланыўдағы энергия жумсалыўын өним ислеп шығарыў, жумыслар ҳәм хызметлер көрсетиў көлемин қысқартпаған ҳалда азайтыўға қаратылған шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый, техникалық, технологиялық, экономикалық ҳәм басқа да илажларды әмелге асырыў.

4-статья. Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўдың тийкарғы принциплери

Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўдың тийкарғы принциплери төмендегилерден ибарат:

нызамлылық;

есап бериў;

ашықлық;

әшкаралық.

5-статья. Энергия нәтийжелилигин арттырыўға тийисли стандартларды ислеп шығыў

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым ҳәм басқа да жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте энергияны үнемлейтуғын технологиялар ҳәм әсбап-үскенелерге болған талапларды белгилейтуғын миллий стандартларды хатлаўдан өткереди, сондай-ақ, энергияны үнемлейтуғын технологияларға, өнимлер, әсбап-үскенелер, турмыслық техника қуралларына ҳәм оларда энергия нәтийжелилигин арттырыў процесслерине болған зәрүр талапларды нәзерде тутатуғын халықаралық стандартларды көрип шығады ҳәм төмендеги илажларжы өз ўәкилликлери шеңберинде әмелге асырады:

санаат объектлеринде ҳәм имаратларда энергия тутыныўы жоқары болған қурылмалар, әсбап-үскенелер, өнимлер, процесслер ҳәм технологиялардың энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша миллий стандартлардың тастыйықланыўын тәмийинлейди;

әсбап-үскенелер, өнимлер, машиналар ҳәм технологиялардың енергетикалық өзгешеликлерине қойылатуғын минимал ҳәм максимал талапларды белгилейди;

импорт етиўшилерге, ислеп шығарыўшыларға ҳәм сатыўшыларға энергия нәтийжелилигиниң миллий стандартларына сәйкес келмейтуғын ҳәр қандай қурылмаларды, үскенелерди, өнимлерди ҳәм технологияларды сатыўды қадаған етеди;

импорт етиўшилер, ислеп шығарыўшылар ҳәм сатыўшыларға олардың қурылмалары, әсбап-үскенелери, өнимлери ҳәм технологияларының энергия нәтийжелилиги бойынша миллий стандартларға сәйкеслиги ҳаққында сертификат алыў ушын сынаўлар ҳәм өлшемлерди әмелге асырыў талапларын белгилейди.

Сынаўлар, өлшеўлер ҳәм сертификатластырыўға байланыслы жумыслар белгиленген тәртипте Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги тәрепинен аккредитация етилген мәкемелер тәрепинен әмелге асырылады.

Қурылмалар, әсбап-үскенелер, өнимлер ҳәм технологиялар ушын энергия нәтийжелилиги миллий стандартлары жәрияланғаннан кейин бир жыл өткеннен соң мәжбүрий болып есапланады.

2-бап. Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў

6-статья. Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары

Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат:

энергияны ислеп шығарыў ҳәм тутыныўда энергиядан нәтийжели ҳәмде қәўипсиз пайдаланыўды тәмийинлеў;

энергияны үнемлейтуғын технологияларды ислеп шығарыў ҳәм енгизиўди хошаметлеў;

жанылғы-энергетика ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды жолға қойыў ҳәмде жанылғы-энергетика ресурсларын тутыныўдың оптимал жолларын ҳәм усылларын белгилеў;

жанылғы-энергетика ресурсларын ислеп шығарыў ҳәм тутыныўды тәмийинлеўде заманагөй басқарыў усылларын қолланыў;

энергияны үнемлейтуғын заманагөй әсбап-үскенелер, технологиялар, өлшеў қураллары ҳәмде нәтийжели қадағалаў системалары енгизилиўин хошаметлеў;

энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы фундаментал, илимий ҳәм әмелий изертлеўлерди раўажландырыў;

жанылғы-энергетика ресурсларын ислеп шығарыўшылар, жеткерип бериўшилер ҳәм тутыныўшылар арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў;

қайта тиклениўши энергия дереклерин ислеп шығарыў ҳәм тутыныўға кеңнен енгизиў бойынша жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жуўапкершилигин арттырыў;

энергетика хызметлери базарын раўажландырыў, бул бағдарда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жеке меншик сектордың қатнасын және де кеңейтиў;

аймақларда энергия нәтийжелилигин ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў дәрежесин арттырыў ушын финанслық ҳәм фискал механизмлерди ҳәмде хошаметлеў түрлерин енгизиў.

7-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы ўәкилликлери

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси:

энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы мәмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәмде әмелге асырыўда қатнасады;

энергияны үнемлеў, оннан ақылға муўапық пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы аймақлық бағдарламаларды ислеп шығады, тастыйықлайды ҳәм әмелге асырады;

энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы халықаралық бирге ислесиўди әмелге асырыўда өз ўәкилликлери шеңберинде қатнасады;

энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў мәселелерин ғалаба хабар қураллары арқалы кеңнен үгит-нәсиятлаўды әмелге асырыўшы уйымлар искерлигин муўапықластырады.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси нызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин.

8-статья. Арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымның энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы ўәкилликлери

Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы арнаўлы ўәкилликлер нызам менен белгиленген тийисли мәмлекетлик ўәкилликли уйым — Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги тәрепинен әмелге асырылады.

9-статья. Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы ўәкилликлери

Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (буннан былай текстте — Өзэнергоинспекция Қарақалпақстан Республикасы басқармасы) өз ўәкилликлери шеңберинде:

энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўында мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырады;

энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларын ислеп шығыўда қатнасады;

имаратлар ҳәм қурылмаларды, соның ишинде, көп квартиралы жайларды жойбарластырыў, қурыў, реконструкциялаў, оңлаў ҳәм пайдаланыўға тапсырыўда оларда энергия үнемлеўши ҳәм энергия нәтийжели технологиялардан пайдаланыўдың қала қурылысы нормалары ҳәм қағыйдаларына муўапықлығын тексереди;

имаратлар ҳәм қурылмаларды, соның ишинде, көп квартиралы турақ жайларды жойбарластырыў, қурыў, реконструкциялаў, оңлаўда ыссылық сақлаўшы қурылыс материалларын, сондай-ақ, конструкцияларды қолланыўға ҳәмде альтернатив энергия дереклерин ҳәм энергияны үнемлейтуғын қурылмаларды мәжбүрий орнатыў талапларына бойсынылыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырады, жеке тәртиптеги турақ жайлардың қурылысы буған кирмейди;

товарлар (жумыслар, хызметлер), имаратлар ҳәм қурылмалардың энергия нәтийжелилиги ҳәм энергияны үнемлеў, сондай-ақ энергиядан ақылға уғрас пайдаланыў нормаларына ҳәм оның сапа көрсеткишлерине бойсынылыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырады;

усы Нызамда белгиленген жағдайларда юридикалық шахсларға финанслық санкциялар қолланыў илажларын көреди.

10-статья. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы ўәкилликлери

Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымлары энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы аймақлық бағдарламаларды тастыйықлайды ҳәм олардың орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырады.

Жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары:

энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы мәмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәмде әмелге асырыўда қатнасады;

энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы аймақлық бағдарламаларды ислеп шығады, тастыйықлаў ушын жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларына усынады ҳәм әмелге асырады;

энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы халықаралық бирге ислесиўди әмелге асырыўда өз ўәкилликлери шеңберинде қатнасады;

энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў мәселелерин ғалаба хабар қураллары арқалы кеңнен үгит-нәсиятлайды.

Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары нызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин.

3-бап. Энергия сервис компаниялары ҳәм энергия сервис шәртнамасы

11-статья. Энергия сервис компаниялары

Энергия сервис компаниясы энергетика хызметлерин көрсетиў шәртнамасына муўапық энергия үнемлеўшилиги ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде қурылыс, қурылыс-монтажлаў ҳәм сазлаў жумысларын орынлаў, энергия қурылмаларын иске түсириў ҳәм бундай қурылмалар бар болған объектлерде энергия аудитин өткериў, соның ишинде қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмаларын орнатыў ҳәм эксплуатациялаў менен комплексли түрде шуғылланатуғын юридикалық шахс.

Арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым энергия сервис компаниялары жумысын раўажландырыўдың стратегиялық режесин ислеп шығады ҳәм келисип алады, бул реже төмендегилерди өз ишине алады:

экономика тармақларының ҳәм социаллық тараў объектлериниң имаратлары менен қурылмаларында энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў бойынша талапларды белгилеўди;

энергия сервис компанияларын қаржыландырыў ҳәм раўажландырыўға жәрдемлесиўди.

Арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым энергия сервис компанияларын аккредитациялаў процесин (арзаларды көрип шығыў, баҳалаў, энергия сервис компанияларын аккредитациялаў ҳәм олардың дизимин жүргизиў) нызамшылықта белгиленген тәртипте шөлкемлестиреди ҳәм әмелге асырады.

Арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў мәселелери бойынша энергия сервис шәртнамаларына байланыслы талапларды ислеп шығады. Онда төмендегилер көрсетиледи:

энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар ҳәм де энергия сервис компанияларының оларды әмелге асырыў бойынша миннетлемелери;

энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша жумыслар режеси, соның ишинде, мақсетли бағдарламаны әмелге асырыў басқышлары;

ҳәр бир илаж бойынша инвестициялардың баҳасын баҳалаў ҳәм энергия көлемлерин ҳәмде қәрежетлерин анықлаў;

қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў илажларын баҳалаў;

шәртнаманы дүзиў ҳәм бийкар етиў шәртлерин көрсеткен ҳалда шәртнаманың өлшемлерин, сондай-ақ, шәртнаманың басқа қағыйдаларын белгилеў;

энергия сервис компанияларына режелестирилген жумысларды орынлаўда жәрдем беретуғын жумысты бөлип алып ислеўши ҳәм жәрдемши жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң ямаса басқа сервис шөлкемлериниң қатнасыўын баҳалаў;

орынланған жумысларды баҳалаў ҳәм сынақтан өткериў режеси;

шәртнаманың финанслық шәртлери;

шәртнамаға өзгерислер киргизиў тәртиби.

12-статья. Энергия сервис шәртнамасы

Энергия сервис шәртнамасы энергия сервис компаниясы ҳәм тутыныўшы арасындағы келисим болып, ол энергия сервис компаниясының энергия үнемлеўшилиги ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған хызметлери (жумыслары) бойынша тәреплердиң ҳуқықлары менен миннетлемелерин белгилейди.

Энергия сервис шәртнамасында төмендегилер белгиленеди:

энергия сервис компаниясы тәрепинен энергия сервис шәртнамасын орынлаў нәтийжесинде энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған хызметлер (жумыслар) көрсетиў шәртлери ҳәм де усы хызметлердиң (жумыслардың) көлеми;

энергия сервис шәртнамасының әмел етиў мүддети;

нызамшылықта белгиленген басқа шәртлер.

Энергия сервис шәртнамасына қосымша тәризде төмендегилер киргизилиўи мүмкин:

шәртнаманың әмел етиў дәўиринде жанылғы- энергетика ресурсларынан пайдаланыўдың басқа шәртлери;

пайдаланылатуғын жанылғы-энергетика ресурсларын өлшеў әсбапларын орнатыў ҳәм иске түсириў бойынша энергия сервис компаниясының миннетлемелери;

энергия сервис шәртнамасын әмелге асырыў нәтийжесинде үнемленген жанылғы-энергетика ресурсларының муғдарынан келип шығып, энергия сервис хызмети ушын сыйлықлаў пулларын төлеў.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер менен энергия сервис шәртнамалары нызамшылыққа муўапық дүзиледи.

4-бап. Энергетика менеджменти, энергия аудити ҳәм энергетика экспертизасы

13-статья. Энергетика менеджменти

Энергетика менеджменти жанылғы-энергетика ресурслары сарпланыўын азайтыў ҳәм оптималластырыў, тутыныўшылар ушын зәрүр муғдардағы жанылғы-энергетика ресурсларын ислеп шығарыў, тасыў ҳәм олардан пайдаланыў процесслерин турақлы басқарыў системасы болып табылады.

Энергетика менеджменти Мәмлекетлик энергетика реестрине киргизилген субъектлерде әмелге асырылады.

Энергетика менеджменти енгизилген субъектлер:

жанылғы-энергетика ресурслары жумсалыўын азайтыў ҳәм оптималластырыўға байланыслы илажларды әмелге асырады;

энергетика менеджменти тараўындағы хызметкерлерди (энергетика менеджерлерин) оқытыў ҳәм оларды аттестациядан өткериў жумысларын шөлкемлестиреди.

Халықаралық стандартлар талапларына муўапық энергетика менеджменти системасы енгизилетуғын министрликлер ҳәм уйымлардың дизими Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.

14-статья. Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўын методикалық ҳәм мәлимлеме жақтан қоллап-қуўатлаў

Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўында арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен әмелге асырылатуғын методикалық ҳәм мәлимлеме жақтан қоллап-қуўатлаў төмендеги илажларды өз ишине алады:

энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша методикалық ҳәм мәлимлеме ҳүжжетлерин таярлаў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге жеткериў ҳәмде олардың қолланылыўын мониторинг етиўге;

энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы ең нәтийжели жойбарларды таңлап алыўды ҳәм әмелге асырыўды тәмийинлеўге;

мониторинг системасын енгизиў ҳәм оны жетилистириўге;

энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўында раўажланған мәмлекетлердиң методикалық, мәлимлеме, техникалық ҳәм шөлкемлестириўшилик жақтан қоллап-қуўатлаў бағдарындағы тәжирийбесин әмелиятқа енгизиў бойынша усынысларды әмелге асырыўға.

15-статья. Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўында хызметкерлердиң маманлығын арттырыў

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша жуўапкер хызметкерлерди тайынлайды, сондай-ақ, усы бағдардағы қәнигелердиң маманлығын арттырады.

Экономика тармақлары ҳәм социаллық тараў объектлеринде, соның ишинде, Мәмлекетлик энергетика реестрине киргизилген субъектлерде энергия менеджменти бойынша оқыў бағдарламалары ислеп шығылады ҳәм арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым менен келисиледи.

Арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым энергия аудиторлары ҳәм энергетика менеджерлерин аттестациядан өткереди.

Арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым энергия аудиторлары ҳәм энергетика менеджерлерине сертификатластырыў имтиханларына таярлық көриў бойынша оқыў бағдарламаларын ислеп шығады ҳәм белгиленген тәртипте жәриялайды.

Энергия аудиторлары ҳәм энергетика менеджерлери аккредитациядан өткерилген оқыў орайларында, соның ишинде, жоқары билимлендириў шөлкемлеринде тәжирийбе арттырады. Оқыў орайларының дизими арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен жүргизиледи ҳәм белгиленген тәртипте жәрияланады.

16-статья. Энергия аудитин шөлкемлестириў

Энергия аудити мәжбүрий ҳәм ықтыярый түрде шөлкемлестириледи.

Мәжбүрий энергия аудити Мәмлекетлик энергетика реестрине киргизилген субъектлерде дәслепки, дәўирлик, гезексиз ҳәм экспресс энергия аудити түринде өткериледи.

Дәслепки энергия аудити энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўды баҳалаў мақсетинде өткериледи.

Дәўирлик энергия аудити бес жылда кеминде бир мәрте мәжбүрий тәртипте өткериледи.

Нәўбеттен тысқары энергия аудити Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарына муўапық өткериледи.

Экспресс энергия аудити энергия нәтийжелилигин арттырыў имканиятларын анықлаў, сондай-ақ, техникалық ҳәм технологиялық модернизациялаў жумысларын әмелге асырыў нәтийжесинде ерисилген энергия нәтийжелилиги көрсеткишлерин оператив анықлаў мақсетинде өткериледи.

Ықтыярый энергия аудити Мәмлекетлик энергетика реестрине киргизилмеген тутыныўшыларда энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде өткериледи.

Ишки энергия аудити жанылғы-энергетика ресурсларының анық түри, екилемши энергия ресурсларынан пайдаланыў, айрықша агрегат (агрегатлар топары) ямаса энергия нәтийжелилигиниң айрықша көрсеткишлери бойынша өткерилетуғын энергия аудити.

17-статья. Энергия аудитин өткериў

Жанылғы-энергетика ресурслары тутыныўшыларының энергия аудити Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте өткериледи.

Энергия аудити энергия аудити хызметлерин көрсетиўши ҳәм тутыныўшы арасында дүзилген шәртнамаға тийкарланып өткериледи.

Энергия аудитиниң тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат:

жанылғы-энергетика ресурсларын үнемлеў, олардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў потенциалын баҳалаў;

жанылғы-энергетика ресурслары тутыныўының прогрессив нормаларына өтиў бойынша тийкарланған усынысларды ислеп шығыў;

энергияны үнемлеўге байланыслы илажларды ислеп шығыў;

энергетика паспортын ислеп шығыў.

Энергия аудити нәтийжелери бойынша ислеп шығылған энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар мақсетли, аймақлық ҳәм тармақлық бағдарламаларға ҳәмде аудит өткерилип атырған юридикалық шахслардың энергияны үнемлеў бағдарламаларына киргизиледи.

Дәўирлик энергия аудити Өзэнергоинспекция менен келисилген ҳалда ҳәр жылы белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын кестелерге тийкарланып бес жылда кеминде бир мәрте өткериледи.

Мәжбүрий энергия аудити жоқары технологиялы өндирис үскенелерин үш жылдан аз болған дәўир ишинде орнатқан ҳәм тийкарғы технологиялық үскенелерди усы дәўир ишинде модернизациялаған ҳәмде Мәмлекетлик энергетика реестрине киргизилген субъектлерде экспресс энергия аудити түринде өткериледи.

Мәжбүрий энергия аудитин өткериў Өзэнергоинспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен келисилген техникалық тапсырмаға тийкарланып әмелге асырылады.

Ықтыярый энергия аудити энергия аудитин өткериў ушын ислеп шығылған техникалық тапсырмаға тийкарланып өткериледи.

Ишки энергия аудити Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипке муўапық кәрханалар ҳәм шөлкемлердиң энергетика менеджменти бөлимлери (топарлары) тәрепинен өткериледи.

Ишки энергия аудитин өткериўши шахслар:

ишки энергия аудитин өткериў ҳәм оның нәтийжелерин көрип шығыў ушын маман қәнигелерди тартыў;

ишки аудит өткериўде жүзеге келген мәселелер бойынша энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў ушын жуўапкер болған шахслардан түсиниклер ҳәм басқа да қосымша мәлимлеме алыў ҳуқықына ийе.

18-статья. Энергия аудити нәтийжелери бойынша энергетика паспортын жүргизиў тәртиби

Өзэнергоинспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы:

энергия аудити нәтийжелери бойынша дүзилген энергетика паспортларын улыўмаластырады, анализлейди, оларды қайта ислейди, оларды системаластырады ҳәм тийисли қарар қабыл етиў ушын арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымға усынады;

энергия аудити нәтийжелери бойынша дүзилген энергетика паспортларының Мәмлекетлик энергетика реестрине киргизилиўин тәмийинлейди.

Энергетика паспортларын жүргизиў процесинде алынған мәлимлеме тутыныўшылардың (физикалық шахслар буған кирмейди) жанылғы-энергетика ресурсларынан пайдаланыў ҳаққындағы мағлыўматларды мониторинг етиў ушын тийкар болады.

Өзэнергоинспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы энергия аудиторлары шөлкемлеринен энергетика паспортлары ҳаққындағы мәлимлемени энергия аудитинен ықтыярлы түрде өткерилген тутыныўшылардың разылығы менен алыўға ҳақылы.

Арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым мәмлекетлик энергетика реестринин, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мағлыўматлары тийкарында республиканың жалпы ишки өниминиң энергия сыйымлылығын ҳәмде жанылғы-энергетика ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин есаплайды ҳәм анализлейди.

19-статья. Энергетика экспертизасы

Энергетика экспертизасы жаңадан қурылып атырған ҳәм (ямаса) реконструкцияланып атырған объектлердиң жойбарлаў-смета ҳүжжетлериниң энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы нызам актлерине, соның ишинде, техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик актлер талапларына муўапықлығын тексериў ушын аккредитация етилген эксперт шөлкеми тәрепинен өткериледи.

Энергетика экспертизасын өткериў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген.

Энергетика экспертизасын өткериўдиң тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат:

жойбарлаў-смета ҳүжжетлериниң энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы нызам актлери, соның ишинде, мәжбүрий техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик актлер талапларына муўапықлығын баҳалаў;

жойбарлаў-смета ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған энергия нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы илажлардың жетерлилиги ҳәм тийкарланғанлығын баҳалаў.

Энергетика экспертизасы жанылғы-энергетика ресурсларын қазып алыў, ислеп шығарыў, қайта ислеў, тасыў, сақлаў, жеткерип бериў (бөлистириў, сатыў) ҳәм тутыныў менен байланыслы технологиялық процесслерде пайдаланылатуғын әсбап-үскенелер ҳәм қурылмалардың энергия нәтийжелилигин баҳалаў ушын өткериледи.

Жаңадан қурылатуғын ҳәм реконструкцияланатуғын объектлер, технологиялар ҳәм әсбап-үскенелер жойбарлаў-смета ҳүжжетлериниң энергия нәтийжелилигин арттырыў нормаларына муўапықлығы бойынша энергетика экспертизасынан мәжбүрий тәртипте өткерилиўи керек.

5-бап. Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўдың экономикалық механизмлери

20-статья. Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы бағдарламалар ҳәм жойбарларды қаржыландырыў

Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы миллий, тармақлық ҳәм аймақлық бағдарламалар ҳәмде жойбарлар Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети қаржылары, бюджет шөлкемлериниң бюджеттен тысқары қорларының қаржылары ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дереклер есабынан қаржыландырылады.

21-статья. Тармақлар аралық энергияны үнемлеў қоры

Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Тармақлараралық энергияны үнемлеў қоры (буннан былай текстте — қор) қаржыларын қәлиплестириў дереклери төмендегилерден ибарат:

кредитлеўден ҳәм қорлардың басқа финанс-хожалық жумысынан алынған пайда;

энергиядан ақылға уғрас пайдаланыў тараўындағы миллий, тармақлық ҳәм аймақлық бағдарламаларды ҳәмде жойбарларды әмелге асырыўдан алынған пайданың үлеси;

халықаралық финанс институтлары ҳәм донор шөлкемлер тәрепинен ажыратылатуғын грантлар ҳәм кредитлер;

мәмлекетлик үлес бойынша дивидендлер есабынан нефть-газ ҳәм электр энергетикасы тармақлары кәрханаларының сап пайдасынан ажыратылатуғын трансфертлер;

жанылғы-энергетика ресурсларын шәртнамада белгиленген нормалардан артықша пайдаланғаны ушын қосымша төлемлерден алынған түсимлер;

нызамшылықта қадаған етилмеген басқа түсимлер.

22-статья. Энергия тутыныўшыларына берилетуғын жеңилликлер

Энергия тутыныўшыларына жеңилликлер нызамға ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарларына муўапық берилиўи мүмкин.

6-бап. Экономика тармақларында ҳәм социаллық тараў объектлеринде энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бағдарлары

23-статья. Экономика тармақларында ҳәм социаллық тараў объектлеринде энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў

Экономика тармақларында ҳәм социаллық тараў объектлеринде энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бағдарлары қатарына төмендегилер киреди:

энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўында мониторинг системасын енгизиў;

энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўында методикалық ҳәм мәлимлеме тәмийнатын әмелге асырыў;

басшылар ҳәм қәнигелердиң энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы билим ҳәм көнликпелерин арттырып барыў;

энергия аудити турақлы түрде өткерилиўин тәмийинлеў;

жанылғы-энергетика ресурсларынан пайдаланыўдың белгиленген нормаларына қатаң әмел етиў;

ислеп шығарылып атырған өним (жумыслар, хызметлер) бирлиги ушын жумсалып атырған жанылғы-энергетика ресурсларының жоғалтыўларын қысқартыўға қаратылған илажларды белгилеў;

энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы халықаралық стандартларды қолланыў;

барлық түрдеги имаратларды ысытыў ҳәм суўытыў, жақтыландырыў, ыссы ҳәм суўық суў тәмийнатындағы энергия жумсалыўын тәртипке салыўшы автоматластырылған системаларды енгизиў.

24-статья. Санаат кәрханаларында энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў

Санаат кәрханаларында энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бағдарларына төмендегилер киреди:

жаңа заманагөй, инновациялық, энергияны үнемлейтуғын технологияларды, соның ишинде, энергияны үнемлейтуғын сырт ел технологияларын тартыў арқалы санаат кәрханаларын басқышпа-басқыш модернизациялаў ҳәм реконструкциялаў;

техникалық жақтан қайта үскенелеўге қаратылған перспективалы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў;

цехлардың айрықша участкаларында жанылғы-энергетика ресурслары есабын жүргизиў;

ишки энергия аудити нәтийжелери бойынша шөлкемлестириўшилик-техникалық илажларды ислеп шығыў ҳәм олардың орынланыўын тәмийинлеў;

басшылар ҳәм қәнигелердиң энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы билим ҳәм көнликпелерин арттырып барыў;

пайдаланылып атырған айырым әсбап-үскенелер ушын жанылғы-энергетика ресурслары тутыныўының ең жоқары нормаларын белгилеў;

кәрханаларда ислеп шығарылып атырған өним бирлиги ушын сарпланатуғын жанылғы-энергетика ресурслары нормаларын белгилеў;

халықаралық стандартларға муўапық энергетика менеджменти системасын басқышпа-басқыш енгизиў;

энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған жойбарларды әмелге асырыў ушын халықаралық финанс институтларының, сырт ел ҳәм жергиликли инвесторлардың қаржыларын тартыў.

25-статья. Қурылыс тараўында энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў

Қурылыс тараўында энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бағдарларына төмендегилер киреди:

имаратлар, қурылмалар қурылысында ҳәмде турақ жайларда энергия нәтийжелилигин арттырыўға ҳәм энергияны үнемлеўге тийисли нормативлик көрсеткишлерди белгилеў;

басшылар ҳәм қәнигелердиң энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бағдарындағы билим ҳәм көнликпелерин арттырып барыў;

тармақтағы кәрхана ҳәм шөлкемлерде пайдаланыўда болған әсбап-үскенелер ҳәмде үскенелер ушын жанылғы-энергетика ресурслары тутыныўының ең жоқары нормаларын белгилеў;

пайдаланыў майданы 200 квадрат метрден артық болған имаратлар ҳәм қурылмалардың энергия нәтийжелилиги категориясын белгилеў;

имаратлар ҳәм қурылмалар ушын жанылғы-энергетика ресурслары тутыныўының ең аз нормаларын белгилеў ҳәм усы нормаларды ҳәр бес жылда қайта көрип шығыў;

энергияның жумсалыўы төмен болған имаратлар қурылысын хошаметлеў ҳәм қоллап-қуўатлаў;

халықаралық стандартларды есапқа алған ҳалда жанылғы-энергетика ресурслары тутыныўының орташа жыллық көрсеткишлерин анықлаў;

орайлық ямаса локал ысытыў системасына жалғанған көп квартиралы турақ жайларда ҳәм жасаў ушын мөлшерленбеген орынларда индивидуал есаплағышларды орнатыў;

көп квартиралы турақ жайларды ҳәм жасаў ушын мөлшерленбеген орынларды ысытыў (суўытыў) системаларында энергия жумсалыўының ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде есап-санақты ҳәр бир тутыныўшыға өз алдына орнатылған есаплағышлар арқалы әмелге асырыў;

энергия аудити нәтийжелери бойынша шөлкемлестириўшилик-техникалық илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы жойбарларды қаржыландырыў ушын халықаралық финанс институтларының, сырт ел ҳәм жергиликли инвесторлардың қаржыларын тартыў.

Имаратлар ҳәм қурылмаларды қурыўда ҳәмде реконструкциялаўда ыссылық изоляциясы көрсеткишлерин тәмийинлеўдиң тийкарғы бағдарларына төмендегилер киреди:

жыллылық изоляциясы бойынша халықаралық стандартлар талапларына әмел етиў;

жыллылық изоляциялайтуғын материаллардан пайдаланыў;

еки камералы айналар орнатылыўын хошаметлеў;

қуяш суў ысытқышларынан, энергия жумсалыўы жағынан нәтийжели қурылыс материаллары ҳәм конструкцияларынан пайдаланыў;

капитал оңланатуғын имаратлар ҳәм объектлерге жаңа имаратлар ҳәм объектлерге қойылатуғын талапларды қолланыў.

Өзбекстан Республикасы Қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы министрлигиниң қарары менен төмендеги категориядағы имаратлар ҳәмде қурылмаларға усы статьяда нәзерде тутылған талаплар қолланылмаўы мүмкин:

материаллық мәдений мийрас объектлери, мәмлекетлик музейлер ҳәм қорғалатуғын тәбийий аймақлар, егер энергия нәтийжелилиги бойынша белгиленген минимал талапларға әмел етиў имаратлар ҳәм қурылмалардың сыртқы көриниси, тарийхый әҳмийети өзгериўине алып келиўи ямаса оларға басқаша тәризде тәсир етиўи мүмкин болса;

диний шөлкемлердиң имаратлары;

пайдаланыў мүддети еки жылдан аспаған ўақтынша имаратлар, энергия нәтийжелилиги төмен болған санаат объектлери, жасаў ушын мөлшерленбеген аўыл хожалығы имаратлары.

Өзбекстан Республикасы Қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы министрлиги ҳәр үш жылда бир мәрте имаратлар ҳәм объектлердиң энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў, “энергия жумсалыўы ноль” болған имаратлар ҳәм объектлер санын көбейтиў ҳаққындағы жумыслар бойынша есабат жәриялап барады.

26-статья. Транспорт тараўында энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў

Транспорт тараўында энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бағдарлары төмендегилерден ибарат:

барлық түрдеги транспорт қураллары ушын жанылғы-энергетика ресурслары тутыныўының ең жоқары нормаларын белгилеў;

энергия аудити нәтийжелери бойынша шөлкемлестириўшилик-техникалық илажларды әмелге асырыў;

электромобиллерди қуўатлаў станциялары ҳәм электромобиллерге өтиўди хошаметлеў бойынша қосымша илажларды әмелге асырыў.

27-статья. Турмыслық техникадан пайдаланыўда энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў

Турмыслық техникадан пайдаланыўда энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бағдарлары төмендегилерден ибарат:

энергия нәтийжелилиги төмен болған турмыслық техника өнимлерин сатыўға шеклеўлер орнатыў;

энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы халықаралық стандартларды қолланыў;

турмыслық техника әсбап-үскенелериниң энергия нәтийжелилиги категорияларын белгилеў (тамғалаў);

жанылғы-энергетика ресурсларын тутыныўшы турмыслық техника әсбап-үскенелерин белгиленген тәртипте сертификатластырыў;

сынаў лабораторияларын енгизиў ҳәм раўажландырыў.

28-статья. Ыссылық тәмийнаты ҳәм коммуналлық хызмет көрсетиў кәрханаларында энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў

Ыссылық тәмийнаты ҳәм коммуналлық хызмет көрсетиў кәрханаларында энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бағдарлары төмендегилерден ибарат:

коммуналлық хызмет көрсетиў кәрханаларында пайдаланыўда болған әсбап-үскенелер ҳәмде үскенелер ушын жанылғы-энергетика ресурслары сарпланыўының ең жоқары нормаларын белгилеў;

Бирден-бир ыссылық диспетчерлик орайы арқалы орайласқан ыссылық тәмийнаты системаларын басқарыў;

ыссылық тәмийнаты кәрханалары ҳәм тутыныўшылар тәрепинен тутыныў режимлерине әмел етилиўин мониторинг етиў;

ыссылық энергиясының сапа көрсеткишлерин енгизиў;

суўытыў, вентиляция ҳәм ыссылық тәмийнатының сапасын жақсылаў;

ыссылық тәмийнаты тармақларында, сондай-ақ, имарат ҳәм объектлерде ыссылық қорғаўды жақсылаў;

ыссылық тәмийнаты трубаларын изоляциялаў;

жандырғышларды жаңалаў, ҳаўа ҳәм жанылғы қатнасын оптималластырыў;

ыссылық тәмийнаты муғдарының өзгериўине салыстырғанда ыссы суў муғдарының өзгериўин енгизиў;

орайласқан ыссылық тәмийнаты системаларында гидравликалық режимлерди сазлаў ҳәм автоматластырыў;

ыссылық тәмийнаты тараўында тариф сиясатын жетилистириў, соның ишинде, ыссылық энергиясы тутыныўшыларының есап-санақларын еки басқышлы коммуналлық төлемлер тарифлерине өткериў;

тутыныўшыларда ыссылық энергиясы (ыссы суў) жумсалыўын өлшеў әсбапларын толық орнатыў;

энергия аудити нәтийжелери бойынша шөлкемлестириўшилик-техникалық илажлар ислеп шығылыўын ҳәм орынланыўын тәмийинлеў;

қазанханаларды модернизациялаў ҳәм реконструкциялаўға, энергия нәтийжелилиги төмен болған қазанханаларды басқышпа-басқыш эксплуатациядан шығарыўға, ыссылық энергиясын ислеп шығарыў ушын жанылғы жумсалыўын азайтыўға қаратылған жойбарларды әмелге асырыў;

ыссылық тәмийнаты ҳәм коммуналлық хызмет көрсетиў кәрханаларында ислеп шығарылып атырған өним бирлигине сарпланатуғын жанылғы-энергетика ресурслары нормаларын белгилеў;

халықаралық финанс институтларының ҳәмде сырт ел ҳәм жергиликли инвесторлардың қаржыларын тартыў;

басшылар ҳәм қәнигелерди қайта таярлаў ҳәмде олардың қәнигелигин асырыў.

29-статья. Орайласқан ыссылық тәмийнаты системаларында энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў

Орайласқан ыссылық тәмийнаты системаларында энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бағдарларына төмендегилер киреди:

ыссылық тәмийнаты орайларына жалғанған социаллық тараў объектлерин, жеке меншик сектор имаратларын ҳәм жаңадан қурылған турақ жай комплекслерин ыссылық тәмийнаты системаларынан ажыратыў;

кондиционер ямаса ыссылық насосы ҳәм ыссы суў тәмийнаты ушын еркин суўытыў (ысытыў) системасын енгизиў;

социаллық тараў объектлеринде, жеке меншик сектор имаратларында ҳәм жаңадан қурылған турақ жайларда локал қазанханалардан пайдаланыў есабынан тәбийий газден пайдаланыўды үнемлеў;

социаллық тараў объектлеринен, жеке меншик сектор имаратларынан ҳәм жаңадан қурылған жайлардан ибарат жаңа комплексти қурыўда имаратлар ҳәм қурылмалар ушын арнаўлы ыссылық тәмийнаты системасын орнатыў;

бар имаратлар ҳәм қурылмаларды капитал оңлаўда оларды жаңа имаратлар ҳәм қурылмаларға қолланылатуғын талапларға муўапық орайласқан ыссылық тәмийнаты системасынан ажыратыў.

Жанылғы-энергетика ресурсларының басқа дереклерине жалғаныў имканияты болмаған жағдайларда ыссылық қабыл етиўши ҳәм ыссылық тәмийнаты системасында ыссылық жоғалтыўының алдын алыў бойынша барлық илажлар көрилгеннен кейин орайласқан ыссылық тәмийнатына жалғаныўға руқсат етиледи.

30-статья. Аўыл ҳәм суў хожалығында энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў

Аўыл хожалығы системасында энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бағдарлары төмендегилерден ибарат:

аўыл хожалығы мүтәжликлери ушын суў ресурсларынан пайдаланыўшы тутыныўшылардың бар насос станцияларын ҳәр жылы бир мәрте тексериў;

энергия аудити нәтийжелери бойынша шөлкемлестириўшилик-техникалық илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

энергия жағынан нәтийжели насосларда реактив қуўатлылықты компенсациялаў ҳәм оларда қуяш фотоэлектр системаларын жайластырыў имканиятларын белгилеў.

Суў хожалығы системасында энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бағдарлары төмендегилерден ибарат:

энергия аудити нәтийжелери бойынша шөлкемлестириўшилик-техникалық илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў, қайта ислеў, сақлаў ҳәм тасыўда үскенелердиң энергия нәтийжелилигин арттырыў ушын илимий изертлеўлер өткериў ҳәмде жетилистирилген технологияларды қолланыў.

31-статья. Сыртқы жақтыландырыў системаларында энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў

Сыртқы жақтыландырыў системаларында энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бағдарлары төмендегилерден ибарат:

жойбарлаў жумысларын халықаралық стандартларға муўапық әмелге асырыў;

энергия жағынан үнемлеўши ҳәм жоқары нәтийжели жақтыландырыў үскенелеринен пайдаланыў;

қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў;

энергия аудити нәтийжелери бойынша шөлкемлестириўшилик-техникалық илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

аймақларда жақтыландырыў системаларын ўақыт аралықларына муўапық түрде пайдаланыў.

32-статья. Энергия тәмийнаты ҳәм басқа жанылғы-энергетика тармағы шөлкемлериниң энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша миннетлемелери

Қарақалпақстан Республикасы аймағында жумыс алып барып атырған нефть өнимлери, электр ҳәм ыссылық энергиясы ҳәмде тәбийий газди жеткерип бериўши энергия тәмийнаты шөлкемлери, энергияны усақлап сатыў менен шуғылланыўшы шөлкемлер, суйық жанылғының усақлап сатыўшылары ҳәм ақырғы тутыныўшыларға жанылғыны тиккелей жеткерип бериўшилер энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажларды орынлаўы шәрт.

7-бап. Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы мәмлекетлик қадағалаў ҳәм мониторинг

33-статья. Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы мониторинг

Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы мониторингти арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым әмелге асырады.

Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў мониторинги төмендегилерден ибарат:

энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў объектлериниң техникалық көрсеткишлерин, жанылғы-энергетика ресурсларының жумсалыўын, сондай-ақ, өндирис көлемлери (өзине түсер баҳасы) ҳәм финанслық көрсеткишлерди өз ишине алған мағлыўматлар базасын жүргизиў;

мағлыўматлар базасы тийкарында бирден-бир мәлимлеме-таллаў системасын жаратыў;

интеграцияласқан мәлимлеме-таллаў системасының мағлыўматлары тийкарында экономика тармақлары ҳәм жумыс түрлери бойынша энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша турақлы мониторинг алып барыў;

жоқары маман экспертлерди тартқан ҳалда кәрханаларға энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша тийисли усыныслар бериў.

34-статья. Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы мәмлекетлик қадағалаў

Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, энергия сапасының нормативлик актлерде белгиленген көрсеткишлерине әмел етилиўи тараўындағы мәмлекетлик қадағалаў Өзэнергоинспекция Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен нызамшылыққа муўапық әмелге асырылады.

35-статья. Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы статистиканы жүргизиў

Қарақалпақстан Республикасында энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы статистиканы жүргизиў Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Статистика агентлиги тәрепинен әмелге асырылады.

Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша статистикалық мағлыўматларды қәлиплестириўдиң бағдарлары төмендегилерден ибарат:

арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги менен биргеликте энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы мақсетли көрсеткишлерди (индикаторларды) тараўлар бойынша қәлиплестириў;

арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен жанылғы-энергетика ресурсларының тутыныў көлеми ҳәм қурамы, сондай-ақ олардан ақылға уғрас пайдаланыўды шөлкемлестириў ҳаққындағы мәлимлемени қәлиплестириў.

36-статья. Жанылғы-энергетика ресурсларын есапқа алыў

Қазып алынып атырған, ислеп шығарылып атырған, қайта исленип атырған, узатылып атырған, сақланып атырған, жеткерип берилип атырған (бөлистирилип атырған, сатылып атырған) ҳәм тутынып атырған жанылғы-энергетика ресурсларын есапқа алыў белгиленген стандартлар ҳәм нормаларға муўапық әмелге асырылады.

Жанылғы-энергетика ресурсларын ислеп шығарыў ҳәм пайдаланыў ҳаққындағы мәлимлемениң исенимлилиги ушын жуўапкершилик тийисли кәрханалар ҳәм шөлкемлердиң басшыларына жүкленеди.

Норматив дәрежеден жоқары болған энергия ресурсларын талап ететуғын ҳәм есапқа алыў, қадағалаў ҳәм тәртипке салыў қурылмалары режелестирилмеген санаат, жәмийетлик ҳәм турақ жай имаратларын қурыў жойбарларын тастыйықлаўға жол қойылмайды.

Пайдаланыўға тапсырылып атырған санаат, жәмийетлик ҳәм турақ жай имаратларында қурылмалар ҳәм өлшеў системалары арқалы энергия тутыныў нормаларына әмел етилиўин қадағалаў тәртиби арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен белгиленеди.

8-бап. Жанылғы-энергетика ресурсларының тутыныў нормалары

37-статья. Жанылғы-энергетика ресурслары тутыныў нормаларын белгилеўдиң мақсет ҳәм ўазыйпалары

Жанылғы-энергетика ресурслары тутыныў нормаларын белгилеў өним (жумыслар, хызметлер) ислеп шығарыўды режелестириўде жанылғы-энергетика ресурсларының техникалық-экономикалық жақтан тийкарланған жумсалыўынан пайдаланыўды тәмийинлеў мақсетинде әмелге асырылады.

Жанылғы-энергетика ресурсларының энергия тәмийнаты дереклери түрине қарамастан, юридикалық шахслар тәрепинен тийкарғы ҳәм жәрдемши өндирис ҳәмде эксплуатация мүтәжликлери ушын жумсалған жанылғы, ыссылық ҳәм электр энергиясы тутыныў нормаларына киргизиледи.

Жанылғы-энергетика ресурсларынан пайдаланыў нормаларын белгилеў энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы илим ҳәм техниканың заманагөй жетискенликлерине, жанылғы-энергетика ресурсларынан нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў талапларын есапқа алатуғын бирден-бир методикалық ҳәм шөлкемлестириў принциплерине тийкарланады.

Жанылғы-энергетика ресурслары тутыныўы нормаларын белгилеўдиң бирден-бир методикалық ҳәм шөлкемлестириўшилик принциплерин ислеп шығыў арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен әмелге асырылады.

Жанылғы-энергетика ресурслары тутыныў нормаларын белгилеў төмендеги ўазыйпаларды өз ишине алады:

бирден-бир методикалық тийкарда өнимлердиң (жумыслардың, хызметлердиң) тийисли түрлерине муўапық нормаларын ислеп шығыў;

нормаларды белгилеўде өндирис шараятларын, илим-техника раўажланыўының жетискенликлерин енгизиў, энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў илажларын есапқа алыў;

жанылғы-энергетика ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, мийнет жәмәәтлериниң энергияны үнемлеў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўға қызығыўшылығын күшейтиў илажларын көриў;

өним (жумыслар, хызметлер) ислеп шығарыўда жанылғы-энергетика ресурсларынан пайдаланыўдың ең үнемли көрсеткишлерине ерисиў.

38-статья. Жанылғы-энергетика ресурслары тутыныўының нормаларын белгилеў

Жанылғы-энергетика ресурсларының улыўма жыллық тутыныў нормасы бес жүз ҳәм оннан артық тонна шәртли жанылғы ҳәм (ямаса) еки жүз елиў ҳәм оннан артық тонна мотор жанылғысы жумсайтуғын физикалық ҳәм юридикалық шахслар ушын белгиленеди.

39-статья. Жанылғы-энергетика ресурслары тутыныўының әмелдеги ҳәм прогрессив нормалары

Бес жүз ҳәм оннан артық тонна шәртли жанылғы ҳәм (ямаса) еки жүз елиў ҳәм оннан артық тонна мотор жанылғысы көлеминде жанылғы-энергетика ресурсларынан пайдаланыўдың әмелдеги нормалары энергия аудити нәтийжелери бойынша ямаса ең жақсы бар технологияларды пайдаланған ҳалда салыстырыў усылларын қолланыў тийкарында бир жылға шекемги мүддетке белгиленеди.

Жанылғы-энергетика ресурсларының жыллық тутыныўының прогрессив нормативлери жанылғы-энергетика ресурсларының улыўма жыллық тутыныўынан келип шығып бес жыл мүддетке белгиленеди.

40-статья. Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў көрсеткишлериниң нормаларын белгилеў

Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўында мақсетли көрсеткишлер ҳәм жанылғы-энергетика ресурсларынан пайдаланыўдың режели ҳәм әмелдеги қунлары, энергия сыйымлылығы, соның ишинде қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў көрсеткишлери ҳәм энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳаққындағы нызамшылыққа муўапық басқа да көрсеткишлердиң нормалары белгиленеди.

9-бап. Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы мәмлекетлик мәлимлеме системасы

41-статья. Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы мәлимлеме тәмийнаты

Тармақлар ҳәм тараўларда энергия сыйымлылығы, энергияны үнемлеў имканиятлары ҳаққында мәлимлеме алыў мақсетинде энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы мәмлекетлик мәлимлеме системасы жүргизиледи.

Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы мәмлекетлик мәлимлеме системасын жүргизиў арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен әмелге асырылады.

Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы мәмлекетлик мәлимлеме системасы төмендеги мәлимлемени өз ишине алады:

энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы аймақлар ҳәм шөлкемлердиң бағдарламаларын;

шөлкемлер тәрепинен пайдаланылатуғын жанылғы-энергетика ресурсларын қысқартыў көлемлерин;

экономика тармақлары, социаллық тараў ҳәм турақ жай коммунал хожалығы объектлерине тийисли болған улыўмаласқан жанылғы-энергетика ресурсларынан пайдаланыў көлемин;

жанылғы-энергетика ресурсларын есапқа алыў өлшеў қураллары менен үскенеленгенлигин;

энергетика паспортларында бар болған мәлимлемени қайта ислеў, оны қайта ислеў, системаластырыў ҳәм таллаў процесинде алынған мағлыўматларды;

энергетика хызметлерин көрсетиў ушын шәртнамалар дүзиў ҳәм оларды әмелге асырыў процесинде жанылғы-энергетика ресурсларын режелестирилген үнемлеў көлемлери (соның ишинде, баҳадағы көринисинде) ҳаққындағы мағлыўматларды;

жанылғы-энергетика ресурсларынан пайдаланыў менен байланыслы болған ҳәм жоқары энергия нәтийжелилигине ийе болған өнимлер, технологиялық процеслер, энергияны үнемлеўдиң ең нәтийжели илажларын;

мәмлекет тәрепинен энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўды қоллап-қуўатлаўға қаратылған көрсеткишлерди;

энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы нормативлик ҳуқықый актлерди;

энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын басқа да мәлимлемени.

Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы мәмлекетлик мәлимлеме системасына киргизилген мағлыўматлар арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымның Интернет жәҳән мәлимлеме тармағындағы рәсмий веб-сайтына мәжбүрий тәртипте жайластырылады ҳәм ҳәр шеректе бир мәрте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипке муўапық жаңаланады.

Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы мәмлекетлик мәлимлеме системасына киргизилген мағлыўматлар нызамшылық актлериниң талапларына әмел еткен ҳалда жәрияланады.

42-статья. Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳаққындағы мәлимлемени ғалабалық ен жайдырыў

Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳаққындағы мәлимлемени ғалабалық ен жайдырыў бойынша жанылғы-энергетика ресурсларын ислеп шығарыўшылар ҳәмде жеткерип бериўшилер төмендегилерди әмелге асырады:

энергия жағынан нәтийжели алдынғы технологиялар ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклериниң абзаллықлары ҳаққында мәлимлеме таярлаў ҳәм барлық тутыныўшыларға тарқатыў;

арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымға анық илажлар бойынша ҳәм энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўда ерисилген нәтийжелер ҳаққында жыллық есабатларды усыныў;

жылына кеминде бир мәрте тутыныўшыларды энергия жумсалыўы ҳәм тутыныўы ҳәмде қәрежетлер тенденциялары ҳәм параметрлери ҳаққында хабардар етиў;

энергия тутыныўшыларын жеткерип берилетуғын энергиядан, соның ишинде, қайта тиклениўши энергия дереклеринен ақылға уғрас пайдаланғанда хошаметлеў ҳаққында хабардар етиў бағдарламасын ислеп шығыў;

энергия үнемлеўшилиги жоқары болған турмыслық электр үскенелеринен ҳәм әсбап-үскенелерден, биринши гезекте, энергия сарпланыўы жағынан нәтийжели суўытқышлар, музлатқышлар, суў ысытқышлар ҳәм жақтыландырыў лампаларынан пайдаланыўды ғалаба хабар қураллары арқалы үгит-нәсиятлаўды шөлкемлестириў.

10-бап. Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы жуўапкершилик

43-статья. Нефть, газ конденсаты, нефть өнимлери ҳәм суйылтырылған углеводород газинен пайдаланыўдағы қағыйдабузарлықлар

Ислеп шығарыўшы, жеткерип бериўши ҳәмде сатыўшылар тәрепинен сапасы белгиленген талапларға муўапық болмаған нефть, газ конденсаты, нефть өнимлери ҳәм суйылтырылған углеводород газди реализациялаў — сапасы белгиленген талапларға муўапық болмаған реализация етилген товар баҳасының елиў проценти муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

Нызамшылықта белгиленген тәртипте сертификатластырыўдан өткерилмеген ҳәм белгиленген тәртипте тамғаланбаған нефть өнимлери ҳәм суйылтырылған углеводород газди қадағалаў өлшеў әсбаплары ҳәм жанылғы тарқатыў үскенелери арқалы тутыныўшыларға жеткерип бериў, сондай-ақ, қадағалаў өлшеў әсбапларына сырттан тиккелей тәсир етиў — қадағалаў өлшеў әсбаплары ҳәм жанылғы тарқатыў үскенелериниң ақырғы тексериўи өткерилген күннен баслап реализация етилген товар баҳасының елиў проценти муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

44-статья. Тәбийий газден пайдаланыўдағы қағыйдабузарлықлар

Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы мәмлекетлик қадағалаў уйымларының тийисли рухсатнамасы ҳәм жуўмағысыз тәбийий газден пайдаланыў қурылмаларында сынаў-сазлаў жумысларын әмелге асырыў — жумысларды әмелге асырған юридикалық шахсларға иске түсириў-сазлаў жумыслары есапланған көлеминиң он проценти муғдарында жәрийма салыўға ҳәм барлық жумысларды тоқтатып, тутыныўшыны (қурылманы) газ тармағынан ажыратыўға себеп болады.

Магистраль газ тармақлары ҳәм газ бөлистириў тармақлары арқалы тәбийий газди қабыл етиў, тасыў ҳәм жеткерип бериўде белгиленген нормадан артық технологиялық шығынларға жол қойыў, бул жағдай олардың ҳәрекетсизлиги нәтийжесинде жүзеге келген болса — газ тәмийнаты кәрханаларына артықша жоғалтылған газдиң елиў проценти муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

45-статья. Электр энергиясынан пайдаланыўдағы қағыйдабузарлықлар

Реактив қуўатлылық компенсациясы бойынша жумысларды шөлкемлестириў тәртибин бузыў ямаса оған әмел етпеў — әсбап-үскенелер ямаса нормативлик усыллар менен анықланған жоғалтылған электр энергиясы муғдары баҳасының елиў проценти муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

Жанылғы-энергетика ресурслары тутыныўшылары тәрепинен электр жақтыландырғышлардан нызамшылықта белгиленген нормалардан артықша, өндирислик зәрүрлик болмаған ҳалда пайдаланыў, сондай-ақ, аймақларды күнниң жақты дәўири даўамында мақсетсиз жақтыландырыў — нормадан артық ямаса күнниң жақты дәўиринде пайдаланылған электр энергиясы баҳасының елиў проценти муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

Энергия тутыныўшыларына сапа көрсеткишлери мәмлекетлик стандарт талапларына жуўап бермейтуғын электр энергиясын жеткерип бериў — сапасыз жеткерип берилген электр энергиясы баҳасының бир проценти муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

46-статья. Ыссылық энергиясынан пайдаланыўдағы қағыйдабузарлықлар

Жылына бес жүз ҳәм оннан аслам тонна шәртли жанылғыны ҳәм (ямаса) еки жүз елиў ҳәм оннан аслам тонна мотор жанылғысын тутыныўшы жанылғы-энергетика ресурслары тутыныўшылары тәрепинен ыссы суў, пуў ҳәм пуў конденсатының тийкарсыз жумсалыўы, атап айтқанда, ыссы суўдың ағып кетиўи, ыссылық ҳәм пуў тармақларынан, ыссылық пайдаланыўшы үскенелерден, ыссылық тармақларынан ыссылық изоляциясыз пайдаланыў — өлшеў әсбап-үскенелери арқалы ямаса нормативлик усыллар менен анықланған жоғалтылған ыссылық энергиясының баҳасының үш есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

Жанылғы-энергетика ресурслары тутыныўшылары тәрепинен ыссылық пайдаланыўшы үскенелерден ҳәм ыссылық тармақларынан техникалық жақтан пайдаланыў қағыйдаларында белгиленген талапларға жуўап бермейтуғын техникалық жағдайда пайдаланыў — усы үскене тәрепинен тутынылатуғын, узатылатуғын ямаса өзгертилетуғын ыссылық энергиясының орташа айлық муғдары баҳасының бес проценти муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

Ыссылық тәмийнаты шөлкеми тәрепинен норматив актлерде ямаса ыссылық тәмийнаты шәртнамасында нәзерде тутылған ыссылық энергиясының сапа көрсеткишлеринен шетке шығыў — сапа көрсеткишлери бузылған ҳалда тутыныўшыға берилген ыссылық энергиясы баҳасының бир проценти муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

47-статья. Сертификатланбаған энергетика үскенелеринен, энергия тәмийнаты тармақлары ҳәм системаларының элементлеринен пайдаланыў

Жанылғы-энергетика ресурслары тутыныўшылары тәрепинен сертификатланбаған энергетика үскенелеринен, энергия тәмийнаты тармақлары ҳәм системаларының элементлеринен пайдаланыў — сертификатланбаған энергетика үскенелери, энергия тәмийнаты тармақлары ҳәм системаларының элементлери жәрдеминде жумсалған ямаса узатылған энергия қунының он проценти муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

48-статья. Жанылғы-энергетика ресурслары тутыныўшылары тәрепинен энергетика тексериўлери ҳәм экспертизаларын өткериў қағыйдаларын бузыў

Жылына бес жүз ҳәм оннан артық тонна шәртли жанылғыны ҳәм (ямаса) еки жүз елиў ҳәм оннан артық тонна мотор жанылғысын жумсаған жанылғы-энергетика ресурслары тутыныўшылары тәрепинен белгиленген мүддетлерде мәжбүрий энергетикалық тексериўлерди өткермеў ямаса олар тәрепинен мәжбүрий энергетикалық тексериўлер нәтийжесинде белгиленген илажларды орынламаў — орташа айлық энергия тутыныў баҳасының үш проценти муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

49-статья. Финанслық санкцияларды қолланыў тәртиби

Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын финанслық санкциялар суд тәртибинде қолланылады, хожалық жүргизиўши субъект жүз берген ҳуқықбузарлықтағы айыбын тән алған ҳәм финанслық санкцияның суммасын ықтыярлы түрде төлеген жағдайлар буған кирмейди.

Финанслық санкциялар энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў шеңберинде өткерилетуғын қадағалаў илажлары тийкарында қолланылады. Онда энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы мәмлекетлик қадағалаў уйымларының ўәкилликли шахслары тәрепинен қадағалаў илажларын өткериў даўамында анықланған ҳуқықбузарлық ҳаққында акт дүзиледи.

Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы мәмлекетлик қадағалаў уйымларының ўәкилликли шахслары тәрепинен усы статьяның екинши бөлимине муўапық дүзилген акт ҳәмде усы шахслардың ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен белгиленген тәртипте жоқары турыўшы уйымға ямаса судқа шағым етилиўи мүмкин.

Егер өндирилиўи керек болған финанслық санкция муғдары хожалық жүргизиўши субъекттиң ақырғы есап бериў күниндеги ағымдағы активлериниң жигирма процентинен артса, финанслық санкция суммасын финанслық санкцияны қолланыў ҳаққындағы қарар қабыл етилген күннен баслап алты ай даўамында бөлип-бөлип төлеўге жол қойылады.

Егер энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўында биринши мәрте ҳуқықбузарлық ислеген хожалық жүргизиўши субъект жол қойылған ҳуқықбузарлықты ықтыярлы түрде сапластырған ҳәм жеткерилген зыянды толық қаплаған болса, финанслық санкция қолланылмайды.

Егер жанылғы-энергетика ресурсларынан нәтийжесиз пайдаланыў, олардың нормадан артық жумсалыўы ҳәм жоғалтылыўы тәбийий апатшылықлар, авариялар ҳәм басқа да айрықша жағдайлардың ақыбетлерин Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ямаса жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының қарарларына муўапық сапластырыў процесинде жүзеге келген болса, финанслық санкция қолланылмайды.

11-бап. Жуўмақлаўшы қағыйдалар

50-статья. Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы халықаралық бирге ислесиў

Төмендегилер халықаралық бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары болып табылады:

энергия жағынан нәтийжели технологияларды сырт ел ҳәм халықаралық шөлкемлер менен өз-ара пайдалы алмасыў;

энергиядан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеўши мәмлекетлер аралық қоспа жойбарларды республикада әмелге асырыў;

энергиядан ақылға уғрас пайдаланыў тараўындағы халықаралық жойбарларда қатнасыў;

энергия жағынан нәтийжелилик көрсеткишлерин халықаралық стандартлардың талапларына сәйкеслендириў, сондай-ақ, сертификатластырыў нәтийжелерин өз-ара тән алыў.

51-статья. Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳаққындағы нызамшылықты бузғаны ушын жуўапкершилик

Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.

52-статья. Қарақалпақстан Республикасының айырым нызам актлерин өз күшин жойытқан деп табыў

Төмендегилер өз күшин жойытқан деп табылсын:

1) Қарақалпақстан Республикасының 1997-жылы 15-декабрьдеги “Энергияны рационал пайдаланыў ҳаққында”ғы 293/1-санлы Нызамы.

2) Қарақалпақстан Республикасының 2003-жылы 12-ноябрьдеги “Қарақалпақстан Республикасының айырым Нызамларына өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы 227/II-санлы Нызамының VIII бәнти.

3) Қарақалпақстан Республикасының 2008-жылы 12-ноябрьдеги “Қарақалпақстан Республикасының айырым Нызамларына өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы 201/III-санлы Нызамының III бәнти.

4) Қарақалпақстан Республикасының 2016-жылы 10-июньдағы “Қарақалпақстан Республикасының айырым Нызамларына өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы 92/IX-санлы Нызамының 7-статьясы.

53-статья. Усы Нызамның орынланыўын, жеткерилиўин, мазмуны ҳәм әҳмийети түсиндирилиўин тәмийинлеў

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер усы Нызамның орынланыўын, орынлаўшыларға жеткерилиўин ҳәмде мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети халық арасында түсиндирилиўин тәмийинлесин.

54-статья. Нызамшылықты усы Нызамға муўапықластырыў

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси:

ҳүкимет қарарларын усы Нызамға муўапықластырсын;

мәмлекетлик басқарыў уйымлары усы Нызамға қайшы келетуғын өз нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерин қайта көрип шығыўын ҳәм бийкар етиўин тәмийинлесин.

55-статья. Усы Нызамның күшке кириўи

Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап үш ай өткеннен кейин күшке киреди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. ОРЫНБАЕВ

Нөкис қаласы,

2026-жыл 15-июнь,

№ 120/XII

lex.uz