Boshqa hujjatlar · Qaraqalpaqstan Respublikasiniң
Rasmiy matn. Rasmiy hujjat. Tahririy izohlar kiritilmagan.
Boshqa hujjatlar · Qaraqalpaqstan Respublikasiniң
Rasmiy matn. Rasmiy hujjat. Tahririy izohlar kiritilmagan.
Бошқа ҳужжатлар · Қарақалпақстан Республикасының
Расмий матн. Расмий ҳужжат. Таҳририй изоҳлар киритилмаган.
Другие документы · Қарақалпақстан Республикасының
Официальный текст. Официальный документ. Редакционные примечания не включены.
Other documents · Qaraqalpaqstan Respublikasiniң
Official text. Official document. Editorial notes are not included.
Қарақалпақстан Республикасының
Нызамы
Туризм ҳаққында
1-бап. Улыўма режелер
1-статья. Усы Нызамның мақсети
Усы Нызамның мақсети туризм тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.
2-статья. Туризм ҳаққындағы нызамшылық
Қарақалпақстан Республикасының туризм ҳаққындағы нызамшылығы усы Нызам ҳәм басқа да нызамшылық актлеринен ибарат.
Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасында Қарақалпақстан Республикасының туризм ҳаққындағы нызамшылығында нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шәртнама қағыйдалары қолланылады.
3-статья. Тийкарғы түсиниклер
Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады:
гид (гид-аўдармашы) — мәлимлемеге байланыслы ҳәм шөлкемлестириўшилик хызметлерин көрсетиў, туристлер ҳәм экскурсантларды ўақытша болатуғын мәмлекеттеги (орындағы) туристлик ресурслар менен таныстырыў ушын кәсиплик таярлық көрген, Өзбекстан Республикасы резиденти болған физикалық шахс;
инструктор-жол баслаўшы — туристлик жөнелислерде туристлер ҳәм экскурсантларды бирге алып жүриўши ҳәмде олардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын кәсиплик таярлық көрген Өзбекстан Республикасы резиденти болған физикалық шахс;
бийғәрез туризм — туристлер тәрепинен туроператорлар ҳәм турагентлердиң қатнасыўысыз бийғәрез түрде шөлкемлестирилетуғын саяхат;
туризм тараўының субъектлери — туристлик хызметлер жыйнағын ямаса олардың бир бөлегин көрсетиў, қосымша туристлик хызметлерди (жумысларды) орынлаў ҳәмде туристлер ҳәм экскурсантларға товарларды реализациялаў бойынша исбилерменлик жумысын әмелге асыратуғын юридикалық ҳәм физикалық шахслар;
тур — туристлик хызметлердиң кеминде еки түрин өз ишине алған туристлик хызметлер жыйнағы менен тәмийинленген, белгиленген жөнелис бойынша анық мүддетлердеги саяхат;
туризм — физикалық шахстың ўақытша болатуғын мәмлекеттеги (орындағы) дереклерден дәрамат алыў менен байланыслы болған жумыс пенен шуғылланбаған ҳалда турақлы жасайтуғын орнынан жөнеп кетиўи (саяхат етиўи);
турист — ўақытша болатуғын мәмлекеттеги (орындағы) дереклерден дәрамат алыў менен байланыслы болған жумыс пенен шуғылланбаған ҳалда, ўақытша болатуғын мәмлекетте (орында) жигирма төрт сааттан избе-из он еки айға дейин болған дәўирге барыўшы ямаса ўақытша болатуғын мәмлекетте (орында) кеминде бир түн қонып қалатуғын физикалық шахс;
туристлик ваучер — туристтиң тур қурамына киретуғын хызметлерге болған ҳуқықын белгилейтуғын ҳәм олардың ҳақы төленгенлиги фактын тастыйықлайтуғын ҳүжжет;
туристлик жөнелис — саяхат ўақтында турист, экскурсант сапар ететуғын тийкарғы орынлардың дизими бойынша туристтиң, экскурсанттың жобаластырылған ҳәрекетлениў жолы;
туристлик хызметлер — жайластырыў, аўқатландырыў, транспорт, экскурсия ҳәм мәсләҳәт хызметин көрсетиў бойынша хызметлер, сондай-ақ турист ҳәм экскурсанттың талапларын қанаатландырыўға қаратылған хызметлер;
экскурсант — ўақытша болатуғын мәмлекетте (орында) қонып қалмастан жигирма төрт сааттан аспайтуғын дәўирде саяхат етиўши физикалық шахс;
экскурсия жетекшиси — туристлер ҳәм экскурсантларды белгили бир туристлик ресурс пенен таныстырыў ушын кәсиплик таярлық көрген, Өзбекстан Республикасы резиденти болған физикалық шахс.
4-статья. Усы Нызамның тийкарғы принциплери
Усы Нызамның тийкарғы принциплери төмендегилерден ибарат:
туристлердиң, экскурсантлардың ҳәм туризм тараўы субъектлериниң ҳуқықларын, еркинликлерин, нызамлы мәплерин ҳәмде қәўипсизлигин қорғаў үстинлиги;
туризмди турақлы раўажландырыў ҳәм бул ушын қолайлы шараятларды жаратыў;
туризм тараўында исбилерменликти мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў;
туризм тараўында ашық-айдынлық ҳәм жәриялылық.
5-статья. Туризмниң формалары ҳәм түрлери
Халықаралық ҳәм ишки туризм туризмниң формалары есапланады.
Халықаралық туризм төмендегилерди өз ишине алады:
кириў туризми — Өзбекстан Республикасында турақлы жасамайтуғын шахслардың Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы саяхаты;
шығыў туризми — Қарақалпақстан Республикасында турақлы жасаўшы шахслардың басқа мәмлекетлерге саяхаты.
Ишки туризм Өзбекстан Республикасында турақлы жасаўшы шахслардың Өзбекстан Республикасы аймағындағы саяхатын өз ишине алады.
Туризм шөлкемлестирилип атырған турдың өзине тәнлиги, темасы, даўамлылығы, ҳәрекетлениў усыллары ҳәм турдың басқа да өзгешеликлеринен келип шыққан ҳалда мәдений-тарийхый, зиярат, экологиялық, ағартыўшылық, этнографиялық, гастрономиялық, исбилерменлик, социаллық, спорт, медициналық, жаслар туризми, агротуризм ҳәмде туризмниң басқа да түрлерине бөлиниўи мүмкин.
2-бап. Туризм тараўын тәртипке салыў
6-статья. Туризм тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары
Туризм тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат:
усы тараўды мәмлекет экономикасының стратегиялық тармағы сыпатында раўажландырыў;
саяхатларды әмелге асырыў ўақтында пуқаралардың дем алыўы, еркин ҳәрекетлениўине болған ҳуқықларын ҳәм басқа да ҳуқықларын тәмийинлеў;
туристлик ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды сақлаў;
нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў;
ишки туризмди раўажландырыў, соның ишинде социаллық туризмди раўажландырыў шеңберинде балалар, жаслар, кекселер, сондай-ақ, майыплығы болған шахслар ҳәм халықтың кем тәмийинленген қатламлары ушын туризм ҳәмде экскурсияларды шөлкемлестириў ушын зәрүр шараятлар жаратыў;
туризм тараўына инвестицияларды тартыў ҳәм инвестициялар киргизиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў;
усы тараўда мәмлекетлик-жеке шерикликти раўажландырыў;
исбилерменлик субъектлери ушын туристлик хызметлер базарында тең имканиятлар жаратыў;
туризм тараўының субъектлерине салық ҳәм бажыхана жеңилликлерин белгилеў арқалы хошаметлеў;
туристлер ҳәм экскурсантлардың қәўипсизлигин, олардың ҳуқықларының, еркинликлериниң, нызамлы мәплери ҳәм мүлкиниң қорғалыўын тәмийинлеў;
илимий изертлеўлерди шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў;
кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў;
халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў;
Қарақалпақстан Республикасының туризм ушын тартымлы аймақ сыпатындағы абырайын арттырыў;
туризм тараўы субъектлерин олардың туристлик базарларда жергиликли туристлик өнимди үгит-нәсиятлаўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў;
алдынғы инновациялық ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларының енгизилиўин хошаметлеў;
туристлик зоналар ҳәм туристлик кластерлердиң раўажландырылыўын хошаметлеў.
7-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң туризм тараўындағы ўәкилликлери
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси:
туризм тараўындағы мәмлекетлик сиясатты ҳәмде усы тараўды муўапықластырыўды әмелге асырады;
туризм тараўындағы мәмлекетлик бағдарламаларды ҳәм аймақлық бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳәмде әмелге асырыўда қатнасады;
ўәкилликли мәмлекетлик уйым ҳәм (ямаса) оның аймақлық бөлими менен келисим бойынша туризм тараўындағы аймақлық бағдарламаларды, соның ишинде қысқа мүддетли ҳәмде орта мүддетли перспективада туризм тараўын раўажландырыў бойынша илажлар режесин тастыйықлайды;
туризм тараўын раўажландырыў ушын шараятлар жаратады;
туристлер ҳәм экскурсантлардың тийисли аймақларда жайласқан туристлик ресурсларынан ҳәмде байланыс қуралларынан тосқынлықсыз пайдаланыўын, сондай-ақ олардың медициналық, ҳуқықый ҳәм басқа да түрдеги жәрдем алыўын тәмийинлейди;
туристлик потенциалды анализлейди ҳәм туризмди раўажландырыў ҳаққындағы зәрүр мағлыўматларды усынады;
аймақта жайласқан туристлик ресурсларды қорғаў бойынша илажлар ислеп шығады ҳәм оларды енгизеди;
туристлик индустрия объектлерин жобаластырыў ҳәм қурыў ҳәмде олардың зәрүр инженерлик-коммуникация тармақларына жалғаныўын тәмийинлеў бойынша жумысты муўапықластырады;
инвесторларды излеў ҳәм тартыў, сондай-ақ инвестиция жойбарларын әмелге асырыўдың барлық басқышларында оларға көмеклесиўди әмелге асырады;
халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматларын арттырыў мақсетинде туризм тараўында исбилерменликти раўажландырады ҳәм қоллап-қуўатлайды;
туристлик мәлимлеме орайларын шөлкемлестиреди.
8-статья. Туризм тараўындағы ўәкилликли мәмлекетлик уйым
Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети туризм тараўындағы ўәкилликли мәмлекетлик уйым есапланады (буннан былай текстте ўәкилликли мәмлекетлик уйым деп жүргизиледи).
9-статья. Ўәкилликли мәмлекетлик уйымныӊ Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими
Ўәкилликли мәмлекетлик уйым Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлимине ийе болады (буннан кейин текстте ўәкилликли мәмлекетлик уйымның аймақлық бөлими деп жүргизиледи).
Ўәкилликли мәмлекетлик уйымның аймақлық бѳлиминиң баслығы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң усынысы тийкарында ўәкилликли мәмлекетлик уйымның баслығының келисими менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм босатылады.
Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң қаржылары ўәкилликли мәмлекетлик уйымның аймақлық бөлимин қаржыландырыў дереклери есапланады. Ўәкилликли мәмлекетлик уйымның аймақлық бөлими хызметкерлерин қосымша түрде материаллық хошаметлеў ўәкилликли мәмлекетлик уйым жанындағы бюджеттен тысқары Туризм тараўын қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан әмелге асырылады.
Ўәкилликли мәмлекетлик уйымныӊ аймақлық бөлими төмендеги ўазыйпаларды атқарады:
аймақтағы туристлик потенциалды арттырыўға қаратылған туризмди раўажландырыў концепциясының әмелге асырылыўын тәмийинлеў;
аймақтағы туризм тараўындағы, аймақтың туристлик тараўына инвестицияларды тартыўға байланыслы аймақлық бағдарламалардың ислеп шығылыўын муўапықластырыў ҳәм олардың әмелге асырылыўын мониторинг етиў;
туристлик ресурсларды сақлаў ҳәм раўажландырыў бойынша жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен бирге ислесиў;
аймақтағы туристлик жумыстың раўажландырылыўын тәмийинлеў, жаңа туристлик жөнелислерди шөлкемлестириўге көмеклесиў;
туризм тараўының субъектлерине олардың жумысын шөлкемлестириў менен байланыслы мәселелерде методикалық ҳәм мәсләҳәт жәрдемин көрсетиў;
аймақта ҳәрекетлениў ўақтында туристлер ҳәм экскурсантлардың туристлик ресурсларға тосқынлықсыз кириўин тәмийинлеўге көмеклесиў;
туристлик потенциалды раўажландырыў, туризмди раўажландырыўға тосқынлық етип атырған тосықларды сапластырыў, сондай-ақ туризм тараўында исбилерменлик жумысын хошаметлеў бойынша усыныслар ислеп шығыў;
туристлик базарларда аймақтың туристлик потенциалының үгит-нәсиятланыўын шөлкемлестириў, аймақтың туристлик тартымлылығын сақлап қалыў;
аймақта туризмди раўажландырыў ҳаққында мәлимлемени топлаўды, анализлеўди әмелге асырыў ҳәм оны ўәкилликли мәмлекетлик уйымға, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына усыныў.
10-статья. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының туризм тараўындағы ўәкилликлери
Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары:
тийисли аймақта туризм тараўындағы мәмлекетлик сиясатты ҳәмде усы тараўды муўапықластырыўды әмелге асырады;
туризм тараўындағы мәмлекетлик бағдарламаларды ҳәм аймақлық бағдарламаларды ислеп шығыўда ҳәмде әмелге асырыўда қатнасады;
ўәкилликли мәмлекетлик уйымның аймақлық бөлими менен келисим бойынша туризм тараўындағы аймақлық бағдарламаларды, соның ишинде қысқа мүддетли ҳәмде орта мүддетли перспективада туризм тараўын раўажландырыў бойынша илажлар жобасын тастыйықлайды;
тийисли аймақта туризм тараўын раўажландырыў ушын шараятлар жаратады;
туристлер ҳәм экскурсантлардың тийисли аймақларда жайласқан туристлик ресурсларынан ҳәмде байланыс қуралларынан тосқынлықсыз пайдаланыўы, сондай-ақ олардың медициналық, ҳуқықый ҳәм басқа да түрдеги жәрдем алыўын тәмийинлейди;
туристлик потенциалды анализлейди ҳәм тийисли аймақта туризмди раўажландырыў ҳаққындағы зәрүр мағлыўматларды усынады;
тийисли аймақта жайласқан туристлик ресурсларды қорғаў бойынша илажлар ислеп шығады ҳәм оларды енгизеди;
тийисли аймақта туристлик индустрия объектлерин жобаластырыў ҳәм қурыў ҳәмде олардың зәрүр инженерлик-коммуникация тармақларына жалғаныўын тәмийинлеў бойынша жумысты муўапықластырады;
инвесторларды излеў ҳәм тартыў, сондай-ақ тийисли аймақта инвестиция жойбарларын әмелге асырыўдың барлық басқышларында оларға көмеклесиўди әмелге асырады;
халықтың бәнтлиги ҳәм дәраматларын арттырыў мақсетинде туризм тараўында исбилерменликти раўажландырады ҳәм қоллап-қуўатлайды;
туристлик мәлимлеме орайларын шөлкемлестиреди.
11-статья. Туризмди раўажландырыў бойынша муўапықластырыўшы аймақлық кеңес
Туризмди раўажландырыў бойынша муўапықластырыўшы аймақлық кеңес (буннан кейин текстте Аймақлық кеңес деп жүргизиледи) туризмди турақлы раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мәселелери бойынша мәмлекетлик уйымлардың, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң, туризм тараўы субъектлериниң бирге ислесиўин жетилистириў мақсетинде дүзиледи.
Аймақлық кеңес қурамына ўәкилликли мәмлекетлик уйымның аймақлық бөлими, мәпдар мәмлекетлик уйымлардың, сондай-ақ мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери киреди.
Ўәкилликли мәмлекетлик уйымның аймақлық бөлими Аймақлық кеңестиң жумысшы уйымы есапланады.
Аймақлық кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат:
ўәкилликли мәмлекетлик уйымның аймақлық бөлими, министрликлер, комитетлер ҳәм мәкемелердиң басшыларының есабатларын турақлы түрде тыңлап барған ҳалда туризмди раўажландырыў бойынша илажлардың әмелге асырылыўының барысы үстинен системалы бақлаўды алып барыў, сондай-ақ, олардың жумысын муўапықластырыў, аймақта туризм тараўын раўажландырыўға тосқынлық етип атырған мәселелерди оператив түрде қарап шығыў ҳәм шешиў;
қала ҳәм район ҳәкимлериниң есабатларын тыңлап барған ҳалда туризм тараўындағы тастыйықланған аймақлық бағдарламалардың орынланыўын, аймақтың потенциалынан пайдаланыў нәтийжелилигин ҳәмде орынлардағы бюрократиялық тосықларды сапластырыўға қаратылған жумыслардың үйренилиўин шөлкемлестириў;
туризм тараўындағы ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм қосымша инфраструктураны раўажландырыў бойынша жәрдем алыў ушын берилетуғын қала ҳәм район ҳәкимликлериниң, сондай-ақ басқа да басламашылардың (арза бериўшилердиң) усынысларын ҳәмде талапнамаларын ҳәр жылы қарап шығыў;
аймақтың туристлик потенциалын үгит-нәсиятлаўға ҳәм шет еллердиң туристлерин тартыўға қаратылған қоспа илажларды шет еллерде өткериў ушын Туризмди раўажландырыў бойынша муўапықластырыўшы кеңеске усыныслар бериў;
туризм тараўындағы стратегиялар, концепциялар, мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм басқа да бағдарламалардың министрликлер, комитетлер, мәкемелер ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылыўының барысы бойынша мониторинг өткериў, сондай-ақ олардың орынланыў барысы ҳаққында ҳәр шеректиң мәлимлемесин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине киргизиў.
12-статья. Бюджеттен тысқары Туризм тараўын қоллап-қуўатлаў қоры
Туризм тараўының раўажланыўын финанслық жақтан қосымша тәмийинлеў мақсетинде ўәкилликли мәмлекетлик уйым жанында бюджеттен тысқары Туризм тараўын қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилиўи мүмкин.
Ўәкилликли мәмлекетлик уйым жанындағы бюджеттен тысқары Туризм тараўын қоллап-қуўатлаў қоры:
туристлик жыйымлардан түскен түсимлер, халықаралық финанс институтларының, сырт ел донорларының грантлары, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қайырқомлықлары, Қордың ўақытша бос турған қаржыларын депозитлерге жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар бойынша түсимлер ҳәмде нызамшылығында қадаған етилмеген басқа да дереклер есабынан қәлиплестириледи;
қаржыларды туризм тараўының ҳәм туристлик индустрияның раўажландырылыўын қоллап-қуўатлаўға, туристлик базарларда Өзбекстан Республикасының туристлик өнимлерин ҳәмде туризм тараўындағы миллий танытыў белгисин үгит-нәсиятлаў ушын бағдарлайды.
13-статья. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң туризм тараўы илажларындағы қатнасы
Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер өз ўәкилликлери шеңберинде:
туризм тараўындағы мәмлекетлик бағдарламаларды, аймақлық ҳәм басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәмде әмелге асырыўда қатнасады;
мәдений мийрас объектлерин үгит-нәсиятлаўда, туризм потенциалын сақлаў ҳәм раўажландырыўда қатнасады;
туризм ҳаққындағы нызамшылықтың орынланыўы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырады;
туризм ҳаққындағы нызамшылықты жетилистириўге байланыслы усыныслар киргизеди;
туризм тараўындағы мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер менен бирге ислеседи.
3-бап. Туристлик индустрия
14-статья. Туристлик индустрия ҳәм туристлик индустриядағы хызметлердиң түрлери
Жайластырыў орынлары, транспорт, жәмийетлик аўқатланыў объектлери ҳәм кеўилашар, ағартыўшылық, исбилерменлик, емлеў-саўалландырыў, дене тәрбия-спорт ҳәм басқа да мақсетке мөлшерленген объектлер, туристлик хызметти әмелге асырыўшы шөлкемлер, экскурсия хызметлерин көрсетиўши шөлкемлердиң жыйнағы, сондай-ақ экскурсия жетекшилериниң, гидлер (гид-аўдармашылар) ҳәмде инструктор-жол баслаўшылардыӊ хызметлери жыйнағы туристлик индустрия есапланады.
Туристлик хызметлерди көрсетиў шәртнамасына муўапық туристлик индустриядағы хызметлердиң түрлери төмендегилерден ибарат:
турларды усыныў бойынша хызметлер;
жасаў орынларын усыныў бойынша хызметлер;
аўқатландырыў бойынша хызметлер;
мәлимлемеге байланыслы, реклама хызметлери;
транспорт хызметлери;
барлық түрдеги транспорт ушын билетлер ҳәмде илажларға ҳәм кеўилашар объектлерге барыў ушын билетлер усыныў (бәнт етип қойыў, сатыў ҳәм жеткерип бериў) бойынша хызметлер.
Туристлик хызметлерди көрсетиў шәртнамасында басқа да туристлик хызметлер нәзерде тутылыўы мүмкин.
15-статья. Туристлик индустрия объектлерин квалификациялаў
Туристлик индустрия объектлерин квалификациялаў ҳәм оларға категориялар бериў ықтыярый түрде әмелге асырылады.
Жайластырыў орынларын, пляжларды өз ишине алған туристлик индустрия объектлерин квалификациялаў ҳәм оларға категориялар бериў, сондай-ақ берилген Категориялар реестрин жүргизиў ўәкилликли мәмлекетлик уйым жанындағы аккредитация етилген шөлкем тәрепинен әмелге асырылады.
Жайластырыў орынларына мийманханалар, туристлик базалар ҳәм комплекслер, дем алыў орынлары ҳәм зоналары, пансионатлар, кемпинглер, мотеллер, мийман үйлери, отаў ҳәм шатырлы дем алыў орынлары, санаторийлар ҳәмде мийманхана хызметлери (жайластырыў бойынша хызметлер) көрсетилетуғын басқа да объектлер, сондай-ақ жайластырыў орны сыпатында қонып қалыў ушын арнаўлы жер үсти транспорты киреди.
Категория берилген туристлик индустрия объектиниң мүлкдары ҳәм (ямаса) ийеси оның усы категорияға муўапық болыўын тәмийинлеўи шәрт.
16-статья. Туристлик мәлимлеме орайы
Физикалық ҳәм юридикалық шахсларды туристлик ресурслар ҳәмде туристлик индустрия объектлери ҳаққында хабардар етиў, сондай-ақ туристлик базарларда туристлик өнимлерди үгит-нәсиятлаў бойынша жумысты әмелге асырыўшы орай туристлик мәлимлеме орайы есапланады.
Туристлик мәлимлеме орайларының жойбарлары ҳәмде оларда реализация етилетуғын товарлардың (жумыслар ҳәм хызметлердиң) дизими ўәкилликли мәмлекетлик уйым менен келисиледи.
Туристлик мәлимлеме орайы мәмлекетлик-жеке шериклик шәртлери тийкарында шөлкемлестирилиўи мүмкин.
4-бап. Туристлик зоналар ҳәм туристлик кластерлер
17-статья. Туристлик зоналар
Белгили бир шегараларға ийе болған, бир ямаса бир неше туристлик ресурслар (тәбийий, тарийхый, социаллық-мәдений, емлеў-саўалландырыў объектлери, сондай-ақ туристлер ҳәм экскурсантлардың талапларын қанаатландыра алатуғын басқа да объектлер) жайласқан, кириў туризмин ҳәм ишки туризмди, туристлик индустрияны раўажландырыў, туристлик ресурсларды қорғаў ҳәмде олардан ақылға уғрас пайдаланыў мақсетинде шөлкемлестирилген аймақ туристлик зона есапланады.
Туристлик зоналар мәмлекетлик уйымлар ҳәмде басқа да шөлкемлердиң, сондай-ақ исбилерменлик жумысын әмелге асырыўшы юридикалық ҳәм физикалық шахслардың усынысы менен шөлкемлестириледи.
Туристлик зоналар жергиликли дәрежеде шөлкемлестириледи. Жергиликли дәрежедеги туристлик зоналар ўәкилликли мәмлекетлик уйым менен келисилген ҳалда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарары тийкарында шөлкемлестириледи.
Туристлик зоналарды анықлаўда оларда туристлик ресурслардың бар екенлиги, сондай-ақ усы аймақтың туризм түрлерин раўажландырыў ушын потенциаллық имканиятлары инабатқа алынады.
Қурылып атырған туристлик индустрия объектлериниң мүлкдарлары ҳәм (ямаса) ийелери туристлик зоналардың аймақларында туристлик ресурслар қурылып атырғанда, сондай-ақ олардан пайдаланылып атырғанда усы объектлердиң жергиликли социаллық-экономикалық, тарийхый, илимий, көркем, мәдений орталығына ямаса басқа да шөлкемлестириў-мақсетли орталыққа ҳәм инфраструктура орталығына үйлесиўин нәзерде тутыўы шәрт.
Туризм тараўының субъектлери туристлик зоналардың аймақларында өз жумысын шөлкемлестириўде ҳәм әмелге асырыўда қоршаған тәбийий орталыққа, мәдений мийрас объектлерине ҳәмде қорғалатуғын тәбийий аймақларға ықтыятлы мүнәсибетте болыўды тәмийинлеўи шәрт.
Туристлик зоналарда әмелге асырылатуғын туристлик жумыс ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да жумыс туристлик зоналарды шөлкемлестириў мақсетлерине тосқынлық етпеўи керек.
18-статья. Туристлик зоналардың түрлери
Туризмди комплексли раўажландырыў ҳәм туристлик ресурсларды зәрүр дәрежедеги жағдайда сақлаў, аймақтың туристлик потенциалын арттырыў, сондай-ақ оларды раўажландырыўға инвестициялардыӊ тартылыўын хошаметлеў мақсетинде туристлик зоналардың төмендеги түрлери шөлкемлестирилиўи мүмкин:
еркин туристлик зона;
киши туристлик зона;
арнаўлы туристлик зона.
Еркин туристлик зона еркин экономикалық зонаға теңлестириледи. Еркин туристлик зонаға ҳәм еркин туристлик зонаның қатнасыўшылары сыпатында дизимге алынған исбилерменлик субъектлерине еркин экономикалық зоналар ҳаққындағы нызамшылықтың қағыйдалары, соның ишинде еркин экономикалық зоналар ҳәм олардың қатнасыўшылары ушын нәзерде тутылған жеңилликлер ҳәмде преференциялар қолланылады.
Киши туристлик зона киши санаат зонасына теңлестириледи. Киши туристлик зоналарға киши санаат зоналары ҳаққындағы нызамшылықтың қағыйдалары қолланылады.
Арнаўлы туристлик зона белгиленген арнаўлы аймақ болып, онда туристлик ресурслар ҳәм усы аймақта белгили бир туристлик өнимди жаратыў есабынан туристлерге хызмет көрсетилиўин тәмийинлеўши туристлик индустрия объектлери жәмленеди. Арнаўлы туристлик зонаны шөлкемлестириўде усы зона қатнасыўшылары ушын шәртлер, жеңилликлер ҳәм преференциялар белгилениўи мүмкин.
19-статья. Туристлик кластер
Комплексли туристлик хызметлер ҳәмде туристтиң ҳәм экскурсанттың талапларын қанаатландырыў ушын зәрүр болған басқа да қосымша хызметлерди көрсетиўши бийғәрез шөлкемлер ҳәмде жеке тәртиптеги исбилерменлер жыйнағы туристлик кластер болып есапланады.
Туристлик кластерлер комплексли туристлик хызметлер көрсетиў, туристлик жумыстың бәсекиге шыдамлылығын ҳәм сапасын арттырыў мақсетинде туристлик өнимди жаратады, үгит-нәсиятлайды ҳәм реализациялайды.
5-бап. Туризм тараўындағы жумысты әмелге асырыў шәртлери
20-статья. Туристлик жумысты лицензиялаў
Туроператорлық ҳәм турагентлик жумысы, сондай-ақ саяхатлар шөлкемлестириўге байланыслы басқа да жумыс туристлик жумыс есапланады.
Туристлик өнимди жаратыў, үгит-нәсиятлаў ҳәм реализациялаў бойынша юридикалық шахс тәрепинен әмелге асырылатуғын исбилерменлик жумысы туроператорлық жумысы есапланады.
Туристлик өнимди үгит-нәсиятлаў ҳәм реализациялаў бойынша юридикалық ямаса физикалық шахс тәрепинен әмелге асырылатуғын исбилерменлик жумысы турагентлик жумысы есапланады.
Туроператорлар ҳәм турагентлер туристлик жумысты ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен берилетуғын лицензия тийкарында әмелге асырады.
Туроператорлар ҳәм турагентлерге туристлик жумысты әмелге асырыў ҳуқықы ушын лицензияның әмел етиў мүддети шекленбеген ҳалда бериледи. Бунда экскурсия хызметлерин көрсетиўши жеке тәртиптеги исбилермен болған физикалық шахсларға туристлик жумысты әмелге асырыў ҳуқықы ушын лицензия алыў талап етилмейди.
Экскурсия жумысы жигирма төрт сааттан аспайтуғын ҳәм жайластырыўға (қонып қалыўға) байланыслы хызметлер көрсетиўди нәзерде тутпайтуғын, мәдений мийрас объектлери, дыққатқа ылайықлы орынлар ҳәм басқа да объектлер менен таныстырыў мақсетинде алдыннан дүзилген жөнелислер бойынша экскурсия жетекшиси менен биргеликте экскурсиялар шөлкемлестириўге байланыслы туристлик жумыстың элементи есапланады.
Туроператорлар ҳәм турагентлердиң жумысын әмелге асырыўда лицензияныӊ тийкарғы талаплары ҳәм шәртлери төмендегилерден ибарат:
туристлик өним буйыртпашысы менен туристлик хызметлер көрсетиў шәртнамасы дүзилгенинен кейин туристлик хызметлер көрсетиў;
ҳәр бир туристке ҳәм экскурсантқа туристлик саяхат ўақтында Қарақалпақстан Республикасына ҳәмде шет еллерге кириў, олардан шығыў ҳәм оларда болыўдың өзине тән өзгешеликлери ҳаққындағы мәлимлемени жеткериў;
туристке ҳәм экскурсантқа өзиниң жумыс тәртиби, жайласқан орны (почта мәнзили), лицензияға ийе екенлиги, туризмниң белгили бир түрлерин жүргизиў ушын жуўапкер болған қәнигелер ҳаққындағы мәлимлемени усыныў, соның ишинде усы мәлимлемени өзиниң рәсмий веб-сайтларына жайластырған ҳалда усыныў.
21-статья. Туристлик хызметлерди сертификатластырыў
Жайластырыў орынлары ҳәм пляжлар мәжбүрий түрде сертификатластырылыўы тийис.
Жайластырыў орынларын ҳәм пляжларды сертификатластырыў ўәкилликли мәмлекетлик уйым жанындағы аккредитация етилген сертификатластырыў бойынша шөлкем тәрепинен әмелге асырылады.
Туристлик хызметлерди сертификатластырыў олардың техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлердиң талапларына муўапықлығы жағынан әмелге асырылады ҳәмде усы хызметлердиң қәўипсизлигин ҳәм сапасын тәмийинлеўге қаратылады.
Ўәкилликли мәмлекетлик уйым Сертификатластырылған туристлик хызметлердиң реестрин жүргизеди.
Туроператор хызметлерин сертификатластырыў ықтыярый тийкарда әмелге асырылады.
22-статья. Туризм тараўында стандартластырыў
Туристлер ҳәм экскурсантлардың ҳуқықларын, еркинликлерин ҳәмде нызамлы мәплерин қорғаў мақсетинде туроператорлық ҳәм турагентлик жумысын, сондай-ақ туристлик индустрия объектлерин стандартластырыў әмелге асырылады.
Ўәкилликли мәмлекетлик уйым туристлик хызметлер тараўындағы стандартластырыўға байланыслы жумысларды шөлкемлестириўди, муўапықластырыўды, олардың орынланыўын тәмийинлеўди әмелге асырады.
23-статья. Гидлердиң (гид-аўдармашылардың), экскурсия жетекшилериниң ҳәм инструктор-жол баслаўшылардың маманлығын сертификатластырыў
Гидлер (гид-аўдармашылар), экскурсия жетекшилери ҳәм инструктор-жол баслаўшылар ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен берилетуғын тийисли сертификат алынғаннан кейин юридикалық шахс шөлкемлестирместен исбилерменлик жумысын әмелге асырыўшы физикалық шахслар сыпатында ямаса юридикалық шахслар менен дүзилетуғын мийнет шәртнамалары тийкарында бийғәрез түрде хызметлер көрсетиўи мүмкин.
24-статья. Туризм тараўындағы бирден-бир реестрлер
Ўәкилликли мәмлекетлик уйым Туризм тараўындағы бирден-бир реестрлерди қәлиплестиреди ҳәм жүргизеди.
Туризм тараўындағы бирден-бир реестрлер туроператорларға, турагентлерге, гидлерге (гид-аўдармашыларға), экскурсия жетекшилерине ҳәм инструктор-жол баслаўшыларға, жайластырыў орынларына ҳәм пляжларға, сондай-ақ туристлик жөнелислер ҳәм туристлик объектлерге жүргизиледи.
Туризм тараўындағы бирден-бир реестрлер ўәкилликли мәмлекетлик уйымның рәсмий веб-сайтына жайластырылады.
6-бап. Туристлик өнимди жаратыў, үгит-нәсиятлаў ҳәм реализациялаўдың өзине тән өзгешеликлери
25-статья. Туристлик өнимди жаратыў ҳәм үгит-нәсиятлаў
Туристлик өним туристлик базар конъюнктурасынан келип шыққан ҳалда ямаса туристтиң яки экскурсанттың буйыртпасы бойынша туроператор тәрепинен жаратылатуғын, туристтиң ҳәм экскурсанттың талапларын қанаатландырыў ушын зәрүр болған туристлик хызметлердиң жыйнағы есапланады.
Туроператордың туристлик өним қатарына киретуғын өз алдына туристлик хызметлерди көрсетиўши шахслар менен шәртнамаларды дүзиўге ҳәм оларды орынлаўға байланыслы жумыс туристлик өнимди жаратыў есапланады.
Туристлик өнимди реализациялаўға (реклама етиўге, қәнигелестирилген көргизбелер ҳәм ярмаркаларда қатнасыўға, каталоглар, буклетлер басып шығарыўға ҳәм басқаларға) қаратылған илажлар жыйнағы туристлик өнимди үгит-нәсиятлаў есапланады.
Туроператор туристлер ҳәм экскурсантларға туристлик өним қатарына киретуғын туристлик хызметлер жыйнағы ямаса олардың бир бөлеги бийғәрез түрде яки өз алдына туристлик хызметлер көрсетиўши шахсларды тартқан ҳалда көрсетилиўин тәмийинлейди.
Туроператор турға киретуғын хызметлерге болған ҳуқықты өз алдына туристлик хызметлер көрсетиўши шахслар менен ямаса турға киретуғын хызметлердиң барлық түрлери көрсетилиўин тәмийинлеўши, туристлер ҳәм экскурсантларды қабыл етиўши туроператор менен дүзилген шәртнамалар тийкарында алады.
Туристтиң, экскурсанттың ямаса туристлер, экскурсантлар топары ўәкили болған шахстың туристлик өнимди жаратыў ушын туроператорға беретуғын буйыртпасы дәслепки шәртнама өзгешелигине ийе болған питим тәризинде рәсмийлестириледи.
Кириў туризми ҳәм ишки туризм тараўларындағы туристлик өнимди жаратыў тек ғана Өзбекстан Республикасы резиденти болған туроператорлар тәрепинен әмелге асырылады.
Туристлик өнимди жаратыў ўақтында туроператор қоршаған тәбийий орталыққа, қорғалатуғын тәбийий аймақларға ҳәм мәдений мийрас объектлерине абайлылық пенен мүнәсибетте болыўды тәмийинлениўди нәзерде тутыўы шәрт.
Туристлик өнимди үгит-нәсиятлаў ўақтында туроператор ҳәм турагент туристлик өним ҳаққындағы мәлимлемениң исенимлилиги ушын жуўапкер болады.
Турагент туристлик өнимди үгит-нәсиятлаўды туроператор менен дүзилген шәртнама тийкарында әмелге асырады.
Туристлик өнимлерди кириў туризми ҳәм ишки туризм ҳәмде жайластырыў орынлары тәризинде реклама етиў ўақтында туризм тараўында белгиленген миллий ҳәм Қарақалпақстанның танытыў белгисинен пайдаланыўы мәжбүрий есапланады.
26-статья. Туристлик өнимди реализациялаў
Туристлик өнимди реализациялаў туроператор ҳәм (ямаса) турагент ҳәмде туристлик өнимниң буйыртпашысы арасында дүзилетуғын шәртнама тийкарында әмелге асырылады.
Турист, экскурсант ямаса турист яки экскурсанттың атынан туристлик өнимге буйыртпа бериўши басқа шахс туристлик өнимниң буйыртпашысы есапланады.
Турагент ҳәм туроператор арасындағы шәртнамада төмендегилер көрсетилиўи керек:
туристлик өнимди турагент тәрепинен реализациялаў шәртлери;
турагенттиң туристлик өнимди туроператордың атынан яки өзиниң атынан реализациялаўға байланыслы ҳуқық ҳәм миннетлери;
турагент тәрепинен екилемши агент шәртнамаларын дүзиў мүмкинлигин (мүмкин емеслигин) нәзерде тутатуғын шәртлер;
оларға туристлик өнимниң буйыртпашысы тәрепинен туристлик хызметлерди көрсетиў шәртнамасын орынлаў бойынша наразылықлар билдирилген жағдайда туроператор ҳәм турагенттиң бирге ислесиў тәртиби;
туристлик өним ҳаққында мәлимлеме усынбағаны ямаса надурыс мәлимлеме усынғанлығы ушын туристлик хызметлер көрсетиўге байланыслы шәртнама бойынша миннетлерди орынламағаны ямаса тийисли дәрежеде орынламағаны ушын туристлик өнимниң буйыртпашысы алдында туроператордың ҳәм турагенттиң жуўапкершилиги, сондай-ақ тәреплердиң ҳәр бириниң жуўапкершилиги.
Туроператор ҳәм (ямаса) турагент ҳәм туристлик өнимниң буйыртпашысы арасындағы шәртнамада төмендегилер көрсетилиўи керек:
туроператордың ҳәм (ямаса) турагенттиң атамасы, оның жайласқан орны (почта мәнзили), лицензиясының жөнелиси ҳәм номери;
туристлик өнимниң буйыртпашысы ҳаққындағы, оның туристлик өнимди реализациялаў ушын зәрүр болған мағлыўматлар;
туристлик өнимниң баҳасы ҳәм оны төлеў тәртиби;
туроператордың ҳәм (ямаса) турагенттиң ҳәмде туристлик өним буйыртпашысының ҳуқықлары ҳәм миннетлери;
шәртнаманы өзгертиў ҳәм бийкар етиў шәртлери;
туроператордың ҳәм (ямаса) турагенттиң ҳәм туристлик өним буйыртпашысының жуўапкершилиги ҳәмде тартысларды көрип шығыў тәртиби.
Туроператор ҳәм (ямаса) турагент ҳәм туристлик өним буйыртпашысы шәртнамада туристлик өнимнен пайдаланыў шәртлерин, соның ишинде саяхаттың бағдарламасын, саяхаттың жөнелисин ҳәм шараятларын, жайластырыў орынлары, жасаў ҳәм аўқатланыў шараятлары, туристти ҳәм экскурсантты ўақытша болатуғын мәмлекетте (орында) тасыў бойынша хызметлер, экскурсия жетекшиси, гид (гид-аўдармашы), инструктор-жол баслаўшыға ийе екенлиги, сондай-ақ қосымша хызметлер ҳаққындағы мағлыўматларды келисип алыўы мүмкин.
Туроператор ҳәм (ямаса) турагент ҳәмде туристлик өнимниң буйыртпашысы арасындағы шәртнамада басқа да шәртлер көрсетилиўи мүмкин.
Экскурсия жетекшилери, гидлер (гид-аўдармашылар) ҳәм инструктор-жол баслаўшылар шәртнама дүзбей-ақ өз хызметлерин көрсетиўи мүмкин.
27-статья. Қарақалпақстанның туристлик бренди
Қарақалпақстан Республикасының туризм тараўындағы танытыў белгиси ҳәм сүрени Қарақалпақстанның туристлик бренди есапланады.
Қарақалпақстан Республикасының туризм тараўындағы танытыў белгисиниң формасы, реңли көриниси ҳәмде сүрениниң мазмуны ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен тастыйықланады.
Қарақалпақстанның туристлик брендинен товарларды (жумысларды ҳәм хызметлерди) үгит-нәсиятлаўда пайдаланыў мүмкин.
Қарақалпақстанның туристлик брендиниң элементлеринен басқа да мақсетлерде пайдаланыўға жол қойылмайды.
28-статья. Туристлик хызмет көрсетиў шәртлери ҳаққындағы мәлимлемени усыныў
Туроператорлар ҳәм турагентлер туристлик хызметлер көрсетиў шәртнамасын дүзиў ўақтында туристке ҳәм экскурсантқа:
кириў ҳәм шығыў ҳүжжетлерин (ўақытша болатуғын мәмлекетке (орынға) кириў ҳәм оннан шығыў ушын визаны) рәсмийлестириўге қойылатуғын тийкарғы талаплар ҳаққындағы;
турды әмелге асырыў ушын әмел етилиўи шәрт болған медициналық рәсмийликлер, соның ишинде туристтиң ҳәм экскурсанттың оларда белгили бир кеселликлер, физикалық жағдайының ҳәм жасының өзине тән өзгешеликлери бар болған жағдайда турда қатнасыўына қарсы көрсетпелер ҳаққындағы;
бажыхана, шегара қағыйдалары ҳәм басқа да қағыйдалар (саяхатты әмелге асырыў ушын зәрүр болған көлемде) ҳаққындағы;
ўақытша болатуғын мәмлекетте (орында) туристтиң (экскурсанттың) өмириниң қәўипсизлигине ҳәм денсаўлығына қәўип салатуғын айрықша жағдайлар жүзеге келген жағдайда ямаса басқа да жағдайларда, сондай-ақ туристтиң (экскурсанттың) мүлкине зыян келтириў қәўпи жүзеге келген жағдайларда, турист (экскурсант) мүрәжат етиўи мүмкин болған, ўақытша болатуғын мәмлекеттеги (орындағы) жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының, Өзбекстан Республикасы дипломатиялық ҳәм консуллық мәкемелериниң жайласқан орны (почта мәнзиллери) ҳәм байланыс ушын телефон номерлери ҳаққындағы мәлимлемелерди усыныўы шәрт.
7-бап. Туроператорлар ҳәм турагентлердиң, туристлер ҳәм экскурсантлардың, гидлер (гид-аўдармашылар), экскурсия жетекшилери ҳәм инструктор-жол баслаўшылардың ҳуқық ҳәм миннетлери
29-статья. Туроператорлар ҳәмде турагентлердиң ҳуқық ҳәм миннетлери
Туроператорлар ҳәм турагентлер өз ўәкилликлери шеңберинде төмендеги ҳуқықларға ийе:
турдың даўамлылығын ҳәм жөнелисин, хызмет көрсетиў шәртлерин, транспортта хызмет көрсетиў түрин, туристтиң, экскурсанттың қәўипсизлигин ҳәмде олардың мүлкиниң қорғалыўын тәмийинлеў илажларын туристтиң ҳәм экскурсанттың келисими ҳәмде қәлеўи бойынша өзгертиў;
туристтиң ҳәм экскурсанттың келисими менен оларды тур басланыўынан кеминде жигирма күн алдын бул ҳаққында хабардар етиў шәрти менен турдың келисилген баҳасын көтериў;
хызметлер көрсетиўдиң имканияты болмайтуғын форс-мажор жағдайлар жүзеге келгенде, сондай-ақ топар дүзиў ушын зәрүр болған туристлер ҳәм экскурсантлардың талап етилетуғын саны жыйналмаған жағдайда туристлик хызметлер көрсетиў шәртнамасын бийкар етиў, бул ҳаққында туристлер ҳәм экскурсантлар тур басланыўынан кеминде жигирма күн алдын хабардар етилиўи керек;
туристлер, экскурсантлар ямаса туризм тараўының субъектлери тәрепинен келтирилген зыянның орны қапланыўын ҳәм мораллық зыян компенсация етилиўин талап етиў.
Туроператорлар ҳәм турагентлер:
туристлер ҳәм экскурсантларға туристлик хызметлер көрсетиў шәртнамасында келисилген хызметлердиң көрсетилиўин тәмийинлеўи;
туристлик хызметлер көрсетилмеген ямаса олар толық болмаған көлемде көрсетилген яки тийисли дәрежеде сапалы көрсетилмеген жағдайда туристлер ҳәм экскурсантларға келтирилген зыянның орнын қаплаўы ҳәмде мораллық зыянды компенсация етиўи;
туристлер ҳәм экскурсантларға турды шөлкемлестириў, олардың ҳуқық ҳәм миннетлери ҳаққында толық мәлимлеме усыныўы;
туристлик ресурслардың сақланыўына көмеклесиўи;
туристлер ҳәм экскурсантлардың ўақытша барған мәмлекетте (орында) нызамшылыққа әмел етиўи үстинен бақлаўды әмелге асырыўы шәрт.
30-статья. Туристлер ҳәмде экскурсантлардың ҳуқық ҳәм миннетлери
Туристлер ҳәм экскурсантлар төмендеги ҳуқықларға ийе:
туристлик хызметлер көрсетиў шәртнамасында нәзерде тутылған хызметлерден пайдаланыў;
саяхат пенен байланыслы толық ҳәм исенимли мәлимлеме алыў, соның ишинде ўақытша болатуғын мәмлекетке (орынға) кириў ҳәм онда болыў қағыйдалары, жергиликли халықтың үрп-әдетлери, диний мәресимлери, мәдений мийрас объектлери, қорғалатуғын тәбийий аймақлар ҳәм туризм тараўының объектлери, қоршаған тәбийий орталықтың жағдайы ҳаққында мәлимлеме алыў;
жеке қәўипсизлиги ҳәмде өз ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплери қорғалыўының тәмийинлениўи, сондай-ақ өз мүлкиниң пүтин сақланыўы;
қыстаўлы медициналық жәрдем алыўы;
туристлик хызметлер көрсетиў шәртнамасы орынланбаған ямаса талап дәрежесинде орынланбаған жағдайда материаллық зыянның орны қапланыўы, сондай-ақ мораллық зыянның компенсация етилиўи;
егер турдың улыўма баҳасының артыўы шәртнамада келисилген баҳадан артып кетсе, туристлик хызметлер көрсетиўге байланыслы шәртнаманы туроператорлар ҳәм турагентлерге келтирилген материаллық зыянның орнын қапламаған ҳалда бийкар етиў.
Туристлер ҳәм экскурсантлар:
турда қатнасыў ушын өз денсаўлығының жағдайы ҳәм (ямаса) жасының өзгешеликлерине байланыслы шеклеўлер (қарсы көрсетпелер) ҳаққындағы, өзиниң турақлы жасаў орнынан басқа жаққа шығыўы ҳәмде ўақытша болатуғын мәмлекетке (орынға) кириўи ушын шеклеўлер ҳаққындағы мағлыўматларды туроператордың ҳәм (ямаса) турагенттиң талабы бойынша усыныўы;
туристлик хызметлер көрсетиў шәртнамасы шәртлерине ҳәм ўақытша болатуғын мәмлекеттиң (орынның) нызамшылыққа әмел етиўи, оның сиясий ҳәмде социаллық дүзилисин, жергиликли халықтың дәстүрлерин, үрп-әдетлерин, диний исенимин ҳүрмет етиўи;
ўақытша болатуғын мәмлекеттеги (орындағы) қоршаған тәбийий орталыққа, қорғалатуғын тәбийий аймақлар ҳәм мәдений мийрас объектлерине зыян келтирмеўи;
ўақытша болатуғын мәмлекеттеги (орындағы) бажыхана ҳәм шегара қадағалаўы, жеке қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиўи шәрт.
31-статья. Гидлер (гид-аўдармашылар), экскурсия жетекшилери ҳәмде инструктор-жол баслаўшылардың ҳуқық ҳәм миннетлери
Гидлер (гид-аўдармашылар), экскурсия жетекшилери ҳәм инструктор-жол баслаўшылар төмендеги ҳуқықларға ийе:
тур ўақтында өз миннетлерин орынлаў ушын туроператордан, турагенттен ямаса туристлик өним буйыртпашысынан зәрүр мәлимлеме менен тәмийинлениўин талап етиў;
өз ҳуқық ҳәм миннетлерин белгилеўши ҳүжжетлер менен (шәртнама бар болғанда) танысып шығыў;
туристлер ҳәм экскурсантлар менен ғәрезсиз түрде шәртнамалар дүзиў.
Гидлер (гид-аўдармашылар), экскурсия жетекшилери ҳәм инструктор-жол баслаўшылар:
тийисли мағлыўматқа, қәнигелик сертификатына ийе болыўы ҳәм өз ўақтында қәнигелигин арттырыўдан өтиўи;
мәмлекеттиң тарийхы, мәденияты, этнографиясы, экономикасы ҳәм басқа да тараўларын рәсмий ямаса исенимли дереклерден билиўи;
туристлик жөнелисти жобаластырыў ҳәм экскурсияда алып жүриў көнликпелерине ийе болыўы;
өзиниң функционаллық ўазыйпаларын орынлаў ўақтында аты ҳәм фамилиясы жазылған өңир белгисин (бейджикти) тағып жүриўи;
қәўипсизликти тәмийинлеў илажларын билиўи ҳәм айрықша жағдайларда әмелий ҳәрекет етиў, биринши медициналық жәрдем көрсетиў көнликпелерине ийе болыўы шәрт.
8-бап. Туризм тараўы субъектлериниң бирлеспелери
32-статья. Туризм тараўы субъектлериниң бирлеспеси
Туризм тараўы субъектлериниң кәсиплик жумысын муўапықластырыў, сондай-ақ улыўма мәплерди сәўлелендириў ҳәм қорғаў мақсетинде шөлкемлестирилген мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем туризм тараўы субъектлериниң бирлеспеси есапланады.
Туризм тараўы субъектлериниң бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы аймағы шеңберинде жумысын әмелге асырыўшы туризм тараўы субъектлериниң ықтыярый ағзалығы принципине тийкарланады.
33-статья. Туроператорлар ҳәм турагентлер бирлеспеси
Туроператорлар ҳәм турагентлер өз исбилерменлик жумысын муўапықластырыў, сондай-ақ улыўма мәплерин сәўлелендириў ҳәм қорғаў мақсетинде бирлеспе дүзиўи мүмкин.
Қарақалпақстан Республикасы аймағында туроператорлық ҳәм турагентлик жумысын әмелге асырыўшы юридикалық ҳәмде физикалық шахслардың ықтыярый ағзалығы принципине тийкарланған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем туроператорлар ҳәм турагентлер бирлеспеси есапланады.
Туроператорлар ҳәм турагентлер бирлеспеси жаңа ағзалардың кириўи ушын ашық есапланады.
34-статья. Туроператорлар ҳәм турагентлер бирлеспелериниң ҳуқықлары
Туроператорлар ҳәм турагентлер бирлеспелери төмендеги ҳуқықларға ийе:
туризм тараўы субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине әмел етилиўин анализлеў;
туризм ҳаққындағы нызамшылықтың орынланыўы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў;
туризм тараўындағы нормативлик-ҳуқықый актлердиң жойбарларын ислеп шығыўда ҳәм додалаўда қатнасыў;
ўәкилликли мәмлекетлик уйым жанындағы жәмийетлик кеңеслер қурамында қатнасыў;
туризм тараўының субъектлерин қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў кепилликлерин күшейтиў системасын қәлиплестириўде қатнасыў;
туризм ҳаққындағы нызамшылықты жетилистириўге байланыслы усыныслар таярлаў ҳәм киргизиў, туризм тараўын жақсылаў бойынша илажлар ислеп шығыў процесслерине басқа исбилерменлик субъектлерин тартыў;
Өзбекстанның миллий туристлик ҳәм Қарақалпақстанның туристлик брендин ҳәмде өнимлерин туристлик базарларда үгит-нәсиятлаўға, туризм тараўына инвестицияларды, соның ишинде шет ел инвестицияларын, сондай-ақ заманагөй технологияларды тартыўға көмеклесиў.
9-бап. Қәўипсиз туризмди тәмийинлеў
35-статья. Туристлер ҳәм экскурсантлардың қәўипсизлигиниң кепилликлери
Қарақалпақстан Республикасы аймағында туристлер ҳәм экскурсантлардың қәўипсизлиги мәмлекет тәрепинен кепилленеди.
Ўәкилликли мәмлекетлик уйым мәпдар министрликлер, комитетлер, мәкемелер ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен биргеликте туристлер ҳәмде экскурсантлардың қәўипсизлигин ҳәм қорғалыўын, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик мәплерди, туризмнен шахслардың нызамға қайшы миграциясы, олардың мийнетин эксплуатациялаў ҳәмде оларды басқаша тәризде эксплуатациялаў мақсетинде пайдаланыўға қарсы гүресиўди тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар ислеп шығады.
Қәўипсизликти тәмийинлеў илажлары туристлер ҳәм экскурсантлардың жеке қәўипсизлиги, олардың мүлкиниң пүтин сақланыўы, қоршаған тәбийий орталыққа, жәмийеттиң материаллық ҳәмде мәнаўий қәдириятларына, мәмлекет қәўипсизлигине зыян келтирилиўиниң алдын алыўдың тәмийинлениўин нәзерде тутады.
Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары барлық туристлик жөнелислер бойынша туристлер ҳәм экскурсантлардың қорғалыўын ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша аймақлық бағдарламаларды ислеп шығады ҳәмде олардың орынланыўын шөлкемлестиреди.
Туризм тараўының субъектлери туристлер ҳәм экскурсантлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, тәбийий апатлар ўақтында, олар жарақатланғанда, кеселленгенде ҳәм басқа да жағдайларда медициналық ҳәм басқа түрдеги жәрдем көрсетиў бойынша илажлар ислеп шығады.
Ўәкилликли мәмлекетлик уйым туроператорларды, турагентлерди, туристлер ҳәм экскурсантларды ўақытша болатуғын мәмлекеттеги (орындағы) туристлер ҳәмде экскурсантлардың қәўипсизлигине қәўиплер ҳаққында хабардар етеди, сондай-ақ қәўипсизлигине болған қәўиплер болғанлығы себепли барып көриў ушын усыныс етилмейтуғын мәмлекетлердиң (орынлардың) дизимин ғалаба хабар қуралларына, соның ишинде өзиниң рәсмий веб-сайтына жайластырады.
Шөлкемлестириўшилери мәмлекетлик уйымлар болған ғалаба хабар қураллары ўәкилликли мәмлекетлик уйымға туристлер ҳәм экскурсантлардың қәўипсизлигине қәўиплер ҳаққындағы мәлимлемени жәриялаў имканиятын дәрҳал ҳәм бийпул усынады.
Туристлер ҳәм экскурсантлар жуқпалы кеселликлердиң жоқары дәрежедеги қәўипине ушыраўы мүмкин болған ўақытша болатуғын мәмлекетке (орынға) саяхатты әмелге асырыўды баслағанына дейин халықаралық медициналық талапларға муўапық профилактикадан өтиўи шәрт.
Туристлер ҳәм экскурсантлар топарларын бақлап баратуғын шахслар биринши медициналық жәрдем көрсетиў ушын бағдарлама тийкарында минимал медициналық таярлыққа, медициналық буйымларға ҳәмде дәри қутышасына ийе болыўы шәрт.
36-статья. Туроператорлар ҳәм турагентлер тәрепинен туристлер ҳәм экскурсантлардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге байланыслы илажлар
Туроператорлар туристлер ҳәм экскурсантлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде:
бийғәрез туризмди әмелге асырыўшы туристлер ҳәм экскурсантлар мүрәжат еткен жағдайда туристлер ҳәм экскурсантларды жөнелистиң өзгешеликлери ҳәмде олардың өз ис-ҳәрекетине байланыслы жүзеге келиўи мүмкин болған қәўип белгилери ҳаққында хабардар етиўи, туристлер ҳәм экскурсантларды жарақатланыў ҳәмде бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў ҳәм олардан қорғаныў усыллары менен таныстырыўы, сондай-ақ жөнелистеги қәўипсизлик техникасы бойынша туристлер ҳәм экскурсантларға жол-жоба бериўи;
апатқа ушыраған туристлер ҳәм экскурсантларға қыстаўлы жәрдем көрсетиўи;
таў, трек, велосипед, мотоцикл, үӊгир туризми (тәбийий жер асты жоллары — үңгирлерге саяхатлар) ҳәм туризмниң басқа да арнаўлы түрлерин шөлкемлестириў ҳәмде әмелге асырыўдағы қәўипсизликтиң айрықша талапларын ислеп шығыўы ҳәм әмелге асырыўы;
саяхат ўақтында туристлер, экскурсантлар менен болған айрықша жағдайлар ҳаққында, сондай-ақ саяхаттан қайтып келмеген туристлер ҳәмде экскурсантлар ҳаққында ўәкилликли мәмлекетлик уйымды, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларын ҳәм мәпдар шахсларды дәрҳал хабардар етиўи;
туристлер ҳәм экскурсантларға саяхатлардың өзине тән өзгешеликлери ҳаққында, сондай-ақ саяхат етиў ўақтында олар дус келиўи мүмкин болған қәўиплер ҳаққында толық мағлыўматлар усыныўы ҳәмде туристлер ҳәм экскурсантлардың жеке қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған ескертиўши илажларды әмелге асырыўы;
таўлы аймақта таў, трек, велосипед, мотоцикл ҳәм үңгир туризми ҳәмде туризмниң атта сейил етиў түрлерин шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыўда инструктор-жол баслаўшылар хызметлеринен пайдаланыўы шәрт.
Усы статьяның биринши бөлиминиң екинши, бесинши ҳәм алтыншы абзацларында көрсетип өтилген миннетлер турагентлердиң де жуўапкершилигине жүклетиледи.
Саяхатларды туристлер ҳәм экскурсантлар ҳәрекетлениўиниң актив түрлеринен пайдаланған ҳалда шөлкемлестириўге қәнигелескен туроператорлар туристлер ҳәмде экскурсантлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, экстремаллық жағдайларда оларға жәрдем көрсетиў ҳәм оларды қорғаў мақсетинде излеў-қутқарыў хызметлери, қыстаўлы оперативлик хызметлер ҳәмде басқа да қутқарыў хызметлери менен хызмет көрсетилиўи ушын шәртнамалар дүзеди.
37-статья. Туристлер ҳәм экскурсантлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша қәнигелестирилген, қутқарыў ҳәм қыстаўлы хызметлер
Қарақалпақстан Республикасы аймағы шеңберинде апатқа ушыраған туристлер ҳәм экскурсантларға зәрүр жәрдем көрсетиў қәнигелестирилген хызметлер тәрепинен әмелге асырылады.
Излеў-қутқарыў хызметлери, қыстаўлы оперативлик хызметлер ҳәм басқа да қутқарыў хызметлери жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, сондай-ақ денсаўлықты сақлаў, байланыс, ишки ислер уйымлары, мәмлекетлик тоғай хожалығы, гидрометеорология, пуқаралық авиация, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер менен биргеликте жумыс алып барады.
38-статья. Туризм тараўында қамсызландырыў
Туристлер ҳәм экскурсантларды қамсызландырыў ықтыярый есапланады, буған усы статьяның екинши бөлиминде нәзерде тутылған жағдайлар кирмейди ҳәмде туристлер ҳәм экскурсантлар тәрепинен бундай жумысты алып барыў ҳуқықына ийе болған тийисли қамсызландырыў шөлкемлери менен дүзилетуғын шәртнамалар тийкарында әмелге асырылады.
Туроператорлар ҳәм турагентлер туристлик өнимниң өзгешелигине ҳәмде формасына қарап туристлер ҳәм экскурсантларда қамсызландырыў полисине ийе болыўы ҳаққында талап белгилеў ҳуқықына ийе.
Туроператорлар өзиниң пуқаралық жуўапкершилигин қамсызландырыўы шәрт.
10-бап. Жуўмақлаўшы режелер
39-статья. Туризм тараўындағы халықаралық бирге ислесиў
Туризм тараўындағы халықаралық бирге ислесиў халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған принциплери ҳәм нормалары, сондай-ақ Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамалары ҳәмде нызамшылығы тийкарында әмелге асырылады.
40-статья. Тартысларды шешиў
Туризм тараўындағы тартыслар нызамшылықта белгиленген тәртипте шешиледи.
41-статья. Туризм ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ушын жуўапкершилик
Туризм ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.
42-статья. Қарақалпақстан Республикасының айырым нызам актлерин өз күшин жойытқан деп табыў ҳаққында
Төмендегилер өз күшин жойытқан деп табылсын:
1) Қарақалпақстан Республикасының 2000-жыл 14-мартта қабыл етилген «Туризм ҳаққында»ғы 35/II-санлы Нызамы ;
2) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2000-жыл 14-мартта қабыл етилген «Туризм ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамын ҳәрекетке енгизиў ҳаққында»ғы 36/II-санлы қарары;
3) Қарақалпақстан Республикасының 2018-жыл 18-августта қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 200/ХХII-санлы Нызамының 37-статьясы.
43-статья. Усы Нызамның орынланыўын, жеткерилиўин, мазмуны ҳәм әҳмийетиниң түсиндирилиўин тәмийинлеў
Ўәкилликли мәмлекетлик уйымның аймақлық бөлими ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер усы Нызамның орынланыўын, атқарыўшыларға жеткерилиўин ҳәмде мазмуны ҳәм әҳмийетин халықтың арасында түсиндирилиўин тәмийинлесин.
44-статья. Нызамшылықты усы Нызамға муўапықластырыў
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси:
ҳүкиметлик қарарларды усы Нызамға муўапықластырсын;
мәмлекетлик басқарыў уйымлары усы Нызамға қайшы болған өзлериниң нормативлик-ҳуқықый актлериниң қайта көрип шығылыўын ҳәм бийкар етилиўин тәмийинлесин.
45-статья. Усы Нызамның күшке кириўи
Усы Нызам рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. ОРЫНБАЕВ
Нөкис қаласы,
2023-жыл 26-декабрь,
362/XLVII-сон