UzbekAI

← Qonunlar

📅 2018-yil 26-dekabr · Boshqa hujjatlar · Qaraqalpaqstan Respublikasiniң

Rasmiy matn. Rasmiy hujjat. Tahririy izohlar kiritilmagan.

Yordam | Arxiv | Atamalar | Statistika | API | Havola yuborish | Sayt haqida | Shartlar

← Қонунлар

📅 2018 йил 26 декабрь · Бошқа ҳужжатлар · Қарақалпақстан Республикасының

Расмий матн. Расмий ҳужжат. Таҳририй изоҳлар киритилмаган.

Ёрдам | Архив | Атамалар | Статистика | API | Ҳавола юбориш | Сайт ҳақида | Шартлар

← Законы

📅 26 декабря 2018 г. · Другие документы · Қарақалпақстан Республикасының

Официальный текст. Официальный документ. Редакционные примечания не включены.

Помощь | Архив | Термины | Статистика | API | Предложить ссылку | О сайте | Условия

← Laws

📅 26 December 2018 · Other documents · Qaraqalpaqstan Respublikasiniң

Official text. Official document. Editorial notes are not included.

Help | Archive | Glossary | Stats | API | Submit | About | Terms

Қарақалпақстан Республикасының

Нызамы

Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында

1-статья . Қарақалпақстан Республикасының 1991-жыл 26-июньде қабыл етилген «Жәмийетлик бирлеспелер ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:

1) 1-статьяның екинши бөлиминдеги «физкультура-спорт» деген сөзлер «физикалық тәрбия-спорт» деген сөзлер менен алмастырылсын;

2) 3-статьяның биринши бөлиминдеги «физкультура-саламатлық ҳәм спорт жумысын жүргизиў, тәбиятты, тарийх ҳәм мәденият естеликлерин қорғаў» деген сөзлер «дене тәрбия-саламатландырыў ҳәм спорт жумысларын әмелге асырыў, тәбиятты, мәдений мийрас объектлерин қорғаў» деген сөзлер менен алмастырылсын.

2-статья . Қарақалпақстан Республикасының 1998-жыл 28-ноябрьде қабыл етилген «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы Нызамының 16-статьясы екинши бөлиминдеги «Тарийх ҳәм мәденият естеликлери болып табылатуғын объектлер менен затларды» деген сөзлер «Материаллық мәдений мийрас объектлерин» деген сөзлер менен алмастырылсын.

3-статья . Қарақалпақстан Республикасының 1993-жыл 9-апрельде қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик герби ҳаққында»ғы Нызамының 4-статьясы биринши бөлиминиң он бесинши абзацындағы «нотариал архивлердиң» деген сөзлер «ведомстволық нотариал архивлердиң» деген сөзлер менен алмастырылсын.

4-статья . Қарақалпақстан Республикасының 1998-жыл 10-сентябрьде қабыл етилген «Гиреў ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:

1) 5-статьяның төртинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:

«Тарийхый, илимий, көркемлик қунлылыққа ийе болғанлығы себепли ямаса мәмлекетлик қәўипсизликти тәмийинлеў мәплери көз қарасынан гиреў қолланылыўы мүмкин болмаған объектлер дизими тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен белгиленеди»;

2) 27-статьяның төртинши бөлиминиң екинши бәнти төмендеги редакцияда баян етилсин:

«2) гиреў нәрсеси тарийхый, илимий, көркемлик қунлылыққа ямаса басқа мәдений қунлылыққа ийе мүлк болса».

5-статья . Қарақалпақстан Республикасының 2006-жыл 3-мартта қабыл етилген «Тәбиятты қорғаў ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:

1) 3-статьяның алтыншы абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин:

«тәбият объектлери менен байланыслы материаллық мәдений мийрас объектлерди сақлап қалыў»;

2) 45-статьяның биринши бөлиминдеги «рекреация мақсетлерине арналған жерлерде ҳәм тарийхый-мәдений әҳмийетке ийе жерлерде» деген сөзлер «рекреация мақсетлерине арналған жерлерде, материаллық мәдений мийрас объектлери жайласқан жерлерде» деген сөзлер менен алмастырылсын.

6-статья . Қарақалпақстан Республикасының 2010-жыл 14-октябрьде қабыл етилген «Суў ҳәм суўдан пайдаланыў ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:

1) 34-статьяның биринши бөлиминиң алтыншы абзацындағы ҳәм 34 1 -статьяның биринши бөлиминиң алтыншы абзацындағы «тоғайлар, ҳайўанат дүньясы» деген сөзлер «өсимликлер ҳәм ҳайўанат дүньясы» деген сөзлер менен алмастырылсын;

2) 63-статьяның екинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:

«Балықшылық хожалығы шөлкемлерине бириктирилген тәбийий суў бассейнлеринде, балықшылық питомниклеринде ҳәмде ҳәўиз хожалықларында, сондай-ақ аңшылық-балық аўлаў жәмийетлерине бириктирилген орынларда спорт ҳәм ҳәўескерлик жолы менен балық аўлаў олардың рухсаты менен әмелге асырылады»;

3) 64-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:

«64-статья. Аңшылық хожалығын жүритиўши шахслардың суўдан пайдаланыўға байланыслы артықмашылықлы ҳуқықлары

Жабайы суў қуслары ҳәм баҳалы тери беретуғын суў ҳайўанлары (қундыз, ондатра, суў тышқаны, нутрия ҳәм басқалар) мәканы болған дәрьяларда, көллерде ҳәм басқа да суў объектлеринде аңшылық хожалығын жүритип атырған юридикалық ҳәм физикалық шахсқа экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, суў хожалығы уйымлары суўдан комплексли пайдаланыў талапларын есапқа алған ҳалда суўдан пайдаланыўға байланыслы артықмашылықлы ҳуқықлар берилиўи мүмкин».

7-статья . Қарақалпақстан Республикасының 2004-жыл 29-майда жаңа редакцияда қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў ҳаққында»ғы Нызамының 11-статьясының он алтыншы бәнти төмендеги редакцияда баян етилсин:

«16) сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў менен байланыслы ҳүжжетлердиң архивлерге ямаса ведомстволық архивлерге тапсырылыўын тәмийинлейди».

8-статья . Қарақалпақстан Республикасының 2004-жыл 29-майда жаңа редакцияда қабыл етилген «Халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеслерине сайлаў ҳаққында»ғы Нызамының 11-статьясының он алтыншы бәнти төмендеги редакцияда баян етилсин:

«16) сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм оны өткериў менен байланыслы ҳүжжетлерди архивлерге ямаса ведомстволық архивлерге тапсырылыўын тәмийинлейди».

9-статья . Қарақалпақстан Республикасының 2003-жыл 12-ноябрьде қабыл етилген «Жер асты байлықлары ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:

1) 2-статьяның екинши абзацындағы «илимий, тарийхый, мәдений, эстетикалық ҳәм басқа да әҳмийетке ийе жер асты бослықлары» деген сөзлер «тарийхый, илимий, көркемлик қунлылыққа ямаса басқа да мәдений қунлылыққа ийе болған жер асты бослықлары» деген сөзлер менен алмастырылсын;

2) 43-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:

«43-статья. Тарийхый, илимий, көркемлик қунлылыққа ямаса басқа да мәдений қунлылыққа ийе болған жер асты участкаларын қорғаў

Тарийхый, илимий, көркем ямаса басқа мәдений қунлылыққа ийе болған сийрек тәбийий ямаса жасалма геологиялық жыныслар, минералогиялық бирикпелер, палеонтологиялық объектлер ҳәм жер асты участкалары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте қорғалатуғын геологиялық объектлер деп жәрияланыўы мүмкин.

Жер астынан пайдаланып атырғанда усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген объектлер табылып қалса, жер астынан пайдаланыўшылар жер астының тийисли орынларындағы жумысларды тоқтатып турыўы ҳәм бул ҳаққында лицензия берген уйымды ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларын хабарландырыўы шәрт».

10-статья . Қарақалпақстан Республикасының 2015-жыл 28-июльде қабыл етилген «Акционерлик жамийетлер ҳәм акционерлердиң ҳуқықын қорғаў ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:

1) 66-статьяның төртинши бөлиминдеги «архивке» деген сөз «ведомстволық архивке» деген сөзлер менен алмастырылсын;

2) 72-статьяның екинши бөлиминдеги «архивке» деген сөз «ведомстволық архивке» деген сөзлер менен алмастырылсын.

11-статья . Қарақалпақстан Республикасының 1997-жыл 25-июльде қабыл етилген «Журналисттиң кәсиплик жумысын қорғаў ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:

1) 1, 2, 3 ҳәм 4-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:

«1-статья. Усы Нызамның мақсети

Бул Нызамның мақсети журналисттиң кәсиплик жумысын қорғаў саласындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.

2-статья. Журналисттиң кәсиплик жумысын қорғаў ҳаққында нызам ҳүжжетлери

Журналисттиң кәсиплик жумысын қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери усы Нызам ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлеринен ибарат болады.

Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасында журналисттиң кәсиплик жумысын қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шартнама қағыйдалары қолланылады.

3-статья. Журналист

Журналист мийнетке байланыслы ямаса басқа шәртнамалық қатнасықлар тийкарында ғалаба хабар қураллары ушын мәлимлеме ҳәм материалларды топлаў, таллаў, редакциялаў, таярлаў ҳәм таратыўға байланыслы жумысты әмелге асырыўшы шахс болып есапланады.

4-статья. Цензураға жол қойылмаўы

Қарақалпақстан Республикасында ғалаба хабар қуралларының цензура етилиўине жол қойылмайды.

Ҳеш ким журналисттен жәрияланып атырған хабарлар ҳәм материаллардың алдын-ала келисип алыныўының, сондай-ақ олардың тексти өзгертилиўин ямаса олардың баспадан толығы менен алып тасланыўын (эфирге берилмеўин) талап етиў ҳуқықына ийе емес»;

2) 5-статьяның биринши бөлими:

екинши абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин:

«мәлимлеме топлаў, таллаў, редакциялаў, таярлаў ҳәм таратыўға»;

төртинши абзацындағы «мәмлекетлик сыр» деген сөзлер «мәмлекетлик сырларын» деген сөзлер менен алмастырылсын;

төмендеги мазмундағы жетинши абзац пенен толықтырылсын:

«мәмлекетлик уйымлардың ашық коллегия мәжилислеринде ҳәм ғалабалық илажларға қатнасыў»;

жетинши он бесинши абзацлары тийислисинше сегизинши он алтыншы абзацлары болып есаплансын;

3) 6-статьяның биринши бөлими:

төмендеги мазмундағы бесинши ҳәм алтыншы абзацлар менен толықтырылсын:

«журналистика саласының сырын жәрия етпеўи;

журналистлердиң кәсипке байланыслы әдеп-икрамлық қағыйдаларына бойсыныўы»;

бесинши абзацы жетинши абзацы болып есаплансын;

4) 7-статьяның биринши бөлиминдеги «тәрепинен» деген сөзден кейин «өз атын жәрия етпеў шәрти менен» деген сөзлер менен толықтырылсын;

5) төмендеги мазмундағы 7 1 -статья менен толықтырылсын:

«7 1 -статья. Журналистлердиң кәсипке байланыслы әдеп-икрамлылық қағыйдалары

Журналистлердиң кәсипке байланыслы әдеп-икрамлылық қағыйдалары журналисттиң шахсына ҳәм өз кәсибине байланыслы ўазыйпаларды орынлаў ўақтында оның минез-қулқына қойылатуғын талапларды белгилеўши қағыйдалар жыйындысынан ибарат болып есапланады.

Журналистлердиң кәсипке байланыслы әдеп-икрамлылық қағыйдалары журналистлердиң ҳәм ғалаба хабар қуралларының бирлеспелери тәрепинен белгиленеди»;

6) 11-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:

«11-статья. Журналистти аккредитация етиў

Журналист мәмлекетлик уйым, жәмийетлик бирлеспе ҳәм шөлкем жанында аккредитация етилиўи мүмкин.

Аккредитация етилген журналист:

болып өтетуғын ашық коллегия мәжилислери ҳәм басқа да ғалаба илажлар ҳаққында алдын-ала хабарландырыў;

аккредитация етиўши уйымның имаратларына (ханаларына) ҳәм басқа объектлерине аккредитация етиўши уйым тәрепинен белгиленген тәртипте кириў;

ашық коллегия мәжилислеринде ҳәм басқа ғалаба илажларда қатнасыў;

аккредитация етиўши уйымның жуўапкерли шахсларынан зәрүр ҳүжжетлер ҳәм материалларды сораў ҳәмде алыў, ғалаба илажлардың жазыўлары менен танысыў ҳәмде олардан көширме нусқалар алыў;

алынған жазыўлардан ғалаба хабар қураллары материалларын таярлаўда пайдаланыў ҳуқықына ийе.

Аккредитация етилген журналист нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа ҳуқықларға да ийе болыўы мүмкин»;

7) 15-статьяның екинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:

«Журналист ғалаба хабарлар қуралларында ҳақыйқатқа сәйкес келмейтуғын материалларды таратқанлық ушын төмендеги жағдайларда жуўапкер болмайды:

егер бул мағлыўматлар рәсмий хабарлардан, норматив-ҳуқықый ҳужжетлерден ямаса рәсмий статистика есабатлары мағлыўматларынан яки мәлимлеме агентликлери ямаса мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының баспасөз хызметлери арқалы, сондай-ақ олардың рәсмий веб-сайтларынан алынған болса;

егер бул мағлыўматлар алдыннан жазып алынбастан эфирге берилетуғын авторлық шығыўларында орын алған болса яки шығыўлардың сөзбе-сөз қайталаныўы (стенография, аудио-, видеожазыўы) болса»;

8) 16-статья алып таслансын.

12-статья . Қарақалпақстан Республикасының 1997-жыл 15-июльде қабыл етилген «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызамының 17-статьясының екинши бөлиминдеги «китапхана» деген сөз «мәлимлеме-китапхана мәкемелери» деген сөзлер менен алмастырылсын.

13-статья . Қарақалпақстан Республикасының 2017-жыл 30-декабрьде қабыл етилген «Ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм пайдаланыў ҳаққында»ғы Нызамының 36-статьясының екинши бөлими үшинши абзацындағы «рекреация мақсетине ҳәм тарийхый-мәдений мақсетке мөлшерленген жерлер» деген сөзлер «рекреация мақсетлерине мөлшерленген жерлер ҳәм материаллық мәдений мийрас объектлери жайласқан жерлер» деген сөзлер менен алмастырылсын.

14-статья . Қарақалпақстан Республикасының 2006-жыл 29-августта жаңа редакцияда қабыл етилген «Жер ҳаққында»ғы Нызамының 53-статьясының екинши бөлиминиң төртинши ҳәм бесинши абзацлары алып таслансын.

15-статья . Қарақалпақстан Республикасының 2005-жыл 29-августта жаңа редакцияда қабыл етилген «Фермер хожалығы ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:

1) 3-статьяның тексти төмендеги редакцияда баян етилсин:

«Фермер хожалығы ижараға берилген жер қыйтақларынан пайдаланған ҳалда аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәмде нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа жумыс түрлери менен шуғылланыўшы исбилерменлик субъекти болып табылады.

Фермер хожалығы Қарақалпақстан Республикасында аўыл хожалығы өндирисиниң тийкарғы субъекти болып табылады.

Көп тармақлы фермер хожалығы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў менен бирге аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў, сақлаў ҳәм реализация етиў, санаат өндириси, ислерди орынлаў, хызметлер көрсетиў ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да жумыс түрлери менен шуғылланыўшы фермер хожалығы болып табылады.

Көп тармақлы фермер хожалықлары реестри Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси тәрепинен жүргизиледи.

Көп тармақлы фермер хожалықлары реестрин жүргизиў тәртиби тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен белгиленеди»;

2) 5-статьяның тексти төмендеги редакцияда баян етилсин:

«Фермер хожалығы аўыл хожалығына арналған жерлерде ҳәм резерв жерлерде шөлкемлестириледи.

Шарўашылық өнимлерин жетистириўге қәнигелестирилген фермер хожалығы кеминде 30 шәртли бас шарўа малы болған жағдайда шөлкемлестириледи. Шарўашылық өнимлерин жетистириўге қәнигелестирилген фермер хожалығына берилетуғын жер қыйтақларының ең кем өлшеми бир шәртли бас шарўа малға есапланғанда суўғарылатуғын жерлерде тийислисинше, кеминде 0,45 гектарды (нәсилли шарўашылық фермер хожалықлары ушын 0,6 гектарды), суўғарылмайтуғын (қарызғар) жерлерде болса кеминде 2 гектарды қурайды.

Дийқаншылық өнимлерин жетистириўге қәнигелестирилген фермер хожалықларына ижараға берилетуғын жер қыйтақларының ең кем өлшеми пахташылық ҳәм ғәллешилик ушын кеминде 30 гектарды, ғәллешилик ҳәм баў-бағша жетистириў ушын кеминде 10 гектарды қурайды. Ижараға берилетуғын жер қыйтақларының ең кем өлшеми бағшылық, жүзим, баў-бағша ҳәм басқа да егинлерди жетистириў ушын кеминде 1 гектарды ҳәмде көби менен 5 гектарды қурайды.

Жер қыйтақлары берилгенде фермер хожалығы өз жуўапкершилигине аўыл хожалығы егинлериниң өнимдарлығы (үш жыл ушын орташа жыллық зүрәәт есабында) нызам ҳүжжетлеринде белгиленген нормативлик өнимдарлықтан кем болмаўын тәмийинлеў миннетлемесин алады. Бул миннетлеме жер қыйтағын ижараға алыў шәртнамасында тастыйықланып қойылады»;

3) 7-статья:

атамасындағы «дизимге алыў» деген сөзлер «дизимнен өткизиў» деген сөзлер менен алмастырылсын;

биринши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:

«Фермер хожалығы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткизилгеннен кейин шөлкемлестирилген деп есапланады ҳәм оның шөлкемлестириўшиси жер қыйтақларын узақ мүддетли ижараға алыў туўралы шәртнама дүзеди. Фермер хожалығы банк мәкемесинде есап-санақ бети ҳәм басқа да түрдеги есап бетлерин ашыўға, өз атамасы жазылған мөрге ийе болыўға ҳақылы»;

4) 10-статья:

биринши бөлиминиң төртинши ҳәм бесинши абзацлары алып таслансын;

екинши бөлими алып таслансын;

үшинши ҳәм төртинши бөлимлери тийислисинше екинши ҳәм үшинши бөлимлери болып есаплансын;

5) 11-статьяның тексти төмендеги редакцияда баян етилсин:

«Фермер хожалықларын жүргизиў ушын жер қыйтақлары ашық таңлаў тийкарында ижараға елиў жылға шекем болған, лекин отыз жылдан кем болмаған мүддетке бериледи.

Фермер хожалығын жүргизиў ушын жер қыйтағын алыўда фермер хожалығы шөлкемлестирилип атырған жерде жасаўшы шахслар үстин ҳуқықтан пайдаланады.

Аўысық (резерв) жерлерден ямаса юридикалық ҳәм физикалық шахсларға берилмеген, аўыл хожалығына арналған жерлерден жер қыйтақларын бериў (реализация етиў) мәселелерин қарап шығыўшы районлық комиссиясы ҳәмде район фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңесиниң жуўмағына муўапық халық депутатлары районлық Кеңесиниң қарары тийкарында қабыл етилген район ҳәкиминиң қарары бойынша бериледи.

Жер қыйтағын ижараға алыў шәртнамасына фермер хожалығының баслығы ҳәм район ҳәкими тәрепинен қол қойылады.

Район ҳәкиминиң фермер хожалығын жүргизиў ушын жер қыйтағын бериўден бас тартыў ҳаққындағы қарары үстинен судқа ямаса бойсыныў тәртибинде жоқары турыўшы уйымға шағым етилиўи мүмкин.

Фермер хожалығын жүргизиў ушын жер қыйтақларын алған ҳәм аўыллық елатлық пунктте турақ жайы болған шахслардың үй қапталы қыйтағы сақланып қалады.

Фермер хожалығының жер қыйтағы шегараларын натурада (жердиң өзинде) белгилеў ҳәмде жер дүзиў жойбарларына муўапық фермер хожалығына жер қыйтағын ижараға бериў бойынша ҳүжжетлерин рәсмийлестириў жер дүзиў хызмети уйымлары тәрепинен Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бюджети, сондай-ақ нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа қаржыландырыў дереклери есабынан әмелге асырылады»;

6) 12-статья алып таслансын;

7) 13-статьяның жетинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:

«Фермер хожалығы баслығы пенсия жасына толғанда ямаса мийнет уқыбын жойытқанда, сондай-ақ мүддетли әскерий хызметке шақырылғанда, жоқары оқыў орынларына күндизги оқыўға қабыл етилген, сайлап қойылатуғын лаўазымларға сайланған жағдайда, жер қыйтағын ижараға алыў ҳуқықын өзиниң район ҳәкиминиң атына берилген арзасына тийкар усы Нызамның 4-статьясының биринши бөлими талапларына жуўап беретуғын өз шаңарақ ағзаларынан бирине нызам ҳүжетлерине муўапық ижара шәртнамасы ҳәрекет ететуғын мүддетке бериўи мүмкин»;

8) 16-статьяның:

биринши бөлими төмендеги мазмундағы он бесинши ҳәм он алтыншы абзацлары менен толықтырылсын:

«өндириске заманагөй технологияларды, илим ҳәм техника жетискенликлерин енгизиў;

илим-билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиў»;

екинши бөлими алып таслансын;

он бесинши абзацы он жетинши абзац болып есаплансын;

9) 17-статьяның биринши бөлими:

он екинши абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин:

«мийнет ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери талапларына бойсыныўы, өз хызметкерлери, соның ишинде фермер хожалығында мийнет ететуғын шаңарақ ағзалары, ўақтынша (мәўсимли) жалланатуғын пуқаралар ушын қәўипсиз мийнет шараятларын тәмийинлеўи»;

төмендеги мазмундағы он үшинши абзацы менен толықтырылсын:

«ижараға алыў шәртнамасы бийкар етилген жағдайда жер участкасының дәслеп берилген ўақтындағы өлшемлерин кемейтирмеген ҳәм басқа түрде зыян жеткизбеген ҳалда жер участкасын ижараға бериўшиге қайтарыўы»;

он үшинши, он төртинши ҳәм он бесинши абзацлары тийислисинше он төртинши, он бесинши ҳәм он алтынши абзацлары болып есаплансын;

10) 31-статья төмендеги мазмундағы екинши бөлим менен толықтырылсын:

«Көп тармақлы фермер хожалығының жер участкалары аўысық (резерв) жерлерге алып қойылғанда көп тармақлы фермер хожалығы өз басшысы тәрепинен оның шөлкемлестириў-ҳуқықый түрин өзгертириў арқалы қайта шөлкемлестирилиўи мүмкин».

16-статья . Қарақалпақстан Республикасының 1998-жыл 28-ноябрьде қабыл етилген «Мәдений байлықларды алып шығыў ҳәм алып кириў ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:

1) 4-статьяның бесинши абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин:

«музейлерде, мәлимлеме-китапхана мәкемелеринде, ведомстволық архивлерде, кино-, фото-, фонотекаларда, сүўретлер галереяларында ҳәм басқа да сақлаў орынларында топланған мәдений байлықлар»;

2) 8-статьяның төртинши абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин:

«музейлер, мәлимлеме-китапхана мәкемелери, архивлер, ведомстволық архивлер ҳәм басқа да сақлаў орынларында турақлы сақланып атырған мәдений байлықлар»;

3) 11-статьяның биринши бөлиминиң биринши абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин:

«Музейлер, мәлимлеме-китапхана мәкемелери, ведомстволық архивлер ҳәм басқа да сақлаў орынлары тәрепинен мәдений байлықларды ўақытша алып шығыў ҳаққындағы сертификатты алыў ушын арза берилип, оған төмендегилер қоса тигиледи»;

4) 12-статьяның екинши бөлими алып таслансын;

5) 16-статьяның екинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:

«Басқа мәмлекетлерден нызамға қайшы түрде алып шығылған, урланған ямаса нызамға қайшы түрде қолға киргизилген мәдений байлықларды қолға киргизиўдиң алдын алыў мақсетинде музейлер, мәлимлеме-китапхана мәкемелери, архивлар, ведомстволық архивлер ҳәм басқа да сақлаў орынлары олардың келип шығыўы ҳаққында зәрүр мағлыўматқа ийе болыўы шәрт»;

6) 17-статьяның тексти төмендеги редакцияда баян етилсин:

«17-статья. Мәдений байлықларды реализация етиў

Алып шығылыўы мүмкин болмаған мәдений байлықларды реализация етиў бул байлықларды Қарақалпақстан Республикасының тысқарысына алып шығылыўы мүмкин емеслиги ҳаққында қарыйдар жазба түрде ескертилгеннен кейин ғана әмелге асырылады.

Мәдений байлықларды ким зыят саўдасына (аукционға) қойыў тийисли ўәкилликли уйым менен келисим тийкарында әмелге асырылады. Мәдений байлықларды реализация етиўде қатнасыўшы юридикалық шахслар тийисли ўәкилликли уйымнан рухсатнама алыўы шәрт».

17-статья . Қарақалпақстан Республикасының 1999-жыл 28-августта қабыл етилген «Реклама ҳаққында»ғы Нызамының 20-статьясының алтыншы бөлиминдеги «мәдений мийрас объектлеринде» деген сөзлер «материаллық мәдений мийрас объектлеринде» деген сөзлер менен алмастырылсын.

18-статья . Қарақалпақстан Республикасының 2001-жыл 28-декабрьде қабыл етилген «Мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:

1) 10-статьяның екинши бөлиминиң алтыншы абзацы төмендеги редакцияда баян етилсин:

«материаллық мәдений мийрас объектлери жайласқан жерлерде ҳәмде оларға тутас аймақларда жер қазыў, жер дүзиў, қурылыс, мелиорация, хожалық жумыслары ҳәм басқа жумысларды, материаллық мәдений мийрас объектлерин сақлаў бойынша жумысларды әмелге асырыў, сондай-ақ материаллық мәдений мийрас объектлеринде илимий ҳәм илимий-техникалық изертлеўлер өткериў ушын рухсатнамалар бериў»;

2) 24-статья:

төмендеги мазмундағы үшинши абзац пенен толықтырылсын:

«материаллық мәдений мийрас объектлери жайласқан жерлерде ҳәмде оларға тутас аймақларда жер қазыў, жер дүзиў, қурылыс, мелиорация, хожалық жумыслары ҳәм басқа жумысларды, әмелге асырыў ушын тийисли ўәкилликли уйымның рухсатнамасын алыў»;

үшинши ҳәм төртинши абзацлары тийислисинше төртинши ҳәм бесинши абзацлар болып есаплансын.

19-статья . Қарақалпақстан Республикасының 2003-жыл 19-февральда қабыл етилген «Шығындылар ҳаққында»ғы Нызамының 22-статьясының төртинши бөлиминдеги «рекреациялық мақсетлерге бағдарланған жерлерде ҳәм тарийхый-мәдений әҳмийетке ийе жерлерде» деген сөзлер «рекреациялық мақсетлерге бағдарланған жерлерде ҳәм материаллық мәдений мийрас объектлери жайласқан жерлерде» деген сөзлер менен алмастырылсын.

20-статья . Қарақалпақстан Республикасының 2003-жыл 12-ноябрьде қабыл етилген «Мәлимлеме еркинлиги принциплери ҳәм кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамының 3-статьясының бесинши абзацындағы «китапханалардағы, архивлердеги» деген сөзлер «мәлимлеме-китапхана мәкемелериндеги, архивлердеги, ведомстволық архивлердеги» деген сөзлер менен алмастырылсын.

21-статья . Қарақалпақстан Республикасының 2013-жыл 5-июльде қабыл етилген «Пуқаралар жыйынының баслығын (ақсақалын) ҳәм оның кеңесгөйлерин сайлаў ҳаққында»ғы Нызамының 13-статьяның биринши бөлиминдеги «архивке» деген сөз «архивке ямаса ведомстволық архивке» деген сөзлер менен алмастырылсын.

22-статья . Қарақалпақстан Республикасының 2005-жыл 14-майда жаңа редакцияда қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатының статусы ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:

1) 5-статьяның екинши бөлими:

төмендеги мазмундағы он екинши абзац пенен толықтырылсын:

«Республиканы раўажландырыў бағдарламаларының орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыўға»;

он екинши он бесинши абзацлар тийислисинше он үшинши он алтыншы абзацлар болып есаплансын;

2) 7-статьяның:

төмендеги мазмундағы екинши бөлим менен толықтырылсын:

«Депутат өзине сайлаўшылардан түскен мүрәжатларды нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте қарап шығады, оларды шешиў илажларын көреди, физикалық шахсларды ҳәм юридикалық шахслардың ўәкиллерин қабыл етеди»;

екинши-бесинши бөлимлер тийислисинше үшинши-алтыншы бөлимлер болып есаплансын;

үшинши бөлиминдеги «бир» деген cөз «төрт» деген сөз бенен алмастырылсын;

алтыншы бөлим төмендеги редакцияда баян етилсин:

«Сайлаўшылардың исенимин ақлай алмаған, сондай-ақ оны депутатлыққа талабан етип көрсеткен уйым (сиясий партия) алдындағы өз миннетлерин орынламаған депутат нызамда белгиленген тәртипте шақырып алыныўы мүмкин».

23-статья . Қарақалпақстан Республикасының 2005-жыл 14-майда жаңа редакцияда қабыл етилген «Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеси депутатының статусы ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:

1) 5-статьяның екинши бөлими:

төмендеги мазмундағы он биринши абзац пенен толықтырылсын:

«тийисли аймақларды раўажландырыў бағдарламаларының орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыўға»;

он биринши — он бесинши абзацлар тийислисинше он екинши — он алтыншы абзацлар болып есаплансын;

2) 7-статьяның:

екинши бөлиминдеги «пуқараларды» деген сөз «физикалық шахслар ҳәм юридикалық шахслардың ўәкиллерин» деген сөзлер менен алмастырылсын;

үшинши бөлиминдеги «еки» деген сөз «төрт» деген сөз бенен алмастырылсын;

алтыншы бөлим төмендеги редакцияда баян етилсин:

«Сайлаўшылардың исенимин ақлай алмаған, сондай-ақ оны депутатлыққа талабан етип көрсеткен уйым (сиясий партия) алдындағы өз миннетлерин орынламаған депутат нызамда белгиленген тәртипте шақырып алыныўы мүмкин»;

24-статья . Қарақалпақстан Республикасының 2007-жыл 29-августда қабыл етилген «Авторлық ҳуқық ҳәм түрлес ҳуқықлар ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:

1) 26-статьяның екинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:

«Пуқаралық айланысқа нызамлы тәризде киргизилген шығармалардың нусқаларын мәлимлеме-китапхана мәкемелери тәрепинен ўақытша пайдаланыўға автордың яки басқа да ҳуқық ийесиниң келисимисиз ҳәм ҳақы төлемеген ҳалда бериўге жол қойылады. Бунда авторлық ҳуқықы объектлери болған, цифралы түрде билдирилген шығармалардың нусқалары, соның ишинде мәлимлеме-китапхана мәкемелериниң ресурсларынан өз-ара пайдаланыў тәртибинде берилетуғын шығармалардың нусқалары бул шығармалардың цифралы түрдеги көширме нусқаларын дөретиў имканиятына жол қоймаў шәрти менен тек ғана мәлимлеме-китапхана мәкемелерин имаратларында ўақытша пайдаланыўға берилиўи мүмкин»;

2) 27-статьяның тексти төмендеги редакцияда баян етилсин:

«Дәрамат алыўды гөзлемеген ҳалда, автордың ямаса басқа да ҳуқық ийесиниң келисимисиз ҳәм ҳақы төлемеген ҳалда, лекин шығармадан пайдаланылып атырған автордың аты-фамилиясын ҳәм алынған дерегин әлбетте көрсеткен тәризде:

мәлимлеме-китапхана мәкемелери, архивлер ҳәм ведомстволық архивлер тәрепинен шығарманың жоғалған ямаса жарамсыз болып қалған нусқаларын тиклеў, алмастырыў ушын, сондай-ақ өз қорларынан бул шығармаларды қандай да бир себеп пенен жоғалтқан басқа мәлимлеме-китапхана мәкемелерине, архивлерге ҳәм ведомстволық архивлерге шығармалардың нусқаларын бериў ушын жәрияланған шығарманы;

мәлимлеме-китапхана мәкемелери, архивлер ҳәм ведомстволық архивлер тәрепинен пуқаралардың оқыў ҳәм изертлеў мақсетлериндеги сораўлары бойынша, сондай-ақ билимлендириў мәкемелери тәрепинен аудитория шынығыўлары ушын топламларда, газеталар ҳәм басқа да дәўирли басылымларда басылған айырым мақалалар ҳәм киши көлемли шығармаларды, басылған жазба шығармалардан (сүўретли ямаса сүўретсиз) қысқа үзиндилерди бир нусқада репрографиялық тәкирарлаўға жол қойылады»;

3) 31-статьяның текстиндеги «мәмлекетлик архивлерде» деген сөзлер «архивлерде ҳәм ведомстволық архивлерде» деген сөзлер менен алмастырылсын;

4) 53-статьяның үшинши бөлиминиң үшинши абзацындағы «мәмлекетлик архивлерде» деген сөзлер «архивлерде ҳәм ведомстволық архивлерде» деген сөзлер менен алмастырылсын;

25-статья . Қарақалпақстан Республикасының 2011-жыл 30-июньде қабыл етилген «Архив иси ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:

1) 3-статьяның жетинши абзацындағы «китапхана» деген сөз «мәлимлеме-китапхана мәкемеси» деген сөзлер менен алмастырылсын;

2) 4-статьяның екинши бөлиминдеги «китапханаларына» деген сөз «мәлимлеме — китапхана мәкемелерине» деген сөзлер менен алмастырылсын;

3) 23-статьяның:

үшинши бөлиминдеги «китапханаларында» деген сөз «мәлимлеме-китапхана мәкемелеринде» деген сөзлер менен алмастырылсын;

жетинши бөлиминдеги «китапханаларға» деген сөз «мәлимлеме-китапхана мәкемелерине» деген сөзлер менен алмастырылсын.

26-статья . Қарақалпақстан Республикасы 2013-жыл 5-июльде қабыл етилген «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:

1) 21-статьяның:

бесинши бөлиминдеги «ҳәм олардың кеңесгөйлери» деген сөзлер алып таслансын;

алтыншы бөлиминде «ҳәм мәкан — кеңеслердеги» деген сөзлер алып таслансын;

2) 23-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:

«Пуқаралар жыйынының баслығын (ақсақалын) сайлаў

Пуқаралар жыйынының баслығы (ақсақалы) үш жыл мүддетке сайланады.

Пуқаралар жыйынының баслығын (ақсақалын) сайлаў тәртиби нызамда белгиленеди».

27-статья . Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси:

өз қарарларын усы Нызамға муўапықластырсын;

мәмлекетлик басқарыў уйымлары усы Нызамға қайшы болған өз норматив-ҳуқықый актлерин қайта көрип шығыўын ҳәм бийкар етиўин тәмийинлесин;

усы Нызамның орынланыўын, орынлаўшыларға жеткерилиўин ҳәмде халық арасында мазмун ҳәм әҳмийети түсиндирилиўин тәмийинлесин.

28-статья . Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

Нызамның 14, 15-статьялары Нызам күшке кирген күннен баслап үш ай өткеннен соң ҳәрекетке енгизиледи.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М. ЕРНИЯЗОВ

Нөкис қаласы,

26-декабрь 2018-жыл,

225/XXIV-сон

lex.uz